3. Топан суўы
Арадан көп жыллар өтти. Адамлар жер жүзинде көбейип бара берди. Бирақ олар жүдә жаўыз ҳәм тас баўыр болды. Адамлар соншелли гүнакар болғанлықтан, Қудай жер жүзине топан суўын жибериў арқалы оларды жоқ қылыўды шешти.
Қудай барлық адамлардың арасынан тек ғана Нухқа кеўли толды, өйткени ол ҳақ адам болды. Сонда Қудай Нухқа адамларды топан суўы менен қырып таслаўды шешкенин айтты ҳәм оған үлкен кеме соғыўды буйырды.
Бул ағаштан соғылатуғын үлкен кемениң узынлығы 140 метр, ени 23 метр, ал бийиклиги 13,5 метр болыўы керек еди. Ол үш қабаттан ибарат болып, оның көп бөлмеси, төбесиниң бастырмасы ҳәм айналары болыўы шәрт еди. Усы кемеде Нух, оның шаңарағы ҳәм ҳайўанлардың барлық түрлери топан суўынан қутқарылып қалыўы керек еди.
Нух Қудайға бойсынды. Ол үш улы менен биргеликте анық Қудайдың буйырғанындай етип кеме соқты. Кемениң қурылысына көп жыллар кетти, себеби ол жүдә үлкен еди.
Қудай Нухқа өзи, шаңарақ ағзалары ҳәм ҳайўанлар ушын көп азық аўқатларды алыўын буйырды. Ҳәммеси таяр болғанда, Қудай Нухқа топан суўдың ўақты келгенин айтты. Нух, ҳаялы ҳәм олардың үш улы ҳаяллары менен бирге кемеге кирди. Олардың барлығы болып сегиз адам еди.
Қудай Нухқа ҳайўанлар ҳәм қуслардың ҳәр бир түринен жуп-жуптан кемеге алып кириўин буйырды. Усылай етип олар топаннан аман қалыўы керек еди. Соның менен бирге, Қудай қурбанлыққа пайдаланыўға болатуғын ҳайўанлардың еркек ҳәм урғашысынан жети жуптан алып кириўин буйырды. Олардың барлығы кемеге кирип болғанда Қудайдың Өзи кемениң қапысын жапты.
Соңынан жаўын жаўа баслады. Жаўын қырық күн, қырық түн даўамында тынбастан жаўды! Жаўын менен бирге жер бетинен булақлар ашылып, олардан да суўлар аға баслады. Жер жүзиндеги ҳәмме нәрсе, ҳәттеки ең бийик таўлар да суўдың астында қалды. Нөсер жаўын тынбастан жаўып турды!
Жер бетинде жасап атырған барлық адамлар ҳәм ҳайўанлар набыт болды. Бирақ тек кемениң ишиндегилер ғана бул апаттан аман қалды.
Жаўын тоқтағаннан соң, кеме суўда және бес ай жүзип жүрди. Суў азая баслады ҳәм бир күни кеме таўдың басына барып тоқтады. Жер жүзи еле суў менен қапланып турған еди. Арадан үш ай өткеннен соң таўлардың төбелери көрине баслады.
Және қырық күн өткеннен соң, Нух суўдың қайтқанын ҳәм жер бетиниң қурығанын билиў ушын ғарғаны ушырды. Ғарға дөгеректи айланып ушса да, қурғақ жер излеп таба алмады.
Соннан кейин, Нух кептерди ушырды, бирақ ол да қурғақ жер таба алмай Нухқа қайтып келди. Бир ҳәптеден кейин Нух кептерди қайтадан ушырғанда, тумсығында зәйтун ағашының жапырағы менен ушып келди. Суў азайып, жерде өсимликлер қайтадан өсе баслады.
Нух және бир ҳәпте күтип кептерди үшинши мәрте ушырды. Бул рет кептер қонатуғын жер тапқанлықтан қайтып келмеди. Жер қурғап баслады.
Еки ай өткеннен соң, Қудай Нухқа: «Енди сен шаңарағың ҳәм барлық ҳайўанлар менен бирге кемеден шығыўың мүмкин. Балаларыңыз бенен урпақларыңыз көп болсын! Жер бетин толтырыңлар!» — деди.
Нух қурбанлық орын қурып, қурбанлыққа пайдаланыўға болатуғын ҳайўанлардың ҳәр бир түринен қурбанлық қылды. Қудайға бул қурбанлық унады ҳәм Нух пенен оның шаңарағын жарылқады.
Және де Қудай: «Адамлардың жаўыз ислери ушын енди ҳеш қашан жерди нәлетлемеймен ҳәм олардың балалық ўақтынан гүна ислеўине қарамастан жер жүзин топан суўы менен набыт қылмайман», — деп ўәде берди.
Қудай Өзиниң ўәдесин айрықша белги менен тастыйықлады: Аспанда биринши мәрте радуга, яғный айқулақ пайда болды. Ҳәр сапары аспанда айқулақ пайда болғанда, Қудай дүньяға топан суўын жибермеймен деген Өзиниң ўәдесин еслейтуғынын айтты.
Мухаддес Китап ўақыялары. Жаратылыс 6-9:1-17.
Свободно для использования, адаптации и распространения по открытой лицензии (CC BY-SA 4.0).