6. Қудайдың Ысаққа ғамхорлық етиўи
Бир неше жыллар өтти. Ибрайым қартайды, ал баласы Ысақ үлкейип, ер жетип қалған еди. Ибрайым баласы Ысақты үйлендириўди шешти. Сонда ол ағайин-туўғанларының жеринен Ысаққа қыз таўып келиўди хызметшилериниң бирине тапсырды.
Хызметши Ибрайымның ағайин-туўғанларының жерине узақ жол жүрип барады. Ол сол жерге жетип барғанда, Қудай оған Ибрайымның инисиниң ақлық қызы болған Ребекка менен дусластырды.
Ребекка өз шаңарағын таслап, Ысаққа барыўға келисим берди. Ысақ Ребекканы көргенде, оны сүйип қалды ҳәм оған үйленди.
Арадан көп ўақытлар өтти. Ибрайым қайтыс болды. Қудай Ибрайым менен дүзген келисиминде ўәде еткениндей, оның улы Ысақты жарылқады. Сол келисимде Қудай Ибрайымның сансыз урпағы болатуғынын айтып, ўәде берген еди. Бирақ Ысақтың ҳаялы Ребекка еле қурсақ көтермеди.
Ысақ Ребекка ушын дуўа етти ҳәм Қудай оның дуўасына жуўап берди. Ребекка егизеклерге ҳәмиледар болды. Бул балалар анасының қурсағында-ақ бирбири менен төбелесе баслады. Сонда Ребекка Қудайдан не болып атырғанын сорады.
Қудай Ребеккаға жуўап берип: «Сеннен еки ул туўылады. Олардың әўладларынан еки түрли халық келип шығады. Бул халықлар бир-бири менен урысады. Бирақ үлкенинен келип шыққан халық, киши улдан туўылған халыққа бағынышлы болады», — деди. Ўақты келгенде, Ребекка егиз улларды туўды.
Үлкен улының денеси қызыл болып, ҳәмме жери жүн менен қапланған еди. Оған Эсаў деп ат қойды. Ал кишкене улы болса дәрҳал Эсаўдан кейин, оның табанын услап шықты. Оған Яқып деп ат қойды.
Мухаддес Китап ўақыялары. Жаратылыс 24; 25:21-26.
Свободно для использования, адаптации и распространения по открытой лицензии (CC BY-SA 4.0).