7. Қудайдың Яқыпты жарылқаўы
Ысақ пенен Ребекканың уллары үлкейип қалды. Эсаў шебер аңшы, ал Яқып өз ўақтын шатырда өткеретуғын тыныш адам болды. Ысақ Эсаўды көбирек жақсы көрди, ал Ребекка болса Яқыпты көбирек жақсы көретуғын еди.
Бир күни Эсаў аңнан қатты аш болып келди. Ол Яқыптың сол ўақытта таярлап қойған аўқатынан сорады. Сонда Яқып оған: «Сен алдын маған туңғышлық ҳуқықыңды бериўди ўәде ет», — деди. Эсаў бул ўәдени еткеннен соң, Яқып оған аўқат берди. Усылай етип, Эсаў өз туңғышлығын жойтты.
Ысақтың туңғыш улы Эсаўға ақ пәтиясын беретуғын ўақты келди. Бирақ Ребекка менен Яқып Ысақты алдады. Яқып әжағасының кийимин кийип, мойнын ҳәм қолларын ылақлардың териси менен орап алды. Соннан соң, ол әкесине келип, өзин Эсаў қылып көрсетти. Ысақ қартайып, оның көзлери дерлик көрмей қалған еди. Сонлықтан ол алданғанын байқамай ақ пәтиясын Эсаўдың орнына Яқыпқа берди.
Яқып Ысаққа келип: «Мен Эсаўман. Пәтияңды алыў ушын алдыңа келип турман», — деди. Ысақ ылақ терисине қолын тийгизип, Яқыптың үстинен Эсаўдың кийиминиң ийисин сезгенде, оны Эсаў деп ойлап, оған пәтиясын берди.
Буннан соң, Эсаў өзине арналған пәтияны алдаў жолы менен иниси Яқып алып қойғаны ушын, оны жек көрип қалды. Сонлықтан Эсаў әкеси қайтыс болғаннан соң, Яқыпты өлтириўди шешти.
Бирақ Ребекка Эсаўдың нийетин билгенде, Ысақ екеўи Яқыпты узақ елге, Ребекканың ағайинлерине жиберди.
Яқып ол жерде көп жыллар жасады. Сол ўақыт аралығында ол үйленди ҳәм оннан он еки ул менен бир қыз туўылды. Қудай оны жүдә бай қылды.
Туўылған жеринен узақта жигирма жыл жасап, Яқып өз шаңарағы, хызметкерлери ҳәм барлық падалары менен Қананға қайтыў ушын жолға шықты.
Яқып қатты қорқты, өйткени ол Эсаўдың елеге дейин өлтириў нийети бар деп ойлайтуғын еди. Сонлықтан да, оған маллардың үлкен падасын саўғаға берип жиберди. Хызметкерлер оларды Эсаўға әкелип: «Қулың Яқып усы саўғаларды саған берип жиберди. Оның өзи де тез арада жетип келеди», — деди.
Деген менен, Эсаў бул ўақытқа келип, оны өлтириў нийетинен қайтқан еди. Оның орнына, туўысқаны менен көрисетуғынына жүдә қуўанышлы болды. Жарасқаннан кейин олар узақ ўақыт Қанан жеринде татыўлықта жасады. Ўақыттың өтиўи менен Ысақ қайтыс болып, Яқып пенен Эсаў әкесин жерледи. Қудайдың Ибрайымға берген келисиминиң ўәдеси Ысақтан Яқыпқа өтти.
Мухаддес Китап ўақыялары. Жаратылыс 25:27-34; 32:33-35.
Свободно для использования, адаптации и распространения по открытой лицензии (CC BY-SA 4.0).