2. Дүньяға гүнаның кирип келиўи
Адам ҳәм оның ҳаялы Қудайдың олар ушын жаратқан әжайып бағында жасады. Екеўи бахытлы еди. Олардың үстилеринде кийимлери жоқ болса да бир-биринен уялмайтуғын еди. Себеби дүньяда гүна жоқ еди. Адам ҳаялы менен бағда жийи-жийи сейил етип, Қудай менен сәўбетлесип жүрди.
Бирақ бул бағда жылан да болып, ол жүдә ҳийлекер еди. Ол ҳаялдан: «Қудай сизлерге бағдағы тереклердиң мийўелеринен жеўге рухсат бермегени ырас па?» — деп сорады.
Ҳаял оған былай деп жуўап берди: «Қудай бизлерге барлық теректиң мийўесинен жеўимизге рухсат берди, бирақ жақсылық пенен жаманлықты билиў терегиниң мийўесинен жеўимизди қадаған етти. Ол бизлерге: „Егер оның мийўесинен жесеңиз ямаса оған қол тийгизсеңиз, өлесиз!“ — деп айтты».
Жылан ҳаялға жуўап берип: «Өтирик! Сизлер өлмейсизлер. Қудай сизлердиң усы мийўеден жегениңизден-ақ, Ол сыяқлы болып, жақсылық пенен жаманлықты түсинетуғыныңызды биледи», — деди.
Ҳаялға бул мийўелер жүдә сулыў ҳәм мазалы болып көринди. Ол усы мийўелер беретуғын билимди алғысы келди, соның ушын олардан үзип алды да, биреўин жеди. Кейин сол теректиң мийўесинен күйеўине де берди ҳәм ол да жеди.
Қадаған етилген мийўеден жеп, Адам ҳәм оның ҳаялы барлық нәрсеге өзгеше көз-қарас пенен қарай баслады ҳәм өзлериниң жалаңаш екенин көрди. Сонда олар өзлериниң жалаңаш денесин жабыў ушын, жапырақлардан өзлерине кийим ислеп алды.
Жағымлы салқын самал ести. Адам ҳәм ҳаялы Қудайдың бағда жүргенин еситти. Олар Қудайдан жасырынды. Сонда Қудай оны шақырып: «Адам сен қаяқтасаң?» — деди. Ол: «Сениң бағда жүргениңди еситип, қорқып кеттим ҳәм жалаңаш болғаным ушын жасырындым», — деп жуўап берди.
Сонда Қудай: «Саған жалаңаш екениңди ким айтты? Ямаса Мен жеме деген мийўени жеп қойдың ба?» — деп сорады. Адам жуўап берип: «Сен маған мына ҳаялды бердиң, ал ол маған сол мийўени берди», — деди. Кейин Қудай ҳаялдан: «Неге бундай қылдың?» — деп сорады. Ҳаял: «Жылан мени алдады», — деп жуўап берди.
Сонда Қудай жыланға былай деди: «Енди сен нәлетлендиң, жер баўырлап жүресең ҳәм топырақ жейсең. Сен ҳаял менен, сондай-ақ сизлердиң урпақларыңыз да бир-бирине душпан болады. Сен ҳаялдың урпағының табанын шағасаң, ал ол сениң басыңды езеди».
Соннан кейин, Қудай ҳаялға: «Мен сениң ҳәмиледарлық ўақтыңда аўыр азап шектиремен, қыйналып туўатуғын боласаң. Сен күйеўиңе ийелик етиўге ҳәрекет етесең, бирақ күйеўиң сениң үстиңнен бийлик етеди», — деди.
Кейин Қудай еркек адамға: «Сен ҳаялыңа қулақ салдың, бирақ Маған қулақ салмадың. Енди жер нәлетленди, оннан өним алыўың ушын тер төгип көп мийнет ететуғын боласаң. Соңынан бир күни сен өлесең ҳәм денең топыраққа қайтады», — деди. Қудай Адамға ҳәм оның ҳаялына ҳайўан терисинен исленген кийим берди. Адам ҳаялын «Ҳаўа-ене» деп атады. Бул «өмир бериўши» деген мәнисти билдиреди, себеби ол ҳәмме адамлардың анасы болыўы керек еди.
Соннан кейин Қудай: «Енди адамлар Бизлер сыяқлы жақсылық пенен жаманлықтың не екенин биледи. Соның ушын, олардың өмир терегинен жеўине ҳәм мәңги жасаўына жол қоймаў керек», — деди. Сонлықтан Қудай Адам -атаны ҳәм Ҳаўа-енени бағдан қуўып шығарды. Енди ҳеш ким өмир терегиниң мийўесинен жей алмаўы ушын бағдың кирер аўзына күшли периштелерди қойды.
Мухаддес Китап ўақыялары. Жаратылыс 3-бап.
Свободно для использования, адаптации и распространения по открытой лицензии (CC BY-SA 4.0).