4. Қудайдың Ибрайым менен келисим дүзиўи
Топан суўынан көп жыллар өткеннен соң, дүнья жүзинде адамлар және көбейе баслады. Олар алдынғыдай жаўыз болып, Қудайға ҳәм бир-бирине қарсы гүна иследи. Сол ўақытлары барлық адамлар бир тилде сөйлейтуғын еди. Қудай адамларға жер жүзине жайылып, көбейиўди буйырғанына қарамастан, олар керисинше бир жерде топланып, қала қурыўды баслады.
Адамлар қатты менмен болып кетти. Олар Қудайға қулақ салыўды да, Оның буйырғанындай өмир сүриўди де қәлемеди. Оннан қала берсе, олар өзлериниң даңқын шығарыў ушын төбеси аспанға жететуғындай бийик минара қурыўды баслады. Қудай олардың иси тоқтатылмаса, онда олар өзлериниң жаўыз нийетлерин әмелге асырыўын даўам ете беретуғынын түсинди.
Сонда Қудай адамлардың өз-ара сөйлесетуғын бир тилин ҳәр қыйлы тиллерге өзгертип, оларды жер жүзи бойлап таратып жиберди. Олардың қурып баслаған каласы Бабыл деп аталып, ол «араласқан» деген мәнисти билдиреди.
Арадан жүзлеген жыллар өткеннен соң, Қудай Ибрам деген адамға сөйледи. Ол Ибрамға: «Өз елиңди, ағайин-туўғанларыңды қалдырып, Мен саған көрсететуғын елге бар. Мен сеннен уллы халық дөретемен. Сени жарылқайман ҳәм атыңды мәртебели қыламан. Сен басқаларға жарылқаў боласаң. Сени жарылқағанларды Мен жарылқайман. Сени нәлетлегенлерди Мен нәлетлеймен. Жер жүзиндеги барлық халықлар сен арқалы жарылқанады», — деди.
Ибрам Қудайға бойсынды. Ол ҳаялы Сарайды, барлық хызметкерлерин ҳәм өзине тийисли болған ҳәмме нәрселерин алып Қанан жерине, яғный Қудай көрсеткен жерге кетти.
Ибрам Қанан жерине келгенде, Қудай оған: «Әтирапыңа қара. Усы жердиң барлығын саған беремен ҳәм сениң урпақларың оған мәңгиге ийелик етеди», — деди. Ибрам сол жерге жайласты.
Сол жерде Мелкиседек деген Қудай Тааланың руўханийи жасайтуғын еди. Бир күни Ибрам саўашқа түсип, инисин қутқарғаннан соң Мелкиседек пенен ушырасты. Мелкиседек оны жарылқап: «Аспан менен жердиң Ийеси болған Қудай Таала Ибрамды жарылқасын!» — деди. Соннан кейин, Ибрам Мелкиседекке өзиндеги бар нәрселерден оннан бирин берди.
Арадан көп жыллар өтти, бирақ Ибрам менен Сарайдың мийрасхоры жоқ еди. Қудай және Ибрамға келип, оған ул ҳәм аспандағы жулдызлардай көп урпақ беретуғынын айтып, ўәде етти. Ибрам Қудайдың ўәдесине исенди, ал Қудай оны Өзиниң ўәдесине исенгени ушын ҳақ адам деп жәриялады.
Кейин Қудай Ибрам менен келисим дүзди. Әдетте келисим, белгили бир шәртлерди орынлаў ушын еки адам арасында дүзиледи. Бирақ бул рет келисим еки адамның арасында болған жоқ. Қудайдың Өзи Ибрам менен келисим дүзди ҳәм оған мийрасхор улы туўылатуғынын ўәде етти. Бул келисимди дүзген ўақытта Қудай Қанан жерин Ибрамның урпақларына берди. Оннан соң, Қудай Ибрамға түси арқалы оның урпақларына не болатуғынын ашып берди. Арадан көп жыллар өтти. Ибрам ўәде етилген мийрасхор улы еле болмаса да, Қудайға исениўин даўам етти.
Мухаддес Китап ўақыялары. Жаратылыс 11-12, 15-баплар.
Свободно для использования, адаптации и распространения по открытой лицензии (CC BY-SA 4.0).