1. Әлемниң жаратылысы
Қудай Әлемди ҳәм ондағы барлықты алты күн даўамында жаратты. Мине бул былай жүз берди: Биринши күни Қудай жерди жаратты. Жер қараңғылықтан ҳәм бослықтан ибарат болып, Қудайдың Руўхы суўдың үстинде ушып жүретуғын еди.
Соңынан Қудай: «Жақтылық болсын!» — деди ҳәм солай болды да. Қудай жаратылған жақтылықтың жақсы екенин көрип, қуўанды. Қудай жақтылықты «күндиз» деп атады. Ол жақтылықты қараңғылықтан ажыратты ҳәм қараңғылықты «түн» деп атады. Солай етип, Қудай жаратылыстың биринши күнинде Жер менен жақтылықты жаратты.
Екинши күни Қудай: «Суўдың үстинде кеңислик пайда болсын», — деди ҳәм солай болды да. Бул кеңисликти Ол "аспан" деп атады.
Үшинши күни Қудай: «Суўлардың барлығы бир жерге жыйналып, қурғақлық пайда болсын», — деди ҳәм солай болды да. Ол қурғақлықты «жер» деп атады, ал суўларды «теңиз» деп атады. Қудай Өзи жаратқан жердиң ҳәм теңизлердиң жақсы екенин көрип, қуўанды.
Соннан кейин Қудай: «Жер бетинде тереклер ҳәм ҳәр түрли өсимликлер өссин!» — деди ҳәм солай болды да. Қудай үшинши күни жаратқанларының жақсы екенинин көрип, қуўанды.
Жаратылыстың төртинши күнинде Қудай: «Аспанда жақтыртқыш пайда болсын», — деди. Сонда аспанда қуяш, ай ҳәм жулдызлар пайда болды. Қудай оларды жерди жақтыландырыў ушын ҳәм олар арқалы күндиз бенен түнди, жыл ҳәм мәўсимлерди анықлаў ушын жаратты. Қудай жаратқанларының жақсы екенин көрип, қуўанды.
Бесинши күни Қудай: «Суўлар тири жаныўарларға толсын ҳәм аспанда қуслар ушсын», — деди. Солай етип, Қудай ҳәмме балықларды, суўда жүзиўши ҳайўанларды ҳәм қусларды жаратты. Қудай оларға қарап, жарылқады ҳәм жаратқанларының жақсы екенин көрип, қуўанды.
Жаратылыстың алтыншы күнинде Қудай: «Қурғақлықта ҳайўанлардың барлық түрлери пайда болсын», — деди. Солай етип, ҳайўанлардың ҳәр қыйлы түрлери: маллар, жабайы ҳайўанлар, жер баўырлаўшылар ҳәм басқа ҳайўанлар пайда болды. Қудай олардың жақсы екенин көрип, қуўанды.
Соннан кейин, Қудай: «Өз көринисимиздей етип, Өзимизге уқсатып адамды жаратайық. Онда жер жүзин ҳәм барлық ҳайўанларды басқаратуғын бийлик болады», — деди.
Қудай жердиң топырағын алып, оннан адамды жаратты ҳәм оған өмир демин үпледи. Ол Адам деп аталды. Соң Қудай үлкен бағ орнатып, оған ғамхорлық қылыўы ҳәм тәрбиялаўы ушын Адамды сол жерге жайластырды.
Сол бағдың ортасында айрықша еки терек өсип турған еди. Олардың биреўи өмир тереги, ал екиншиси жақсылық пенен жаманлықты билиў тереги еди. Қудай Адамға бағдағы жақсылық пенен жаманлықты билиў терегиниң мийўесинен басқа барлық тереклердиң мийўелеринен жеўге рухсат берди. Ол Адамға, егерде жақсылық пенен жаманлықты билиў терегиниң мийўесинен жесе, өлетуғынын айтты.
Кейин Қудай ҳайўанларға қандай ат беретуғынын көриў ушын, оларды Адамның алдына алып келди. Өйткени Қудай былай деген еди: «Адамның жалғыз болыўы жақсы емес. Оған жәрдемши керек». Деген менен, ҳайўанлардың ҳеш бири Адамға жәрдемши бола алмады.
Сонда Қудай Адамды терең уйқыға жиберди ҳәм оның бир қабырғасын алып, оннан ҳаялды жаратты. Солай етип, оны Адамның алдына алып келди.
Адам ҳаялды көрип: «Енди мен жалғыз емеспен, ол мендей екен-ғо. Ол ҳаял деп аталсын, себеби ол ер адамның қабырғасынан жаратылған», — деди. Соның ушын ер адам ата-анасын қалдырып, ҳаялы менен бир пүтин болады.
Еркек пенен ҳаялды Өзине уқсатып жаратқаннан соң, Қудай оларды жарылқап былай деди: «Барып жер жүзин толтырыңлар, балаларыңыз ҳәм урпақларыңыз көп болсын». Қудай булардың ҳәммесиниң жақсы екенин көрип, қуўанды. Жаратылыстың алтыншы күни усылай болды.
Жетинши күни Қудай барлық ислерин тамамлады. Ол жетинши күнди жарылқап, оны мухаддес қылды. Себеби Қудай әлемди ҳәм ондағы барлық нәрселерди жаратыўын жуўмақлады.
Мухаддес Китап ўақыялары. Жаратылыс 1-2-баплар.
Свободно для использования, адаптации и распространения по открытой лицензии (CC BY-SA 4.0).