# unfoldingWord Open Bible Stories — Kara-Kalpak (Karakalpak)

- Language code: `kaa`
- Canonical page: https://openbiblestories.org/l/kaa/
- Stories in this file: 50 of 50
- Published by: kaa_ol
- Last release: 2025-10-21
- License: CC BY-SA 4.0 (https://creativecommons.org/licenses/by-sa/4.0/). The original work by unfoldingWord is available from https://openbiblestories.org
- Illustrations: © Sweet Publishing, CC BY-SA 3.0

unfoldingWord Open Bible Stories is a collection of 50 illustrated Bible stories, from Creation to Revelation, that churches and translation teams read, listen to, translate and share freely under the Creative Commons Attribution-ShareAlike 4.0 license. This file mirrors the Kara-Kalpak translation; it is not a translation of the whole Bible.

## 1. Әлемниң жаратылысы

https://openbiblestories.org/l/kaa/story-1/

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-01-01.jpg)

Қудай Әлемди ҳәм ондағы барлықты алты күн даўамында жаратты. Мине бул былай жүз берди: Биринши күни Қудай жерди жаратты. Жер қараңғылықтан ҳәм бослықтан ибарат болып, Қудайдың Руўхы суўдың үстинде ушып жүретуғын еди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-01-02.jpg)

Соңынан Қудай: «Жақтылық болсын!» — деди ҳәм солай болды да. Қудай жаратылған жақтылықтың жақсы екенин көрип, қуўанды. Қудай жақтылықты «күндиз» деп атады. Ол жақтылықты қараңғылықтан ажыратты ҳәм қараңғылықты «түн» деп атады. Солай етип, Қудай жаратылыстың биринши күнинде Жер менен жақтылықты жаратты.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-01-03.jpg)

Екинши күни Қудай: «Суўдың үстинде кеңислик пайда болсын», — деди ҳәм солай болды да. Бул кеңисликти Ол "аспан" деп атады.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-01-04.jpg)

Үшинши күни Қудай: «Суўлардың барлығы бир жерге жыйналып, қурғақлық пайда болсын», — деди ҳәм солай болды да. Ол қурғақлықты «жер» деп атады, ал суўларды «теңиз» деп атады. Қудай Өзи жаратқан жердиң ҳәм теңизлердиң жақсы екенин көрип, қуўанды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-01-05.jpg)

Соннан кейин Қудай: «Жер бетинде тереклер ҳәм ҳәр түрли өсимликлер өссин!» — деди ҳәм солай болды да. Қудай үшинши күни жаратқанларының жақсы екенинин көрип, қуўанды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-01-06.jpg)

Жаратылыстың төртинши күнинде Қудай: «Аспанда жақтыртқыш пайда болсын», — деди. Сонда аспанда қуяш, ай ҳәм жулдызлар пайда болды. Қудай оларды жерди жақтыландырыў ушын ҳәм олар арқалы күндиз бенен түнди, жыл ҳәм мәўсимлерди анықлаў ушын жаратты. Қудай жаратқанларының жақсы екенин көрип, қуўанды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-01-07.jpg)

Бесинши күни Қудай: «Суўлар тири жаныўарларға толсын ҳәм аспанда қуслар ушсын», — деди. Солай етип, Қудай ҳәмме балықларды, суўда жүзиўши ҳайўанларды ҳәм қусларды жаратты. Қудай оларға қарап, жарылқады ҳәм жаратқанларының жақсы екенин көрип, қуўанды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-01-08.jpg)

Жаратылыстың алтыншы күнинде Қудай: «Қурғақлықта ҳайўанлардың барлық түрлери пайда болсын», — деди. Солай етип, ҳайўанлардың ҳәр қыйлы түрлери: маллар, жабайы ҳайўанлар, жер баўырлаўшылар ҳәм басқа ҳайўанлар пайда болды. Қудай олардың жақсы екенин көрип, қуўанды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-01-09.jpg)

Соннан кейин, Қудай: «Өз көринисимиздей етип, Өзимизге уқсатып адамды жаратайық. Онда жер жүзин ҳәм барлық ҳайўанларды басқаратуғын бийлик болады», — деди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-01-10.jpg)

Қудай жердиң топырағын алып, оннан адамды жаратты ҳәм оған өмир демин үпледи. Ол Адам деп аталды. Соң Қудай үлкен бағ орнатып, оған ғамхорлық қылыўы ҳәм тәрбиялаўы ушын Адамды сол жерге жайластырды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-01-11.jpg)

Сол бағдың ортасында айрықша еки терек өсип турған еди. Олардың биреўи өмир тереги, ал екиншиси жақсылық пенен жаманлықты билиў тереги еди. Қудай Адамға бағдағы жақсылық пенен жаманлықты билиў терегиниң мийўесинен басқа барлық тереклердиң мийўелеринен жеўге рухсат берди. Ол Адамға, егерде жақсылық пенен жаманлықты билиў терегиниң мийўесинен жесе, өлетуғынын айтты.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-01-12.jpg)

Кейин Қудай ҳайўанларға қандай ат беретуғынын көриў ушын, оларды Адамның алдына алып келди. Өйткени Қудай былай деген еди: «Адамның жалғыз болыўы жақсы емес. Оған жәрдемши керек». Деген менен, ҳайўанлардың ҳеш бири Адамға жәрдемши бола алмады.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-01-13.jpg)

Сонда Қудай Адамды терең уйқыға жиберди ҳәм оның бир қабырғасын алып, оннан ҳаялды жаратты. Солай етип, оны Адамның алдына алып келди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-01-14.jpg)

Адам ҳаялды көрип: «Енди мен жалғыз емеспен, ол мендей екен-ғо. Ол ҳаял деп аталсын, себеби ол ер адамның қабырғасынан жаратылған», — деди. Соның ушын ер адам ата-анасын қалдырып, ҳаялы менен бир пүтин болады.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-01-15.jpg)

Еркек пенен ҳаялды Өзине уқсатып жаратқаннан соң, Қудай оларды жарылқап былай деди: «Барып жер жүзин толтырыңлар, балаларыңыз ҳәм урпақларыңыз көп болсын». Қудай булардың ҳәммесиниң жақсы екенин көрип, қуўанды. Жаратылыстың алтыншы күни усылай болды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-01-16.jpg)

Жетинши күни Қудай барлық ислерин тамамлады. Ол жетинши күнди жарылқап, оны мухаддес қылды. Себеби Қудай әлемди ҳәм ондағы барлық нәрселерди жаратыўын жуўмақлады.

*Мухаддес Китап ўақыялары. Жаратылыс 1-2-баплар.*

## 2. Дүньяға гүнаның кирип келиўи

https://openbiblestories.org/l/kaa/story-2/

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-02-01.jpg)

Адам ҳәм оның ҳаялы Қудайдың олар ушын жаратқан әжайып бағында жасады. Екеўи бахытлы еди. Олардың үстилеринде кийимлери жоқ болса да бир-биринен уялмайтуғын еди. Себеби дүньяда гүна жоқ еди. Адам ҳаялы менен бағда жийи-жийи сейил етип, Қудай менен сәўбетлесип жүрди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-02-02.jpg)

Бирақ бул бағда жылан да болып, ол жүдә ҳийлекер еди. Ол ҳаялдан: «Қудай сизлерге бағдағы тереклердиң мийўелеринен жеўге рухсат бермегени ырас па?» — деп сорады.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-02-03.jpg)

Ҳаял оған былай деп жуўап берди: «Қудай бизлерге барлық теректиң мийўесинен жеўимизге рухсат берди, бирақ жақсылық пенен жаманлықты билиў терегиниң мийўесинен жеўимизди қадаған етти. Ол бизлерге: „Егер оның мийўесинен жесеңиз ямаса оған қол тийгизсеңиз, өлесиз!“ — деп айтты».

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-02-04.jpg)

Жылан ҳаялға жуўап берип: «Өтирик! Сизлер өлмейсизлер. Қудай сизлердиң усы мийўеден жегениңизден-ақ, Ол сыяқлы болып, жақсылық пенен жаманлықты түсинетуғыныңызды биледи», — деди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-02-05.jpg)

Ҳаялға бул мийўелер жүдә сулыў ҳәм мазалы болып көринди. Ол усы мийўелер беретуғын билимди алғысы келди, соның ушын олардан үзип алды да, биреўин жеди. Кейин сол теректиң мийўесинен күйеўине де берди ҳәм ол да жеди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-02-06.jpg)

Қадаған етилген мийўеден жеп, Адам ҳәм оның ҳаялы барлық нәрсеге өзгеше көз-қарас пенен қарай баслады ҳәм өзлериниң жалаңаш екенин көрди. Сонда олар өзлериниң жалаңаш денесин жабыў ушын, жапырақлардан өзлерине кийим ислеп алды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-02-07.jpg)

Жағымлы салқын самал ести. Адам ҳәм ҳаялы Қудайдың бағда жүргенин еситти. Олар Қудайдан жасырынды. Сонда Қудай оны шақырып: «Адам сен қаяқтасаң?» — деди. Ол: «Сениң бағда жүргениңди еситип, қорқып кеттим ҳәм жалаңаш болғаным ушын жасырындым», — деп жуўап берди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-02-08.jpg)

Сонда Қудай: «Саған жалаңаш екениңди ким айтты? Ямаса Мен жеме деген мийўени жеп қойдың ба?» — деп сорады. Адам жуўап берип: «Сен маған мына ҳаялды бердиң, ал ол маған сол мийўени берди», — деди. Кейин Қудай ҳаялдан: «Неге бундай қылдың?» — деп сорады. Ҳаял: «Жылан мени алдады», — деп жуўап берди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-02-09.jpg)

Сонда Қудай жыланға былай деди: «Енди сен нәлетлендиң, жер баўырлап жүресең ҳәм топырақ жейсең. Сен ҳаял менен, сондай-ақ сизлердиң урпақларыңыз да бир-бирине душпан болады. Сен ҳаялдың урпағының табанын шағасаң, ал ол сениң басыңды езеди».

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-02-10.jpg)

Соннан кейин, Қудай ҳаялға: «Мен сениң ҳәмиледарлық ўақтыңда аўыр азап шектиремен, қыйналып туўатуғын боласаң. Сен күйеўиңе ийелик етиўге ҳәрекет етесең, бирақ күйеўиң сениң үстиңнен бийлик етеди», — деди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-02-11.jpg)

Кейин Қудай еркек адамға: «Сен ҳаялыңа қулақ салдың, бирақ Маған қулақ салмадың. Енди жер нәлетленди, оннан өним алыўың ушын тер төгип көп мийнет ететуғын боласаң. Соңынан бир күни сен өлесең ҳәм денең топыраққа қайтады», — деди. Қудай Адамға ҳәм оның ҳаялына ҳайўан терисинен исленген кийим берди. Адам ҳаялын «Ҳаўа-ене» деп атады. Бул «өмир бериўши» деген мәнисти билдиреди, себеби ол ҳәмме адамлардың анасы болыўы керек еди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-02-12.jpg)

Соннан кейин Қудай: «Енди адамлар Бизлер сыяқлы жақсылық пенен жаманлықтың не екенин биледи. Соның ушын, олардың өмир терегинен жеўине ҳәм мәңги жасаўына жол қоймаў керек», — деди. Сонлықтан Қудай Адам -атаны ҳәм Ҳаўа-енени бағдан қуўып шығарды. Енди ҳеш ким өмир терегиниң мийўесинен жей алмаўы ушын бағдың кирер аўзына күшли периштелерди қойды.

*Мухаддес Китап ўақыялары. Жаратылыс 3-бап.*

## 3. Топан суўы

https://openbiblestories.org/l/kaa/story-3/

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-03-01.jpg)

Арадан көп жыллар өтти. Адамлар жер жүзинде көбейип бара берди. Бирақ олар жүдә жаўыз ҳәм тас баўыр болды. Адамлар соншелли гүнакар болғанлықтан, Қудай жер жүзине топан суўын жибериў арқалы оларды жоқ қылыўды шешти.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-03-02.jpg)

Қудай барлық адамлардың арасынан тек ғана Нухқа кеўли толды, өйткени ол ҳақ адам болды. Сонда Қудай Нухқа адамларды топан суўы менен қырып таслаўды шешкенин айтты ҳәм оған үлкен кеме соғыўды буйырды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-03-03.jpg)

Бул ағаштан соғылатуғын үлкен кемениң узынлығы 140 метр, ени 23 метр, ал бийиклиги 13,5 метр болыўы керек еди. Ол үш қабаттан ибарат болып, оның көп бөлмеси, төбесиниң бастырмасы ҳәм айналары болыўы шәрт еди. Усы кемеде Нух, оның шаңарағы ҳәм ҳайўанлардың барлық түрлери топан суўынан қутқарылып қалыўы керек еди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-03-04.jpg)

Нух Қудайға бойсынды. Ол үш улы менен биргеликте анық Қудайдың буйырғанындай етип кеме соқты. Кемениң қурылысына көп жыллар кетти, себеби ол жүдә үлкен еди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-03-05.jpg)

Қудай Нухқа өзи, шаңарақ ағзалары ҳәм ҳайўанлар ушын көп азық аўқатларды алыўын буйырды. Ҳәммеси таяр болғанда, Қудай Нухқа топан суўдың ўақты келгенин айтты. Нух, ҳаялы ҳәм олардың үш улы ҳаяллары менен бирге кемеге кирди. Олардың барлығы болып сегиз адам еди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-03-06.jpg)

Қудай Нухқа ҳайўанлар ҳәм қуслардың ҳәр бир түринен жуп-жуптан кемеге алып кириўин буйырды. Усылай етип олар топаннан аман қалыўы керек еди. Соның менен бирге, Қудай қурбанлыққа пайдаланыўға болатуғын ҳайўанлардың еркек ҳәм урғашысынан жети жуптан алып кириўин буйырды. Олардың барлығы кемеге кирип болғанда Қудайдың Өзи кемениң қапысын жапты.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-03-07.jpg)

Соңынан жаўын жаўа баслады. Жаўын қырық күн, қырық түн даўамында тынбастан жаўды! Жаўын менен бирге жер бетинен булақлар ашылып, олардан да суўлар аға баслады. Жер жүзиндеги ҳәмме нәрсе, ҳәттеки ең бийик таўлар да суўдың астында қалды. Нөсер жаўын тынбастан жаўып турды!

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-03-08.jpg)

Жер бетинде жасап атырған барлық адамлар ҳәм ҳайўанлар набыт болды. Бирақ тек кемениң ишиндегилер ғана бул апаттан аман қалды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-03-09.jpg)

Жаўын тоқтағаннан соң, кеме суўда және бес ай жүзип жүрди. Суў азая баслады ҳәм бир күни кеме таўдың басына барып тоқтады. Жер жүзи еле суў менен қапланып турған еди. Арадан үш ай өткеннен соң таўлардың төбелери көрине баслады.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-03-10.jpg)

Және қырық күн өткеннен соң, Нух суўдың қайтқанын ҳәм жер бетиниң қурығанын билиў ушын ғарғаны ушырды. Ғарға дөгеректи айланып ушса да, қурғақ жер излеп таба алмады.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-03-11.jpg)

Соннан кейин, Нух кептерди ушырды, бирақ ол да қурғақ жер таба алмай Нухқа қайтып келди. Бир ҳәптеден кейин Нух кептерди қайтадан ушырғанда, тумсығында зәйтун ағашының жапырағы менен ушып келди. Суў азайып, жерде өсимликлер қайтадан өсе баслады.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-03-12.jpg)

Нух және бир ҳәпте күтип кептерди үшинши мәрте ушырды. Бул рет кептер қонатуғын жер тапқанлықтан қайтып келмеди. Жер қурғап баслады.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-03-13.jpg)

Еки ай өткеннен соң, Қудай Нухқа: «Енди сен шаңарағың ҳәм барлық ҳайўанлар менен бирге кемеден шығыўың мүмкин. Балаларыңыз бенен урпақларыңыз көп болсын! Жер бетин толтырыңлар!» — деди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-03-14.jpg)

Нух қурбанлық орын қурып, қурбанлыққа пайдаланыўға болатуғын ҳайўанлардың ҳәр бир түринен қурбанлық қылды. Қудайға бул қурбанлық унады ҳәм Нух пенен оның шаңарағын жарылқады.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-03-15.jpg)

Және де Қудай: «Адамлардың жаўыз ислери ушын енди ҳеш қашан жерди нәлетлемеймен ҳәм олардың балалық ўақтынан гүна ислеўине қарамастан жер жүзин топан суўы менен набыт қылмайман», — деп ўәде берди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-03-16.jpg)

Қудай Өзиниң ўәдесин айрықша белги менен тастыйықлады: Аспанда биринши мәрте радуга, яғный айқулақ пайда болды. Ҳәр сапары аспанда айқулақ пайда болғанда, Қудай дүньяға топан суўын жибермеймен деген Өзиниң ўәдесин еслейтуғынын айтты.

*Мухаддес Китап ўақыялары. Жаратылыс 6-9:1-17.*

## 4. Қудайдың Ибрайым менен келисим дүзиўи

https://openbiblestories.org/l/kaa/story-4/

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-04-01.jpg)

Топан суўынан көп жыллар өткеннен соң, дүнья жүзинде адамлар және көбейе баслады. Олар алдынғыдай жаўыз болып, Қудайға ҳәм бир-бирине қарсы гүна иследи. Сол ўақытлары барлық адамлар бир тилде сөйлейтуғын еди. Қудай адамларға жер жүзине жайылып, көбейиўди буйырғанына қарамастан, олар керисинше бир жерде топланып, қала қурыўды баслады.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-04-02.jpg)

Адамлар қатты менмен болып кетти. Олар Қудайға қулақ салыўды да, Оның буйырғанындай өмир сүриўди де қәлемеди. Оннан қала берсе, олар өзлериниң даңқын шығарыў ушын төбеси аспанға жететуғындай бийик минара қурыўды баслады. Қудай олардың иси тоқтатылмаса, онда олар өзлериниң жаўыз нийетлерин әмелге асырыўын даўам ете беретуғынын түсинди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-04-03.jpg)

Сонда Қудай адамлардың өз-ара сөйлесетуғын бир тилин ҳәр қыйлы тиллерге өзгертип, оларды жер жүзи бойлап таратып жиберди. Олардың қурып баслаған каласы Бабыл деп аталып, ол «араласқан» деген мәнисти билдиреди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-04-04.jpg)

Арадан жүзлеген жыллар өткеннен соң, Қудай Ибрам деген адамға сөйледи. Ол Ибрамға: «Өз елиңди, ағайин-туўғанларыңды қалдырып, Мен саған көрсететуғын елге бар. Мен сеннен уллы халық дөретемен. Сени жарылқайман ҳәм атыңды мәртебели қыламан. Сен басқаларға жарылқаў боласаң. Сени жарылқағанларды Мен жарылқайман. Сени нәлетлегенлерди Мен нәлетлеймен. Жер жүзиндеги барлық халықлар сен арқалы жарылқанады», — деди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-04-05.jpg)

Ибрам Қудайға бойсынды. Ол ҳаялы Сарайды, барлық хызметкерлерин ҳәм өзине тийисли болған ҳәмме нәрселерин алып Қанан жерине, яғный Қудай көрсеткен жерге кетти.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-04-06.jpg)

Ибрам Қанан жерине келгенде, Қудай оған: «Әтирапыңа қара. Усы жердиң барлығын саған беремен ҳәм сениң урпақларың оған мәңгиге ийелик етеди», — деди. Ибрам сол жерге жайласты.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-04-07.jpg)

Сол жерде Мелкиседек деген Қудай Тааланың руўханийи жасайтуғын еди. Бир күни Ибрам саўашқа түсип, инисин қутқарғаннан соң Мелкиседек пенен ушырасты. Мелкиседек оны жарылқап: «Аспан менен жердиң Ийеси болған Қудай Таала Ибрамды жарылқасын!» — деди. Соннан кейин, Ибрам Мелкиседекке өзиндеги бар нәрселерден оннан бирин берди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-04-08.jpg)

Арадан көп жыллар өтти, бирақ Ибрам менен Сарайдың мийрасхоры жоқ еди. Қудай және Ибрамға келип, оған ул ҳәм аспандағы жулдызлардай көп урпақ беретуғынын айтып, ўәде етти. Ибрам Қудайдың ўәдесине исенди, ал Қудай оны Өзиниң ўәдесине исенгени ушын ҳақ адам деп жәриялады.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-04-09.jpg)

Кейин Қудай Ибрам менен келисим дүзди. Әдетте келисим, белгили бир шәртлерди орынлаў ушын еки адам арасында дүзиледи. Бирақ бул рет келисим еки адамның арасында болған жоқ. Қудайдың Өзи Ибрам менен келисим дүзди ҳәм оған мийрасхор улы туўылатуғынын ўәде етти. Бул келисимди дүзген ўақытта Қудай Қанан жерин Ибрамның урпақларына берди. Оннан соң, Қудай Ибрамға түси арқалы оның урпақларына не болатуғынын ашып берди. Арадан көп жыллар өтти. Ибрам ўәде етилген мийрасхор улы еле болмаса да, Қудайға исениўин даўам етти.

*Мухаддес Китап ўақыялары. Жаратылыс 11-12, 15-баплар.*

## 5. Ўәде етилген ул

https://openbiblestories.org/l/kaa/story-5/

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-05-01.jpg)

Ибрам менен Сарайдың Қанан жерине келгенине он жыл болды, бирақ олардың еле перзенти жоқ еди. Сонда Ибрамның ҳаялы Сарай оған: «Қудай маған перзентли болыўыма жол қоймаған екен, ал мен болсам енди туўыў ушын жүдә қартайғанман. Соның ушын, мына шорым Ажарды ал да, маған ул туўып бериўи ушын оның менен жат», — деди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-05-02.jpg)

Ибрам Сарайдың айтқанындай қылды. Ажар ҳәмиледар болды, сонлықтанда да ол өзин Сарайдан жоқары санай баслады. Ал Сарай бул ушын Ибрамды айыплады. Ўақты келгенде Ажар ул туўды, Ибрам оның атын Исмайыл деп қойды. Исмайыл он үш жасқа толғанда, Қудай Ибрамға және сөйледи.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-05-03.jpg)

Қудай былай деди: «Мен — қүдирети күшли Қудайман. Мен сениң менен келисим дүземен». Қудайдың даўысын еситкенде, Ибрам тәжим етип, ет бетинен жерге жығылды. Қудай даўам етип: «Сен көп халықлардың әкеси боласаң. Қанан жерин саған ҳәм сениң урпақларыңа беремен, сондай-ақ олардың Қудайы боламан. Сен шаңарағыңдағы ҳәр бир ул баланы ҳәм ер адамды сүннет еттириўиң тийис.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-05-04.jpg)

Ҳаялың Сарай ул туўады — ол Мен ўәде еткен ул болады. Оның атын Ысақ деп қой. Мен оның менен келисим дүземен, оннан уллы халық келип шығады. Исмайылдан да уллы халық жаратаман, бирақ Мениң келисимим Ысақ пенен болады», — деди. Буннан кейин Қудай «Ибрам» деген атты «Ибрайым» деп өзгертти, бул «көп халықлардың әкеси» дегенди аңлатады. Және де, Қудай «Сарай» деген атты «Сара» деп өзгертти, бул «көплердиң ханбийкеси» дегенди билдиреди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-05-05.jpg)

Сол күни Ибрайым үйиндеги барлық ул балалар менен ер адамларды сүннет еттирди. Бир жылдан соң, Ибрайым жүз жасқа, ал Сара тоқсанға шыққанда, ол Ибрайымға ул туўып берди. Қудайдың оларға айтқанындай, оған Ысақ деп ат қойды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-05-06.jpg)

Ысақ еле бала ўақтында, Қудай Ибрайымның исенимин сынаўды шешти. Ол Ибрайымға: «Өзиңниң жалғыз улың болған Ысақты алып, оны Мен ушын қурбанлыққа шал», — деди. Ибрайым және Қудайға қулақ салып, өз улын қурбанлыққа бериўге таярланды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-05-07.jpg)

Ибрайым менен Ысақ қурбанлық беретуғын жерге баратырғанда, Ысақ әкесинен: «Әке, бизлерде жандырылатуғын қурбанлық ушын отын бар, ал қурбанлыққа берилетуғын қозы қаяқта?» — деп сорады. Ибрайым оған: «Улым, қурбанлық ушын қозыны Қудай береди», — деп жуўап берди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-05-08.jpg)

Олар қурбанлық беретуғын жерге жетип барғанда, Ибрайым өз улы Ысақты байлап, қурбанлық орынға жатқарды. Ол улын баўызламақшы болғанда, Қудай оған: «Тоқта! Балаға тийме! Енди сениң Меннен қорқатуғыныңды билемен, себеби Мен ушын жалғыз улыңды аямадың!» — деди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-05-09.jpg)

Сол ўақытта, Ибрайым жақын жерде путалыққа шақынан илинип турған қошқарды көрди. Қудай оларға Ысақтың орнына қурбанлық ушын усы қошқарды берди. Ибрайым қуўанышлы түрде бул қурбанлықты Қудайға усынды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-05-10.jpg)

Сонда Қудай Ибрайымға: «Ҳәмме нәрсеңди, ҳәттеки өзиңниң жалғыз улыңды да Маған бериўге таяр болғаның ушын, Мен сени жарылқаўды ўәде етемен! Сениң әўладларың аспандағы жулдызлардан да көп болады. Маған бойсынғаның ушын, сен арқалы дунья жүзиндеги барлық халықларды жарылқайман!» — деди.

*Мухаддес Китап ўақыялары. Жаратылыс 16-17, 21-22 баплар.*

## 6. Қудайдың Ысаққа ғамхорлық етиўи

https://openbiblestories.org/l/kaa/story-6/

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-06-01.jpg)

Бир неше жыллар өтти. Ибрайым қартайды, ал баласы Ысақ үлкейип, ер жетип қалған еди. Ибрайым баласы Ысақты үйлендириўди шешти. Сонда ол ағайин-туўғанларының жеринен Ысаққа қыз таўып келиўди хызметшилериниң бирине тапсырды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-06-02.jpg)

Хызметши Ибрайымның ағайин-туўғанларының жерине узақ жол жүрип барады. Ол сол жерге жетип барғанда, Қудай оған Ибрайымның инисиниң ақлық қызы болған Ребекка менен дусластырды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-06-03.jpg)

Ребекка өз шаңарағын таслап, Ысаққа барыўға келисим берди. Ысақ Ребекканы көргенде, оны сүйип қалды ҳәм оған үйленди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-06-04.jpg)

Арадан көп ўақытлар өтти. Ибрайым қайтыс болды. Қудай Ибрайым менен дүзген келисиминде ўәде еткениндей, оның улы Ысақты жарылқады. Сол келисимде Қудай Ибрайымның сансыз урпағы болатуғынын айтып, ўәде берген еди. Бирақ Ысақтың ҳаялы Ребекка еле қурсақ көтермеди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-06-05.jpg)

Ысақ Ребекка ушын дуўа етти ҳәм Қудай оның дуўасына жуўап берди. Ребекка егизеклерге ҳәмиледар болды. Бул балалар анасының қурсағында-ақ бирбири менен төбелесе баслады. Сонда Ребекка Қудайдан не болып атырғанын сорады.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-06-06.jpg)

Қудай Ребеккаға жуўап берип: «Сеннен еки ул туўылады. Олардың әўладларынан еки түрли халық келип шығады. Бул халықлар бир-бири менен урысады. Бирақ үлкенинен келип шыққан халық, киши улдан туўылған халыққа бағынышлы болады», — деди. Ўақты келгенде, Ребекка егиз улларды туўды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-06-07.jpg)

Үлкен улының денеси қызыл болып, ҳәмме жери жүн менен қапланған еди. Оған Эсаў деп ат қойды. Ал кишкене улы болса дәрҳал Эсаўдан кейин, оның табанын услап шықты. Оған Яқып деп ат қойды.

*Мухаддес Китап ўақыялары. Жаратылыс 24; 25:21-26.*

## 7. Қудайдың Яқыпты жарылқаўы

https://openbiblestories.org/l/kaa/story-7/

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-07-01.jpg)

Ысақ пенен Ребекканың уллары үлкейип қалды. Эсаў шебер аңшы, ал Яқып өз ўақтын шатырда өткеретуғын тыныш адам болды. Ысақ Эсаўды көбирек жақсы көрди, ал Ребекка болса Яқыпты көбирек жақсы көретуғын еди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-07-02.jpg)

Бир күни Эсаў аңнан қатты аш болып келди. Ол Яқыптың сол ўақытта таярлап қойған аўқатынан сорады. Сонда Яқып оған: «Сен алдын маған туңғышлық ҳуқықыңды бериўди ўәде ет», — деди. Эсаў бул ўәдени еткеннен соң, Яқып оған аўқат берди. Усылай етип, Эсаў өз туңғышлығын жойтты.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-07-03.jpg)

Ысақтың туңғыш улы Эсаўға ақ пәтиясын беретуғын ўақты келди. Бирақ Ребекка менен Яқып Ысақты алдады. Яқып әжағасының кийимин кийип, мойнын ҳәм қолларын ылақлардың териси менен орап алды. Соннан соң, ол әкесине келип, өзин Эсаў қылып көрсетти. Ысақ қартайып, оның көзлери дерлик көрмей қалған еди. Сонлықтан ол алданғанын байқамай ақ пәтиясын Эсаўдың орнына Яқыпқа берди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-07-04.jpg)

Яқып Ысаққа келип: «Мен Эсаўман. Пәтияңды алыў ушын алдыңа келип турман», — деди. Ысақ ылақ терисине қолын тийгизип, Яқыптың үстинен Эсаўдың кийиминиң ийисин сезгенде, оны Эсаў деп ойлап, оған пәтиясын берди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-07-05.jpg)

Буннан соң, Эсаў өзине арналған пәтияны алдаў жолы менен иниси Яқып алып қойғаны ушын, оны жек көрип қалды. Сонлықтан Эсаў әкеси қайтыс болғаннан соң, Яқыпты өлтириўди шешти.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-07-06.jpg)

Бирақ Ребекка Эсаўдың нийетин билгенде, Ысақ екеўи Яқыпты узақ елге, Ребекканың ағайинлерине жиберди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-07-07.jpg)

Яқып ол жерде көп жыллар жасады. Сол ўақыт аралығында ол үйленди ҳәм оннан он еки ул менен бир қыз туўылды. Қудай оны жүдә бай қылды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-07-08.jpg)

Туўылған жеринен узақта жигирма жыл жасап, Яқып өз шаңарағы, хызметкерлери ҳәм барлық падалары менен Қананға қайтыў ушын жолға шықты.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-07-09.jpg)

Яқып қатты қорқты, өйткени ол Эсаўдың елеге дейин өлтириў нийети бар деп ойлайтуғын еди. Сонлықтан да, оған маллардың үлкен падасын саўғаға берип жиберди. Хызметкерлер оларды Эсаўға әкелип: «Қулың Яқып усы саўғаларды саған берип жиберди. Оның өзи де тез арада жетип келеди», — деди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-07-10.jpg)

Деген менен, Эсаў бул ўақытқа келип, оны өлтириў нийетинен қайтқан еди. Оның орнына, туўысқаны менен көрисетуғынына жүдә қуўанышлы болды. Жарасқаннан кейин олар узақ ўақыт Қанан жеринде татыўлықта жасады. Ўақыттың өтиўи менен Ысақ қайтыс болып, Яқып пенен Эсаў әкесин жерледи. Қудайдың Ибрайымға берген келисиминиң ўәдеси Ысақтан Яқыпқа өтти.

*Мухаддес Китап ўақыялары. Жаратылыс 25:27-34; 32:33-35.*

## 8. Қудайдың Юсупти ҳәм әкесиниң хожалығын қутқарыўы

https://openbiblestories.org/l/kaa/story-8/

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-08-01.jpg)

Бир неше жыллар өтип, Яқып қартайды, ал оның уллары ер жетип, үлкейип қалды. Бир күни ол сүриўди бағып жүрген әжағаларынан хабар алыўы ушын сүйикли улы Юсупти жиберди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-08-02.jpg)

Ағалары Юсупти әкесиниң сүйикли улы болғаны ушын ҳәм олардың хожайыны болатуғыны туўралы көрген түси ушын жек көрди. Юсуп ағалары сүриўди бағып атырған жерге келгенде, олар Юсупти услап алды да, қул сатыўшыларға сатып жиберди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-08-03.jpg)

Ағалары үйине қайтпастан алдын, Юсуптиң кийимин жыртып, ешкиниң қанына батырды. Олар үйине келгенде, Юсупти жыртқыш ҳайўан тилкимлеп кетипти, деп ойлаўы ушын, әкесине сол кийимди көрсетти. Яқып сүйикли улының өлгенине исенди ҳәм қатты қайғыға батты.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-08-04.jpg)

Деген менен, Юсуп тири еди. Қул сатыўшылар оны Нил дәрьясының жағасында жайласқан, сол дәўирде қүдиретли үлкен ел болған Мысырға алып барды. Олар Юсупти Мысырдың бай хызметкери Потифар деген адамға қул етип сатты. Ал Қудай Юсупти жарылқады. Ол жақсы хызметшиси болып, хожайыны ушын ислеген ҳәр бир исинде табыслы болды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-08-05.jpg)

Потифардың ҳаялы Юсупти унатып қалды. Ҳаял оны жолдан урыўға ҳәрекет етти, бирақ Юсуп буны Қудайға қарсы гүна деп есаплағанлықтан оған келисим бермеди. Ҳаял ашыўланып, «Мени жолдан урмақшы болды», деп оны жалған айыплады. Сонда ол қолға алынып, қамаққа тасланды. Юсуп ҳәттеки қамақханада да Қудайға садық қалды ҳәм Қудай оны жарылқады.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-08-06.jpg)

Арадан еки жыл өтти. Юсуп айыпсыз болса да, еле камақханада еди. Бир күни түнде Мысыр фараоны қатты тәшиўишлендиретуғын еки түс көрди. Фараонның мәсләҳәтшилериниң ҳеш бири бул түслердиң мәнисин түсиндирип бере алмады.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-08-07.jpg)

Қудай Юсупке түслерди жорыў қәбилетин берди. Фараон бул хаққында билип, Юсупти қамақханадан өзиниң алдына алып келиўди буйырды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-08-08.jpg)

Юсуп фараонға көрген түсин жорып берди. Ол фараонға: «Қудай жети жыл молшылық береди, ал соннан кейин жети жыл ашлық болады», — деди. Юсуп фараонға тәсир көрсеткени соншелли, ол Юсупти пүткил Мысыр елине өзинен кейинги екинши адам етип тайынлады!

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-08-09.jpg)

Солай етип, Юсуп молшылық жети жыл ишинде, Мысыр қалаларының әтирапындағы атызлардан жыйналған дәнлердиң көп бөлегин сол қалаларда сақлады. Ол өлшеп болмайтуғын дәрежеде көп дән жыйнады. Жети жыл ашлық басланғанда, Юсуп дәнлерди адамларға сата баслады ҳәм оларда жетерли азық-аўқат болды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-08-10.jpg)

Аяўсыз ашлық тек ғана Мысырда емес, ал Яқып ҳәм оның хожалығы жасайтуғын Қанан жеринде де болды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-08-11.jpg)

Яқып үлкен улларын дән алып келиўге Мысырға жиберди. Олар дән сатып алыў ушын келгенде, Юсуп туўысқанларын көрип таныды, бирақ ағалары оны танымады.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-08-12.jpg)

Юсуп ағаларын бир неше мәрте сынағаннан соң, олардың өзгергенине көзи жетти. Сонда ол ағаларына: «Мен туўысқаныңыз Юсуппен! Қорқпаңлар! Мени қуллыққа сатып жиберген едиңиз, бирақ Қудай бул жаўызлықты жақсылыққа айландырды! Жасаў ушын Мысырға келиң. Мен сизлерге ҳәм шаңарақларыңызға ғамхорлық қыламан», — деди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-08-13.jpg)

Юсуптиң ағалары үйине қайтып келгенде, әкесине Юсуптиң еле тири екенин айтып берди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-08-14.jpg)

Яқып қатты қуўанды. Яқып жүдә қартайып қалған болса да, пүткил хожалығы менен жасаў ушын Мысырға көшип келди. Өлмесинен алдын Яқып улларының ҳәр бирине пәтия берди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-08-15.jpg)

Қудайдың Ибрайымға берген келисиминиң ўәдеси Ысаққа, кейин Яқыпқа, соң Яқыптың он еки улына ҳәм олардың шаңарақларына өтти. Он еки улдың әўладлары Израил халқының он еки урыўы болды.

*Мухаддес Китап ўақыялары. Жаратылыс 37-50-баплар.*

## 9. Қудайдың Муўсаны шақырыўы

https://openbiblestories.org/l/kaa/story-9/

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-09-01.jpg)

Юсуптиң өлиминен соң, оның туўысқанлары Мысырда жасап қалды. Олардың сансыз урпағы сол жерде көп жыллар даўамында жасап қалды ҳәм олар израиллылар деп аталды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-09-02.jpg)

Бир неше жүз жыллар өтти. Израиллылардың саны оғада артып барды. Мысырлылар әлле қашан Юсупти ҳәм өзлери ушын ислеген оның барлық ислерин умытқан еди. Енди олар израиллылардан қорқа баслады, себеби олар жүдә көбейип кетти. Сол ўақытта Мысырға ҳүкимдарлық қылған фараон израиллыларды қул қылды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-09-03.jpg)

Мысырлылар израиллыларды ҳәр түрли көплеген қурылысларды, имаратларды, ҳәттеки пүткил қалаларды қурыўға мәжбүрледи. Израиллылардың өмири аўыр жумыстан шыдай алмастай дәрежеде болып кетти. Деген менен, Қудай израил халқын жарылқады. Мысырлылар оларды қаншелли езген болса, израиллылардан балалар туўылып, соншелли көбейип бара берди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-09-04.jpg)

Фараон израиллылардың көбейип баратырғанын көрди. Соның ушын, ол өз халқына олардың жаңа туўылған ул балаларының ҳәммесин Нил дәрьясына таслап өлтириўди буйырды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-09-05.jpg)

Сол ўақытлары израиллы бир ҳаял ул туўды ҳәм ол узақ ўақыт баласын жасырып жүрди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-09-06.jpg)

Баланы буннан былай жасырып жүриў мүмкин болмай қалғанда, анасы оны өлимнен сақлап қалыў ушын, улын себетке салып, Нил дәрьясындағы қамыслықтың арасында қалдырды. Баланың әжапасы оған не болар екен деп, бақлап турды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-09-07.jpg)

Сол ўақытта фараонның қызы шомылыў ушын дәрьяға келди. Ол себетти көрип, ишине қарады. Баланы көргенде жаны ашып, оны өзиниң улындай етип тәрбиялаўды шешти. Сонда баланың әжапасы фараонның қызына емизиўли израиллы бир ҳаялды жаллаўды усыныс етти. Фараонның қызы өзи жаллаған сол ҳаялдың баланың туўған анасы екенин билмеди. Бала үлкейип, анасының сүтинен шыққаннан соң, ҳаял оны фараонның қызына әкелди. Фараонның қызы баланы асырап алды ҳәм оның атын Муўса деп қойды Муўса ержетти.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-09-08.jpg)

Бир күни ол мысырлының израиллы қулды урып атырғанын көрди. Муўса өзиниң халқынан болған сол адамды қутқарыўға ҳәрекет етти.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-09-09.jpg)

Әтирапта ҳеш кимниң жоқлығын көрип, Муўса мысырлыны өлтирди ҳәм оның денесин қумға көмип таслады. Бирақ бул ўақыя жасырын болып қалмады.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-09-10.jpg)

Муўсаның бул қылмысы көпшиликке мәлим болды. Фараон буны еситкенде Муўсаны өлтириўди буйырды, бирақ Муўса Мысырдан қашып кетти.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-09-11.jpg)

Мысырдан узақта, шөлде Муўса шопан болып, сол жердиң қызына үйленди ҳәм олардан еки ул туўылды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-09-12.jpg)

Муўса қәйин атасының қойларын бағып жүрди. Бир күни ол паданы узаққа, таў тәрептеги шөлге алып барды. Сол жерде ол жанып атырған, бирақ жанып жоқ болып кетпей турған путаны көрди. Муўса анықлап қараў ушын оған жақынырақ барды. Ол жанып турған путаға жақынласқанда, Қудай оған: «Муўса, аяқ кийимиңди шеш! Сен мухаддес жерде турыпсаң», — деди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-09-13.jpg)

Соннан кейин, Қудай: «Мен халқымның азап шегип атырғанын көрдим. Сен израиллыларды Мысырдан алып шығып, оларды қуллықтан азат етиўиң ушын, Мен сени фараонға жиберемен. Оларға Мен Ибрайымға, Ысаққа ҳәм Яқыпқа ўәде еткен — Қанан жерин беремен», — деди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-09-14.jpg)

Сонда Муўса: «Егер халық мени ким жибергенин билиўди қәлесе, оларға не айтаман?» — деп сорады. Қудай оған былай деди: «Мен мәңгиге Бар болыўшыман. Оларға: „Мени мәңгиге бар Болыўшы сизлерге жиберди“, — деп айт. Және де, оларға: „Мен — Яҳўе, сизлердиң ата-бабаларыңыз — Ибрайымның, Ысақтың ҳәм Яқыптың Қудайыман. Бул Мениң мәңгилик атым“, — деп айт».

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-09-15.jpg)

Муўса өзине исенбегенликтен фараонға барыўды қәлемеди, өйткени ол жақсы сөйлей алмайтуғын еди. Бирақ ол бәри бир Қудайға бойсынды. Үйине қайтып келгеннен соң, ҳаялы менен улларын алып жолға шықты. Ол баратырғанда, Қудайдың оған жәрдемге жиберген әжағасы Харонды жолда ушыратты. Олар бирге Мысырға кетти.

*Мухаддес Китап ўақыялары. Шығыў 1-4-баплар.*

## 10. Он жаза

https://openbiblestories.org/l/kaa/story-10/

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-10-01.jpg)

Қудай Муўсаны Мысырға жибергенде, фараонның израиллыларды жибермейтуғынын айтып, оны алдын ала ескертти. Муўса менен Харон фараонға барып: «„Мениң халқымды жибер!“ — деп, Израилдың Қудайы айтып атыр», — деди. Бирақ фараон оларға қулақ салмады. Ол израил халқын азатлыққа жибериў былай турсын, ал оларды еледе көбирек жумыс ислеўге мәжбүрледи.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-10-02.jpg)

Муўса менен Харон фараонның алдына бир неше мәрте барды, бирақ фараон ҳәр келгенинде халықты жибериўден бас тартты. Соның ушын, Қудай Мысырға қорқынышлы он жаза жиберди. Усы жазалар арқалы Қудай фараонды жазалап, Өзиниң фараоннан ҳәм Мысырдағы барлық қудайлардан қүдиретли екенин көрсетти.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-10-03.jpg)

Биринши жаза мынадай болды: Қудай Нил дәрьясының суўын қанға айландырды. Бирақ фараон бул жазадан қорқпады ҳәм израиллыларды жибермеди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-10-04.jpg)

Кейин Қудай Мысырда жүдә көп қурбақаларды шығарды. ФараонМысырды қурбақалардан азат етиўин Муўсадан өтинип сорады. Сонда Муўсаның еткен дуўасынан соң, барлық қурбақалар өлди, бирақ фараон жүрегин тас қылып, және израиллыларды Мысырдан жибергиси келмеди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-10-05.jpg)

Соның ушын, Қудай Мысырды ширкейлердиң бастырып келиўи менен жазалады, бирақ фараон қатал турыўды даўам етти. Оннан кейин, Қудай Мысырға ийтшыбынларды жиберип, жазалады. Фараон Муўса менен Харонды шақырып, егер олар усы апатшылықты тоқтатса, израиллылардың Мысырдан шығып кете алатуғынын айтты. Муўса дуўа еткенде, Қудай Мысырдағы ийтшыбынларды алып таслады. Бирақ фараон жүрегин және тас қылып, израил халқын жибермеди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-10-06.jpg)

Сонда Қудай мысырлылардың барлық ири ҳәм майда малларына қырғын келтиретуғын иллет жиберди. Бул да фараонның шешимин өзгерте алмады. Оның жүреги тас болып, бурынғыдай израиллыларды жибермеди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-10-07.jpg)

Соннан кейин, Қудай Муўсаға фараонның алдында күлди ҳаўаға шашыўды буйырды. Муўса солай қылғанда, мысырлылардың денелеринде ириңли шыйқанлар пайда болды, ал израиллыларда бундай болмады. Қудай фараонның жүрегин қатал қылды ҳәм ол израиллыларды жибермеди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-10-08.jpg)

Кейин Қудай мысырлылардың егислик өнимлериниң көп бөлегин набыт қылатуғын, және де ашық даладағы барлық тири жанларды өлтиретуғын буршақ жаўдырды. Фараон Муўса менен Харонды шақырып, оларға: «Мен гүна иследим. Буршақ тоқтаўы ушын Қудайға дуўа етиңлер, сонда мен сизлерди жиберемен», –деди. Муўса дуўа еткенде, буршақ тоқтады.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-10-09.jpg)

Бирақ фараон буршақ тоқтағанын көрип, және Қудайға бойсынбады ҳәм жүрегин тас қылды. Ол алдынғыдай израиллыларды жибергиси келмеди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-10-10.jpg)

Сонда Қудай Мысырға шегирткелерди жиберди. Олар буршақтан аман қалған барлық өнимлерди набыт қылды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-10-11.jpg)

Буннан соң, Қудай үш күн даўам ететуғын қараңғылықты жиберди. Қараңғы болғаны соншелли, мысырлылар үйлеринен шыға алмай қалды. Бирақ израиллылар жасап атырған жер жақты болды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-10-12.jpg)

Ҳәттеки, усы тоғыз жазадан кейин де, фараон бәри бир израиллыларды Мысырдан жибериўден бас тартты. Қудай және бир соңғы жазаны жибериўди шешти, буннан соң фараон израиллыларды жибериўге ыразы болды.

*Мухаддес Китап ўақыялары. Шығыў 5-10-баплар.*

## 11. Қутқарылыў асы

https://openbiblestories.org/l/kaa/story-11/

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-11-01.jpg)

Қудай Муўса менен Харонды фараонның алдына және жиберди. Бул рет олар фараонды, егерде израиллыларды жибермесе, онда Қудай Мысырдағы адамлардың туңғыш улларын да, маллардың биринши туўылған төллерин де өлтиретуғынын айтып, ескертти. Бирақ фараон бәрибир Қудайға исенбеди ҳәм Оған қулақ салмады.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-11-02.jpg)

Бул ушын мысырлыларды қатаң жаза күтип турған еди. Ал израиллылардың туңғыш уллары ушын Қудай қутқарылыў жолын таярлады. Қудай израил халқының ҳәр бир шаңарағы минсиз қозыны алып, оны сойыўды буйырды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-11-03.jpg)

Израиллылар сол қозының қанынан алып, өз үйлериниң қапысының жақлаўларына ҳәм кесе ағашларына жағыўы, ал гөшин болса отқа писирип, ашытқысыз нан менен тез жеўи керек еди. Сондай-ақ, Қудай израиллыларға гөш пенен нанды жеп болып, дәрҳәл Мысырдан кетиўге таяр болыўын буйырды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-11-04.jpg)

Израиллылар ҳәммесин Қудайдың буйырғанындай етип иследи.Түнниң ярымында Қудай Мысыр жеринен өтип, барлық туңғышларды өлтирди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-11-05.jpg)

Ҳәр бир израиллының қапыларының жақлаўларына қан жағылған еди ҳәм Қудай олардың үйлерин шетлеп өтти. Сол үйлерде болған барлық адамлар қәўипсизликте болды. Олар қозының қаны арқалы қутқарылып қалды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-11-06.jpg)

Бирақ фараон Қудайға исенбегени ҳәм Оған қулақ салмағаны ушын, Қудай мысырлылардың туңғыш улларының ҳәммесин өлтирип, оларды жазалады.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-11-07.jpg)

Ҳәр бир мысырлының туңғыш уллары: фараонның туңғышынан баслап, ең жарлы мысырлының туңғышына шекем өлди. Пүткил Мысырда аўыр қайғы болды ҳәм халықтың ҳәммеси дад салып, жылады.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-11-08.jpg)

Сол түнде фараон Муўса менен Харонды шақырып: «Барлық израиллыларды жыйнаң ҳәм дәрҳәл Мысырдан шығып кетиң!» — деди. Сонда барлық мысырлылар да өз елинен израиллылардың тез шығып кетиўин талап ете баслады.

*Мухаддес Китап ўақыялары. Шығыў 11:1-12:32*

## 12. Мысырдан шығыў

https://openbiblestories.org/l/kaa/story-12/

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-12-01.jpg)

Израиллылар қуўанышлы түрде Мысырдан шықты. Буннан былай олар қул емес! Олар Қудайдың Ўәде еткен жерине қарай жүрип кетти! Мысыр халқы израиллылар сораған ҳәмме нәрсени, ҳәттеки алтын, гүмис ҳәм ҳәр түрли қымбат-баҳалы затлар берди. Басқа халықлардан болған базы адамлар Қудайға исенди ҳәм Мысырдан шығып баратырған израиллыларға қосылды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-12-02.jpg)

Қудай ҳәмме ўақытта израил халқы менен бирге болды ҳәм оларға жол көрсетип жүрди. Халық тек ғана Оныңизине ериўи керек еди. Қудай израиллылардың алдында күндиз минара сыяқлы булт болып, ал түнде минара сыяқлы от болып жүрди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-12-03.jpg)

Бир неше күннен соң, фараон ҳәм оның халқы өз пикирлеринен қайтты. Олар израиллыларды қайтадан қул қылыўды қәледи. Соның ушын, олар израиллыларды Мысырға қайтарыў ушын, олардың изинен қуўып кетти. Қудай Яҳве Өзиниң фараоннан ҳәм барлық мысырлылардың қудайларынан қүдиретли екенин ҳәммениң көриўи ушын усылай иследи.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-12-04.jpg)

Израиллылар Мысыр әскерлериниң киятырғанын көргенде, олар фараонның әскерлери менен Қызыл теңиздиң арасында дузақта қалғанын көрди. Олар қатты қорқысып қалды ҳәм Муўсаға: «Ҳәзир шөлде өлип кеткенимизден гөре, мысырлылардың қулы болып қалғанымыз жақсырақ еди!» — деди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-12-05.jpg)

Сонда Муўса израиллыларға: «Қорқпаңлар! Бүгин Қудай сизлер ушын урысады ҳәм сизлерди қутқарады», — деди. Кейин Қудай Муўсаға: «Халыққа Қызыл теңизге қарай жүриўин буйыр!» — деди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-12-06.jpg)

Сол ўақытта израиллылардың алдында жүрген минара сыяқлы булт орнынан қозғалып, мысырлылар менен израиллылардың арасында турды ҳәм мысырлылар оларға жақынласа алмады. Күн батқанда, минара от болып турды, мысырлылар түнде де олар тәрепке өте алмады.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-12-07.jpg)

Қудай Муўсаға теңиздиң үстине қарай қолын созыўды буйырды. Муўса қолын созғанда, Қудай күшли самал естирип, суўды еки тәрепке айырды ҳәм израиллыларға теңиз түбинен жол ашылды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-12-08.jpg)

Израиллылар теңиздиң ортасынан қурғақ жерди басып жүрди, ал суўлар еки тәрепинде дийўал болып турды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-12-09.jpg)

Мысырлылар израиллылардың қашып баратырғанын көрип, олардың изинен қуўыўды даўам етти.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-12-10.jpg)

Олар сол теңиздиң ортасындағы жол арқалы израиллылардың изинен қуўып кетти. Бирақ Қудай мысырлыларды албыратып таслады ҳәм саўаш арбалары батып, жүрмей қалды, сонда олар: «Қашайық! Қудайдың Өзи израиллылар ушын урысып атыр!» –деп бақырысып баслады.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-12-11.jpg)

Израиллылардың ҳәммеси теңиздиң арғы жағасына өткенде, Қудай Муўсаға қайтадан теңизге қолын созыўды буйырды. Муўса Қудайдың айтқанындай қылды ҳәм суў мысырлылардың үстин басып, әдеттегиҳалына қайтты. Сонда пүткил мысыр әскерлери теңизге шөгип кетти.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-12-12.jpg)

Израиллылар мысырлылардың набыт болғанын көргенде, олар Қудайға исенди ҳәм Муўсаның Қудайдың пайғамбары екенин тән алды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-12-13.jpg)

Израиллылар қатты қуўанды, себеби Қудай оларды өлимнен ҳәм қуллықтан қутқарды. Енди олар еркин түрде Қудайға сыйынып, Оған бойсына алады. Израиллылар ерисилген азатлығы ушын көп қосықлар айтты ҳәм мысыр әскерлеринен өзлерин қутқарғаны ушын Қудайды алғыслады.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-12-14.jpg)

Қудай израиллыларға мысырлылардың үстинен оларға қалай жеңис бергенин ҳәм қуллықтан азат еткенин еслеп турыўы ушын ҳәр жылы байрам қылыўды буйырды. Бул Қутқарылыў байрамы деп аталды. Ҳәр жылы Қутқарылыў байрамында израиллылар минсиз қозыны сойды ҳәм оны ашытқысыз нан менен жеди.

*Мухаддес Китап ўақыялары. Шығыў 12:33-15:21.*

## 13. Қудайдың Израил менен келисим дүзиўи

https://openbiblestories.org/l/kaa/story-13/

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-13-01.jpg)

Қудай израиллыларды Мысырдан Қызыл теңиз арқалы алып шыққаннан соң, оларды шөл арқалы Синай таўынаалып барды. Муўса бурын жанып турған путаны негизинде усы таўда көрген еди. Қудай халыққа Синай таўының етегине өз шатырларын қурыўды буйырды. Олар усылай иследи.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-13-02.jpg)

Сол жерде Қудай Муўсаға ҳәм барлық израил халқына былай деди: «Егер Маған қулақ салып, сизлер менендүзетуғын келисимимди сақласаңыз, онда Мениң қымбатлы мүлким, руўханийлер патшалығы ҳәм мухаддес халық боласызлар».

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-13-03.jpg)

Қудай Муўсаға халықты таярлаўды ҳәм пәклеўди буйырды. Үш күн даўамында халық Қудай менен сол ушырасыўға таярланды. Үшинши күни Қудай Синай таўының жоқарысына түсип келди. Ол түсип келгенде, гүлдирмама гүркиреп, шақмақ шақты, қалың булт қаплап, бәлент даўыслы кәрнай сести еситилди. Қудай Муўсаны шақырды ҳәм Муўса таўдың төбесине көтерилди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-13-04.jpg)

Синай таўында Қудай халық пенен келисим дүзди ҳәм оларға Он буйрық берип, былай деди: «Мен — Яҳве, сизлердиң Қудайыңызбан. Мен сизлерди Мысыр қуллығынан азат қылдым. Басқа қудайларға табынбаң.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-13-05.jpg)

Өзлериңизге бутлар жасамаң ҳәм оларға табынбаң, себеби Мен, Яҳве сизлердиң жалғыз Қудайыңыз болыўым керек. Мениң атымды жөнсиз тилиңизге алмаң. Шаббат күнин мухаддес тутыўды есте сақлаң. Барлық жумысларыңызды алты күн даўамында ислең, ал жетинши күни, шаббат күнин дем алыўға, Мен ҳаққында ой жуўыртыўға бағышлаң.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-13-06.jpg)

Ата-анаңызды ҳүрметлең. Адам өлтирмең. Неке ҳадаллығын бузбаң. Урлық ислемең. Өтирик сөйлемең. Басқа адамның ҳаялын, үйин ҳәм басқаларға тийисли ҳеш бир нәрсени күсемең».

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-13-07.jpg)

Пүткил халық Қудайдың берген буйрықларын орынлаўды мақуллады. Олар тек жалғыз Қудайға бойсыныўға ҳәм тек ғана Оған сыйыныўға келисти.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-13-08.jpg)

Қудай израиллыларға үлкен шатыр, яғный Ушырасыў шатырын қурыўды буйырды. Ол Шатырды қалай ислеўди ҳәм оның ишине нелерди қойыўды толық түсиндирди. Израиллылар Шатырдың ишин еки бөлмеге бөлип туратуғын үлкен перде тигиўи тийиседи. Қудай сол пердениң артындағы бөлмеге келип, сол жерде болыўды ўәде етти. Бул бөлмеге тек ғана бас руўханийдиң кириўине рухсат етилди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-13-09.jpg)

Қудай Муўсаның туўысқаны Харонды ҳәм оның урпақларын Өзиниң руўханийлери етип таңлады. Қудайдың буйрығы бойынша израиллылар Ушырасыў шатырының алдына қурбанлық орын қурды. Қудайдың нызамын бузған ҳәр бир адам усы қурбанлық орынға малларын алып келди. Руўханий Қудайға қурбанлық ретинде әкелинген малларды шалып, қурбанлық орында жағып жиберди. Бул ҳайўанның қаны адамның гүнасын жаўып туратуғын еди ҳәм Қудай бул гүнаны басқа көрмеди. Усылайынша бул қурбанлық адамды гүнадан тазалайтуғын еди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-13-10.jpg)

Қудай халыққа басқа да көп нызамлар ҳәм қағыйдалар берди. Егерде адамлар Оның нызамларын орынласа, Қудай оларды жарылқаўды ҳәмқорғаўды ўәде етти, ал орынламаса, жазалайтуғынын айтты. Қудай Он буйрықты еки тасқа жазды ҳәм Муўсаға Синай таўына көтерилип, оларды алыўды буйырды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-13-11.jpg)

Муўса таўға көтерилди ҳәм ол жерде Қудай менен сәўбетлесип көп күн өткизди. Адамлар оның қайтып келиўин күтип шаршады. Олар табыныў ушын өзлерине бут ислеп бериўди талап етип, Харонға алтын әкелди. Бул Қудайға қарсы аўыр гүна еди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-13-12.jpg)

Харон тана көринисиндеги алтын бутты жасады. Халық бутқа берилген ҳалда табынып, оған қурбанлық әкелип баслады. Бул гүна ушын Қудай оларға қатты ғәзепленди. Ол Муўсаға израиллыларды жоқ қылатуғынын айтты. Бирақ Муўса дуўа етип, Қудайдан оларды өлтирмеўин сорады. Қудай оның дуўасын еситти ҳәм халықты жоқ қылмады.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-13-13.jpg)

Муўса Синай таўынан түскенде, Қудай жазған Он буйрығы бар еки тасты қолларында услап келди. Муўса бутты көрип, ашыўланғаны соншелли, буйрықлар жазылған сол тасларды сындырып таслады.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-13-14.jpg)

Соннан кейин, Муўса бутты жағып, унтақ қылып майдалап, суўға таслады ҳәм сол суўдан ишиўге халықты мәжбүрледи. Буннан кейин Қудай да адамларды жазалады. Ол адамларға апатшылық жиберди ҳәм израиллылардың көпшилиги өлди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-13-15.jpg)

Ўақыттың өтиўи менен Қудай Муўсаға сынған таслардың орнына Он буйрық ушын жаңа тасларды таярлаўды буйырды. Муўса усылай иследи. Ол қайтадан таўға көтерилди ҳәм Қудайдың халықты кешириўи ушын дуўа етти. Қудай Муўсаның дуўасына жуўап берип, израиллыларды кеширди.Муўса Он буйрық жазылған жаңа таслар менен таўдан түсип, халықтың алдына келди. Буннан соң Қудай израиллыларды ўәде етилген жерге қарай алып кетти.

*Мухаддес Китап ўақыялары. Шығыў 19-34-баплар.*

## 14. Шөлде жүриў

https://openbiblestories.org/l/kaa/story-14/

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-14-01.jpg)

Қудай израил халқын Қанан деп аталған Ўәде етилген Жерге алып барыўды қәледи. Ол израиллылар орынлаўытийис болған Өз келисиминдеги барлық нызамларды оларға бергеннен соң, оларды сол жерге алып барды. Қудай олардың алдында минара сыяқлы булт болып жүрди, ал олар Оның изинен ерди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-14-02.jpg)

Қудай Ибрайымға, Ысаққа ҳәм Яқыпқа Ўәде етилген жерди олардың урпақларына бериўди ўәде етти, бирақ сол ўақытлары елде көплеген ҳәр түрли халықлар жасайтуғын еди. Олар қананлылар депаталатуғын еди. Қананлылар Қудайға сыйынбайтуғын ҳәм Оған бойсынбайтуғын еди. Олар жалған қудайларға табынып, көплеген жаўызлықлар қылатуғын еди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-14-03.jpg)

Қудай израиллыларға: «Ўәде етилген жерге киргениңизден соң, сизлер сол жерде жасайтуғын барлық қананлыларды жоқ қылыўыңыз керек. Олар менен тынышлық келисимин дүзбең ҳәм олар менен қыз алысып, қыз бериспең. Олардың барлық бутларын толығы менен жоқ қылыўыңыз тийис. Егер Маған қулақ салмасаңыз, онда тез арада Маған емес, ал олардың бутларына табынатуғын боласыз», — деди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-14-04.jpg)

Израиллылар Қанан жериниң шегарасына жақынлағанда, Муўса израилдың ҳәр бир урыўынан бир адамнан он еки адамды таңлады. Муўса сол жердиң қандай екенин билиў ушын, оларға барып, жерди көзден өткериўди тапсырды. Және де, олар қананлылардың қаншелли күшли ямаса ҳәлсиз екенин көрип қайтыўы да тийис еди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-14-05.jpg)

Он еки адам Қанан жеринде қырық күн даўамында жүрди. Қайтып келгеннен соң, олар халыққа жердиң жүдә жақсыҳәм көп өним беретуғынын айтып берди. Кейин олардан он адам: «Ол жердеги қалалар оғада беккем қорғанлы, ал адамлары анық дәў екен! Егер бизлер оларға ҳүжим етсек, онда олар бизлерди өлтиретуғыны сөзсиз!» — деп тастыйықлады.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-14-06.jpg)

Сонда жансызлардан екеўи Калеб ҳәм Нун улы Ешуа былай деди: «Дурыс, Қанан жериниң адамлары бойшаң ҳәм күшли, бирақ бизлер оларды жеңе аламыз! Себеби Қудай бизлер ушын урысады!»

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-14-07.jpg)

Бирақ халық Калеб пенен Нун улы Ешуаға қулақ салмады. Адамлар Муўса менен Харонға қатты ашыўланып: «Сизлер усындай қәўипли жерге бизлерди Не ушын алып келдиңиз? Мысырда қалғанымыз жақсы болар еди. Егерде бизлер бул елге бастырып кирсек, урыста өлип кетемиз, ал бизлердиң балашағаларымыз қананлыларға қул болады» — деди. Халық өзлерине бир басшы сайлап, Мысырға қайтып кетиўди қәледи.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-14-08.jpg)

Израиллылардың бул сөзлерин еситип, Қудай қатты ғәзепленди. Ол Ушырасыў Шатырына келип: «Маған қарсы шыққаныңыз ушын, пүткил халық шөлистанда гезип жүреди, жигирма жас ҳәм оннан үлкенлери сол жерде өлип кетеди, Мен берген жерге олар ҳеш қашан кирмейди. Ол жерге тек еки адам — Нун улы Ешуа менен Ефунне улы Калеб киреди», — деди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-14-09.jpg)

Адамлар Қудайдың бул сөзлерин еситкенде, гүна ислегени ушын пушайман болды. Олар Қанан елине бастырып барыўды шешти. Деген менен, Муўса оларға бул саўашты басламаўын, себеби Қудай олар менен бирге бармайтуғынын ескертти, бирақ олар Муўсаны тыңламады.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-14-10.jpg)

Ҳәммеси Муўсаның айтқанындай болды. Қудай израиллылар менен бирге бул саўашқа бармады, соныңушын қананлылар оларды қыйратып, тас-талқан қылды. Сонда израиллылар Қанан елинен кетип, қырық жыл шөлистанда гезип жүрди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-14-11.jpg)

Усы жыллардың ҳәммесинде Қудай израиллыларға ғамхорлық қылды. Қудай оларға аспаннан «манна» деп аталған нан берди, және де олардың кийимлерин ҳәм аяқ кийимлерин сақлады, олар тозбады.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-14-12.jpg)

Қудай кәраматлы жол менен оларға жартастан суў берди. Бирақ, булардың ҳәммесине қарамастан, халық Қудайғаҳәм Муўсаға шағым етти ҳәм налыды. Деген менен, Қудай бурынғыдай Өз ўәдесине садық болып қалды. Ол Ибрайымның, Ысақтың ҳәм Яқыптың урпағына ўәде еткениндей ис тутты.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-14-13.jpg)

Бир күни халықтың суўы таўсылып қалды. Қудай Муўсаға: «Бул жартасқа суў шығар деп айт, сонда оннан суў ағып шығады», — деп буйырды. Бирақ Муўса пүткил халықтың алдында Қудайға қулақ салмады. Ол жартасқа суў шығар деп айтпады, ал оны таяғы менен еки мәрте урды. Жартастан суў ағып шықты ҳәм пүткил халық шөлин қандыра алды, бирақ Кудай Муўсаға ғәзепленип: «Бундай исти қылғаның ушын, сен Ўәде етилген жерге кирмейсең», — деди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-14-14.jpg)

Қырық жыл даўамында шөлистанда гезип жүргеннен кейин, Қудайға қарсы қозғалаң қылған израиллылар өлди. Қудай халықты Ўәде етилген Жердиң шегарасына қайтадан алып келди. Муўса қартайып қалған еди, сонлықтан Қудай израиллыларға жетекши болыўы ушын Нун улы Ешуаны таңлады. Ал Муўсаға болса Қудай, бир күн келип Муўсаның өзине уқсаған басқа пайғамбарды адамларға жиберетуғынын айтып ўәде берди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-14-15.jpg)

Қудай Ўәде етилген жерди көре алыўы ушын Муўсаға таўға шығыўды буйырды. Муўса таўға көтерилип бул Жерди көрди, бирақ Қудай оған сол жерге кириўине рухсат бермеди. Бир неше ўақыт өтип Муўса өлди ҳәм израиллылар отыз күн ол ушын аза тутты. Израиллылардың жаңа жетекшиси Нун улы Ешуа болды. Ол халықты жақсы басқарды, себеби ол Қудайға исенди ҳәм Оған қулақ салды.

*Мухаддес Китап ўақыялары. Шығыў 16-17; Санлар 10-14, 20 ҳәм 27-баплар; Нызамның қайталаныўы 34-бап.*

## 15. Қудай ўәде еткен жер

https://openbiblestories.org/l/kaa/story-15/

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-15-01.jpg)

Шөлде көп жыллар даўамында гезип жүргеннен соң, израиллылардың Ўәде етилген Қанан жерине киретуғын ўақты келди. Сол жерде Ерихо деген қала бар болып, ол беккем қорған менен қоршалған еди. Нун улы Ешуа Ерихоға еки жансызды жиберди. Сол қалада бузық жол менен күн көретуғын Рахаб деген ҳаял жасайтуғын еди. Ҳаял сол жансызларды үйине жасырды ҳәм кейин оларға қаладан қашып кетиўине жәрдем берди. Ҳаялдың булай ислеўиниң себеби, ол Израилдың Қудайының қүдирети күшли екенине исенген еди. Израиллылар Ерихоны ўайран еткенде, жансызлар Рахабты ҳәм оның шаңарағын сақлап қалыўды ўәде етти.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-15-02.jpg)

Ўәде етилген жерге кириў ушын израиллылар Иордан дәрьясын кесип өтиўи тийис еди. Қудай Ешуаға: «Биринши болып руўханийлер жүрсин», — деди. Руўханийлер Иордан дәрьясына аяқ басыўдан-ақ, дәрья суўының ағысы тоқтап қалды ҳәм израиллылар дәрьяның қурғаған түбинен арғы жағаға өте алды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-15-03.jpg)

Халық Иордан дәрьясының арғы жағасына өткеннен соң, Қудай Ешуаға Ерихо қаласына ҳүжим етиўге таяр болыўды буйырды. Бул жүдә жақсы қорғалған қала еди. Қудай Ешуаға: «Руўханийлер менен әскерлер қаланың дөгерегин алты күн даўамында күнине бир мәртеден айланып шықсын», — деди. Руўханийлер менен әскерлер Қудайдың усы көрсетпесин орынлады.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-15-04.jpg)

Және де, Қудай израиллыларға жетинши күни қаланың дөгерегин жети мәртебе айланыўды буйырды. Кейин руўханилер кәрнайларын шертиўи, ал халық бәлент даўыс пенен бақырыўы керек. Сонда Ерихо дийўаллары қулайды ҳәм олар қаланы қолға киргизеди. Израиллылар анық солай иследи.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-15-05.jpg)

Олар Қудайдың буйрығын орынлаўдан-ақ, Ерихо дийўаллары қулады! Қудай буйырғандай қылып, израиллылар қаладағы барлық адамларды қырып таслады. Олар кейинирек израил халқының бир бөлегине айланған Рахаб ҳәм оның шаңарағын тири қалдырды. Қанандағы басқа халықлар Ерихоның қырып тасланғанын еситкенде: «Израиллылар бизлерге де ҳүжим қылады», — деп, қорқысып баслады.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-15-06.jpg)

Қудай израиллыларға Қанан елиндеги басқа халықлар менен келисим дүзбеўди қатаң буйырды. Бирақ бир халық Ешуаны алдады. Булар гибонлылар еди. Олар Қананнан узақта жасайтуғынын айтып, Ешуадан өзлери менен келисим дүзиўин өтинип сорады. Ешуа ҳәм Израилдың басқа басшылары Қудайдан қылып атырған исиниң дурыслығын сорамастан, гибонлылар менен келисим дүзди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-15-07.jpg)

Үш күннен соң, израиллылар гибонлылардың негизинде Қананда жасайтуғынын билди. Олар гибонлылардың алдағаны ушын ашыўланды. Бирақ израиллылар Қудайдың алдында ант ишкени ушын, тынышлық келисимин сақлаўға мәжбүр болды. Бир неше ўақыт өтип, Қанандағы басқа халықлардың ҳәм амор халқының патшалары гибонлылардың израиллылар менен келисим дүзгенин еситти. Сол патшалар әскерлерин бирлестирип, Гибонға ҳүжим қылды. Сонда гибонлылар Нун улы Ешуадан жәрдем сорады.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-15-08.jpg)

Сонда Ешуа Израил әскерлерин жыйнады. Олар гибонлылар тәрепке түн бойы жүрди, ал ерте таңда болса амор әскерлери күтпеген ўақытта,оларға ҳүжим қылды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-15-09.jpg)

Сол күни Израил ушын Қудай урысты. Ол аморлар арасында аласапыран пайда етип, ири буршақ жаўдырды ҳәм сол буршақтан көпшилиги набыт болды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-15-10.jpg)

Буннан тысқары, аморларды толық қыйратыўға израиллыларда жетерли ўақыт болыўы ушын, Қудай аспандағы қуяшты тоқтатып қойды. Сол күни Қудай Израил ушын уллы жеңисти қолға киргизди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-15-11.jpg)

Қудай аморларды қыйратқаннан соң, Қанандағы басқа көпшилик халықлар Израилға ҳүжим қылыў ушын бирлесип жыйналды. Бирақ израиллылар Ешуаның басшылығында ҳүжим қылып, олардың әскерлерин қыйратты.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-15-12.jpg)

Усы саўаштан соң, Қудай Ўәде етилген жерден Израилдың ҳәр бир урыўына тийисли үлес жерлерин берди ҳәм Израилдың барлық шегараларында тынышлық орнатты.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-15-13.jpg)

Усы саўаштан соң, Қудай Ўәде етилген жерден Израилдың ҳәр бир урыўына тийисли үлес жерлерин берди ҳәм Израилдың барлық шегараларында тынышлық орнатты.

*Мухаддес Китап ўақыялары. Ешуа 1-24-баплар.*

## 16. Бийлер

https://openbiblestories.org/l/kaa/story-16/

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-16-01.jpg)

Нун улы Ешуаның өлиминен соң, израиллылар Қудайға бойсынбай қойды. Олар Қудайдың нызамына әмел қылмады ҳәм Қудайдың буйырғанындай қалған қананлыларды ўәде етилген жерден қуўмады. Оннан қала берсе, израиллылар ҳақыйқый Қудайдың, яғный Яҳвениң орнына қананлылардың қудайларына табынып кетти. Сол ўақытлары олардың патшасы жоқ еди ҳәм ҳәр бири өзлери ушын дурыс деп есаплаған ислерди қылды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-16-02.jpg)

Көп жыллар даўамында израиллылар Қудайға қулақ салмады ҳәм Ол қоңсы душпан халықлардың қол астына тапсырып оларды жазалады. Душпанлары израиллыларды жеңилиске ушыратып, оларды тонады, мал-мүликлерин жоқ қылды ҳәм көпшилигин өлтирди. Узақ жыллар даўам еткен усындай езиўшиликтен соң, израиллылар тәўбе етти ҳәм душпанлардан азат етиўин Қудайдан сорады. Бундай жағдай көп мәрте қайталанды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-16-03.jpg)

Израил халқы ҳәр тәўбе еткенинде, Қудай оларды қутқарды. Қудай оларға душпанға қарсы шығатуғын ҳәм халықты қутқаратуғын азат етиўшилерди жиберди. Бундай адамларды бийлер деп атады. Бий израиллыларды азат қылғанда, олардың елинде тынышлық орнады ҳәм бий халықты әдиллик пенен басқарды. Қудай Өз халқына жәрдем бериў ушын ҳәр түрли көплеген бийлерди жиберди. Қудай қоңсы душпан халық болған мидянлардың израил халқын жеңиўине жол қойғаннан соң, сондай бийлердиң бирин жиберди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-16-04.jpg)

Жети жыл даўамында мидянлар израиллылардың барлық зүрәәтлерин тартып алатуғын еди ҳәм усы себепли израиллылар ҳәмме ўақытта қорқыныш ишинде жасады. Мидянлар таба алмаўы ушын, олар үңгирлерде жасырынып жүрди.Ақырында олар Қудайдың алдына келип, Оннан қутқарыўын сорап баслады.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-16-05.jpg)

Сол ўақытлары Гидеон деген бир израиллы бар еди. Бир күни ол мидянлардан жасырынып, жүзим искенжесинде бийдай түйеклеп атырған еди. Сол ўақытта Қудайдың периштеси келип, оған: «Күшли әскер, Қудай сениң менен бирге! Бар да, Израил халқын мидянлардан қутқар», — деди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-16-06.jpg)

Гидеонның әкесиниң бутқа арналған қурбанлық орны бар еди. Қудай Гидеонға усы қурбанлық орынды бузып, Қудай Яҳвеге арнап қурбанлық орын қурыўды буйырды. Бирақ Гидеон адамлардан қорққанлықтан түн болыўын күтти. Кейин бутқа арналған қурбанлық орынды бузып, бөлеклеп таслады. Сөйтип Гидеон Қудайға арнап қурбанлық орын қурды ҳәм сол жерде Қудай Яхвеге арнап қурбанлық берди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-16-07.jpg)

Азанда адамлар бутқа арналған қурбанлық орынның бузылып атырғанын көргенде, қатты ашыўланып,Гидеонды өлтириў ушын оның үйине барды. Бирақ әкеси оларға: «Не ушын сизлер қудайыңыз Баалды қорғайсыз? Егер ол қудай болса өзин өзи қорғасын!» — деди. Сонда адамлар Гидеонды өлтириў пикиринен қайтты.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-16-08.jpg)

Көп ўақыт өтпей, мидянлар және израиллыларды тонаў ушын келди. Олардың саны соншелли көп болғанлықтан, санаў мүмкин емес еди. Гидеон душпанлар менен урысыў ушын израиллыларды жыйнады. Хақыйқаттан да Қудай израиллыларды мидянлардан қуткарыў ушын, оны шақырғанын билиўди қәлеп, Гидеон Қудайдан еки белги бериўди сорады.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-16-09.jpg)

Гидеон биринши белги ушын қойдың жүнин жерге қойды ҳәм Қудайдан азанғы шық жүнниң үстине түсиўин, ал жер қурғақ болыўын сорады. Қудай солай иследи. Кейинги түнде Гидеон тек жүн қурғақ болып, ал жер бетин шық қаплаўын сорады. Қудай буны да иследи. Усы еки белги арқалы Гидеон Қудайдың израиллыларды мидянлардан қутқарыў ушын, оны шақырғанына толық исенди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-16-10.jpg)

Гидеон өзиниң жанына әскерлерди шақырғанда, оған 32000 адам келди. Бирақ Қудай оған, булардың жүдә көп екенлигин айтты. Сонда Гидеон урысыўға қорқып турған 22000 адамды үйлерине қайтарды. Буннан соң да, Қудай Гидеонға адамларының саны еле де көп екенлигин айтты. Сонда Гидеон Қудай көрсеткен 300 әскерди сайлап алды да, қалғанларын үйлерине қайтарды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-16-11.jpg)

Сол түни Қудай Гидеонға: «Төменге, мидянлардың ордасына түсип, олардың не туўралы сөйлесип атырғанын есит. Сен олардың сөзлерин еситкениңде, мидянлар менен урысыўдан алдынғы ҳәр қандай қорқынышың жоғалады»,– деди. Түнде Гидеон төмендеги ордаға түсип, мидян әскерлериниң бириниң, арпадан писирилген шөрек олардың ордасына домалап келгенин түсинде көргенин басқа әскерге айтып атырғанын еситти. Нан ордаға домалап келип, шатырға урылып, оны қыйратты. Екинши мидян әскер: «Бул түс Гидеонның әскерлери бизлердиң әскерлеримизди қыйрататуғынын билдиреди!» — деди. Буны еситип, Гидеон Қудайға сыйынды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-16-12.jpg)

Буннан кейин Гидеон әскерлериниң жанына қайтып келип, Қудайдың душпанларды оларға тәслим қылатуғынын айтты. Гидеон ҳәр бир әскерине кәрнай, ылайдан исленген гүзе ҳәм шыра берди. Олар мидянлар уйықлап атырған орданың қасына келип, оны қоршап алды. Гидеонның үш жүз әскери отты ўақтынан бурын душпанлар көрмеўи ушын жағылған шыраларын гүзениң ишине салып услап турды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-16-13.jpg)

Соннан соң Гидеонның барлық әскери гүзелерди бир ўақытта сындырды ҳәм пүткил дөгерек шыралардың оты менен жақтыланып кетти. Олардың ҳәр бири өз кәрнайларын шертип: «Яҳвениң ҳәм Гидеонның қылышы!» — деп бақырды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-16-14.jpg)

Қудай мидянларды албыраўшылыққа салды ҳәм олар өз-ара урысып, бирбирин өлтирип баслады. Душпанларды қуўыўға жәрдем бериўге илажы барынша көбирек адам келиўи ушын, Гидеон дәрҳал шабарманларды израиллыларға жиберди. Израиллылар Гидеонның шақырығына қулақ салды ҳәм көплеген мидянларды өлтирди, ал қалғанларын болса өз жеринен қуўып шығарды. Сол күни 120000 мидян набыт болды. Усылайынша Қудай Израилды қутқарды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-16-15.jpg)

Буннан соң израиллылар Гидеонды өзлериниң патшасы қылыўды қәледи. Бирақ Гидеон оларға буны ислеўге рухсат бермеди, ал буның орнына олардың мидянлардан алып қойған алтын жүзиклерин сорады. Адамлар буған шын жүректен ыразы болды ҳәм оған көп алтын алып келди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-16-16.jpg)

Бул алтыннан Гидеон бас руўханийдиң кийимине уқсаған айрықша кийим иследи ҳәм оны өзиниң туўылған қаласында қалдырды. Тилекке қарсы, бир неше ўақытлар өтип, халық бут сыпатында сол кийимге табынды. Ал Гидеон қартайып өлгеннен кейин, израиллылар қайтадан ҳәр түрли бутларға табынып баслады. Бул ушын Қудай Израилды жазалады ҳәм қайтадан душпанларының оларды қул қылыўына жол қойды. Сонда израиллылар және Қудайдан жәрдем сорады. Қудай олардың дуўасына жуўап берди ҳәм оларға басқа бий жиберди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-16-17.jpg)

Усындай жағдай көп тәкирарланды: израиллылар гүна иследи, Қудай оларды жазалады, олар тәўбе етти ҳәм Қудай оларды қутқаратуғын бий жиберди. Узақ жыллар даўамында Қудай израиллыларды душпанларынан қутқарған ҳәр қыйлы бийлерди берди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-16-18.jpg)

Ақырында израиллылар Қудайдан өзлери ушын басқа халықлардикиндей патша сорады. Олар өзлерин саўашларда жеңиске еристире алатуғын патшасы болыўын қәледи. Қудайға халықтың илтимасы унамаса да, бәри бир сорағанына жуўап берип, олардың үстинен патша қойды.

*Мухаддес Китап ўақыялары. Бийлер 1-3 ҳәм 6-8-баплар.*

## 17. Қудайдың Даўыт пенен келисим дүзиўи

https://openbiblestories.org/l/kaa/story-17/

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-17-01.jpg)

Израилдың биринши патшасы Шаул болды. Ол бойы узын келискен адам болып, халыққа қатты унады. Шаул Израилға ҳүкимдарлық еткен дәслепки жылларында жақсы патша болды. Бирақ кейин ала ол жаўыз болып, Қудайға қулақ салмай қойды. Сонлықтан Қудай Шаулдың орнына басқа адамды патша болыўы ушын таңлады.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-17-02.jpg)

Қудай Даўыт деген жас израиллыны таңлады ҳәм Шаулдан соң патша болыўы ушын оны таярлады. Даўыт Бейтлеҳем қаласында жасайтуғын шопан еди. Ол жүдә ер жүрек адам болды. Даўыт әкесиниң қойларын бағып жүрген ўақтында, қойларға ҳүжим еткен арысланды да, айыўды да өлтириўине туўра келген еди. Даўыт салдамлы ҳәм ҳақ адам болды. Ол Қудайға исенип, Оған бойсынып жасады.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-17-03.jpg)

Даўыт еле жас жигит ўақтында дәўдей Голият пенен алысты. Голият жүдә күшли ҳәм тәжирийбели әскер еди, оның бойы дерлик үш метр еди! Деген менен, Даўыт Голиятты өлтирип, Израилды қутқара алды, өйткени Қудай оның менен бирге болды. Соннан соң, Даўыт Израилдың көп душпанлары үстинен жеңиске еристи. Ол уллы жаўынгер болды ҳәм Израилдың әскерлерин көп мәрте саўашқа баслап барды. Даўыт еле патша емес еди, бирақ израиллыларға унап қалды ҳәм халық оны мақтады.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-17-04.jpg)

Халықтың Даўытты унататуғынын көрип, патша Шаул оны қызғанып, өзине қарсылас сыпатында қарап баслады. Ол Даўытты өлтириўди қәледи, ал Даўыт шөлге қашып кетиўге ҳәм патша менен оның әскерлеринен жасырыныўға мәжбүр болды. Бир күни Шаул әскерлери менен Даўытты излеп шыққанда, ол Даўыт жасырынып отырған үңгирге кирди. Шаул оны көрмеди. Сонда Даўыт патшаның артқы тәрепинен әстен келди де, шапанының бир шетин кесип алды. Шаул үңгирден шыққаннан кейин, Даўыт оны шақырып, қолына услап турған кийиминиң бир шетин көрсетти. Сонда Шаул Даўыттың оны өлтирип,оның орнына патша болыў мүмкиншилиги болғанын түсинди. Бирақ Даўыт бундай қылмады.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-17-05.jpg)

Бир неше ўақыт өтип, Шаул саўашта өлди, ал Даўыт Израилға патша болды. Қудай Даўытты жарылқады ҳәм оны табыслы етти. Ол жақсы патша болып, көп саўашларға қатнасты ҳәм Кудай оған Израилдың душпанларын жеңиўине жәрдем берди. Даўыт Ерусалим қаласын жеңип алды ҳәм оны өз елиниң пайтахты қылды. Өзлерине 40 жыл патша болған Даўытты халық жүдә жақсы көрди. Оның патшалық еткен дәўиринде Израил қүдиретли ҳәм бай мәмлекетке айланды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-17-06.jpg)

Даўыт барлық израиллылардың Қудайға сыйынып, Оған қурбанлықлар әкелиўи ушын Ибадатхана қурыўды жүдә қәледи. Себеби сол ўақытқа шекем, 400 жыл даўамында халық Муўса қурған Ушырасыў шатырында Қудайға сыйынып, қурбанлықлар берип келди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-17-07.jpg)

Сол дәўирде Натан деген бир пайғамбар жасады. Қудай оны Даўытқа мынадай сөзлер менен жиберди: «Маған арнап Ибадатхананы сен қурмайсаң, себеби сансыз саўашларда урысып, көп қан төктиң. Оны сениң улың қурады. Бирақ Мен сени молдан жарылқайман. Сениң урпақларыңнан бири Мениң халқыма мәңги патшалық етеди!» Мәңги патшалық ететуғын Даўыттың урпағы Масийх ҳаққында Қудай усылай айтқан еди. Масийх — дүньядағы барлық адамларды гүналарынан қутқаратуғын Қудайдың Таңлағаны.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-17-08.jpg)

Даўыт Натанның сөзлерин еситкенде, Қудай оны уллы мәртебеге еристирип, көп жарылқаўлар бергени ушын Оған миннетдар болып, алғыслар айтты. Қудайдың усы ўәделерди қашан орынлайтуғынын Даўыт билмейтуғын еди. Бирақ бизлер израиллылардың Масийхтың келиўин 1000 жылдай күткенин билемиз.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-17-09.jpg)

Даўыт көп жыл әдиллик пенен халықты басқарды. Ол Қудайға бойсынды ҳәм Қудай оны жарылқады. Деген менен, кейинирек Даўыт Қудайдың алдында аўыр гүна иследи.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-17-10.jpg)

Бир күни кешки ўақыт Даўыт сарайының тамында сейил қылып жүргенде, сарайына жақын ҳәўлилердиң биринде сулыў ҳаялдың шомылып атырғанын тосаттан көрип қалды. Даўыт оны танымайтуғын еди, бирақ ҳаял оған қатты унап қалды. Ол хызметшилеринен ҳаял ҳаққында сорады ҳәм олар ҳаялдың аты Бат-Шеба екенин айтты.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-17-11.jpg)

Бул ҳаялдан көзин былай алып оны умытыўдың орнына, Даўыт оған хызметшилерин жиберди. Ол ҳаял менен жатты, соннан кейин болса оны үйине қайтарды. Бираз ўақыттан соң Бат-Шеба Даўытқа ҳәмиледар екени ҳаққында хабар жиберди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-17-12.jpg)

Бат-Шеба Даўыттың ең жақсы әскерлериниң бири Урияның ҳаялы еди. Сол ўақытта Урия саўашта урысып атыр еди. Даўыт Урияны саўаш майданынан шақырып алып, оған ҳаялына барыўды буйырды. Бирақ Урия басқа әскерлер саўашта урысып атырған ўақытта, үйине барыўдан ҳәм дем алыўдан бас тартты. Сонда Даўыт Урияны саўаш майданына қайтарып жиберди ҳәм оның өлиўи ушын, әскербасыға Урияны ең қәўипли жерге жибериўди буйырды. Сондай болды да: Урия саўашта қаза тапты.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-17-13.jpg)

Урия өлгеннен кейин, Даўыт Бат-Шебаға үйленди. Кейинирек ол Даўытқа ул туўып берди. Қудай бул қылмысы ушын Даўытқа қатты ғәзепленди. Ол Даўытқа ислеген гүнасы қаншелли аўыр екенин айтыўы ушын пайғамбар Натанды жиберди. Даўыт гүнасы ушын тәўбе етти ҳәм Қудай оны кеширди. Буннан соң Даўыт өмириниң ақырына шекем Қудай менен бирге болды ҳәм ҳәттеки қатты қыйын ўақытларда да Оған қулақ салды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-17-14.jpg)

Соған қарамастан Даўыттың ҳәм Бат-Шебаның улы еле нәресте ўақтында-ақ өлип қалды. Қудайдан берилген жаза сондай болды. Буннан тысқары оның шаңарағының айырым ағзалары бир неше мәрте оған қарсылық қылды ҳәм өлемен дегенше солай даўам етти. Даўыттың бийлиги жүдә ҳәлсиреп қалды. Даўыт Қудайға бойсынбағанына қарамастан, Қудай садық болып қалды ҳәм оған ўәде еткенлериниң ҳәммесин орынлады. Соннан кейин, Даўыт пенен БатШебадан және бир ул туўылды ҳәм оған Сулайман деп ат қойды.

*Мухаддес Китап ўақыялары. 1-Патшалықлар 10; 15-19; 24; 31-баплар; 2-Патшалықлар 5; 7; 11-12-баплар; 1-Жылнама 22:8.*

## 18. Бөлинген патшалық

https://openbiblestories.org/l/kaa/story-18/

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-18-01.jpg)

Даўыттың өлиминен соң, Израилдың үстинен оның улы Сулайман ҳүкимдарлық етип баслады. Қудай Сулайманнан ҳәммесинен гөре нени қәлейтуғынын сорады. Сулайман халықты басқарыў ушын Қудайдан өзине даналық сорады. Қудайға оның сораған нәрсеси унады ҳәм Ол Сулайманды жер жүзиндеги ең дана адам қылды. Оннан қала берсе, Қудай оны жүдә бай дәўлетли қылды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-18-02.jpg)

Даўыттың тири ўақтында Ерусалимде Ибадатхананың қурылысы ушын көп қурылыс материаллар жыйналған еди. Сулайман әкеси Даўыт қурыўды қәлеген Ибадатхананы қурды. Енди халық Ушырасыў шатырында емес, ал Ибадатханада Қудайға сыйынып, қурбанлықлар алып келди. Өзи ўәде бергениндей Қудай Ибадатханада болды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-18-03.jpg)

Сулайман дана болыўына қарамастан, Қудайға қулақ салмай қойды ҳәм Қудайдың израиллыларға қадаған еткен басқа халықлардың қызларына үйленип баслады. Сол ҳаялларының көбиси өзлери менен бутларын алып келип, оларға табынды. Ал Сулайман қартайғанда, ол да ҳаялларының қудайларына табынып баслады.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-18-04.jpg)

Бул ушын Қудай Сулайманға ғәзепленди ҳәм израил халқын еки патшалыққа бөлип, оны жазалайтуғынын айтты. Бул шынында да Сулайманның өлиминен соң жүз берди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-18-05.jpg)

Сулайман өлгеннен соң, оның улы Рехабам патша болды. Пүткил Израил халқы оны патша етип қойыў ушын бирге жыйналды. Адамлар Рехабамға келип, Сулайман оларды аўыр мийнет етиўге ҳәм көп салық төлеўге мәжбүрлегенин айтып шағым етти. Олар Рехабамнан бул аўыр жүкти жеңиллетиўин өтинип сорады.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-18-06.jpg)

Бирақ Рехабам қаталлық пенен олардың өтинишине жуўап берди. Ол: «Мениң әкем Сулайман сизлерди аўыр мийнет етиўге мәжбүрледи, деп шағым етип атырсыз. Бирақ оған қарағанда мениң қол астымда еле де аўыр мийнет етесиз ҳәм буннан да күшлирек жазаланасыз!» — деди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-18-07.jpg)

Усы сөзлерден кейин израиллылардың көпшилиги Рехабамға қарсы көтерилди. Израилдың он урыўы оның бийлигиниң астында қалыўды қәлемеди ҳәм оны патшамыз деп тән алыўдан бас тартты. Рехабам менен тек еки урыў қалды ҳәм олар Яҳуда ямаса Яҳудия патшалығы деп аталды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-18-08.jpg)

Қалған он урыў өзлерине Яробам деген адамды патша етип сайлады. Бул он урыў мәмлекеттиң арқа тәрепинде жасайтуғын еди. Олар Израил патшалығы деп аталды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-18-09.jpg)

Израилдың патшасы Яробам жаман патша болып шықты. Ол Қудайға қулақ салмады ҳәм халықты гүнаға баслады. Яробам Ерусалимдеги Ибадатханада Қудайға сыйыныў ушын Яҳудияға халық енди бармасын деп, өз елинде еки бут орнатты.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-18-10.jpg)

Ата-бабалары ҳәм тарийхы бир болыўына қарамастан, халық Яҳудия ҳәм Израил болып еки патшалыққа бөлинди. Олар бир-бирине душпан болды ҳәм тез-тез урысты.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-18-11.jpg)

Израилдың жаңа патшалығында барлық патшалар жаман ҳүкимдар болды. Жаңа патшалар өзинен алдынғы патшаларды өлтирип, олардың тахтларын ийеледи.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-18-12.jpg)

Израил патшалығындағы барлық патшалар ҳәм халықтың көпшилиги бутларға табынды. Олар табынғанда көбинесе бузықшылық қылып, ҳәттеки балаларын бутларға қурбанлық етип берди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-18-13.jpg)

Яҳудия патшалары Даўыттың урпақлары еди. Бул патшалардың базылары жақсы ҳүкимдар болды. Олар Қудайға сыйынды ҳәм әдиллик пенен басқарды. Бирақ Яҳудия патшаларының көпшилиги жаман ҳүкимдарлар болды ҳәмбутларға сыйынды. Бул патшалардың айырымлары өз балаларын жалған қудайларға қурбанлыққа берди. Олардан үлги алған Яҳудия халқының көпшилиги де өз Қудайына қарсы шығып, басқа қудайларға табынып баслады.

*Мухаддес Китап ўақыялары. 3 Патшалық 1-6; 11-12-баплар.*

## 19. Пайғамбарлар

https://openbiblestories.org/l/kaa/story-19/

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-19-01.jpg)

Қудай израиллыларға бәрқулла пайғамбарларды жиберди. Пайғамбарлар Қудайдан хабарды еситип, кейин оларды халыққа айтып берди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-19-02.jpg)

Израилда Ахаб ҳүкимдарлық еткенде, ол жерде пайғамбар Илияс жасайтуғын еди. Ахаб жаман адам болды. Ол халықты Баал деген жалған қудайға табыныўға шақырды. Қудай бул ушын халықты жазалаўды шешти ҳәм усы ҳаққында Илиясқа айтты. Илияс Ахабқа келип, оған: «Бутқа табынғаныңыз ушын мынадай жаза болады: Израилда мен және жаўын жаўсын деп айтпағанша, ҳеш қандай жаўын да, шық та болмайды», — деди. Буны еситкен Ахаб Илиясқа қатты ғәзепленди ҳәм оны өлтирмекши болды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-19-03.jpg)

Сонда Ахабтан жасырыныўы ушын, Қудай Илиясқа шөлге кетиўин буйырды. Илияс Қудай жиберген сайға кетти ҳәм ол жерде бир неше ўақытқа қалды. Ҳәр күни азанда ҳәм кеште ғарғалар Илиясқа нан менен гөш әкелип турды. Ал сол ўақытта Ахаб ҳәм оның әскерлери Илиясты изледи, бирақ ҳеш жерден таба алмады.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-19-04.jpg)

Тез арада жаўын жаўмағанлықтан Илияс жасап атырған жердеги сай қурып қалды. Сонда Илияс Қудайдың буйрығы бойынша қоңсы елге кетти. Солжерде бир улы бар жарлы жесир ҳаял жасайтуғын еди. Елде зүрәәт болмағанлықтан, олардың азығы айтарлықтай таўысылған еди. Бирақ ҳаял Илиясқа ғамхорлық етти, сонда Қудай оларды үш жылдай азық пенен тәмийинледи. Қудай жерге және жаўын жаўдырмағанша, ыдысларындағы ун ҳәм майы таўысылмады. Соның ушын, елде қурғақшылық ҳәм ашлық болыўына қарамастан, оларда ҳәмме ўақытта азық болды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-19-05.jpg)

Қудай Илиясқа және жаўын беретуғынын айтқан күн де жетип келди. Қудай Илиясқа Израилға қайтыўды ҳәм Ахабқа барыўды буйырды. Илияс Қудайдың буйрығын орынлап, патшаға келди. Ахаб Илиясты көрип: «Мине, Израилды апатқа дуўшар еткен адам», — деди. Илияс оған жуўап берип: «Израилды апатқа дуўшар еткен сен боласаң! Сен ҳақыйқый Қудай болған Яҳведен жүз бурып, Баалға табынып атырсаң. Кармил таўына Израилдың барлық турғынларын ҳәм жалған қудайлардың пайғамбарларын жыйна!» — деди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-19-06.jpg)

Ахаб солай иследи. Израилдың барлық турғынлары Кармил таўына жыйналды. Және Баалдың атынан сөйлеген 450 адам да келди. Булар Баалдың пайғамбарлары еди. Илияс оларға: «Қашанға дейин екиленип жүресизлер? Егер Яҳве — Қудай болса,Оған сыйының! Ал егер Баал — қудай болса, онда Баалға табының!» — деди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-19-07.jpg)

Буннан соң, Илияс Баалдың пайғамбарларына былай деди: «Буғаны сойып, оны бөлеклең ҳәм қурбанлық орынға қойың, бирақ от жақпаң. Кейин мен де солай ислеймен ҳәм Қудайға арналған қурбанлық орынға қояман. Қурбанлық орынға от жиберген Қудай — ҳақыйқый Қудай болады». Баалдың пайғамбарлары қурбанлық таярлады, бирақ от жақпады.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-19-08.jpg)

Кейин олар өз қудайына: «Бизлерди есит, о Баал!» — деп дуўа ете баслады. Күн даўамында олар дуўа етти, бақырды, ҳәттеки өзлерин пышақ пенен жарақатлады, бирақ Баал жуўап бермеди ҳәм от та жибермеди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-19-09.jpg)

Баалдың пайғамбарлары күн даўамында оған дуўа етти. Кешке жақын олар дуўа етиўди тоқтатты. Сонда Илияс және бир буғаның гөшин Қудайға арнап қурбанлық орынға қойды. Сөйтип адамларға он еки үлкен ыдыс пенен қурбанлықтың үстине суў қуйыўды тапсырды. Олар усылай ислегенде, қурбанлық орындағы гөш те, отынлар да ҳәм әтираптағы жер де толығы менен ызғар болды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-19-10.jpg)

Кейин Илияс былай деп дуўа етти: «О Яҳве, Ибрайымның, Ысақтың ҳәм Яқыптың Қудайы! Бүгин бизлерге Сен — Израилдың Қудайы, ал мен — Сениң қулың екенин көрсет. Маған жуўап бер ҳәм усы адамлар Сениң ҳақыйқый Қудай екениңди билсин».

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-19-11.jpg)

Сол ўақытта-ақ, аспаннан от түсип, гөшти, отынларды, тасларды, ҳәттеки қурбанлық орынның әтирапындағы суўларды жағып жиберди. Буны көрген адамлар жерге жығылып: «Яҳве — ҳақыйқый Қудай! Яҳве — ҳақыйқый Қудай!» –деп бақырысты.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-19-12.jpg)

Соннан соң Илияс: «Баалдың пайғамбарларының ҳеш бири қашып кетпесин!» — деди. Халық оларды услап алды ҳәм өлтирди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-19-13.jpg)

Кейин Илияс патша Ахабқа: «Дәрҳәл үйиңе қайт, себеби жаўын жаўады», — деди. Тез арада аспан түнерди ҳәм күшли нөсер жаўын басланды. Жаратқан Ийениң сөзи бойынша қурғақшылық тамам болды. Бул Оның ҳақыйқый Қудай екенин тастыйықлады.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-19-14.jpg)

Илияс жер бетиндеги өз хызметин жуўмақлаған ўақытта, Қудай Өзиниң пайғамбары етип Элиша деген адамды таңлады. Қудай ол арқалы да көп кәраматлар иследи. Сондай кәраматлардың бири душпан ләшкериниң әскербасысы Нааман менен жүз берди. Нааманда еми жоқ тери кеселлиги бар еди. Элиша туўралы еситип, Нааман оған барды ҳәм шыпалаўды илтимас қылды. Бирақ Элиша оның алдына шықпады, ал хызметшиси арқалы Иордан дәрьясына жети мәрте сүңгиўин Нааманға айтып жиберди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-19-15.jpg)

Бул сөзди еситкен Нааман ашыўланып, кейнине қайтып кетпекши болды. Ол өзин хорланғандай қылып сезди, себеби Элиша ҳәттеки оның алдына да шықпады. Бирақ буннан соң Нааман пикирин өзгертип, Иордан дәрьясына барды да жети мәрте сүңгиди. Ол суўдан шыққанда, Қудайдың шыпа бергенин көрди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-19-16.jpg)

Элишадан кейин Қудай Израил халқына басқа көп пайғамбарларды жиберди. Олардың ҳәммеси халықты бутларға табыныўды тоқтатыўға, және басқа адамлар менен әдил ҳәм мийримлилик пенен қатнаста болыўға шақырды. Пайғамбарлар халыққа, егер олар жаўызлық ислеўди тоқтатып, Қудайға бойсыныўды басламаса, онда Қудайдың оларды айыбы ушын ҳүким етип, жазалайтуғынын айтып ескертти.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-19-17.jpg)

Бирақ халық көбинесе Қудайға бойсынбады. Адамлар көбинесе пайғамбарларға қатал қатнаста болды. Сонда, пайғамбарлардың бири болған Еремияны өлиўи ушын қурып қалған қудыққа таслады. Патшаның Еремияға жаны ашып, хызметкерлерине оны тартып шығарыўға буйрық бергенге шекем ол қудықтың түбиндеги батпақта отырды. Адамлар Қудайдың пайғамбарларын жек көрип, ҳәттеки айырымларын өлтирди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-19-18.jpg)

Адамлардың жек көриўшилигине қарамастан, пайғамбарлар оларға Қудайдың сөзлерин жеткериўди даўам етти. Олар, егер халық тәўбе етпесе, Қудай оларды жоқ қылатуғынын айтып ескертти ҳәм адамларды Қудайға қулақ салыўға шақырды. Және де, пайғамбарлар халыққа Қудайдың Масийхты жибериўди ўәде еткенин еслетти.

*Мухаддес Китап ўақыялары. 3-Патшалық 16-18-баплар; 4-Патшалық 5-бап; Еремия 38-бап.*

## 20. Халықтың сүргин болыўы ҳәм қайтып келиўи

https://openbiblestories.org/l/kaa/story-20/

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-20-01.jpg)

Израил патшалығы да, Яҳудия патшалығы да Қудайға қарсы гүна қылды. Олар Қудайдың Синай таўында өзлери менен дүзген келисимин бузды. Халықтың тәўбе етип, Өзине және сыйынып баслаўы ушын, Қудай Өз пайғамбарларын бир неше мәрте жиберсе де, олар гүна ислеўди даўам етип, Оған қулақ салғысы келмеди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-20-02.jpg)

Қудай еки патшалықты да бойсынбағаны ушын душпанларының оларды ўайран етиўине жол қойып, жазалады. Сол дәўирде күшли елдиң бири Ассирия еди, оның халқы басқа халықларға қатты жаўызлық қылатуғын еди. Олар Израилға қарсы ҳүжим етип, бул патшалықты қолға киргизди. Ассириялылар Израилдағы көп адамларды өлтирип, баҳалы затлардың ҳәммесин алып кетти ҳәм елдиң көп бөлегин өртеп жиберди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-20-03.jpg)

Оннан қала берсе, ассириялылар барлық басшыларды, уқыплы адамларды, және де, байларды Ассирияға алып кетти. Израилда тек жүдә жарлы адамлар ғана қалды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-20-04.jpg)

Кейин ассириялылар алдын Израил патшалығы болған жерге басқа миллетлерди көширип алып келди. Бул халықлар ўайран етилген қаланы қайтадан қурды. Олар сол жерде қалған израиллылар менен қыз алысып, қыз беристи. Басқа халықлар менен некелесип, араласқан израил әўладлары самариялылар деп аталды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-20-05.jpg)

Яҳудия турғынлары Қудайдың Израил халқын Өзине исенбегени ҳәм бойсынбағаны ушын жазалап атырғанын көрсе де, қананлылардың қудайларына ҳәм бутларына сыйыныўды даўам етти. Оларды ескертиў ушын Қудай пайғамбарларды жиберди, бирақ олар бойсыныўды қәлемеди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-20-06.jpg)

Ассириялылар Израилды ўайран қылғанына шама менен 100 жыл өткеннен кейин, Қудай Бабилония патшасы Набуходоносорды Яҳудияға ҳүжим етиў ушын жиберди. Сол ўақытта Бабилония қүдиретли империя еди. Яҳудия патшасы Набуходоносордың қулы болыўға ҳәм ҳәр жылы оған салық төлеўге мәжбүр болды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-20-07.jpg)

Бирақ бир неше жыллардан соң Яҳудия патшасы Бабилонға қарсы көтерилди. Сонда бабилонлылар Яҳудияға қайта ҳүжим етти. Олар Ерусалимди қолға киргизип, Ибадатхананы бузып таслады, сондай-ақ қаладағы ҳәм Ибадатханадағы ғәзийнелерди алып кетти.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-20-08.jpg)

Набуходоносордың әскерлери Яҳудия патшасы қарсы шыққаны ушын, оған жаза берип, көз алдында оның балаларын өлтирди, кейин өзиниң көзлерин ойып алды. Олар патшаны Бабилонға алып кетти ҳәм ол сол жерде қамақта өлди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-20-09.jpg)

Набуходоносор ҳәм оның әскерлери жерге егин егиўи ушын тек ғана ең гедей халықты қалдырып, Яҳудия халқының дерлик ҳәммесин Бабилонға алып кетти. Қудайдың халқының Ўәде етилген жерден сыртта мәжбүрий жасаған дәўири– Бабилон тутқынлығы деп аталады.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-20-10.jpg)

Қудай израиллыларды гүналары ушын жазалап, душпанларының сүргинге алып кетиўине жол қойса да, Өз халқын умытпады ҳәм ўәделерин есте тутты. Қудай бурынғыдай Өз халқына ғамхорлық қылды ҳәм оларға пайғамбарлар арқалы сөйледи. Ол 70 жылдан соң израиллылар Ўәде етилген жерге және қайтатуғынын айтып, ўәде етти.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-20-11.jpg)

Шама менен 70 жылдан соң, Персия патшасы Кир Бабилонды басып алды. Енди Бабилон империясының орнына көплеген халықларды Персия империясы басқарып баслады. Сол дәўирде израиллылар яҳудийлер деп аталды. Олардың көпшилиги пүткил өмирин Бабилонда өткизди ҳәм олардың арасында өз жерин еле еслейтуғын ғарры яҳудийлер жүдә аз қалды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-20-12.jpg)

Персия империясы күшли болыўына қарамастан, қол астындағы халықларға жақсы қатнаста болды. Кир Персияның патшасы болғаннан соң тез арада, Персиядан өз ўатанына қайтыўды қәлейтуғын яҳудийлердиң ҳәммесине рухсат беретуғын пәрман шығарды. Ол ҳәттеки Ибадатхананы тиклеўге керекли ҳәмме нәрсени берди! Сол тәризде, 70 жыллық сүргиннен соң, яҳудийлердиң кишкене топары Ерусалимге қайтып келди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-20-13.jpg)

Ерусалимге қайтып келген адамлар Ибадатхананы ҳәм қала дийўалларын қайта тикледи. Персиялылар алдынғыдай оларға ҳүкимдарлық етти, деген менен яҳудийлер қайтадан Ўәде етилген жеринде жасап, Ибадатханада Қудайға сыйынды.

*Мухаддес Китап ўақыялары. 4-Патшалық 17; 24-25-бапар; 2-Жылнама 36-бап; Эзра 1-10-баплар; Нехемия 1-13-баплар.*

## 21. Қудайдың Қутқарыўшы Масийхты ўәде етиўи

https://openbiblestories.org/l/kaa/story-21/

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-21-01.jpg)

Қудай дүньяны жаратқанда, бир күн келип бул дүньяға Масийхты жиберетуғынын әлле қашан билген еди. Қудай Адам-атаға ҳәм Ҳаўа-енеге келешекте Ҳаўаның бир Урпағы жыланның басын езетуғынын айтып ўәде етти. Бул жылан шайтан еди. Ол жылан көринисинде келип, Ҳаўаны алдады. Қудай Ҳаўаның Урпағы жыланның басын езеди, дегенде, Ол Масийхтың келип, шайтанды толығы менен жеңетуғынын нәзерде тутқан еди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-21-02.jpg)

Қудай Ибрайымға усы Урпақ арқалы дүньядағы барлық халықлардың жарылқанатуғынын ўәде етти. Қудай пүткил адамзатты гүнадан азат қылатуғын Масийхты бул дүньяға жиберип, Өз ўәдесин орынлайды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-21-03.jpg)

Буннан тысқары, Қудай Муўсаға ўәде берип:«Адамларға сен сыяқлы басқа Пайғамбарды жиберемен», — деди. Бул ўәде де Масийх ҳаққында еди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-21-04.jpg)

Және де, Қудай Даўытқа оның бир урпағы Масийх болатуғынын ўәде етти. Қудай усы Урпақтың Патша болып, Қудайдың халқына мәңги ҳүкимдарлық қылатуғынын айтты. Қудай Еремия пайғамбарға адамлар менен Жаңа Келисим дүзетуғынын айтты.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-21-05.jpg)

Қудайдың израил халқы менен Синай таўында дүзген Ески Келисимнен айырмашылығы Жаңа Келисимде адамлар жеке өзи Қудайды билетуғын болады. Қудай Өз нызамларынадамлардың жүреклерине жайғастыратуғынын айтты. Ҳәр бир усындай адам Қудайды сүйетуғын ҳәм Оның нызамларын орынлаўды қәлейтуғын болады. Ол усы адамлардың Қудайы, ал олар Қудайдың халқы болады, өйткени Қудай адамлардың гүнасын кеширип, оны қайтып еслемейди. Бул Жаңа Келисимди адамлар менен Масийх дүзеди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-21-06.jpg)

Сондай-ақ, Қудайдың пайғамбарлары, Масийх — Ол Пайғамбар, Руӯханий ҳәм Патша болады деп айтқан. Пайғамбар — бул Қудайдың сөзин еситип ҳәм оны халыққа жеткизетуғын адам. Қудай ўәде еткен Масийх минсиз пайғамбар болады. Ол Қудайдың сөзлерин туўрыдан-туўры еситеди, түсинеди ҳәм адамларға жеткизеди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-21-07.jpg)

Израилдың руӯханилери халық ушын Қудайға дуӯа етип, халықтың атынан қурбанлықлар беретуғын еди. Бул қурбанлықлар Қудай адамларды гүналары себепли жазаламаӯы ушын берилген. Адамлар руӯханийлерге минсиз малларды алып келген, ал руӯханийлер болса Қудайдың алдына сол қурбанлықларды беретуғын еди. Өзин минсиз қурбанлық қылып Қудайға бағышлаӯ ушын, Масийхтың Өзи минсиз руӯханий болыӯы керек еди. Ол гүнасыз болады ҳәм Өзин қурбанлыққа береди, сонда гүна ушын басқа қурбанлық бериӯдиң ҳәжети жоқ.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-21-08.jpg)

Ҳәр бир халықтың патшалары ҳәм басшылары болды.Олар ҳәмме ӯақытта Қудайға бойсынбады ҳәм қәтеге жол қойды. Егер Даӯыт тек израиллыларды басқарған болса, ал Даӯыттың урпағы Масийх пүткил дүнья жүзине ҳүкимдарлық етеди. Ол әдиллик ҳәм даналық пенен мәңги ҳүкимдарлық қылады!

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-21-09.jpg)

Масийхтың қандай болатуғынын Қудайдың пайғамбарлары айтып кеткен. Мысалы, Малахия пайғамбар Масийхтан алдын Илияс пайғамбар келетуғынын айтқан. Оның хызмети айрықша әҳмийетли болады. Ийшая пайғамбар болса, Масийхтың ер адам жақынламаған қыздан туўылатуғынын жазған. Ал Миха пайғамбар Масийхтың Бейтлеҳемде туӯылатуғынын айтқан.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-21-10.jpg)

Пайғамбар Ийшая Масийхтың Галилада жасайтуғынын айтады. Ол қайғырып жүргенлерге жубаныш берип, тутқынларды азат қылады. Жәнеде, Масийх аӯырыӯларды, сондай-ақ герең, соқыр, сақаӯ ҳәм ләң адамларды шыпалайды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-21-11.jpg)

Және де Ийшая, Масийхты адамлар себепсиз жек көрип,қабыл етпейтуғыны ҳаққында да айтады. Пайғамбарлар Масийхтың жақын адамы Оған сатқынлық қылатуғынын айтты. Ал Зехария пайғамбар болса бул адам сатқынлығы ушын 30 гүмис теңге алатуғынын айтты. Соның менен бирге, айырым пайғамбарлар, адамлар Масийхты өлтиретуғынын ҳәм қанхорлар Оның кийимин бөлисип алыў ушын өз-ара шек таслайтуғынын да айтты.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-21-12.jpg)

Пайғамбарлар Масийхтың қалай өлетуғынын айтып өтти. Олар адамлардың Оған түкиретуғынын, масқаралап күлетуғынын ҳәм сабап уратуғынын пайғамбаршылық етти. Масийх ҳеш қандай жаўызлық ислемейди, бирақ Ол қатты азапланады ҳәм жәбир шегип өледи.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-21-13.jpg)

Және де, пайғамбарлар, ҳәмме адамлардың гүналары ушын өлетуғын Масийх гүнасыз ҳәм минсиз адам болатуғынын айтты. Оның өлими Қудай менен адамлардың арасына тынышлық алып келеди. Сонлықтан Қудайдың режеси бойынша Масийх өлиўи шәрт еди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-21-14.jpg)

Пайғамбарлар және де Қудай Масийхты өлимнен тирилтетуғынын да айтты. Бул пайғамбаршылықлардың ҳәммеси Ийса Масийхтың өлими ҳәм қайта тирилиўи Қудайдың Жаңа Келисимди бекитиў ушын дүзген жобасы екенин тастыйықлады. Қудай Өзине қарсы гүна ислеген адамларды қутқарыўды усылай нийет еткен еди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-21-15.jpg)

Қудай пайғамбарларға Масийх ҳаққында көп ҳақыйқатлықты ашып берди, бирақ олардың ҳеш қайсысы өз өмиринде Масийхты көрмеди. Усы ақырғы пайғамбаршылықтан соң 400 жыл өтип, Қудай дүньяға узақ күтилген Қутқарыўшы Масийхты жиберди!

*Мухаддес Китап ўақыялары. Жаратылыс 3:15; 12:1-3; Нызамның кайталаныўы 18:15; 2-Патшалық 7-бап; Еремия 31-бап; Ийшая 59:16; Даниел 7-бап; Малахия 4:5; Ийшая 7:14; Миха 5:2; Ийшая 9:1-7; 35:3-5; 61; 53; Забур 21:19; 34:19; 68:5; 40:10; Зехария 11:12-13; Ийшая 50:6; Забур 16:10-11.*

## 22. Яқыяның туўылыўы

https://openbiblestories.org/l/kaa/story-22/

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-22-01.jpg)

Алдынғы дәўирде Қудай пайғамбарларға сөйледи, ал пайғамбарлар Қудайдың сөзин халыққа жеткизди. Бирақ кейин Қудай адамлар менен сөйлесиўди тоқтатып, 400 жыл үнсизлик болды. Бир күни Қудай Өз периштесин Зехария деген руўханийге жиберди. Зехария ҳәм оның ҳаялы Элизабета Қудайды ҳүрмет қылатуғын еди. Екеўи де қартайған болып, олардың перзенти жоқ еди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-22-02.jpg)

Күнлердиң биринде Зехария Ибадатханада хызмет етип атырғанда, оған периште келип: «Ҳаялың ул туўады. Сен оны Яқыя деп атайсаң. Қудай Яқыяны Мухаддес Руўх пенен толтырады ҳәм ол Масийхтың келиўине адамларды таярлайды!» — деди. Зехария жуўап берип: «Буның жүз беретуғынын қалай билемен? Балалы болыўымыз ушын ҳаялымыз екеўимиз жүдә қартайғанбыз!» — деди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-22-03.jpg)

Периште Зехарияға: «Қудай усы жақсы хабарды саған алып келиўим ушын мени жиберди. Ал сен маған исенбегениң ушын бала туўыламан дегенше сөйлей алмайсаң», — деп жуўап берди. Сонда Зехария сол сәтте-ақ гүң болып қалды. Периште кетти, ал Зехария үйине қайтты. Бир неше ўақыт өтип, оның ҳаялы ҳәмиледар болды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-22-04.jpg)

Элизабетаның ҳәмиледарлығының алтыншы айында, сол периште күтилмегенде оның туӯысқаны Мәриямға келди. Мәриям Юсуп деген жигитке атастырылған пәк қыз еди.Периште оған былай деди: «Сен ҳәмиледар болып, Ул туӯасаң. Оның атын Ийса деп қой. Ол Қудай Тааланың Улы болып, мәңги ҳүкимдарлық қылады».

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-22-05.jpg)

Мәриям жуӯап берип: «Маған ер адам жақынламаған болса, бул қалай жүз береди?» — деди. Периште түсиндирип: «Сениң үстиңе Мухаддес Руӯх түседи ҳәм Қудай Тааланың күши саған саясын салады. Сонлықтан да Бала мухаддес болады, Ол Қудайдың Улы болады», — деди. Мәриям периштениң айтқанына исенди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-22-06.jpg)

Көп ӯақыт өтпей Мәриям Зехарияның ҳаялы Элизабетадан хабар алыўға барды. Мәриям оның үйине кирип, сәлем бериўден-ақ, Элизабетаның ишиндеги нәресте қуӯанып тыпырлап кетти. Мухаддес Руӯх Элизабетаның үстине түскенде, оның алдында келешектеги Масийхтың анасы турғанын түсинди. Екеўи де Қудайдың бул иси ушын қуўанышлы түрде Оған миннетдаршылық билдирди. Мәриям Элизабетаның үйинде үш ай болып, үйине қайтты.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-22-07.jpg)

Ўақыт-сааты толып, Элизабета ул туўды. Зехария ҳәм Элизабета периштениң буйырғанындай нәрестеге Яқыя деп ат қойды. Сонда Қудай Зехарияға сөйлеў қәбилетин қайтарды. Зехария: «Өз халқына келип, жәрдем бергени ушын Қудайды алғыслайман! Улым, сен Қудай Тааланың пайғамбары боласаң. Сен адамларға гүналарына қалай кеширим алатуғыны ҳаққында айтып бересең!» — деди.

*Мухаддес Китап ўақыялары. Лука 1-бап.*

## 23. Ийсаның туўылыўы

https://openbiblestories.org/l/kaa/story-23/

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-23-01.jpg)

Мәриям ҳақ адам болған Юсуп деген жигитке атастырып қойылған еди. Ол Мәриямның ҳәмиледар екенин билгенде, оған реҳими келди. Юсуп оны уятқа қалдырмаў ушын жасырын түрде атастырылыўды бийкар етиўди шешти. Деген менен, ол усылай қылмасынан алдын, түсине периште енип, оған сөйледи.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-23-02.jpg)

Периште оған: «Юсуп, Мәриямды ҳаяллықа алыўдан қорқпа. Оның ишиндеги Бала — Мухаддес Руўхтан. Ол Ул туўады, Оның атын Ийса деп қой, себеби Ол адамларды гүналарынан қутқарады», — деди. Периште айтқан Ийса деген ат «Қудай қутқарады» деген мәниде.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-23-03.jpg)

Юсуп Мәриямға үйленди ҳәм оны үйине алып барды, бирақ Мәриям туңғышын туўмасынан алдын, күйеўи сыпатында оған жақынламады.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-23-04.jpg)

Сол ўақытта рим ҳүкимдары Израилдағы барлық адамларды дизимнен өткериўди шешкен еди. Ол ҳәр бир адамның өз ата-бабасының туўылған жерине барыўын буйырды. Мәриям менен Юсуптиң ата-бабасы Даўыт патша Бейтлеҳемде туўылған еди, сонлықтан олар сол қалаға кетти ҳәм сол жерде Мәриямның босанатуғын ўақты болып қалды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-23-05.jpg)

Юсуп пенен Мәриям Бейтлеҳемде түнеӯ ушын узақ ӯақыт орын излеп, үй ҳайўанлары сақланатуғын қорадан басқа жер таба алмады. Сол жерде Мәриям Баласын туӯды ҳәм кәт болмағанлықтан Оны қундақлап ақырға жатқызды. Периштениң буйырғанындай, Юсуп пенен Мәриям Нәрестеге Ийса деп ат қойды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-23-06.jpg)

Сол түни Юсуп пенен Мәриям жайғасқан жерге жақын әтирапта бир неше шопанлар өз падасын далада қараӯыллап атырған еди. Тосаттан олардың алдында жарқырап турған периште пайда болды. Шопанлар қатты қорқып кетти, бирақ периште оларға:«Қорқпаңлар, менде сизлер ушын жақсы хабар бар. Бейтлеҳемде Ийемиз Масийх туӯылды!

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-23-07.jpg)

Барыңлар ҳәм көриңлер. Сизлер ақырда қундақлаӯлы жатырған Нәрестени табасызлар», — деди. Тосаттан басқа көп периштелер де пайда болды. Олар Қудайды алғыслап, былай деди: «Аспанда Қудай алғыслансын, ал жерде адамларға Оның тынышлығы ҳәм мийрими болсын!»

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-23-08.jpg)

Соннан соң периштелер көринбей қалды. Шопанлар қойларын қалдырып, Нәрестени көриўге кетти. Көп өтпей олар Ийсаның қасына келип, периштениң айтқанындай Оның ақырда жатырғанын көрди. Шопанлар қатты толқынланып кетти. Олар Юсуп пенен Мәриямға бул Нәресте ҳаққында периштелерден еситкенлерин айтып берди. Кейин шопанлар көргенлери ҳәм еситкенлери ушын Қудайды алғыслап, жайлаўдағы өз қойларына қайтты.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-23-09.jpg)

Сол ўақытлары узақ шығыста жулдызларды иззертлейтуғын данышпанлар жасайтуғын еди. Бир күни данышпанлар аспанда айрықша жулдызды көрди. Олар бул жулдыз еврейлердиң айрықша Патшасының туўылғанын көрсетип турғанын түсинди. Узақ жол жүргеннен соң, данышпанлар Бейтлеҳемге келип, Ийса ҳәм Оның ата-анасы жасап турған жерди тапты.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-23-10.jpg)

Данышпанлар анасынының қасындағы Ийсаны көргенде, ҳүрмет пенен етбетинен жерге жығылып, Оған табынды. Соннан кейин данышпанлар өзлери менен алып келген қымбат баҳалы саўғаларын Ийсаға берди. Буннан соң олар үйлерине қайтты.

*Мухаддес Китап ўақыялары. Матта 1-бап, Лука 2-бап.*

## 24. Яқыяның Ийсаны суўға шомылдырыўы

https://openbiblestories.org/l/kaa/story-24/

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-24-01.jpg)

Зехария ҳәм Элизабетаның улы Яқыя үлкейип, пайғамбар болды. Ол шөлде жасап, жабайы пал менен шегиртке жеди ҳәм түйениң терисинен кийим кийип жүрди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-24-02.jpg)

Көп адамлар Яқыяны тыңлаў ушын шөлге барды. Ол адамларға былай деп жәриялады: «Гүналарыңыз ушын тәўбе етиң, себеби Қудайдың Патшалығы жүдә жақын қалды!»

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-24-03.jpg)

Яқыяның сөзлерин еситип, көп адамлар гүналары ушын тәўбе етти ҳәм Яқыя оларды Иоардан дәрьясында суўға шомылдырды. Шомылдырылыў ушын көп диний басшылар да келди, бирақ олар гүналарын тән алмады ҳәм тәўбе етпеди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-24-04.jpg)

Яқыя диний басшыларға былай деди: «Сизлер уӯлы жыланларсыз! Тәӯбе етип өзгериңлер. Қудай жақсы мийӯе бермейтуғын ҳәр бир теректи шаўып, отқа таслайды». Диний басшылар Яқыядан қәӯипленгени менен әпиӯайы халық Яқыяны Қудайдың пайғамбары деп, оны ҳүрмет етти. Яқыя жазылған мына пайғамбаршылықты орынлады: «Сеннен алдын Өзимниң хабаршымды жиберемен, ол Саған жол таярлайды. Барлық ойпатлықлар толтырылсын, таӯлар пәске шөксин, қыйсық жоллар дүзетилсин, будыр жерлер тегисленсин».

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-24-05.jpg)

Бир күни диний басшылар Яқыядан: «Сен кимсең? Пайғамбарсаң ба ямаса Масийхсаң ба?» — деп сорады. Яқыя жуӯап берип:«Мен Масийх емеспен. Ол меннен кейин келеди. Ол меннен де қүдиретли, мен Оның аяқ кийиминиң баӯын шешиӯге де ылайықлы емеспен», — деди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-24-06.jpg)

Ертеңине Ийса суӯға шомылдырылыӯ ушын Яқыяның алдына келди. Яқыя Оның келгенин көргенде: «Қараңлар! Мине, бул дүньяның гүнасын Өзине алатуғын Қудайдың Қозысы!» — деди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-24-07.jpg)

Соннан соң, Яқыя Ийсаға: «Мен Сени шомылдырыўға ылайықлы емеспен. Сениң қолыңнан мен шомылдырылыўым керек», — деди. Бирақ Ийса: «Яқ. Сен Мени шомылдырыўың тийис, себеби Қудайдың ерки усылай орынланады», — деди. Сонда Ийса ҳеш қашан гүна ислемесе де, Яқыя Оны суўға шомылдырды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-24-08.jpg)

Ийса шомылдырылып суўдан шыққанда, Қудайдың Руўхы аспаннан кептер пишининде Оның үстине түсти. Сол заматта аспаннан Қудай сөйлеп:«Бул Мениң Улым! Мен Оны сүйемен ҳәм Оған қатты ырзаман!» — деди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-24-09.jpg)

Қудай Яқыяға ҳәммеси сондай болатуғынын алдын ала былай деп айтқан еди: «Сен адамларды шомылдырғаныңда, бир Адамның үстине Мухаддес Руўх кептер пишининде түседи. Усы арқалы сол Адамның Қудайдың Улы екенин билесең». Бул ўақыя бизлерге үш бирликтеги тек ғана бир Қудайдың бар екенин көрсетеди. Яқыя Ийсаны шомылдырғанында, Қудай Әкениң қалай сөйлегенин еситти. Ол Улы болған Ийсада Қудайды көрди. Және ол кептер пишининде түскен Мухаддес Руўхта Қудайды көрди.

*Мухаддес Китап ўақыялары. Матта 3-бап, Марк 1:9-11; Юхан 1:6-34; ҳәм Лука 3:1-23.*

## 25. Шайтанның Ийсаны сынаўы

https://openbiblestories.org/l/kaa/story-25/

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-25-01.jpg)

Ийса суўға шомылдырылғаннан соң, дәрҳәл Мухаддес Руўх Оны шөлге алып барды. Ийса ол жерде қырық күн ҳәм қырық түн болды. Ол қырық күн даўамында ораза тутты ҳәм усы күнлердиң ақырында Ол қатты аш болды. Сонда Ийсаның алдына шайтан келип, Оны сынап баслады.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-25-02.jpg)

Шайтан Ийсаға: «Егерде Сен — Қудайдың Улы болсаң, жеў ушын тасларды нанға айландыр!» — деди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-25-03.jpg)

Бирақ Ийса шайтанға былай деп жуўап берди:«Қудайдың сөзинде: „Адам тек ғана нан менен емес, ал Қудайдың аўзынан шыққан сөз бенен жасайды!“ — деп жазылған».

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-25-04.jpg)

Соннан соң шайтан Ийсаны Ибадатхананың төбесине алып барып, былай деди: «Егер Сен — Қудайдың Улы болсаң жерге секир, себеби:“ Қудай периштелерине буйрық береди. Аяғыңды тасқа урып алмаӯың ушын, олар Сени қолларында алып жүреди”, — деп жазылған-ғо».

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-25-05.jpg)

Бирақ Ийса шайтанның қәлеген нәрсесин ислемеди. Ол:«Қудай былай дейди: „Ийең болған Қудайды сынама“», — деди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-25-06.jpg)

Сонда шайтан Ийсаны жүдә бийик таӯға әкелип, Оған дүньяның барлық патшалықларын, олардың қүдиретин ҳәм байлығын көрсетти. Шайтан Ийсаға: «Егер Сен мениң алдымда жерге жығылып, маған табынсаң, мен булардың барлығын Саған беремен», — деди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-25-07.jpg)

Бирақ Ийса оған жуўап берип: «Меннен ары кет, шайтан! Қудай Өз сөзинде халқына: “Тек өзлериңиздиң Қудай Ийеңизге табының. Жалғыз Оған хызмет етиң”, — деп буйырған», — деди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-25-08.jpg)

Ийса шайтанның азғырыўларына жеңилмеди ҳәм шайтан Оның қасынан кетти. Буннан соң периштелер Ийсаға келип, Оған ғамхорлық ете баслады.

*Мухаддес Китап ўақыялары. Матта 4:1-11; Марк 1:12-13; ҳәм Лука 4:1-13.*

## 26. Ийсаның Өз хызметин баслаўы

https://openbiblestories.org/l/kaa/story-26/

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-26-01.jpg)

Ийса шайтанның сынағынан өткеннен соң, Өзи жасап атырған Галила аймағына қайтты ҳәм Өз хызметин баслады. Ийса Галила бойлап ҳәр бир қалаға барып, ҳәмме жерде адамларға тәлим берип жүрди. Мухаддес Руўх Оған хызмет етиўге үлкен күш берди. Ҳәмме Ол ҳаққында жүдә жақсы сөзлер айтты.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-26-02.jpg)

Бир күни Ийса балалығында жасаған Насыра қаласына кетти. Шаббат күни Ол еврейлердиң дуўа ететуғын мәжилисханасына барды. Ол жерде Ийсаға даўыслап оқыўы ушын Ийшая пайғамбардың китабы берилди. Ийса китапты ашып, оқый баслады.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-26-03.jpg)

Ол мына сөзлерди даўыслап оқыды: «Жарлыларға Хош Хабар жәриялаўым ушын Қудай Маған Өз Руўхын берди. Ол Мени тутқынларды азат қылып, соқырлардың көзин ашыўға ҳәм азап шеккенлерди еркинликке шығарыўға жиберди. Жаратқан Ийениң бизлерге мийримин түсирип, жәрдем беретуғын ўақты келди».

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-26-04.jpg)

Соңынан Ийса орнына отырды. Сол жерде болғанлардың ҳәммеси Оған дыққат пенен қарады. Олар Ийса оқыған Мухаддес Жазыўдағы үзинди Масийх ҳаққында екенин билетуғын еди. Ийса: «Сизлерге оқып бергенимниң ҳәммеси ҳәзир орынланып атыр», — деди. Барлық адамлар қатты таң қалысты. «Бул Юсуптиң улы емес пе?» — дести олар.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-26-05.jpg)

Сонда Ийса оларға: «Мен сизлерге шынын айтаман, пайғамбарды өз қаласындағы адамлар ҳеш қашан қабыл қылмайды. Илияс пайғамбардың заманында Израилда жесир ҳаяллар көп еди. Бирақ үш ярым жыл жаӯын жаўмағанда, Қудай Илиясты Израилдың жесир ҳаялына емес, ал басқа халықтың жесир ҳаялына жиберди», — деди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-26-06.jpg)

Ийса даӯам етип: «Элиша пайғамбардың заманында да Израилда тери кеселлигине шалынғанлар көп еди, бирақ Элиша оларды шыпаламады. Ол Израил душпанларының әскербасысы Нааманға шыпа берди», — деди. Ийсаны тыңлап атырған адамлардың ҳәммеси яҳудийлер еди. Соның ушын, олар Оннан усы сөзлерди еситип, қатты ашыӯланды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-26-07.jpg)

Насыраның турғынлары Ийсаны услады да, мәжилисханадан алып шығып, Оны төменге таслап жибериў ушын тик жарға алып барды. Бирақ Ийса аламанның арасынан өтип Насырадан шығып кетти.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-26-08.jpg)

Буннан соң Ийса пүткил Галила үлкеси бойлап жүрип, адамларға хызмет етти. Оның алдына жүдә көп адамлар келди. Олар көп аўырыўларды, және де соқырларды, майыпларды, гереңлерди ҳәм гүңелеклерди алып келди. Сонда Ийса оларды шыпалады.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-26-09.jpg)

Және де, Ийсаға жаўыз руўхларға шалынған көп адамларды алып келди. Ийса жаўыз руўхлардың адамлардан шығып кетиўин буйырғанда, олар шығып кетти. Сонда жаўыз руўхлар көбинесе: «Сен — Қудайдың Улысаң!» — деп бақыратуғын еди. Көп адамлар буны көрип, қатты таң қалысты ҳәм Ийсада болған бул қүдирет пенен бийлик ушын Қудайды алғыслады.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-26-10.jpg)

Көплеген адамлар Ийсаның изине ерди ҳәм айырымлары Оған шәкирт болды. Усы шәкиртлерден Ийса 12 адамды Өзиниң айырықша ўәкиллери, яғный «елшилери» етип таңлады. Усы елшилер Ийса менен бирге жүрип, Оннан тәлим алды.

*Мухаддес Китап ўақыялары. Матта 4:12-25; Марк 1:14-15; 35-39; 3:13-21; ҳәм Лука 4:14-30, 38-44.*

## 27. Мийримли самариялы

https://openbiblestories.org/l/kaa/story-27/

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-27-01.jpg)

Бир күни Ийсаның алдына яҳудийлердиң нызам муғаллими келди. Ол Ийсаның тәлими надурыс екенин адамларға дәллилеўди жүдә қәлеген еди. Ийсаның алдына келип, ол: «Устаз, мәңги өмирге ийе болыўым ушын не қылыўым керек?» — деди. Ийса оннан: «Қудайдың нызамында не жазылған?» — деп сорады.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-27-02.jpg)

Сол адам былай деп жуўап берди: «Нызамда: „Ийең болған Қудайыңды пүткил жүрегиң, пүткил жаның, пүткил күшиң ҳәм пүткил ақыл-ойың менен сүй“. Және де: „Өзиңди сүйгениң сыяқлы, жақыныңды да сүй“, — деп айтылған». Ийса: «Сен дурыс жуўап бердиң! Егер де сен усылай ислесең, мәңги өмирге ийе боласаң», — деди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-27-03.jpg)

Нызам муғаллими адамларға дурыс өмир сүрип атырғанын көрсеткиси келди, сонлықтан ол Ийсадан: «Мениң жақыным ким?» — деп сорады.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-27-04.jpg)

Буған жуўап берип, Ийса нызам муғаллимине мийримли самариялы адам, еврей, руўханий ҳәм лебий ҳаққындағы ўақыяны айтып берди. Лебийлер — бул ибадатханада хызмет ететуғын Лебий урыўынан келип шыққан еврейлер еди. Ийса былай деди: «Бир күни бир еврей Ерусалимнен Ерихоға қарай жолға шығады.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-27-05.jpg)

Жолда оған қарақшылар топылды. Оны қатты сабап, ондағы бар нәрсениң ҳәммесин тонап, кетип қалды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-27-06.jpg)

Көп өтпей сол жолдан яҳудий бир руӯханий өтти. Ол жолда жатырған адамды көрди, бирақ оған ҳеш қандай жәрдем көрсетпей жолдың басқа тәрепине өтип, жолын даӯам етти.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-27-07.jpg)

Кейин сол жолдан бир лебийли өтти. Ол жақынлап келип, өлимши болып жатырған адамды көрди ҳәм оған ҳеш қандай жәрдем көрсетпей жолын даӯам етти.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-27-08.jpg)

Лебийден кейин сол жол менен самариялы бир адам өтти. Сол дәўирде самариялылар менен еврейлер бир-бирин жек көрип, ҳәттеки сөйлеспейтуғын еди. Самариялы жолда жатырған адамды көрди. Сонда оның еврей екенин билсе де, бәри бир оған жаны ашыды. Самариялы оның қасына келип, жараларын таңды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-27-09.jpg)

Соннан кейин самариялы оны көтерип ешегине отырғызды да, мийманханаға алып барды. Сол жерде самариялы оған ғамхорлық етиўди даўам етти.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-27-10.jpg)

Келеси күни самариялы жолын даўам етиўи керек еди. Ол мийманхана хожайынына ақша берип: «Мына адамға жақсылап қара. Егер мен берген ақшадан көбирек сарпласаң, қайтып келгенимнен соң төлеймен», — деди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-27-11.jpg)

Ийса нызам муғаллиминен: «Қалай ойлайсаң, усы үшеўиниң қайсысы тоналған ҳәм сабап кетилген адам ушын жақын болады?» — деп сорады. Нызам муғаллими жуўап берип: «Оған мийрим көрсетип, жәрдем берген адам», — деди. Сонда Ийса оған: «Бар, сен де солай исле», — деди.

*Мухаддес Китап ўақыялары. Лука 10:25-37.*

## 28. Бай ҳәм абырайлы жас жигит

https://openbiblestories.org/l/kaa/story-28/

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-28-01.jpg)

Бир күни Ийсаға бай ҳәм абырайлы бир жас жигит келип, Оннан былай деп сорады: «Ийгиликли Устаз, мәңгилик өмирге ерисиўим ушын не қылыўым керек?» Ийса оған: «Мени не ушын ийгиликли деп атап атырсаң? Тек Қудай ғана ийгиликли. Егер де мәңгилик өмирге ерискиң келсе, Қудайдың буйрықларын орынла», — деди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-28-02.jpg)

«Мен қайсы буйрықларды орынлаўым тийис?» — деп сорады жас жигит. Ийса: «Адам өлтирме. Неке ҳадаллығын бузба. Урлық ислеме. Жалған гүўалық берме. Ата-анаңды ҳүрмет ет ҳәм өзиңди сүйгениң сыяқлы жақыныңды да сүй», — деп жуўап берди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-28-03.jpg)

Жас жигит: «Мен бул буйрықлардың ҳәммесин жаслығымнан орынлап киятырман. Мәңги өмирге ерисиўим ушын және не қылыўым керек?» — деди. Ийса оған сүйиспеншилик пенен нәзер салып, оған былай деп жуўап берди:

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-28-04.jpg)

«Егер минсиз болыӯды қәлесең, барып барлық мал-мүлкиңди сат, кейин ақшасын жарлыларға үлестирип бер ҳәм сонда сен аспаннан ғәзийне аласаң. Соңынан келип, Мениң изиме ер».

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-28-05.jpg)

Жас жигит Ийсаның айтқан бул сөзлерин еситкенде, қатты қапа болып Ийсадан кетип қалды. Өйткени, ол жүдә бай адам болып, ийелигиндеги барлық байлығын бергиси келмеди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-28-06.jpg)

Сонда Ийса шәкиртлерине былай деди: «Бай адамның Аспан Патшалығына кириӯи қатты қыйын! Бай адамның Қудайдың Патшалығына кириӯинен гөре, түйеге ийнениң көзинен өтиӯ аңсатырақ».

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-28-07.jpg)

Бул сөзлер Ийсаның шәкиртлерин таң қалдырды. Сонда олар: «Олай болса, ким қутқарыла алады?» — деп сорады.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-28-08.jpg)

Ийса шәкиртлерине қарап, былай деп жуўап берди: «Адам өзин өзи қутқара алмайды. Бирақ Қудай ушын мүмкин емес нәрсе жоқ».

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-28-09.jpg)

Сонда Петр Ийсадан: «Шәкиртлер болған бизлер ҳәммесин қалдырып, Сениң изиңнен ердик. Бизлердиң сыйлығымыз қандай болады?» — деп сорады.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-28-10.jpg)

Ийса жуўап берип: «Мен ушын үйлерин, аға-инилерин, апа-қарындасларын, әкесин, анасын, балаларын ямаса мал-мүлкин қалдырып кеткен ҳәр бир адам жүз есе артығы менен алады. Ол және де мәңгилик өмирди алады. Сонда бириншилердиң көпшилиги соңғылар, ал соңғылар — бириншилер болады», — деди.

*Мухаддес Китап ўақыялары. Матта 19:16-30; Марк 10:17-31; ҳәм Лука 18:18-3.*

## 29. Жаўыз хызметши

https://openbiblestories.org/l/kaa/story-29/

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-29-01.jpg)

Бир күни Петр Ийсадан: «Устаз, егер де туўысқаным маған қарсы гүна қылса, оны неше ретке дейин кешириўим тийис? Жети ретке дейин бе?» — деп сорады. Ийса оған жуўап берип: «Жети ретке дейин емес, ал жетпис жердеги жети ретке дейин!» — деди. Ийса бизлердиң басқа адамларды ҳәмме ўақытта кешириўимиз кереклигин нәзерде тутқан еди. Кейин Ийса мынадай ўақыяны айтып берди:

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-29-02.jpg)

«Қудайдың Патшалығы хызметшилериниң өз қарызларының барлығын төлеўин қәлеген патшаға мегзейди. Бир хызметшисиниң бир жыллық ис ҳақыға тең болған еки мыңнан көп қарызы бар еди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-29-03.jpg)

Хызметши бул қарызын қайтара алмағанлықтан, патша: „Қарызын өтеў ушын бул адамды ҳәм оның шаңарағын қуллыққа сатың“, — депти.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-29-04.jpg)

Сонда хызметши патшаның алдында диз шөгип, былай деп жалыныпты: „Өтиниш, және азғантай шыдап турың, мен барлық қарызымды төлеймен“. Патшаның хызметшиге жаны ашып, оның барлық қарызларынан кешип, босатып жиберипти.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-29-05.jpg)

Ол патшаның алдынан кеткенде, өзине төрт айлық ис ҳақы муғдарында қарыздар болған басқа бир хызметшини ушыратыпты. Хызметши өзине қарыздарды услап алып: „Меннен алған қарыз ақшаны бер“, — депти.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-29-06.jpg)

Қарыздар адам диз шөгип, оған былай деп жалыныпты: „Өтиниш, және азғантай шыдап турың, мен барлық қарызымды төлеймен“. Бирақ хызметши қарызын төлемегенше, оны қаматтырып таслапты.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-29-07.jpg)

Басқа хызметшилер болған ўақыяны көрди ҳәм бул оларды қапа қылды. Олар патшаға барып, ҳәммесин айтып берипти.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-29-08.jpg)

Сонда патша сол хызметшини шақырып алып: „Сен жаўыз хызметшисең! Мен сениң қарызыңды кеширдим, себеби сен буны меннен өтинип сорадың. Сен де солай ислеўиң керек еди“, — депти. Патша қатты ғәзепленип, қарызларының ҳәммесин өтемегенше жаўыз хызметшини қамаққа таслатыпты».

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-29-09.jpg)

Ийса: «Егер сизлер туўысқанларыңызды шын жүректен кеширмесеңиз, Мениң Аспандағы Әкем де сизлердиң ҳәр бириңизге сондай қылады», — деди.

*Мухаддес Китап ўақыялары. Матта 18:21-35.*

## 30. Ийсаның бес мың адамды тойдырыўы

https://openbiblestories.org/l/kaa/story-30/

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-30-01.jpg)

Бир күни Ийса Өзиниң таңлаған шәкиртлери болған елшилерин Қудайдың Патшалығы туўралы ўаз қылып, адамларға тәлим бериўи ушын ҳәр түрли аўылларға жиберди. Шәкиртлер Ийсаның алдына қайтып келгенде, олар ислеген ислериниң ҳәммесин Оған айтып берди. Буннан соң Ийса аз-маз дем алыў ушын шәкиртлерине көлдиң арғы жағасындағы тыныш жерге қайықта жүзип барыўды айтты. Олар қайыққа отырып, арғы жағаға қарай жүзип кетти.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-30-02.jpg)

Адамлардың көбиси Ийса менен Оның шәкиртлери қайыққа минип жүзип кеткенин көрди. Бул адамлар Ийсадан бурын арғы жағаға жетип барыў ушын көлдиң бойы менен тез-тез жүрип кетти. Сонлықтан да Ийса ҳәм Оның шәкиртлери жүзип барғанда, оларды әлле қашан үлкен аламан халық күтип турған еди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-30-03.jpg)

Бул аламан ҳаял ҳәм балаларды есапламағанда, бес мыңнан артық ер адамлардан ибарат еди. Ийса оларға қарап, жаны ашыды, себеби олар шопансыз қойлардай еди. Соның ушын, Ол халыққа көп тәлим берип, аўырыўларға шыпа берди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-30-04.jpg)

Кешке қарай шәкиртлери Ийсаға: «Кеш болып қалды. Адамлар жақын жердеги аўылларға барып, жейтуғын азық-аӯқат сатып алыўы ушын, оларды жибер», — деди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-30-05.jpg)

Бирақ Ийса шәкиртлерине: «Сизлер оларға аӯқат бериңлер!» — деди. Шәкиртлери: «Бизлер аўқатты қаяқтан аламыз? Бизлерде тек ғана бес нан менен еки кишкене балық бар», — деди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-30-06.jpg)

Сонда Ийса шәкиртлерине адамларды елиӯ-елиӯден бөлип, шөптиң үстине отырғызыӯды тапсырды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-30-07.jpg)

Буннан соң Ийса бес нан менен еки балықты алды ҳәм аспанға қарап, бул аўқат ушын Қудайға шүкирлик билдирди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-30-08.jpg)

Соннан кейин, Ийса нан менен балықты бөлеклерге бөлди. Ол усы бөлеклерди адамларға үлестириўи ушын шәкиртлерине берди. Шәкиртлер аўқатты тарқатты ҳәм ол таўысылған жоқ! Ол ҳәмме адамға жетти. Ҳәммеси тойғанынша жеди ҳәм аўқат ҳәттеки аўысып та қалды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-30-09.jpg)

Шәкиртлер аўысқан аўқатларды жыйнап, он еки себет толтырды. Бул аўқатлардың ҳәммеси кәраматлы түрде бес нан менен еки балықтан пайда болған еди!

*Мухаддес Китап ўақыялары. Матта 14:13-21; Марк 6:31-44; Лука 9:10-17 ҳәм Юхан 6:5-15.*

## 31. Ийсаның суўдың үсти менен жүриўи

https://openbiblestories.org/l/kaa/story-31/

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-31-01.jpg)

Ийса көп адамды бес нан ҳәм еки балық пенен тойдырғаннан соң, Ол шәкиртлерине қайыққа отырып көлдиң арғы тәрепине өтиўди буйырды. Кейин Ийса адамларды үйлерине қайтарды, ал Өзи дуўа етиў ушын таўға көтерилди. Ол жерде Ийса бир Өзи қалып, түн ортасына дейин дуўа етти.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-31-02.jpg)

Ийса дуўа етип атырғанда, шәкиртлер қайықта жүзип баратыр еди. Самал қарсы есип турды ҳәм олар түнниң ярымына дейин көлдиң тек ортасына ғана жетип бара алды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-31-03.jpg)

Сол ўақыт аралығында Ийса дуўа етип болды да, шәкиртлери тәрепке кетти. Ол суўдың үсти менен туўры олардың қайығына қарай жүрип кетти.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-31-04.jpg)

Шәкиртлери Оны көргенде, әрўақ деп ойлағанлықтан қатты қорқысып қалды. Ийса олардың қорққанын көрип: «Қорқпаңлар. Бул — Мен!» — деди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-31-05.jpg)

Сонда Петр Ийсаға былай деди: «Устаз, егер бул Сен болсаң, маған суўдың үсти менен Сениң жаныңа жүрип барыўды буйыр». Ийса Петрге: «Кел», — деди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-31-06.jpg)

Петр қайықтан түсип, Ийсаға қарай суўдың үсти менен жүрип кетти. Бирақ ол азғантай жүргеннен соң, Ийсадан нәзерин басқа жаққа бурып, әтираптағы күшли самалдың есиўине ҳәм үлкен толқынларға итибар берди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-31-07.jpg)

Петр қорқып кетти ҳәм шөге баслады. Сонда ол: «Устаз, мени қутқар!» — деп бақырды. Ийса дәрҳал қолын созды да, оны услап алды. Ийса Петрди тартып шығарды ҳәм оған: «Ҳәй, исеними аз!Неге сен гүманландың?» — деди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-31-08.jpg)

Буннан соң Ийса менен Петр қайыққа минди, сонда самал дәрҳал тынды, суў болса тып-тыныш болып қалды. Шәкиртлер қатты таң қалысты. Олар Ийсаға табынып: «Сен ҳақыйқаттан да Қудайдың Улысаң!» — деди.

*Мухаддес Китап ўақыялары. Матта 14:22-33; Марк 6:45-52 ҳәм Юхан 6:16-21.*

## 32. Ийсаның адамларды жинлерден азат етиўи ҳәм шыпалаўы

https://openbiblestories.org/l/kaa/story-32/

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-32-01.jpg)

Ийса ҳәм Оның шәкиртлери көл арқалы Гадара деп аталған үлкеге кетти. Олар көлдиң арғы жағасына жетип, қайықтан түсти.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-32-02.jpg)

Сол жерде жин урған адам жасайтуғын еди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-32-03.jpg)

Ол соншелли күшли болғанлықтан, оны ҳеш ким бойсындыра алмады. Адамлар оның аяқ-қолларын бир неше мәрте шынжырлар менен байлады, бирақ ол шынжырларды үзип таслайтуғын еди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-32-04.jpg)

Бул адам қәбирлердиң арасында жасайтуғын еди. Ол күни-түни қышқырып, жалаңаш жүрди ҳәм жийи-жийи өз денесин тас пенен тилкимлейтуғын еди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-32-05.jpg)

Ийса ҳәм Оның шәкиртлери қайықтан түсип, жағаға шыққанда, сол адам Ийсаның алдына жуўырып келип, диз шөкти. Оның ишиндеги жинлер: «Қудайдың Улы Ийса, Сен меннен нени қәлейсең? Өтинемен, мени қыйнама!» — деп қатты даўыслап бақырды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-32-06.jpg)

Ийса жинлерге: «Бул адамнан шығып кетиң!» — деп буйырды. Кейин Ийса жинлерден: «Сениң атың ким?» — деп сорады. Олар: «Мениң атым үлкен топар, себеби бизлер көпбиз», — деп жуўап берди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-32-07.jpg)

Жақын жердеги таўдың етегинде шошқа падасы жайылып жүрген еди. Жинлер Ийсадан: «Бизлерди бул жерлерден қуўып жиберме, ал шошқаларға кириўимизге рухсат бер», — деп өтинди. Ийса оларға рухсат етти.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-32-08.jpg)

Сонда жинлер адамнан шығып, шошқаларға кирди. Шошқа падасы тик жарға қарай жуўырып, өзлерин көлге қарай таслады ҳәм шөгип кетти. Сол падада еки мыңға жақын шошқа бар еди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-32-09.jpg)

Шошқа бағып жүрген шопанлар буны көрип, қалаға жуўырып барды да, Ийсаның ислегениниң ҳәммесин айтып берди. Қаланың турғынлары келип, бурын жин урған адамды көрди. Ол тынышланған ҳәм кийинген еди, және өзин ақыл-еси саў адамдай тутып отыр еди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-32-10.jpg)

Бул ўақыяның ҳәммесин еситкен қала турғынлары қатты қорқып кетти ҳәм Ийсадан үлкеден шығып кетиўин өтинип баслады. Сонда Ийса қайыққа минди, ал жиннен азат болған сол адам Ийсадан Өзи менен бирге алып кетиўин өтинди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-32-11.jpg)

Бирақ Ийса оған жуўап берип: «Яқ, сен үйиңе барып, Қудайдың саған ислегенлерин ҳәммеге айтып бериўиңди қәлеймен. Ол саған қандай мийрим көрсеткенин ҳәммеге айтып бер», — деди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-32-12.jpg)

Ол адам барып, Ийсаның оған ислегенлериниң ҳәммесин айтып берди. Сонда оның ўақыясын еситкенлердиң ҳәммеси қатты таң қалысты.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-32-13.jpg)

Сол арада Ийса көлдиң арғы жағасына өтти. Ол сол жағаға өткенде, дөгерегине үлкен аламан топланды. Олардың арасында он еки жылдан берли қан кетиўден қыйналған бир ҳаял бар еди. Ол барлық пулларын шыпакерлерге емлениў ушын сарплады, бирақ олардың ҳеш қайсысы жәрдем бере алмады. Керисинше, оның жағдайы қайта төменлеп кетти.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-32-14.jpg)

Ҳаял Ийсаның көп аўырыў адамларды шыпалағанын еситип: «Егерде мен Ийсаның кийимине ғана қолымды тийгизсем, тәўир боламан!» — деп ойлаған еди. Сонлықтан ол Ийсаның артқы тәрепинен жақынлап барып, кийимине қолын тийгизди. Ол Ийсаға қол тийгизиўден-ақ, қан кетиўи тоқтады.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-32-15.jpg)

Ийса дәрҳәл Өзинен бир күш шыққанын сезди. Ол артына қайырылып: «Тап ҳәзир ким Маған қолын тийгизди?» — деп сорады. Шәкиртлери: «Әтирапыңда адамлар көп. Олар Сени қоршап, жән-жағыңнан қысып тур. Не ушын Сен: „Маған ким қолын тийгизди?“ — деп сорап атырсаң?» — деди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-32-16.jpg)

Сонда ҳаял қорққанынан қалтырап, Ийсаның алдына дизерлеп жығылды да, Оған қолын тийгизгенин ҳәм шыпа тапқанын айтты. Ийса оған жуўап берип: «Исенимиң сени шыпалады. Тынышлық пенен барабер», — деди.

*Мухаддес Китап ўақыялары. Матта 8:28-34; 9:20-22; Марк 5:1-20; 5:24б-34 ҳәм Лука 8:26-39; 8:42б-48.*

## 33. Дийхан туўралы тымсал

https://openbiblestories.org/l/kaa/story-33/

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-33-01.jpg)

Бир күни Ийса көлдиң жағасында тәлим берди. Көп халық жыйналғанлықтан Ийса ҳәмме көриўи ҳәм еситиўи ушын қайыққа отырып, жағадан арылаў барыўға туўра келди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-33-02.jpg)

Ийса адамларға мынадай тымсал айтып берди: «Бир дийхан туқым егиў ушын шығыпты. Ол туқымды сеўип шыққанда, гейбиреўлери жолдың шетине түсипти. Қуслар ушып келип, оларды шоқып жеп қойыпты.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-33-03.jpg)

Басқа туқымлар топырағы аз таслақ жерге түсипти. Олар тез өсип шығыпты, бирақ олардың тамырлары топыраққа тереңге кетпепти. Сонлықтан қуяш шығып, күн ысығанда, қуўрап қалыпты.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-33-04.jpg)

Туқымлардың гейбиреўлери тикенлер арасына түсипти. Олар өсип баслапты, бирақ тикенлер оларды туншықтырып таслапты. Соның ушын тикенлер арасында өскен өсимликлер ҳеш қандай зүрәәт бермепти.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-33-05.jpg)

Өнимли жерге түскен туқымлар ҳәттеки, себилгенинен гөре 30, 60 ҳәм 100 еседен артық зүрәәт берипти. Солай етип, ким Қудайдың изине ергиси келсе, Мени жақсылап еситип алсын!»

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-33-06.jpg)

Шәкиртлер бул тымсалдың мәнисин түсинбеди ҳәм Ийса менен жалғыз қалғанда, бул тымсалдың мәнисин сорады. Сонда Ийса оны былай деп түсиндирди: «Туқым — бул Қудайдың сөзи. Жол — бул Қудайдың сөзин еситетуғын, бирақ оны түсинбейтуғын адам. Сонда адам ның исенбеўи ҳәм қутқарылмаўы ушын, шайтан оннан сөзди урлап кетеди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-33-07.jpg)

Таслақ жер — бул Қудайдың сөзин еситип, оны қуўаныш пенен қабыл ететуғын адам. Бирақ қыйыншылыққа ушырағанда ямаса адамлар тәрепинен азап шеккенде, ол Қудайдан кетип қалады ҳәм Оған исенбей қояды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-33-08.jpg)

Тикенли жер — бул Қудайдың сөзин еситип, оны қабыллайтуғын адам. Бирақ кейин ала күнделикли тәшиўишлерге берилип, қалай көбирек ақша табыўды ҳәм қалай көбирек рәҳәтлениўди ойлап баслайды. Ўақыттың өтиўи менен ол Қудайды сүйиў уқыбын жойтып баслайды. Қудайдың сөзинен үйренгенлериниң ҳәммеси ол ушын пайдасыз болып көринеди, себеби ол Қудайға мақул исти қылмайды. Бундай адам дәни пуш болған бийдай шөбине уқсайды, өйткени ол Қудайдың Патшалығы ушын жемис алып келмейди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-33-09.jpg)

Ал өнимли жер — бул Қудайдың сөзин еситип, оны исеним менен қабыллайтуғын ҳәм жемис алып келетуғын адам».

*Мухаддес Китап ўақыялары. Матта 13:1-8, 18-23, Марк 4:1-8, 13-20 ҳәм Лука 8:4-15.*

## 34. Ийсаның тымсаллар менен тәлим бериўи

https://openbiblestories.org/l/kaa/story-34/

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-34-01.jpg)

Ийса Қудайдың Патшалығы туўралы адамларға тәлим берип, ҳәр түрли көп ўақыялар айтып берди. Бул ўақыялар тымсал деп аталады. Бир күни Ийса мынадай тымсал айтып берди: «Қудайдың Патшалығы бир адамның өз атызына еккен қышқыл туқымына уқсайды. Қышқыл туқым барлық туқымлардан ең кишкенеси екенин билесизлер.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-34-02.jpg)

Бирақ ол өскенде, бағдағы барлық өсимликлерден ең үлкени болады, ҳәттеки қуслар ушып келип, оның шақаларына уяларын қурады».

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-34-03.jpg)

Ийса және мынадай тымсал айтып берди: «Қудайдың Патшалығы бир ҳаялдың қамырға қосқан ашытқысына уқсайды. Кишкене ашытқы барлық қамырды ашытып, исиреди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-34-04.jpg)

Және де, Қудайдың Патшалығы егислик жерге жасырылған ғәзийнеге уқсайды. Бир адам сол ғәзийнени таўып алыпты ҳәм оны өзине алғысы келипти. Соның ушын, ҳеш ким таўып алмасын деп, және жасырып қойыпты. Соннан кейин, тапқанына қуўанғанынан, өзиниң барлық мал-мүлкин сатып, ғәзийне жасырылған егислик жерди сатып алыпты.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-34-05.jpg)

Сондай-ақ, Қудайдың Патшалығы ҳасыл ҳинжилер излеп жүрген бир саўдагерге уқсайды. Ол қымбат баҳалы ҳинжини тапқанда, өзиниң барлық мал-мүлкин сатып, сол ҳинжини сатып алыпты».

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-34-06.jpg)

Ийсаның изине ерген көп адамлардың ишиндеги базылары өзлерин ҳақ адам деп есаплады, себеби олар саўап ислер қылатуғын еди. Олар саўап ислерди ислемеген адамларды менсинбей, өзлерин жоқары тутты. Олар ушын Ийса мына тымсалды айтып берди: «Еки адам дуўа етиў ушын Ибадатханаға келипти. Олардың биреўи салықшы, ал екиншиси парисей екен.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-34-07.jpg)

Парисей: „Қудайым, мен тонаўшылар, өтирикшилер, қыянетшилер ямаса мына салықшы сыяқлы гүнакар болмағаныма Саған миннетдарман.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-34-08.jpg)

Мен ҳәптесине еки мәрте ораза тутаман, барлық ақша ҳәм табысларымның оннан бирин Саған беремен“, — деп дуўа етипти.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-34-09.jpg)

Ал салықшы сол ўақытта парисейден узақлаў турып, ҳәттеки аспанға басын көтериўге жүрексинбей, көкирегине мушы менен урып: „Қудай, жалбарынаман, мени кешир, себеби мен гүнакарман“, — деп дуўа етипти».

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-34-10.jpg)

Ийса былай деди: «Сизлерге шынын айтаман, Қудай парисейди емес, ал салықшыны ҳақ деп есаплайды. Өйткени кимде ким өзин басқалардан жоқары тутса, ол төменлейди, ал кимде ким өзин ҳәммеден төмен тутса, жоқарылайды».

*Мухаддес Китап ўақыялары. Матта 13:31-33, 44-46; Марк 4:30-32; ҳәм Лука 13:18-21; 18:9-14.*

## 35. Жойтылған ул ҳәм кешириўши әке

https://openbiblestories.org/l/kaa/story-35/

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-35-01.jpg)

Ҳәр түрли адамлар Ийсаның тәлимин тыңлаў ушын, Оның алдына келди. Олардың ишинде салықшылар ҳәм Муўсаның нызамына әмел қылмайтуғын басқа адамлар бар еди. Сонлықтан олар гүнакарлар деп аталатуғын еди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-35-02.jpg)

Парисейлер ҳәм Нызам муғаллимлери Ийсаның сондай адамлар менен дослар сыяқлы сөйлесип атырғанын көрди. Соның ушын, олар ашыўланып, бир-бирине: «Ол гүнакарлар менен сөйлесип, ҳәттеки бирге аўқатланып, надурыс қылып атыр», — дести. Ийса олардың сөзлерин еситти ҳәм оларға мынадай ўақыя айтып берди:

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-35-03.jpg)

«Бир адамның еки улы болыпты. Бир күни киши улы әкесине: „Әке, маған тийисли мийрасты бөлип бер!“ — депти. Сонда әке еки улына тийисли мийрасты бөлип берипти.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-35-04.jpg)

Соннан кейин, киши ул өзине тийисли болған бөлегиниң ҳәммесин алып, узақ елге кетипти ҳәм сол елде гүнакар бузық өмир сүрип, ақшасының барлығын жүдә тез сарплапты.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-35-05.jpg)

Тез арада сол елде аўыр ашаршылық басланыпты, ал киши улдың ҳәттеки азық-аўқатқа да пулы қалмапты. Сонлықтан ол сол елдиң бир турғынына жалланыпты, ал сол адам оған шошқаларды бағыўды тапсырыпты. Киши ул қатты аш болыпты, ҳәттеки шошқалардың жемин жеўге де таяр еди, бирақ оны да жеўине рухсат бермепти.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-35-06.jpg)

Ақырында киши ул өзине былай депти: „Мен не қылып жүриппен? Әкемниң жумысшылары көп, олардың ҳәммеси тойғанынша жейди, ал мен бул жерде аштан өлежақпан. Әкеме қайтайын, жумысшы болып жалланыўды өтинейин“.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-35-07.jpg)

Солай етип, киши ул әкесиниң үйине қарай жол алыпты. Ол еле узақта киятырғанда, әкеси улын көрип, баўыры елжиреп кетип, алдына жуўырып барыпты да, улын қушақлап сүйипти.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-35-08.jpg)

Улы: „Әке, мен Қудайға ҳәм саған қарсы гүна иследим. Мен ендигиден былай улың болыўға ылайықлы емеспен“, — депти.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-35-09.jpg)

Ал әке болса хыметкерлериниң бирине буйрық берип: „Тез бар да, ең жақсы кийимди әкелип, улыма кийгиз! Бармағына жүзик тағып, аяғына аяқ кийим кийгиз! Оннан кейин бағып семиртилген баспақты сой. Бизлер тойлаймыз ҳәм байрамлаймыз, себеби улым өлген еди, енди тири! Ол жойтылған еди, ал енди болса табылды!“ — депти.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-35-10.jpg)

Ҳәмме генже улдың әкесиниң үйине қайтып келгенин байрамлай баслапты. Атызда күн бойы жумыс ислеген үлкен ул көп өтпей үйине келипти. Ол нама ҳәм аяқ ойын сеслерин еситип, хызметкерлердиң бирин шақырып алды да, бул жерде не болып атырғанын сорапты.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-35-11.jpg)

Үлкен ул инисиниң қайтып келгени ушын үйде байрам болып атырғанын билгенде, қатты ашыўланыпты, ҳәттеки үйге де кирмепти. Әкеси сыртқа шығып, инисиниң қайтып келгенин биргеликте байрамлаў ушын үлкен улын ишке шақырыпты, бирақ ол бас тартыпты.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-35-12.jpg)

Үлкен ул әкесине былай депти: „Неше жыллар даўамында мен сениң ушын хызмет етип киятырман. Саған ҳәмме ўақытта қулақ салдым, бирақ сен досларым менен отырыўым ушын маған ҳәттеки кишкене ылақ та бермедиң. Ал сениң мына улың ақшаларыңды гүналы бузық жолларға сарплап, үйге қайтып келди, енди болса сен буны байрамлаў ушын семиртилген баспақты сойдың!“

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-35-13.jpg)

Әке жуўап берип: „Улым, сен ҳәмме ўақыт мениң менен биргесең, мендеги бар мал-мүликтиң ҳәммеси саған тийисли. Бирақ ҳәзир бизлерде байрам, себеби иниң өлген еди, енди тирилди. Ол жойтылған еди, енди табылды!“ — депти».

*Мухаддес Китап ўақыялары. Лука 15:11-32.*

## 36. Ийсаның түр-түсиниң өзгериўи

https://openbiblestories.org/l/kaa/story-36/

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-36-01.jpg)

Бир күни Ийса дуўа етиў ушын бир бийик таўға шықты. Ол Өзи менен бирге үш шәкиртин, яғный Юханды, Яқыпты ҳәм Петрди алды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-36-02.jpg)

Олар таўға көтерилди ҳәм Ийса дуўа етип баслады. Дуўа етип атырғанында Ийсаның жүзи қуяштай жарқырады. Оның кийимлери көзди қамастыратуғындай аппақ болып кетти. Бундай таза аппақ реңди жер жүзинде ҳеш нәрсе менен ислеў мүмкин емес.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-36-03.jpg)

Сонда бирден Ийсаның қасында бул жерде жүзлеген жыллар бурын жасаған Муўса ҳәм пайғамбар Илияс пайда болды. Олар Ийсаның өлими ҳаққында Оның менен сөйлесип баслады, себеби Ол жақын арада Ерусалимде өлиўи керек еди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-36-04.jpg)

Буны көрген Петр Ийсаға: «Бул жерде болғанымыз қандай жақсы! Келиңлер, үш қос қурайық: биреўи — Саған, биреўи — Муўсаға, биреўи — Илиясқа», — деди. Петр қорқып кеткенликтен, не айтқанын өзи де түсинбеди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-36-05.jpg)

Петр еле сөзин тамамламай атырып, олардың үстине жарқыраған булт түсип, әтирапын қоршады. Булттың ишинен: «Бул — Мениң сүйикли Улым! Мен Оған ырзаман. Оны тыңлаңлар», — деген даўыс еситилди. Үш шәкирт қатты қорқып кетип, ет бетинен жерге жығылды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-36-06.jpg)

Сонда Ийса оларға қолын тийгизип: «Қорқпаңлар! Турыңлар!», — деди. Олар әтирапына қарап, Ийсадан басқа ҳеш кимди көрмеди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-36-07.jpg)

Кейин Ийса ҳәм Оның үш шәкирти таўдан төмен түсти. Ол шәкиртлерине: «Усы жерде болған ўақыяны ҳеш кимге айтпаң. Тез арада Мен өлемен, ал кейин қайта тирилемен. Соннан соң сизлер усы ҳаққында адамларға айтыўыңыз мүмкин», — деди.

*Мухаддес Китап ўақыялары. Матта 17:1-9; Марк 9:2-8 ҳәм Лука 9:28-36.*

## 37. Ийсаның Лазарды өлимнен қайта тирилтиўи

https://openbiblestories.org/l/kaa/story-37/

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-37-01.jpg)

Сол ўақытлары Лазар деген адам жасайтуғын еди. Оның Мәриям ҳәм Марта деген еки қарындасы бар болып, үшеўи де Ийсаның жақын дослары еди. Бир күни Ийсаға Лазардың қатты аўырып атырғаны ҳаққында хабар келди. Буны еситип, Ийса: «Бул аўырыў Лазардың өлими менен тамамланбайды. Бирақ сол арқалы адамлар Қудайға алғыс айтады», — деди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-37-02.jpg)

Ийса Өз досларын сүйетуғын еди, бирақ Ол Лазардың аўырып атырғанын еситсе де, сол жерде еки күн қалды. Соннан соң, Ол шәкиртлерине: «Келиңлер, Яҳудияға барайық», — деди. Бирақ шәкиртлери: «Устаз, жақында ғана Яҳудия турғынлары Сени өлтирмекши болды-ғо!» — деди. Ийса: «Достымыз Лазар уйықлап қалды, ал Мен оны оятыўым керек», — деди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-37-03.jpg)

Ийсаның шәкиртлери: «Устаз, егерде Лазар уйықлаған болса, демек, тез арада ол орнынан турады», — деп жуўап берди. Сонда Ийса оларға ашық айтып: «Лазар өлди. Мен ол жерде болмағаныма қуўанышлыман, өйткени енди сизлер Маған анық исенесизлер», — деди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-37-04.jpg)

Ийса дослары жасайтуғын аўылға келгенде, Лазардың өлгенине төрт күн болған еди. Марта Ийсаның алдына шығып: «Устаз, егер Сен усы жерде болғаныңда, әжағам өлмес еди. Бирақ мен исенемен Қудайдан Сен не сорасаң да, Ол Саған ҳәммесин береди», — деди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-37-05.jpg)

Сонда Ийса: «Мен — қайта тирилиў ҳәм өмирмен. Маған исенген адам, ҳәттеки өлсе де, ол жасайды. Маған исенген ҳәр бир адам ҳеш қашан өлмейди. Сен усыған исенесең бе?» — деди. Марта Оған: «Аўа, Устаз! Сениң Масийх, Қудайдың Улы екениңе исенемен», — деп жуўап берди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-37-06.jpg)

Оннан кейин Ийсаның жанына Мәриям келип, аяқларына жығылды да: «Устаз! Егер Сен усы жерде болғаныңда, әжағам өлмес еди», — деди. Ийса олардан: «Лазарды қай жерге қойдыңлар?» — деп сорады. Олар: «Мына қәбирге. Келип көр», — деди. Ийса көзине жас алды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-37-07.jpg)

Сол дәўирлерде үңгирлер қәбир сыпатында қолланылып, оның кирер аўзы үлкен тас пенен жабылатуғын еди. Ийса Лазардың қәбириниң қасына барғанда, Ол: «Тасты алып таслаңлар», — деди. Ал Марта болса: «Лазардың өлгенине төрт күн болды. Оннан енди жағымсыз ийис шығып атыр», — деди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-37-08.jpg)

Ийса оған: «Егер Маған исенсең, Қудайдың қүдиретин көресең, деп айтқан жоқ па едим?» — деди. Сонда адамлар қәбирдиң аўзынан тасты алып таслады.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-37-09.jpg)

Ийса аспанға қарап, былай деди: «Әке, Мени еситетуғының ушын, Саған миннетдарман. Мен билемен, Сен Мени бәрқулла еситесең, бирақ Мен буны усы жерде турған адамлардың Мени Сениң жибергениңе исениўи ушын айтып атырман», — деди. Соннан кейин, Ийса бәлент даўыс пенен: «Лазар, шық!» — деп бақырды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-37-10.jpg)

Күтилмегенде Лазар қәбирден шығып келди. Ол кепинлик пенен оралған еди. Ийса адамларға: «Оның үстинен кепинликти шешип таслап, оны жибериңлер!» — деди. Бул кәрамат жүдә көп еврейлерди таң қалдырды ҳәм олар Ийсаға исенди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-37-11.jpg)

Бирақ еврей руўханийлери менен парисейлери ендигиден былай Ийсаны Қутқарыўшы деп тек көп адамлар ғана емес, ал пүткил халық исенип кетеди, деп қорқысты. Сонлықтан олар Ийсаны ҳәм Лазарды өлтириўди жобаластырыў ушын, биргеликте жыйналды.

*Мухаддес Китап ўақыялары. Юхан 11:1-46.*

## 38. Ийсаға сатқынлық

https://openbiblestories.org/l/kaa/story-38/

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-38-01.jpg)

Еврейлер бир неше жүз жыл алдын Қудайдың ата-бабаларын қуллықтан азат қылып, Мысырдан алып шыққанын еслеп, ҳәр жылы Қутқарылыў байрамын байрамлайтуғын еди. Ийса адамларға ўаз етип, тәлим берип баслағаннан соң шама менен үш жыл өтип, Ол шәкиртлерине усы Қутқарылыў асын Ерусалимде биргеликте байрамлаўды қәлеп атырғанын ҳәм тез арада өлетуғынын айтты.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-38-02.jpg)

Ийсаның елшилериниң бири Яҳуда деген адам еди. Ол қурбанлық жыйнайтуғын ыдысқа жуўапкер болып, жийи содан ақша урлайтуғын еди. Ийса ҳәм шәкиртлери Ерусалимге келгеннен соң, Яҳуда бас руўханийдиң алдына барды. Ол руўханийлердиң Ийсаны Қутқарыўшы Масийх деп санамайтуғынын ҳәм Оны өлтириўди қәлейтуғынын билетуғын еди. Яҳуда бас руўханийге барып, ақша ушын Ийсаны услап бериўди усынды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-38-03.jpg)

Нызам муғаллимлери ҳәм еврей урыўларының ақсақаллары бас руўханий басшылығында Ийсаны услап бериўи ушын Яҳудаға 30 гүмис теңге төледи. Яҳуда ақшаны алды да, сол жерден кетти. Сол ўақыттан баслап ол Ийсаны қолға алыўына оларға жәрдем бериў ушын, қолайлы пайтты күтип баслады. Мухаддес Жазыўда пайғамбарлардың айтқанындай ҳәммеси анық сондай жүз берди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-38-04.jpg)

Қутқарылыў байрамы келди. Ийса шәкиртлери менен Қутқарылыў асын Ерусалимде байрамлады. Байрам күни кешки аўқаттың ўақтында Ийса нанды сындырып, шәкиртлерине былай деди: «Алыңлар ҳәм жеңлер. Бул — сизлер ушын берилетуғын Мениң денем. Мени еслеп турыў ушын усылай ислеңлер». Ийса шәкиртлерине, Өзиниң олар ушын өлетуғынын ҳәм Өз денесин қурбанлық етип беретуғынын усылай ашып берди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-38-05.jpg)

Соннан кейин, Ийса шарап қуйылған кесени қолына алып: «Алыңлар ҳәм ишиңлер! Бул — Қудайдың сизлердиң гүналарыңызды кешириўи ушын, Жаңа Келисимди бекитетуғын Мениң қаным. Мени еслеп турыў ушын усылай ислеңлер», — деди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-38-06.jpg)

Кейин Ийса шәкиртлерине былай деди: «Араңызда бириңиз Маған сатқынлық ислейди». Шәкиртлери ҳайран қалып, буны ким ислейди деп сорап баслады. «Кимге Мен мына бир бөлек нанды берсем, сол сатқынлық қылады», — деди Ийса. Ҳәм сол нанды Яҳудаға берди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-38-07.jpg)

Яҳуда нанды алыўдан-ақ, оны шайтан ийелеп алды. Сонда Ийса Яхудаға: «Бар да, ислейжақ исиңди тезирек исле», — деди. Яҳуда орнынан турып, бас руўханийлерге Ийсаның бүгин қай жерде болатуғынын айтыў ушын шығып кетти. Түн кирип келди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-38-08.jpg)

Кешки аўқаттан соң Ийса шәкиртлери менен Зәйтун таўына кетти. Ол жерде Ийса былай деди: «Бүгин түнде сизлердиң ҳәммеңиз Мени таслап кетесиз. Мухаддес Жазыўда айтылғанындай: “Шопанды урғанымда, ҳәмме қойлар тарқап кетеди”».

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-38-09.jpg)

Петр жуўап берип: «Егер, ҳәттеки ҳәмме Сени таслап кетсе де, мен ҳеш қашан Сени таслап кетпеймен!» — деди. Сонда Ийса Петрге: «Шайтан сизлерди сынаўды қәлеп атыр. Бирақ Мен сениң исенимиң ҳәлсиремеўи ушын ҳәм сен Маған қайтып келгениңде туўысқанларыңның исенимин беккемлей алыўың ушын дуўа еттим. Солай болса да, бүгин түнде, қораз шақырмастан алдын сен: „Мен Оны танымайман“, — деп адамларға үш мәрте айтасаң», — деди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-38-10.jpg)

Сонда Петр Ийсаға: «Егер, ҳәттеки мениң өлиўиме туўра келсе де, ҳеш қашан Сеннен бас тартпайман!» — деди. Басқа шәкиртлер де тап солай деди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-38-11.jpg)

Буннан соң Ийса шәкиртлери менен Гетсемани деген жерге барды. Ол шәкиртлериниң сынақларда тура алыўы ушын, оларға дуўа етиўди буйырды. Оннан кейин жалғыз дуўа етиў ушын Ийса олардан бираз шетке шықты.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-38-12.jpg)

Ийса үш мәрте былай деп дуўа етти: «Әке, Саған жалбарынаман, егер мүмкин болса, усы азап кесесинен ишпеўиме жол қой. Бирақ гүнакарларды кешириўдиң басқа жолы болмаса, онда ҳәммеси Сениң қәлегениңдей болсын!» Ийса қайғырып қыйналды ҳәм Оннан аққан тер жерге тамған қан тамшылары сыяқлы еди. Сол сәтте Қудай Ийсаны қоллап-қуўатлаўы ушын периштесин жиберди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-38-13.jpg)

Ҳәр бир усындай дуўасынан соң шәкиртлериниң қасына келгенде, Ийса олардың уйықлап атырғанының үстинен шықты. Ийса үшинши мәрте келгенде, оларға: «Турыңлар! Ўақыт келди! Маған сатқынлық қылыўшы усы жерде», — деди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-38-14.jpg)

Сол ўақытта Яҳуда бас руўханий, Ибадатхана қараўылларының басшылары, ақсақаллар, әскерлер ҳәм жүдә көп адамлар менен бирге келди. Олар қылыш ҳәм шоқмар менен қуралланған еди. Яҳуда Ийсаға жақынлап: «Ассалаўма әлейкум, Устаз!» — деп, Оны сүйип сәлемлести. Бул Яҳуда менен бирге келген адамларға Кимди услаўы кереклигин билдириў ушын белги еди. Ийса: «Яҳуда, сен Мени сүйип сатқынлық қылып атырсаң ба?» — деди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-38-15.jpg)

Әскерлер сол сәтте-ақ Ийсаны қолға алды, ал Петр қылышын суўырып алды да, бас руўханийдиң хызметшисиниң қулағын кесип таслады. Бирақ Ийса: «Қылышыңды тарт! Мен Әкемнен қорғаўы ушын периштелер армиясын жибериўин сорай аламан, бирақ Мен Әкеме қулақ салыўым керек», — деди. Ийса хызметшиге қолын тийгизип, оның қулағын шыпалады. Соннан кейин, қараўыллар Ийсаны услап алды, ал Оның барлық шәкиртлери қорққанынан қашып кетти.

*Мухаддес Китап ўақыялары. Матта 26:14-56; Марк 14:10-50; Лука 22:1-53; ҳәм Юхан 12:6; 18:1-11.*

## 39. Ийсаның ҳүким етилиўи

https://openbiblestories.org/l/kaa/story-39/

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-39-01.jpg)

Түн ярымында әскерлер Ийсаны бас руўханийдиң үйине алып барды, себеби ол Ийсаны сораўға тутыўды қәлеген еди. Петр аралықты сақлап, олардың изинен жүрди. Әскерлер Ийсаны бас руўханийдиң үйине алып барғанда, Петр сыртта қалып, сол жердеги хызметшилер менен қараўыллар жылынып турған оттың қасына барды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-39-02.jpg)

Сол ўақытта еврей урыўларының ақсақаллары ҳәм Нызам муғаллимлери бас руўханийдиң үйинде Ийсаны ҳүким етип баслады. Олар Ийсаны айыплайтуғын көплеген жалған гүўаларды тапты. Бирақ олардың айыплаўлары бир-бирине туўры келмейтуғын еди, соның ушын олар Ийсаның айыпларын дәлиллей алмады. Ийсаның Өзи болса, Өзин қорғаў ушын ҳеш нәрсе айтпады.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-39-03.jpg)

Ақырында бас руўханий туўры Ийсаға қарап: «Бизлерге айт, Сен — тири Қудайдың Улы Масийхсаң ба?» — деп сорады.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-39-04.jpg)

Ийса былай деп жуўап берди: «Аўа, Мен — Масийхпан, Мениң Қудайдың жанында отырғанымды ҳәм аспаннан қалай келетуғынымды көресизлер». Бул сөзлерден бас руўханий қатты ғәзепленди ҳәм өзиниң кийимлерин жыртып: «Бизлерге енди бул Адамның не ислегенин айтатуғын гүўалардың кереги жоқ! Оның Өзи: „Қудайдың Улыман“, — дегенин еситтиңиз. Енди Оған қарсы қандай шешим қабыллайсыз?» — деп бақырды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-39-05.jpg)

Сол жердегилердиң ҳәммеси бас руўханийге жуўап ретинде: «Ол өлимге ылайықлы!» — деп бақырысты. Кейин олар Ийсаның көзин байлап, Оған түкирди ҳәм Оны урып, үстинен күлди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-39-06.jpg)

Сол ўақытта Петр бас руўханийдиң үйиниң алдындағы оттың қасында отыр еди. Оны сол жердеги бир шоры қыз көрип: «Сен де Ийса менен бирге едиң!» — деди. Бирақ Петр буны бийкарлады. Кейинирек басқа бир қыз да оған соны айтты, бирақ Петр буны және мойынламады. Ақырында базы адамлар: «Сениң Ийса менен бирге болғаныңды бизлер билемиз, себеби екеўиңиз де Галиладансыз», — деди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-39-07.jpg)

Петр Ийсаны танымайтуғынын айтып, ант ишип баслады. Ол: «Ант ишемен, мен бул Адамды танымайман ҳәм сизлердиң не айтып атырғаныңызды түсинбеймен!» — деди. Петрдиң бул сөзлеринен соң дәрҳал қораз шақырды. Сонда Ийса бурылып, Петрге қарады. Петр Ийсаның: «Бүгин түнде кораз шақырмастан алдын сен Меннен үш мәрте танасаң», — деп айтқанын еследи.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-39-08.jpg)

Петр ҳәўлиден шығып, өкирип жылады. Сол ўақыттың өзинде Ийсаға сатқынлық қылған Яҳуда еврей басшыларының Ийсаны өлимге ҳүким етиўди шешкенин билди. Ол өкинип, ақшаны бас руўханийлер менен ақсақалларға қайтарып берди, соннан кейин барып, асылып өлди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-39-09.jpg)

Сол дәўирде Яҳудияның ҳәкими римли Понти Пилат еди. Бас руўханийлер менен ақсақаллар Ийсаны Пилатқа алып келди. Олар римли ҳәкимниң Ийсаны айыплап, Оны өлимге ҳүким етиўин қәледи. Пилат Ийсадан: «Сен — яҳудийлердиң Патшасымысаң?» — деп сорады.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-39-10.jpg)

Ийса: «Сен дурыс айттың. Бирақ Мениң патшалығым жерде емес. Егер ол жерде болғанда, онда Мениң хызметшилерим Мен ушын гүрескен болар еди. Мен жер жүзине Қудай туўралы ҳақыйқатты айтыў ушын келдим. Ҳақыйқатты сүйгенлердиң ҳәр бири Маған қулақ салады», — деп жуўап берди. Пилат: «Ҳақыйқаттың не екенин билгенде еди?» — деди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-39-11.jpg)

Пилат Ийса менен сөйлескеннен соң, аламанның алдына шығып, былай деди: «Бул Адамнан өлимге ылайықлы ҳеш қандай себеп таппадым». Бирақ бас руўханийлер, ақсақаллар ҳәм аламан халық: «Оны атанақ ағашқа шегелет!» — деп бақырысып баслады. Пилат: «Сизлер қойып атырған айыплардың ҳеш бирин Ол ислемеген», — деп жуўап берди. Бирақ олар еледе қаттырақ бақыра баслады. Сонда Пилат үшинши мәрте: «Ол айыплы емес!» — деди. Деген менен, аламан еледе қатты бақырысып: «Оны атанақ ағашқа шегелет!» — деди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-39-12.jpg)

Халықтың бас көтериўинен қорққан Пилат олардың талабына келисим берди ҳәм әскерлерине Ийсаны шегелеўди буйырды. Рим әскерлери Ийсаны алып кетти де, Оны қамшы менен сабалады. Соннан соң олар Ийсаның үстинен күлип, Оған патшалық кийим менен тикенли таж кийдирди де: «Қараңлар, мине яҳудийлердиң Патшасы!» — деп айта баслады.

*Мухаддес Китап ўақыялары. Матта 26:57-27:26; Марк 14:53-15:15; Лука 22:54-23:25 ҳәм Юхан 18:12-19:16.*

## 40. Ийсаның атанақ ағашта өлтирилиўи

https://openbiblestories.org/l/kaa/story-40/

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-40-01.jpg)

Ийсаны қамшылап, масқаралағаннан соң, әскерлер Оны өлимге ҳүким етилетуғын жерге алып кетти. Олар Ийсаны Өзи шегеленетуғын атанақ ағашты көтерип жүриўге мәжбүрледи.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-40-02.jpg)

Ийсаны Голгота, яғный «Бас сүйек орны» деген жерге алып барды. Сол жерде Оны атанақ ағашқа аяқ ҳәм қолларын шегеледи. Әскерлер Пилаттың буйрығы бойынша Ийсаның басының жоқарысына «Яҳудийлердиң Патшасы» деп жазылған тахтаны қыстырды. Атанақ ағашта Ийса аспанға қарап: «Әке, оларды кешир, өйткени олар не ислеп атырғанын билмейди», — деди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-40-03.jpg)

Әскерлер Ийсаның кийими кимге тийисли болатуғынын шешиў ушын, шек таслады. Усылай етип, Мухаддес Жазыўда айтылған мына пайғамбаршылық орынланды: «Олар Мениң кийимлеримди өз-ара бөлисип, оған шек таслады».

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-40-04.jpg)

Әскерлер Ийсаның еки тәрепине атанақ ағашларға еки қарақшыны шегеледи. Қарақшылардың бири Ийсаның үстинен мазақ етти, ал екиншиси оған: «Қудайдың сени жазалайтуғынынан қорқпайсаң ба? Бизлер жынаятларымыз себепли айыплымыз, ал бул Адамның айыбы жоқ-ғо», — деди. Кейин ол Ийсаға қарап былай деди: «Өтинемен, Өзиңниң Патшалығыңа киргенде, мени де есиңе ал». Ийса оған: «Бүгин-ақ, сен Мениң менен бирге жәннетте боласаң», — деди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-40-05.jpg)

Топланған аламан, және де бас руўханийлер, Нызам муғаллимлери, ақсақаллар Ийсаны мазақ етти. Олар Ийсаға: «Егер Сен — Қудайдың Улы болсаң, атанақ ағаштан түсип, өзиңди қутқар! Сонда бизлер Саған исенемиз», — деди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-40-06.jpg)

Күндизги ўақыт болыўына қарамастан, күтилмегенде аспан қараңғыласты. Сонда бул қараңғылық үш саат даўам етти.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-40-07.jpg)

Буннан соң Ийса бәлент даўыс пенен: «Орынланды! Әке, Руўхымды Сениң қолларыңа тапсыраман», — деди. Ол басын ийип, жан тапсырды. Бирден күшли жер силкиниў басланды. Ибадатханада болса Қудайдың дәргайынан адамларды ажыратып туратуғын үлкен перде жоқарыдан төменге шекем екиге бөлинип жыртылды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-40-08.jpg)

Усылай етип, Ийса ҳәр бир адамның Қудайға келе алыўы ушын Өз өлими арқалы жол ашты. Ийсаны қараўыллап турған әскер жүз берип атырғанлардың барлығын көргенде, ол: «Бул Адам шынында да айыпсыз еди! Ол — Қудайдың Улы», — деди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-40-09.jpg)

Ийсаның өлиминен соң, Пилаттың алдына Ийсаның Масийх екенине исенетуғын еки адам келди. Булар яҳудийлердиң кеңес ағзасы болған Юсуп ҳәм парисей Никодим еди. Олар Пилаттан Ийсаның денесин алыўға рухсат сорады. Пилат оларға рухсат берди. Олар Ийсаның денесин кепинге орап, жартасқа ойылған қәбирге алып келди ҳәм сол жерге қойды. Кейин олар үлкен тасты домалатып, қәбирдиң аўзын жаўды. Жума күн жуўмақланып, шемби күни кирип келди.

*Мухаддес Китап ўақыялары. Матта 27:27-61; Марк 15:16-47; Лука 23:26-56; ҳәм Юхан 19:17-42.*

## 41. Қудайдың Ийсаны өлимнен тирилтиўи

https://openbiblestories.org/l/kaa/story-41/

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-41-01.jpg)

Ийсаның атанақ ағаштағы өлиминен соң, бас руўханийлер ҳәм парисейлер Пилатқа келип: «Бул өтирикши, еле тири гезинде Ол үш күннен соң тирилетуғынын айтып, тастыйықлаған еди. Оның шәкиртлери денесин урлап, кейин халыққа Ол қайта тирилди деп айтпаўы ушын қәбирдиң аўзына үш күнге қараўыл қойыўды буйыр», — деди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-41-02.jpg)

Пилат: «Әҳмийетли деп есаплайтуғын болсаңыз, онда қараўылларды алып, қәбирди қараўыллаң», — деди. Олар барды да, қәбирдиң аўзындағы тасты мөрледи ҳәм ҳеш ким Ийсаның денесин урлай алмаўы ушын, ол жерге қараўылларды қойды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-41-03.jpg)

Ийса өлгеннен кейинги күн, шаббат күни басланды. Сол күни жумыс ислеў ҳәм қандай да бир ислер менен шуғылланыў қадаған еди, сонлықтан Ийсаның шәкиртлери Оның қәбирине бармады. Шаббаттан кейинги келеси күни ерте таңда бир неше ҳаяллар Ийсаның қәбирине барыўды шешти. Олар Ийсаның денесине хош ийисли майларды таярлап қойды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-41-04.jpg)

Сол күни азанда бирден жер қатты силкинди, себеби аспаннан периште түсти. Ол қәбирдиң аўзындағы тасты домалатып алып таслап, оның үстине отырды. Периште жылдырымдай жарқырап тур еди. Қәбирдиң жанындағы сақшылар оны көргенде, қорққанынан өли сыяқлы жерге жығылды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-41-05.jpg)

Ҳаяллар қәбирге келгенде, олар да сол периштени көрди. Периште оларға: «Меннен қорқпаңлар. Ийсаны излеп жүргениңизди билемен, бирақ Ол бул жерде жоқ. Өзиниң айтқанындай, Ол өлимнен қайта тирилди! Қәбирге қараң, өзлериңиз қөресиз», — деди. Ҳаяллар қәбирдеги Ийсаның жатқан жерине қарады, Оның денеси ол жерде жоқ еди!

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-41-06.jpg)

Периште ҳаяларға былай деди: «Барып, шәкиртлерге: „Ийса өлимнен қайта тирилди ҳәм Ол сизлерди Галилада күтип алады, — деп айтыңлар“».

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-41-07.jpg)

Ҳаяллар қатты таң қалысты ҳәм қуўанышқа толды. Олар бул жақсы жаңалықты айтыў ушын, Ийсаның шәкиртлерине қарай жуўырып кетти.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-41-08.jpg)

Ҳаяллар еле жолда баратырған ўақытта, олардың алдында күтилмегенде Ийса пайда болды. Олар Ийсаның алдында жерге жығылып, Оның аяқларын қушақлады. Ийса: «Қорқпаңлар. Барыңлар ҳәм шәкиртлериме Галилаға барыўын айтыңлар. Сол жерде олар Мени көреди», — деди.

*Мухаддес Китап ўақыялары. Матта 27:62-28:15; Марк 16:1-11; Лука 24:1-12; Юхан 20:1-18.*

## 42. Ийсаның аспанға көтерилиўи

https://openbiblestories.org/l/kaa/story-42/

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-42-01.jpg)

Қудай Ийсаны өлимнен қайта тирилткен күни, Оның еки шәкирти Ерусалимнен қоңсы қалаға баратыр еди. Жол бойынша олар Ийсаға не жүз бергени, Оған Израилды азат қылатуғын Масийх деп үмит еткени, бирақ Оның өлтирилгени ҳаққында сөйлесип баратыр еди. Оннан қала берсе, базы ҳаяллар Ийсаны көргенин ҳәм Оның тири екенин айтқан еди. Сонда шәкиртлер енди қайсысына исенерин билмеди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-42-02.jpg)

Усы еки шәкирт сөйлесип баратырғанда, олардың қасына Ийса келип, олар менен бирге жүрди. Ийса олардан не туўралы сөйлесип атырғанын сорады. Ал олар Оны Ерусалимде болған ўақыялардан хабары жоқ жат жерли, деп ойлап, Оған өткен бир неше күнлер ишинде Ийсаға не жүз бергени ҳаққында ҳәммесин айтып берди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-42-03.jpg)

Сонда Ийса оларға Қудайдың сөзинде Масийх туўралы не жазылғанын түсиндирип баслады. Узақ ўақыт даўамында пайғамбарлар гүнакарлардың Масийхқа азап берип, Оны өлтиретуғынын айтып келди. Бирақ пайғамбарлар және де Масийхтың үш күннен соң қайта тирилетуғынын да айтқан.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-42-04.jpg)

Шәкиртлери өзлери баратуғын қалаға келгенде, кеш болып қалған еди. Олар Ийсаға бирге түнеп қалыўды мирәт етти ҳәм Ол олар менен бирге үйге кирди. Кешки аўқаттың ўақтында Ийса нанды алып, Қудайға шүкирлик билдирди. Ол нанды алып бөлгенде, шәкиртлери Оның Ийса екенин билди. Бирақ сол сәттеақ Ийса көзден ғайып болып, оларға көринбей қалды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-42-05.jpg)

Сонда сол шәкиртлери бир-бирине: «Бул Ийса еди! Сонлықтан да, Ол Қудайдың сөзин түсиндиргенде, шадлыққа толып тыңлаған екенбиз!» — дести. Олар дәрҳал Ерусалимге қайтты да, басқа шәкиртлерге: «Ийса тири! Бизлер Оны көрдик!» — деди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-42-06.jpg)

Шәкиртлери еле сөзлерин айтып болмай атырып, бөлмеде тосаттан Ийса пайда болды. Ийса шәкиртлерине: «Тынышлық болсын!» — деди. Олар Оны әрўақ деп ойлады, бирақ Ийса: «Неге қорқасызлар? Неге Мен екениме исенбей атырсызлар? Мениң қол ҳәм аяқларыма қараңлар. Әрўақларда дене бола ма?» — деди. Өзиниң әрўақ емес екенин дәлиллеў ушын, олардан жейтуғын аўқат сорады. Олар Оған балықтың бир бөлегин берди, Ийса оны жеди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-42-07.jpg)

Буннан соң Ийса: «Мен сизлерге Қудайдың сөзинде Өзим ҳаққында жазылғанлардың ҳәммеси орынланыўы шәрт ҳәм ол орынланды, деп айтқан едим», — деди. Кейин Ийса оларға Қудайдың Сөзин түсиндирип, былай деди: «Бурыннан пайғамбарлар Масийхтың, яғный Мениң азап шегип, өлетуғынымды ҳәм үшинши күни қайта тирилетуғынымды жазып келди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-42-08.jpg)

Пайғамбарлар және де, Мениң шәкиртлеримниң Қудайдың хабарын тарқататуғынын, адамларды гүналары ушын тәўбе етиўге шақыратуғынын жазды. Сондай-ақ, олар гүналары ушын тәўбе еткен ҳәр бир адамды Қудайдың кеширетуғынын, Мениң шәкиртлерим бул хабарды ҳәмме жерге, Ерусалимнен баслап бәрше халықларға барып, тарқататуғынын да жазды». Буннан соң Ийса: «Сизлер — Мениң айтқанларым менен ислегенлериме ҳәм Маған жүз берген ўақыялардың ҳәммесине гүўасысыз», — деди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-42-09.jpg)

Қырық күн даўамында Ийса Өзиниң шәкиртлерине көп мәрте көринди. Бир күни Ол бес жүз адамнан көбирек болған аламанға көринди! Және де Ийса оларға көринип, Қудайдың Патшалығы ҳаққында тәлим бергенде, Өз шәкиртлерине тири екенин көп мәртебе дәлилледи.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-42-10.jpg)

Бир күни Ийса шәкиртлерине көринип, оларға былай деди: «Қудай Маған аспанда да, жерде де бийлик берди. Сонлықтан Мен сизлерге адамлардың Мениң шәкиртлерим болыўы ушын, барып, пүткил халыққа ўаз етиўиңизди тапсыраман. Оларды Әкениң, Улдың ҳәм Мухаддес Руўхтың аты менен шомылдырың. Мениң сизлерге айтқанларымның ҳәммесин орынлаўды оларға үйретиң. Есте тутың, Мен ҳәмме ўақытта сизлер менен бирге боламан».

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-42-11.jpg)

Ийса қайта тирилгеннен соң қырық күн өтип, шәкиртлерине: «Әкем Мухаддес Руўхын жиберип, сизлерге күш бермегенше, Ерусалимде қалың», — деди. Усыдан соң Ийса аспанға көтерилди ҳәм Ол бултлардың арасында олардың көзинен ғайып болды. Бүгин Ийса аспанда Қудайдың оң қол тәрепинде отырыпты ҳәм пүткил барлықты басқарып атыр.

*Мухаддес Китап ўақыялары. Матта 28:16-20; Марк 16:12-20; Лука 24:13-53; Юхан 20:19-23; ҳәм Елшилер 1:1-11.*

## 43. Жәмәәтлердиң туўылыўы

https://openbiblestories.org/l/kaa/story-43/

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-43-01.jpg)

Ийса аспанға көтерилгеннен соң, шәкиртлери Ийсаның айтқанындай Ерусалимде қалды. Олар биргеликте дуўа етиў ушын, сол жерде ҳәмме ўақытта жыйналды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-43-02.jpg)

Яҳудийлер ҳәр жылы Қутқарылыў байрамынан елиў күн өткеннен соң, Елиўинши күн деп аталған Ҳәптелер байрамын белгилейди. Сол күнди бирге байрамлаў ушын, дүньяның ҳәмме жеринен яҳудийлер жыйналатуғын еди. Ийса атанақ ағашқа шегеленип, қайта тирилген жылы, Ийсаның аспанға көтерилген күннен шама менен бир ҳәптеден соң Елиўинши күн басланды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-43-03.jpg)

Елиўинши күн байрамында Ийсаға исениўшилердиң ҳәммеси бирге еди. Күтилмегенде, олар турған үй күшли самалға уқсас даўысқа толып кетти, ал олардың басларының жоқарысында отлы тилге уқсас нәрсе пайда болды. Барлық исениўшилер Мухаддес Руўхқа толды ҳәм ҳәр түрли жаңа тиллерде Қудайды алғыслай баслады. Олар бул тиллерди билмейтуғын еди, бирақ Мухаддес Руўх оларға сол тиллерде сөйлеў уқыбын берди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-43-04.jpg)

Ерусалимдеги адамлар сол шаўқымды еситип, олар не жүз берип атырғанын көриў ушын шәкиртлер турған үйге жақын барды. Үйдиң дөгерегине жыйналған адамлар ҳәр түрли елден болып, ҳәр түрли тилде сөйлейтуғын еди, ал Ийсаның шәкиртлери Галиладан болып, тек ғана арамей ҳәм грек тилинде сөйлей алатуғын еди. Бирақ сол күни Ийсаның шәкиртлери ҳәр түрли тилде сөйледи ҳәм аламандағы ҳәр бир адам Қудайдың иси туўралы өз ана тилинде еситип, қатты таң қалысты.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-43-05.jpg)

Гейбир адамлар олар шарап ишип, мәс болған деп мысқыллап күлисти. Бирақ Петр бәлент даўыс пенен оларға былай деди: «Мени тыңлаңлар! Бул адамлар мәс емес! Ал сизлер Иоел пайғамбардың былай деп айтқанын көрип турсыз: Қудай: „Соңғы күнлерде барлық адамлардың үстине Өз Руўхымды жаўдыраман“, — деп айтты.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-43-06.jpg)

Қулақ салың, израиллылар! Өзиниң Ким екенин көрсетиў ушын, Ийса көп кәраматлар ҳәм белгилер иследи. Усы кәраматларды Қудайдың күши менен ислегенин өз көзиңиз бенен көрдиңиз ҳәм билесизлер. Соған қарамастан, сизлер Оны атанақ ағашқа шегеледиңиз!

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-43-07.jpg)

Сизлер Ийсаны өлтирсеңиз де, Қудай Оны өлимнен қайта тирилтти. Усылай етип: „Өз Мухаддесиңниң денеси қәбирде шириўине жол қоймайсаң“, — деп жазылған пайғамбаршылық орынланды. Бизлер Қудайдың Ийсаны өмирге қайтарғанының гүўаларымыз.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-43-08.jpg)

Қудай Әке Өзиниң оң жағына Ийсаны отырғызып, уллы мәртебеге еристирди. Ал Ийса ўәде еткениндей, бизлерге Мухаддес Руўхты жиберди. Ҳәзир сизлердиң көрип ҳәм еситип турғаныңызды бизлерде Мухаддес Руўх ислеп атыр.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-43-09.jpg)

Сизлер сол Адамды, яғный Ийсаны атанақ ағашқа шегеледиңиз. Бирақ Қудай Оны Қутқарыўшы ҳәм пүткил барлықтың Ийеси қылғанын билиң».

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-43-10.jpg)

Петрди тыңлаған адамлар оның сөзлеринен қатты тәсирленди. Олар Петр ҳәм шәкиртлерден: «Туўысқанлар, бизлер не ислеўимиз керек?» — деп сорады.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-43-11.jpg)

Сонда Петр жуўап берип: «Сизлердиң ҳәммеңиз гүналарыңыз ушын Қудайдан кеширим алыўыңыз керек. Солай етип, ҳәр бириңиз тәўбе етип, Ийса Масийхтың атынан суўға шомылдырылың. Сонда Қудай Мухаддес Руўхты сизлерге сыйға береди», — деди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-43-12.jpg)

Сол күни үш мыңға жақын адам Петрдиң сөзлерине исенди. Олар гүналары ушын тәўбе етип, суўға шомылдырылды ҳәм Ийсаның шәкиртлери болып, жәмәәтке қосылды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-43-13.jpg)

Исениўшилер жийи биргеликте жыйналды. Олар бәрқулла елшилердиң тәлимин үйренип, дуўа етти ҳәм Қудайды алғыслады. Олар бирге аўқатланды ҳәм өзлеринде бар болған ҳәмме нәрсесин бир-бири менен бөлисти. Қаладағы ҳәр бир адам олар туўралы жақсы пикирде болды. Ҳәр күни Ийсаға исенген адамлардың саны барған сайын өсип барды.

*Мухаддес Китап ўақыялары. Елшилер 2-бап.*

## 44. Петр менен Юханның ләң адамға шыпа бериўи

https://openbiblestories.org/l/kaa/story-44/

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-44-01.jpg)

Бир күни Петр менен Юхан Ибадатханаға барды. Ибадатхананың дәрўазасы алдында бир ләң адам қасынан өткен адамлардан ақша сорап, отыр еди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-44-02.jpg)

Петр ләң адамға қарап: «Саған бериў ушын менде ақша жоқ. Бирақ мен саған өзимде барымды беремен. Ийсаның аты менен орныңнан турып, жүр!» — деди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-44-03.jpg)

Сол сәтте-ақ Қудай аяғы ләң адамды шыпалады. Ол Қудайды алғыслап, жүрип ҳәм секирип баслады. Ибадатхананың ҳәўлисиндеги адамлар қатты таң қалысты.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-44-04.jpg)

Шыпа тапқан адамды көриў ушын, тез арада көп адамлар жыйналып қалды. Сонда Петр былай деди: «Бул адамның шыпа тапқанына ҳайран қалмаңлар. Оны бизлер өз күшимиз ямаса ҳақлығымыз бенен шыпаламадық. Ал Ийса Өз күши менен оны шыпалады, себеби бизлер Ийсаға исенемиз.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-44-05.jpg)

Сизлер Рим ҳүкимдарынан Ийсаны өлтириўди талап еттиңлер. Сизлер ҳәммеге өмир беретуғын Адамды өлтирдиңлер, бирақ Қудай Оны өлимнен қайта тирилтти. Сизлер не ислегениңизди түсинбедиңиз, бирақ сол арқалы пайғамбарлардың айтқанлары орынланды. Ал олар Масийхтың азап шегип, өлтирилетуғынын айтқан еди. Қудай Өз сөзин усылай әмелге асырды. Солай етип, тәўбе етиңлер ҳәм гүналарыңыздың жуўылыўы ушын Қудайға қайтыңлар».

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-44-06.jpg)

Петр менен Юханның сөзин еситип, руўханийлер ҳәм Ибадатхана сақшыларының басшылары қатты ашыўға минди. Олар елшилерди услап алды да, қамаққа таслады. Деген менен, Петрдиң айтқанына көп адамлар исенди. Сол күни бес мыңға жақын адам Ийсаға исенди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-44-07.jpg)

Келеси күни бас руўханийлер, Нызам муғаллимлери ҳәм ақсақаллар жыйналды. Оларға Петр менен Юханды, және де ләң кеселинен шыпаланған адамды алып келди. Олар Петр менен Юханнан: «Сизлер бул ләң адамды қандай күш пенен шыпаладыңыз?» — деп сорады.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-44-08.jpg)

Петр оларға: «Сизлердиң алдыңызда турған адам Қутқарыўшы Ийсаның күши менен шыпаланды. Сизлер оны атанақ ағашқа шегелеп өлтирдиңиз, бирақ Қудай Оны қайта тирилтти! Сизлер Оннан бас тарттыңыз, бирақ Ийсадан басқа қутқарылатуғын жол жоқ!» — деп жуўап берди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-44-09.jpg)

Петр менен Юханның исеним менен айтқан сөзлерине сол жерде турғанлардың ҳәммеси таң қалысты. Олар өзлериниң алдында әпиўайы, оқымаған адамлар турғанын көрди, бирақ кейин оларды Ийса менен бирге көргенин еследи. Сонда руўханийлер ҳәм ақсақаллар Петр менен Юханға: «Егерде сизлер сол Ийса туўралы адамларға айтыўды даўам етсеңиз, жазаланасыз», — деди. Усылай қорқытып болып, олар Петр менен Юханды жиберди.

*Мухаддес Китап ўақыялары. Елшилер 3:1-4:22.*

## 45. Степан ҳәм Филип

https://openbiblestories.org/l/kaa/story-45/

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-45-01.jpg)

Ийсаға исениўшилер Хош Хабарды басқа адамлар менен бөлисиўди даўам етти ҳәм жәмәәтке барған сайын көп адам қосылды. Елшилер жәмәәтти басқарыў ушын өзлерине жәрдемшилер таңлаўды шешти. Сондай жәрдемшилердиң бири ҳәммениң ҳүрметине ерискен Степан деген адам болды. Ол Мухаддес Руўхтың күши ҳәм даналығына толып, көп кәраматлар иследи. Степанның ўазларынан соң, көп адамлар Ийсаның шәкирти болды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-45-02.jpg)

Бир күни Степан Ийса туўралы тәлим бергенде, басқа аймақтағы яҳудийлер оның менен тартысты, бирақ оның даналығына қарсы тура алмады. Сонда олар тил бириктирип: „Степан Муўса ҳәм Қудай ҳаққында жаман сөз айтты“, — деп ол ҳаққында жалған тарқатты. Бул мыш-мыш гәплер ақсақаллар менен Нызам муғаллимлериниң ғәзебин келтирди. Олар Степанды услап алып, бас руўханийдиң алдына алып барды. Сондай-ақ, ол жерге жалған гүўалар да барды ҳәм Степан ҳаққында өтирик сөйлей баслады.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-45-03.jpg)

Бас руўханий Степаннан: «Бул адамлар сен туўралы дурыс айтып атыр ма?» — деп сорады. Степан Қудайдың Ибрайымның дәўиринен баслап, Ийсаның дәўирине дейин израил халқы ушын көп кәраматлар қылғанын айтып, бас руўханийге узақ ўақыт даўамында жуўап берди. Бирақ адамлар Қудайға қулақ салғысы келмеди ҳәм Оның еркине қарсы ис-ҳәрекет қылды. Степан өз сөзиниң ақырында: «Сизлер қайсар ҳәм Қудайға бойсынбайтуғын адамларсыз! Сизлер ата-абаларыңыздың Қудайдан бас тартып, пайғамбарларды өлтиргени сыяқлы Мухаддес Руўхтан жүз бурып атырсыз! Ал сизлер олардан да жаман ис қылдыңыз! Сизлер Масийхты өлтирдиңиз!» — деди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-45-04.jpg)

Сол жердеги адамлар буны еситип, қатты қәҳәрленди ҳәм бақырысып, Степанға қарай топылысты. Олар оны қаладан сыртқа шығарып, тас боран етип өлтирди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-45-05.jpg)

Адамлар Степанды тас боран қылып атырғанда, ол: «Ийса, руўхымды қабыл ет!» — деди. Кейин дизерлеп, бәлент даўыс пенен: «Устаз, бул гүнаны олардың мойнына жүклеме!» — деди. Усы сөзден кейин, ол жан тапсырды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-45-06.jpg)

Сол күнлери көп адамлар Ерусалимде Ийсаның шәкиртлерин қуўдалай баслады, соның ушын исениўшилер Яҳудия менен Самарияның ҳәмме жерине тарқап кетти. Бирақ олар қуўдалаўларға қарамастан, қай жерге барса да Ийса хаққында жәриялап жүрди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-45-07.jpg)

Елшилердиң таңлаған жәрдемшилериниң арасында Филип атлы және бир адам бар еди. Ол да басқа көпшилик шәкиртлердей, Ерусалимнен қашып, Самарияға кетип, Ийса ҳаққында жәриялады. Филиптиң айтқанына көп адамлар исенип, суўға шомылдырылды. Бир күни Қудайдың бир периштеси келип, Филипке Ерусалимнен шөл арқалы Газаға алып баратуғын жолға барыўды буйырды. Филип сондай қылды. Ол шөлистанға барғанда, арбада баратырған бир адамды көрди. Сол адам эфиопиялы абырайлы ҳәмелдар еди. Мухаддес Руўх Филипке сол адамға барып, оның менен сөйлесиўди айтты.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-45-08.jpg)

Филип арбаның жанына барып, эфиопиялының Ийшая пайғамбардың китабынан: «Олар Оны қозы сыяқлы сойыўға алып барды. Қозы қалай үндемей турса, Ол да солай аўзын ашпады. Олар Оны кемситти, наҳақ ҳүким етип, Оны өлтирди», — деп оқып атырғанын еситти.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-45-09.jpg)

Филип эфиопиялыдан: «Сен не ҳаққында оқып атырғаныңды түсинип атырсаң ба?» — деп сорады. Эфиопиялы оған: «Яқ, егер кимдур маған түсиндирип бермесе, түсине алмайман. Илтимас, жоқары шығып, қасыма отыр. Ийшая өзи ҳаққында жазған ба ямаса басқа биреў ҳаққында ма?» — деди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-45-10.jpg)

Филип арбаға отырып, эфиопиялыға Ийшаяның бул пайғамбаршылығы Ийсаға тийисли екенин түсиндирип берди. Филип және де сол адамға Ийса туўралы Хош Хабардың мәнисин ашып берип, Қудайдың Сөзиниң басқа көплеген жерлери туўралы да айтып берди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-45-11.jpg)

Усы ўақытта Филип пенен эфиопиялы суўдың қасынан өтип баратыр еди. Эфиопиялы: «Қара, мине суў бар. Усы жерде шомылдырыла аламан ба?» — деп сорады. Филип оған: «Егер сен шын жүректен исенсең, онда шомылдырыла аласаң», — деп жуўап берди. Эфиопиялы: «Мен Ийсаның — Қудайдың Улы екенине исенемен», — деди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-45-12.jpg)

Олар суўға түсти ҳәм Филип эфиопиялыны суўға шомылдырды. Олар суўдан шыққанда, Мухаддес Руўх бирден Филипти басқа жерге алып кетти. Буннан соң Филип ҳәр түрли қалаларға барып, Ийса туўралы ўаз етип, өз хызметин даўам етти.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-45-13.jpg)

Ал эфиопиялы өз жолын даўам етип, үйине қайтты. Ийса туўралы билгенине ол қатты қуўанышлы болды.

*Мухаддес Китап ўақыялары. Елшилер 6:8-8:5; 8:26-40.*

## 46. Шаулдың Ийсаның шәкирти болыўы

https://openbiblestories.org/l/kaa/story-46/

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-46-01.jpg)

Сол ўақытлары Шаул деген бир адам жасады. Ол Ийсаның тәлимине қарсы шығып жүрди. Шаул Степанды өлтиргенлердиң кийимлерин қараўыллап, оның өлтирилиўин қоллап-қуўатлады. Кейин ала Шаул исениўшилерди қуўғын етип баслады. Ол Ерусалимде үйме-үй кирип, ер ҳәм ҳаялларды услап, оларды қамақханаға таслады. Бир күни Шаул бас руўханийге келип, Ийсаға исениўшилерди қолға алып, Ерусалимге алып келиў ҳуқықы болыўы ушын, оннан Дамасктеги мәжилисханаларға хатлар жазып бериўин сорады.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-46-02.jpg)

Усындай хатларды алып, Шаул Дамаскқа қарай жол жүрип кетти. Ол қалаға жақынлап қалғанда, күтилмегенде аспаннан аппақ нур пүткил дөгеректи жарқыратып жиберди ҳәм Шаул жерге жығылды. Ол Биреўдиң: «Шаул! Шаул! Сен не ушын Мени қуўдалап атырсаң?» — деген даўысын еситти. Шаул: «Сен Кимсең, Ийем?» — деп сорады. Даўыс жуўап берип: «Мен — сен қуўдалап атырған Ийсаман!» — деди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-46-03.jpg)

Усыдан соң Шаул орнынан турды, бирақ көзлери ҳеш нәрсе көрмей, соқыр болып қалған еди. Қасындағы жолдаслары Шаулды Дамаскке алып барды. Үш күн даўамында ол ҳеш нәрсе ишип-жемеди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-46-04.jpg)

Сол ўақытлары Дамаскте Ханания атлы Ийсаның шәкирти жасайтуғын еди. Қудай оған: «Шаул болып атырған үйге бар. Ол қайтадан көре алыўы ушын үстине қолыңды қойып дуўа ет», — деди. Ханания жуўап берип: «Устаз, мениң еситиўимше, бул адам Саған исенгенлерди қуўдалап атыр екен», — деди. Қудай оған жуўап берип, былай деди: «Бар! Еврейлерге ҳәм басқа миллетлерге Мен туўралы айтыўы ушын оны таңладым. Ол Мен ушын көп азап шегиўи керек».

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-46-05.jpg)

Ханания Шаулға барды ҳәм оған қолларын қойып, былай деди: «Сен қайтадан көриўиң ҳәм Мухаддес Руўхқа толыўың ушын саған жолда көринген Ийса мени жиберди». Сол сәтте-ақ, Шаулдың көзлери ашылды ҳәм Ханания оны суўға шомылдырды. Соңынан Шаул азғана аўқат жеди ҳәм күшке енди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-46-06.jpg)

Шаул Ийсаның шәкиртлери менен бир неше күн Дамаскте қалды. Ол мәжилисханаларда «Ийса — Қудайдың Улы!» деп, яҳудийлерге жәриялай баслады. Оның ўазларын еситкен яҳудийлер жүдә таң қалысты, себеби Шаул исениўшилерди қуўдалайтуғын еди, ал енди болса оның өзи тосатттан Ийсаға исенип қалды! Бирақ Шаул Ийсаның Масийх екенин исенимли дәлиллер келтирип, яҳудийлерге ўаз қылды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-46-07.jpg)

Бираз ўақыттан кейин яҳудийлер Шаулды өлтириў туўралы жоба дүзди. Олар қала дәрўазасының алдына оны өлтириў ушын аңылып турыўға адамларды жиберди. Бирақ Шаул олардың жобасын билип қалды, сонда дослары оған қашып кетиўине жәрдем берди. Түнде олар Шаулды себетке салып, қала дийўалынан түсирип жиберди. Шаул Дамасктен қашып кеткеннен кейин, қай жерге барса да, ҳәмме жерде Ийса ҳаққында ўаз қылып жүрди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-46-08.jpg)

Шаул елшилер менен ушырасыў ушын Ерусалимге барды, бирақ оның Ийсаның шәкирти болғанына исенбей, ҳәмме оннан қорқты. Сонда Барнаба деген бир исениўши Шаулды елшилерге алып келди. Ол Шаулдың Дамаскте батырлық пенен қандай ўаз қылғанын айтып берди. Буннан соң ғана елшилер Шаулды қабыл етти.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-46-09.jpg)

Ерусалимдеги қуўдалаўлардан қашқан Ийсаға исениўши айырым адамлар алыс Антиохия қаласына кетип, сол жерде Ийса туўралы жәриялады. Антиохиядағы көпшилик адамлар еврей емес еди, бирақ олар шәкиртлердиң Ийса ҳаққындағы ўазын еситип, Оған исенетуғын болды. Булар Ийсаға Қудайдың Улы сыпатында исенген еврей миллетинен болмаған биринши адамлар еди. Барнаба менен Шаул жаңа исениўшилерге Ийса туўралы көбирек тәлим берип, жәмәәтти руўхый беккемлеў ушын Антиохияға кетти. Ийсаға исениўшилер биринши мәрте усы Антиохияда «масийхыйлар» деп аталып баслады.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-46-10.jpg)

Бир күни Антиохиядағы Ийсаның шәкиртлери ораза тутып, дуўа еткенде, Мухаддес Руўх оларға: «Мен шақырған ис ушын, Маған Барнаба менен Шаулды ажыратып бериңлер», — деди. Антиохиядағы исениўшилер Барнаба менен Шаулға қолларын қойып, дуўа етти. Соннан кейин, Барнаба менен Шаул Антиохиядан кетип, ҳәр түрли халықларға Ийса ҳаққында ўаз етти ҳәм олардың көпшилиги Ийсаға исенди.

*Мухаддес Китап ўақыялары. Елшилер 8:3; 9:1-31; 11:19-26; 13:1-3.*

## 47. Павел менен Сила Филип қаласында

https://openbiblestories.org/l/kaa/story-47/

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-47-01.jpg)

Шаул Масийх туўралы жәриялап, Рим империясы бойлап, көп сапарға шықты. Оны бурынғыдай «Шаул» деп атаўды тоқтатып, римше «Павел» деп атап баслады. Бир күни Павел ҳәм оның досты Сила Ийса Масийх ҳаққындағы тәлимди жәриялаў ушын, Филип қаласына кетти. Олар исениўшилер дуўа етиўге жыйналатуғын қала сыртындағы дәрьяның бойына барды. Жыйналғанлардың арасында қымбат баҳалы гезлемелер сататуғын Лидия деген ҳаял бар еди. Лидия Қудайды сүйип қалды ҳәм Оған сыйынды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-47-02.jpg)

Павелдиң ўазын түсиниўи ушын Қудай Лидияның жүрегин ашты ҳәм ол Ийсаға исенди. Павел менен Сила Лидияны ҳәм оның шаңарағын суўға шомылдырды. Кейин ол елшилерди үйине мирәт етти ҳәм oлар буған келисим берди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-47-03.jpg)

Павел менен Сила дуўа етиў жыйналысында адамлар менен жийи ушырасты. Бир күни олар сол жерге баратырғанда, олардың алдынан адамларға пал ашып, келешекти болжап айтатуғын жаўыз руўхлы бир шоры шықты. Бул шоры усындай палкерлик пенен өз хожайынына көп ақша ислеп табатуғын еди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-47-04.jpg)

Бул ҳаял Павел менен Силаның изинен жүрип: «Бул адамлар — Қүдиретли Қудайдың хызметшилери. Олар сизлерге қутқарылыў жолын көрсетеди!» — деп бақырып жүрди. Ҳаял ҳәр күни усылай ислегенликтен, Павел буннан бийзар болды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-47-05.jpg)

Күнлердиң биринде шоры және бақыра баслады, Павел оған бурылып, ондағы жаўыз руўхқа: «Ийсаның аты менен оннан шығып кет!» — деди. Ол шорыдан дәрҳал шығып кетти.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-47-06.jpg)

Шорының хожайынлары қатты ашыўға минди. Олар бул жаўыз руўхсыз шорысының ҳеш қандай келешекти болжай алмайтуғынын түсинди. Ал шорының болжаўларысыз болса олар дәраматтан айырылатуғын еди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-47-07.jpg)

Шорының хожайынлары Павел менен Силаны Рим басшыларының алдына алып барып, оларды тәртипсизлик шығарғанлықта айыплады ҳәм буны көп адамлар мақуллады. Басшылар елшилерди таяқ пенен сабап, қамаққа таслаўды буйырды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-47-08.jpg)

Павел менен Силаны қатты сабағаннан соң, сақшылары көп болған қамақханаға жайластырды. Олардың аяқларын ағаш буғаўлар менен қысып таслады. Түнниң орталарында Павел менен Сила Қудайды алғыслап, қосық айта баслады.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-47-09.jpg)

Тосаттан күшли жер силкиниў болды. Қамақхананың ҳәмме есиклери кең ашылып, тутқынлардың шынжырлары шешилип кетти.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-47-10.jpg)

Қамақхананың сақшысы оянып, есиклердиң ашылғанын көрди. Ол тутқынлардың ҳәммеси қашып кетти деп ойлап, олардың қашқаны ушын мени өлтиреди деп қорқып кетти. Сонлықтан да өзин өлтириўди шешти. Буны көрген Павел: «Тоқта! Өзиңе зыян келтирме. Ҳәммемиз усы жердемиз», — деп бақырды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-47-11.jpg)

Сақшы қорқыныштан дирилдеп, Павел менен Силаның аяғына жығылды ҳәм оларды қамақханадан шығарып: «Қутқарылыўым ушын не қылыўым керек?» — деп сорады. Павел: «Ийемиз Ийсаға исен, сонда сен де, шаңарағың да қутқарыласызлар», — деди. Сақшы Павел менен Силаны үйине алып барып, жараларын жуўды. Павел оның үйиндегилердиң ҳәммесине Ийса ҳаққында айтып берди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-47-12.jpg)

Қамақхананың сақшысы ҳәм оның пүткил шаңарағы Ийсаға исенди, кейин Павел оларды суўға шомылдырды. Соннан соң сақшы оларға дастурхан жайды. Оның үйиндеги ҳәр бир адам Қудайға исенгенине қуўанды. Ал Павел менен Сила қамақханаға қайтты.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-47-13.jpg)

Келеси күни Павелдиң Рим пуқарасы екенин билген басшылар Павел менен Силаны босатыўды буйырып, олардан қаладан шығып кетиўин өтинди. Павел менен Сила Лидия ҳәм басқа досларынан хабар алғаннан соң, қаладан шығып кетти. Ийса ҳаққындағы Хош Хабар тарқалып, жәмәәт өсиўди даўам етти.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-47-14.jpg)

Павел ҳәм жәмәәтлердиң басқа да жетекшилери Ийсаны жәриялап, адамларға тәлим берип, көп қалаларға сапарға шықты. Олар исениўшилерди жигерлендириў ҳәм тәлим бериў ушын ҳәр түрли жәмәәтлерге көп хатлар жазды. Усы хатлардың базылары Мухаддес Жазыўдағы китаплар болып қалды.

*Мухаддес Китап ўақыялары. Елшилер 16:11-40.*

## 48. Ийса — Ол ўәде етилген Қутқарыўшы

https://openbiblestories.org/l/kaa/story-48/

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-48-01.jpg)

Қудай әлемди жаратқанда, ҳәммеси минсиз болды. Дүньяда гүна жоқ еди. Адам-ата менен Ҳаўа-ене Қудайды ҳәм бир-бирин сүйди. Жер жүзинде аўырыў да, өлим де жоқ еди. Қудай дүньяның негизинде усындай болыўын жобаластырған еди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-48-02.jpg)

Бирақ шайтан жылан арқалы Ҳаўа-ене менен сөйлесип, оны алдады ҳәм Адам менен Ҳаўа-ене Қудайға қарсы гүна иследи. Олардың гүнасы себепли жер жүзинде жасайтуғын ҳәмме өледи.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-48-03.jpg)

Адам-ата менен Ҳаўа-ене Қудайдың еркине бойсыныўды қәлемейтуғын Оның душпанына айланды. Инсанлар менен Қудайдың арасындағы тынышлық жойтылған еди. Соннан берли ҳәр бир адам Адам-ата менен Ҳаўа-енениң зүрияты болғаны ушын, гүнакар ҳәм Қудайға душпан болып туўылады. Бирақ Қудай ең бастағыдай адамлар менен қарым-қатнасын қайта тиклеўди ҳәмме ўақытта қәледи.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-48-04.jpg)

Қудай Ҳаўа-енениң урпақларынан бири шайтанның басын езип, ал шайтан Оның табанын жарақатлайтуғынын айтып, ўәде етти. Буның мәниси: шайтан Масийхты өлтиреди, бирақ Қудай Оны қайта тирилтеди. Сөйтип, Масийх пүткиллей шайтанның ҳәкимиятын бузады. Көп жыллар өтип, Қудай адамларға ўәде етилген Қутқарыўшы Масийхты жиберди. Бул Қутқарыўшы — Ийса еди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-48-05.jpg)

Ийса туўылмасынан көп жыллар алдын Қудай Өзи жиберетуғын топан суўдан Нух ҳәм оның шаңарағы қутқарылыўы ушын, оған кеме соғыўды буйырды. Себеби Қудай гүнакар адамларды топан суўы менен жазалаўды қәлеген еди. Нух Қудайға исенди ҳәм кемени соқты. Ал жер жүзин топан суўы басып, барлық тири жан набыт болды. Тек Нух ҳәм оның шаңарағы ғана аман қалды. Ҳәзирги күнде де усылай жүз берип атыр — ҳәр бир адам Қудайға қарсы шығып, гүнакар болғаны ушын өлимге ылайықлы. Бирақ Қудай Ийсаға исенгенлердиң ҳәммеси қутқарылыўы ушын, Оны жиберди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-48-06.jpg)

Жүз жыллар даўамында руўханийлер адамлардың гүналардан тазаланыўы ушын, Қудайға қурбанлықлар алып келетуғын еди. Қурбанлықлардың алып келиниўи, адамлардың гүнакар екенин ҳәм олар Қудайдың жазасына ылайықлы екенин билиўге жәрдем беретуғын еди. Бирақ қурбанлықлар адамларды гүнадан толық азат ете алмайтуғын еди. Руўханийлер ислей алмаған нәрсени Ийса иследи. Ол Өз жанын берип, ҳәр бир адамның гүнасын толық жоқ қыла алатуғын жалғыз қурбанлық болды. Ийса бизлер алыўымыз керек болған жазаны Өзине алды. Соның ушын, Ийса — Ол уллы Бас руўханий.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-48-07.jpg)

Ибрайым жер жүзинде жасағанда, Қудай оған: «Мен сен арқалы жер жүзиндеги барлық халықларды жарылқайман», — деген еди. Ийса Ибрайымның урпағы еди. Бүгин Қудай Ийсаға исенген барлық халықларды Ибрайым арқалы жарылқайды. Қудай оларды гүна ушын берилетуғын жазадан қутқарады ҳәм оларды Ибрайымның руўхый урпақлары деп есаплайды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-48-08.jpg)

Бир күнлери Қудай Ибрайымға улы Ысақты қурбанлыққа бериўди буйырды. Бирақ Қудай Ибрайымның бойсынғанын көрип, Ысақтың орнына қурбанлық қылыўы ушын, оған жанлық берди. Ҳәр биримиз өз гүналарымыз ушын өлимге ылайықлымыз, бирақ бизлердиң орнымызға өлиўи ушын, Қудай Ийсаны қурбанлыққа берди. Мине, сонлықтан да бизлер Ийсаны Қудайдың Қозысы деп атаймыз.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-48-09.jpg)

Қудай Мысырға соңғы жазасын жибергенде, Ол ҳәр бир израиллы шаңараққа қозы сойыўды буйырды. Бул мысырлыларға берилген жазадан, яғный ҳәр бир шаңарақтағы туңғыш улдың өлиминен израиллылардың аман қалыўына жәрдем берди. Қурбанлық болатуғын қозы минсиз болыўы шәрт еди. Еврейлер қозының қанын есиклериниң жақлаўларына жағыўы керек еди. Қудай бул қанды көргенде, қасынан өтип кетти ҳәм сол үйге жаза келмеди. Бул ўақыяны Қудай Қутқарылыў асы деп атады.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-48-10.jpg)

Ийса ҳеш қашан гүна ислемеди ҳәм ҳеш нәрседе айыплы болмады. Ол Қутқарылыў байрамы ўақтында қурбанлық етилген қозыға уқсайды. Ҳәр бир адам Ийсаға исенген ўақытта, Оның қаны сол адамның гүнасы ушын төленетуғын қун болады ҳәм Қудай оны жазаламайды. Қудай бул адамның қасынан жазасын бермей, өтип кеткенге уқсайды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-48-11.jpg)

Қудайдың израиллылар менен келисим дүзгени есимизде, себеби Ол Өзиниң халқы қылып оларды таңлады. Бирақ Ийса келген ўақытта, Қудай барлық халықлардағы исениўшилер менен Жаңа келисим дүзди. Енди Жаңа келисимди қабыл еткен ҳәр бир адам Қудайдың халқына қосылады. Бул Ийсаға исениў арқалы жүз береди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-48-12.jpg)

Муўса Қудайдың Сөзин үлкен бийлик пенен ўаз еткен уллы пайғамбар болып есапланады. Бирақ Ийса — ҳәмме пайғамбарлардан уллы. Ол — Қудай, сонлықтан да Оның сөзлери ҳәм ислери Қудайдың сөзлери ҳәм ислери болып табылады. Соның ушын да, Мухаддес Китаптағы Ийсаның бир аты — Қудайдың Сөзи деп аталады.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-48-13.jpg)

Қудай Өз халқына оның урпақларынан бири мәңги ҳүкимдарлық ететуғынын айтып, Даўыт патшаға ўәде етти. Ийса — Даўыттың сол Урпағы болды. Ол мәңги ҳүкимдарлық ететуғын Қудайдың Улы ҳәм Қутқарыўшы.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-48-14.jpg)

Даўыт Израилдың патшасы болды, бирақ Ийса — пүткил Әлемниң Патшасы! Ол және қайтып келип, Өз Патшалығын тынышлық ҳәм әдиллик пенен мәңги басқарады.

*Мухаддес Китап ўақыялары. Жаратылыс 1-3, 6, 14, 22-баплар; Шығыў 12, 20-баплар; 2-Патшалық 7-бап; Еврейлер 3:1-6, 4:14-5:10, 7:1-8:13, 9:11-10:18; Аян 21-бап.*

## 49. Қудай орнатқан Жаңа Келисим

https://openbiblestories.org/l/kaa/story-49/

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-49-01.jpg)

Ийса туўылмастан алдын, Мәриям деген бир қызға периште келип, Қудайдың Улын туўатуғынын айтты. Мәриям пәк қыз еди, бирақ Мухаддес Руўх оның үстине түсти ҳәм ол ҳәмиледар болды. Мәриям Ул туўды ҳәм Оның атын Ийса деп қойды. Соның ушын, Ийса — ҳәм Қудай ҳәм Адам болды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-49-02.jpg)

Ийса жерде жүрген ўақтында, Өзиниң Қудай екенин көрсететуғын көп кәраматлар иследи. Ол суўдың үсти менен жүрди, даўылды тынышландырды, аўырыўларға шыпа берди ҳәм жинлерди қуўды. Ийса өлилерди тирилтти ҳәм бес нан менен еки балықты көбейтип, бес мыңнан артық адамды тойдырды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-49-03.jpg)

Ийса уллы Устаз болды. Оның пүткил тәлими ҳақыйқат. Сонлықтан бизлер Ийсаның айтқанларын орынлаўымыз тийис, өйткени Ол — Қудайдың Улы. Ийсаның ең баслы тәлимлериниң бири өзимизди сүйгендей етип, басқаларды да сүйиў кереклиги ҳаққында болды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-49-04.jpg)

Ол және де, ҳәмме нәрседен, ҳәттеки өзиңиз ийе болған ҳәмме нәрседен де көбирек Қудайды сүйиўдиң әҳмийетлилигин айтып, тәлим берди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-49-05.jpg)

Ийса бул дүньядағы байлықтың ҳәммесине ийе болғаннан гөре, Қудайдың Патшалығына кирген жақсырақ екенин айтты. Қудайдың Патшалығына кире алыўың ушын, Ол сени гүналарың ушын берилетуғын жазадан қутқарыўы керек.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-49-06.jpg)

Ийса Өзин қабыллайтуғын адамлар болатуғынын ҳәм Қудай оларды қутқаратуғынын айтты. Бирақ Оны қабылламайтуғын адамлар да болады. Ийса айырым адамлардың жақсы топыраққа мегзейтуғынын айтты. Қудайдың сөзи туқым сыяқлы сол топыраққа түсип, өсип шығады. Бундай адамлар Ийсаны қабыллайды ҳәм қутқарылады. Бирақ базы адамлар жол бойындағы қатты жер сыяқлы болып, Қудайдың сөзи туқым киби усы жерге түседи, бирақ өсип шыға алмайды. Бундай адамлар Ийсадан жүз бурады. Булар Оның Патшалығына кириўден бас тартады.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-49-07.jpg)

Ийса Қудайдың ҳәмме адамларды, ҳәттеки гүнакарларды да қатты сүйетуғынын айтып, тәлим берди. Қудай ҳәммени кеширип, Өзиниң балалары етип қабыллаўды қәлейди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-49-08.jpg)

Адам-ата менен Ҳаўа-ене гүна ислегеннен соң, олардың барлық әўлады гүнакар болып туўыла баслады. Адамлардың ҳәммеси гүна ислейди ҳәм Қудайдан узақта. Ҳәр бир инсан туўылғанынан баслап, өз тәбияты бойынша Қудайға ҳәм Оның еркине қарсы.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-49-09.jpg)

Бирақ Қудай адамларды соншелли сүйгенликтен, Өзиниң жалғыз Улын қурбанлыққа берди. Қудай Ийсаға исенген адамларды жазаламайды ҳәм барлық исениўшилер Оның менен мәңги бирге жасайды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-49-10.jpg)

Ҳәр бир адам өлимге ылайықлы. Сен де солардың қатарындасаң, өйткени сен — гүнакарсаң. Қудайдың сени жазалаўы әдиллик есапланады, бирақ сениң орныңа гүналарың ушын Ийса жазаланды. Ийса атанақ ағашқа шегеленгенде, Қудай сениң жазаңды Оған жүкледи.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-49-11.jpg)

Ийса бирде бир гүна ислеген жоқ. Деген менен, Ол атанақ ағашта ең аўыр өлим менен өлип, гүнаның жазасын алды. Ийса сениң ҳәм бул дүньядағы ҳәр бир адамның гүналарына төлем төлеў ушын, минсиз қурбанлық болды. Соның ушын да Қудай Ийсаға исенген ҳәр бир адамның ҳәттеки ең қорқынышлы гүналарын да кеширеди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-49-12.jpg)

Ҳәттеки көплеген саўап ислер де гүна ушын берилетуғын жазадан сени қутқара алмайды. Қудай менен жарасып, Оның досты болыўың ушын өзиң ҳеш нәрсе ислей алмайсаң. Бирақ сен Ийсаның Қудайдың Улы екенине, Оның атанақ ағашта гүналарың ушын өлгенине ҳәм Қудайдың Оны қайтадан тирилткенине исениўиң керек. Егер сен буған исенсең, сонда Қудай сениң барлық гүналарыңды кеширеди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-49-13.jpg)

Қудай Ийсаға исенген ҳәм Оны Ийем деп тән алған ҳәр бир адамды қутқарады. Бирақ Ол Ийсаға исенбегенлерди қутқармайды. Сениң бай ямаса жарлы, еркек ямаса ҳаял, ғарры ямаса жас болғаның ҳәм қай жерде жасайтуғының әҳмийетли емес. Қудай сени сүйеди ҳәм Ол сениң Ийсаға исенгениңди ҳәм Оның сениң Достың болғанын қәлейди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-49-14.jpg)

Ийса сени Өзине исениўге ҳәм суўға шомылдырылыўға шақырады. Сен Ийсаның Қутқарыўшы ҳәм Қудайдың жалғыз Улы екенине исенесең бе? Өзиңниң гүнакар екениңе ҳәм гүналарың ушын Қудайдың жазасына ылайықлы екениңе исенесең бе? Гүналарыңды алыў ушын Ийсаның атанақ ағашта өлгенине исенесең бе?

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-49-15.jpg)

Егер сен Ийсаға исенсең ҳәм Оның сен ушын ислегенлерин ашық тән алсаң, Масийхтың шәкирти боласаң. Шайтан енди сени басқара алмайды ҳәм қараңғылық патшалығы сениң үстиңнен бийлик қыла алмайды. Бирақ Қудайдың Өзи Нур Патшалығынан сени басқарады. Қудай саған гүнаға қарсы турыўға ҳәм Оның ерки бойынша жасаўға күш береди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-49-16.jpg)

Егерде сен Ийсаға ҳәм Оның атанақ ағаштағы қурбанлығына исенген болсаң, демек Қудай гүнаңды кеширди. Сен Қудайдың душпаны емес, ал енди Оның досты болдың.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-49-17.jpg)

Ал енди сен Қудайдың досты, Ийемиз Ийсаның хызметшиси болсаң, онда Ийсаның саған үйретип атырғанларының ҳәммесин орынлаўға ҳәрекет ет. Деген менен, шайтанның сени гүнаға ийтермелейтуғынын есте тут. Бирақ Қудай Өзи берген ўәдесин ҳәмме ўақытта орынлайды. Егерде сен Қудайдың алдында гүналарыңды мойынласаң, Ол сени кеширеди ҳәм гүнаны жеңиўиңе саған күш береди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-49-18.jpg)

Қудай сениң дуўа етип, Оның сөзин үйренгениңди қәлейди. Ол сениң Ийсаға исениўши басқа шәкиртлер менен бирге сыйынып, Ийсаның сен ушын не қылғаны туўралы адамларға гүўалық бериўиңди қәлейди. Егерде сен усылардың барлығын орынласаң, онда сениң Қудай менен дослығың барған сайын беккемеленип барады.

*Мухаддес Китап ўақыялары. Римлилер 3:21-26; 5:1-11; Юхан 3:16; Марк 16:16; Колосалылар 1:13-14; 2-Коринфлилер 5:17-21; ҳәм 1-Юхан 1:5-10.*

## 50. Ийсаның қайтып келиўи

https://openbiblestories.org/l/kaa/story-50/

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-50-01.jpg)

Дерлик еки мың жыл даўамында дүнья жүзинде көп адамлар Қутқарыўшы Ийса туўралы Хош Хабарды еситип, қабыллап атыр ҳәм Жәмәәтлердиң өсиўи даўам етпекте. Ийса бул дүньяның ақырында қайтып келиўди ўәде етти. Ийса еле қайтып келмегени менен, Ол сөзсиз Өз сөзинде турады ҳәм қайтып келеди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-50-02.jpg)

Бизлер Ийсаның қайтып келиўин күтер екенбиз, Қудай бизлердиң мухаддес болып жасаўымызды ҳәм Оған ҳүрмет көрсетиўимизди қәлейди. Және де, Оның Патшалығы ҳаққында басқа адамларға айтып бериўимизди қәлейди. Ийса жер бетинде жасаған ўақытта, Ол: «Мениң шәкиртлерим Қудайдың Патшалығы туўралы Хош Хабарды пүткил дүнья жүзиндеги адамларға айтады, соннан кейин ақырғы күн келеди», — деди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-50-03.jpg)

Көп халықлар елеге дейин Ийса туўралы еситпеди, сонлықтан Ийса аспанға көтерилмесинен алдын Өз шәкиртлерине жер жүзине Хош Хабарды тарқатыўды буйырды. Ол: «Барыңлар, бәрше халықларға жәриялаңлар ҳәм оларды Маған шәкирт қылыңлар!» — деди. Және де, Ол: «Орылатуғын егин көп, жумысшылар аз. Сонлықтан Қудайдан егинди оратуғын жумысшылар жибериўин дуўа етип сораңлар», — деди. Ийсаның бул сөзлери Хош Хабар айтатуғын шәкиртлердиң көп болыўы кереклигин билдиреди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-50-04.jpg)

Және де, Ийса былай деди: «Хызметши хожасынан уллы емес. Бул дүнья Мени жек көреди. Адамлар Мен себепли сизлерди жек көреди, қыйнайды ҳәм өлтиреди. Бул дүньяда азап шексеңизде, жигерли болың, өйткени бул дүньяны басқаратуғын шайтанды жеңдим! Егерде сизлер ақырына дейин Маған садық қалсаңыз, онда Қудай сизлерди қутқарады!»

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-50-05.jpg)

Ийса бул дүьяның ақырында адамларға не жүз беретуғынын түсиндириў ушын, Өз шәкиртлерине тымсал менен айтып, былай деди: «Бир адам өз атызына жақсы туқым сеўипти. Ол уйықлап атырғанда, душпан келип, дәнниң арасына жабайы шөптиң туқымын сеўип, жасырыныпты.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-50-06.jpg)

Туқымлар өсип шыққанда, сол адамның хызметкерлери оннан былай деп сорапты: „Хожайын, сен бул атызға жақсы туқым еккен едиң. Онда бул жерде жабайы шөплер қаяқтан пайда болған?“ Хожайыны: „Буны мениң душпанларымның бири ислеген“, — деп жуўап берипти.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-50-07.jpg)

Жумысшылар хожайынынан былай деп сорапты: „Бизлер бул жабайы шөплерди жулып таслайық па?“ Хожайыны жуўап берип: „Яқ. Егер сизлер жабайы шөплерди жулсаңыз, бийдайды да жулып алыўыңыз мүмкин. Зүрәәтти жыйнаў ўақтына шекем күте турыңлар ҳәм сонда сизлер жабайы шөплерди үйип ҳәм оларды жағып жиберсеңиз болады. Ал, бийдайын болса, мениң дән сақлағышыма жыйнайсызлар“, — депти».

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-50-08.jpg)

Шәкиртлери бул тымсалды түсинбегенликтен, Ийсадан оны түсиндириўин сорады. Ийса былай деди: «Жақсы туқым сеўген адам — бул Масийх. Атыз — бул дүнья. Жақсы туқымлар — булар Қудай Патшалығының адамлары.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-50-09.jpg)

Жабайы шөплер — булар шайтанға тийисли адамлар. Жабайы шөплерди егиўши — бул инсанның душпаны болған шайтан. Зүрәәт жыйнаў ақырзаманды билдиреди, ал жумысшылар — бул Қудайдың периштелери.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-50-10.jpg)

Усы дүньяның ақыры келгенде, периштелер шайтанға тийисли адамлардың ҳәммесин бир жерге жыйнайды ҳәм оларды жанып турған отқа таслайды. Ол жерде гүнакарлар өкирип жылап, аўыр азаптан тислерин қайрап, өкинеди. Ал Ийсаның изине ерген ҳақ адамлар өз Әкеси болған Қудайдың Патшалығында қуяш сыяқлы жарқырайды».

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-50-11.jpg)

Ийса бул дүньяның ақыры болғанда Өзиниң жерге қайтып келетуғынын айтып ўәде етти. Ол қалай кеткен болса, солай қайтып келеди. Оның физикалық денеси болады ҳәм Ол аспаннан бултлардың үстинде қайтып келеди. Сол ўақытта бул дүньядан өткен Оған исениўшилердиң ҳәммеси өлимнен қайта тириледи.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-50-12.jpg)

Кейин сол ўақытта жер жүзинде тири болған Ийсаға исениўшилердиң барлығы өлимнен қайта тирилген исениўшилер менен биргеликте аспанға көтериледи. Сонда олардың ҳәммеси биргеликте Өз халқына мәңги ҳүкимдарлық ететуғын Ийса менен толық тынышлықта жасайды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-50-13.jpg)

Ийса Өзине исенген ҳәр бир адамға айрықша таж беретуғынын айтып, ўәде етти. Ондай адамлар Қудай менен бирге бар болған пүткил барлықтың үстинен ҳүкимдарлық қылады. Олар толық тынышлықта жасайды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-50-14.jpg)

Ал Ийсаға исенбеген ҳәр бир адамды Қудай ҳүким етип, оларды отлы көлге таслайды. Ол жерде бул адамлар өкирип жылап, пушайман жейди. Олардың азаплары мәңгиге болады. Ҳеш қашан өшпейтуғын от оларды бәрқулла күйдиреди ҳәм қуртлары оларды жеўди ҳеш қашан тоқтамайды.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-50-15.jpg)

Шайтанды да сондай тәғдир күтип атыр. Ийса қайтып келгенде, Ол шайтанның патшалығын толығы менен жоқ қылады. Ийса оны отлы көлге ылақтырады, ол жерде шайтан Ийсаға исенбегенлер менен бирге мәңгиге жанады.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-50-16.jpg)

Адам-ата менен Ҳаўа-ене Қудайға бойсынбай бул дүньяға гүна алып келгенликтен, Қудай жер жүзин нәлетледи ҳәм бир күни бул дүньяның ақыры келеди. Бирақ Қудайдың минсиз болған жаңа аспан менен жаңа жерди жарататуғын ўақты келеди.

![](https://cdn.door43.org/obs/jpg/360px/obs-en-50-17.jpg)

Ийса ҳәм Оның халқы жаңа жерде жасап баслайды ҳәм Ол ҳәммесиниң үстинен мәңги ҳүкимдарлық етеди. Ийса адамлардың көз жасларын сүртеди. Ҳеш ким ендигиден былай жылап, азап шекпейди ҳәм қайғыға батпайды. Аўырыўлар, өлим ҳәм ҳәр қандай жаўызлықлар жоқ болады. Ийса Өз Патшалығын әдиллик ҳәм тынышлық пенен басқарады. Ол мәңгиге Өз халқы менен бирге болады.

*Мухаддес Китап ўақыялары. Матта 24:14; 28:18; Юхан 15:20; 16:33; Аян 2:10; Матта 13:24-30, 36-42; 1-Салоникалылар 4:13-5:11; Яқып 1:12; Матта 22:13; ҳәм Аян 20:10, 21:1-22:21.*
