5. Ўәде етилген ул

5. Ўәде етилген ул — иллюстрация 1

Ибрам менен Сарайдың Қанан жерине келгенине он жыл болды, бирақ олардың еле перзенти жоқ еди. Сонда Ибрамның ҳаялы Сарай оған: «Қудай маған перзентли болыўыма жол қоймаған екен, ал мен болсам енди туўыў ушын жүдә қартайғанман. Соның ушын, мына шорым Ажарды ал да, маған ул туўып бериўи ушын оның менен жат», — деди.

5. Ўәде етилген ул — иллюстрация 2

Ибрам Сарайдың айтқанындай қылды. Ажар ҳәмиледар болды, сонлықтанда да ол өзин Сарайдан жоқары санай баслады. Ал Сарай бул ушын Ибрамды айыплады. Ўақты келгенде Ажар ул туўды, Ибрам оның атын Исмайыл деп қойды. Исмайыл он үш жасқа толғанда, Қудай Ибрамға және сөйледи.

5. Ўәде етилген ул — иллюстрация 3

Қудай былай деди: «Мен — қүдирети күшли Қудайман. Мен сениң менен келисим дүземен». Қудайдың даўысын еситкенде, Ибрам тәжим етип, ет бетинен жерге жығылды. Қудай даўам етип: «Сен көп халықлардың әкеси боласаң. Қанан жерин саған ҳәм сениң урпақларыңа беремен, сондай-ақ олардың Қудайы боламан. Сен шаңарағыңдағы ҳәр бир ул баланы ҳәм ер адамды сүннет еттириўиң тийис.

5. Ўәде етилген ул — иллюстрация 4

Ҳаялың Сарай ул туўады — ол Мен ўәде еткен ул болады. Оның атын Ысақ деп қой. Мен оның менен келисим дүземен, оннан уллы халық келип шығады. Исмайылдан да уллы халық жаратаман, бирақ Мениң келисимим Ысақ пенен болады», — деди. Буннан кейин Қудай «Ибрам» деген атты «Ибрайым» деп өзгертти, бул «көп халықлардың әкеси» дегенди аңлатады. Және де, Қудай «Сарай» деген атты «Сара» деп өзгертти, бул «көплердиң ханбийкеси» дегенди билдиреди.

5. Ўәде етилген ул — иллюстрация 5

Сол күни Ибрайым үйиндеги барлық ул балалар менен ер адамларды сүннет еттирди. Бир жылдан соң, Ибрайым жүз жасқа, ал Сара тоқсанға шыққанда, ол Ибрайымға ул туўып берди. Қудайдың оларға айтқанындай, оған Ысақ деп ат қойды.

5. Ўәде етилген ул — иллюстрация 6

Ысақ еле бала ўақтында, Қудай Ибрайымның исенимин сынаўды шешти. Ол Ибрайымға: «Өзиңниң жалғыз улың болған Ысақты алып, оны Мен ушын қурбанлыққа шал», — деди. Ибрайым және Қудайға қулақ салып, өз улын қурбанлыққа бериўге таярланды.

5. Ўәде етилген ул — иллюстрация 7

Ибрайым менен Ысақ қурбанлық беретуғын жерге баратырғанда, Ысақ әкесинен: «Әке, бизлерде жандырылатуғын қурбанлық ушын отын бар, ал қурбанлыққа берилетуғын қозы қаяқта?» — деп сорады. Ибрайым оған: «Улым, қурбанлық ушын қозыны Қудай береди», — деп жуўап берди.

5. Ўәде етилген ул — иллюстрация 8

Олар қурбанлық беретуғын жерге жетип барғанда, Ибрайым өз улы Ысақты байлап, қурбанлық орынға жатқарды. Ол улын баўызламақшы болғанда, Қудай оған: «Тоқта! Балаға тийме! Енди сениң Меннен қорқатуғыныңды билемен, себеби Мен ушын жалғыз улыңды аямадың!» — деди.

5. Ўәде етилген ул — иллюстрация 9

Сол ўақытта, Ибрайым жақын жерде путалыққа шақынан илинип турған қошқарды көрди. Қудай оларға Ысақтың орнына қурбанлық ушын усы қошқарды берди. Ибрайым қуўанышлы түрде бул қурбанлықты Қудайға усынды.

5. Ўәде етилген ул — иллюстрация 10

Сонда Қудай Ибрайымға: «Ҳәмме нәрсеңди, ҳәттеки өзиңниң жалғыз улыңды да Маған бериўге таяр болғаның ушын, Мен сени жарылқаўды ўәде етемен! Сениң әўладларың аспандағы жулдызлардан да көп болады. Маған бойсынғаның ушын, сен арқалы дунья жүзиндеги барлық халықларды жарылқайман!» — деди.

Мухаддес Китап ўақыялары. Жаратылыс 16-17, 21-22 баплар.

Читать в ридере

Свободно для использования, адаптации и распространения по открытой лицензии (CC BY-SA 4.0).