8. Қудайдың Юсупти ҳәм әкесиниң хожалығын қутқарыўы

8. Қудайдың Юсупти ҳәм әкесиниң хожалығын қутқарыўы — иллюстрация 1

Бир неше жыллар өтип, Яқып қартайды, ал оның уллары ер жетип, үлкейип қалды. Бир күни ол сүриўди бағып жүрген әжағаларынан хабар алыўы ушын сүйикли улы Юсупти жиберди.

8. Қудайдың Юсупти ҳәм әкесиниң хожалығын қутқарыўы — иллюстрация 2

Ағалары Юсупти әкесиниң сүйикли улы болғаны ушын ҳәм олардың хожайыны болатуғыны туўралы көрген түси ушын жек көрди. Юсуп ағалары сүриўди бағып атырған жерге келгенде, олар Юсупти услап алды да, қул сатыўшыларға сатып жиберди.

8. Қудайдың Юсупти ҳәм әкесиниң хожалығын қутқарыўы — иллюстрация 3

Ағалары үйине қайтпастан алдын, Юсуптиң кийимин жыртып, ешкиниң қанына батырды. Олар үйине келгенде, Юсупти жыртқыш ҳайўан тилкимлеп кетипти, деп ойлаўы ушын, әкесине сол кийимди көрсетти. Яқып сүйикли улының өлгенине исенди ҳәм қатты қайғыға батты.

8. Қудайдың Юсупти ҳәм әкесиниң хожалығын қутқарыўы — иллюстрация 4

Деген менен, Юсуп тири еди. Қул сатыўшылар оны Нил дәрьясының жағасында жайласқан, сол дәўирде қүдиретли үлкен ел болған Мысырға алып барды. Олар Юсупти Мысырдың бай хызметкери Потифар деген адамға қул етип сатты. Ал Қудай Юсупти жарылқады. Ол жақсы хызметшиси болып, хожайыны ушын ислеген ҳәр бир исинде табыслы болды.

8. Қудайдың Юсупти ҳәм әкесиниң хожалығын қутқарыўы — иллюстрация 5

Потифардың ҳаялы Юсупти унатып қалды. Ҳаял оны жолдан урыўға ҳәрекет етти, бирақ Юсуп буны Қудайға қарсы гүна деп есаплағанлықтан оған келисим бермеди. Ҳаял ашыўланып, «Мени жолдан урмақшы болды», деп оны жалған айыплады. Сонда ол қолға алынып, қамаққа тасланды. Юсуп ҳәттеки қамақханада да Қудайға садық қалды ҳәм Қудай оны жарылқады.

8. Қудайдың Юсупти ҳәм әкесиниң хожалығын қутқарыўы — иллюстрация 6

Арадан еки жыл өтти. Юсуп айыпсыз болса да, еле камақханада еди. Бир күни түнде Мысыр фараоны қатты тәшиўишлендиретуғын еки түс көрди. Фараонның мәсләҳәтшилериниң ҳеш бири бул түслердиң мәнисин түсиндирип бере алмады.

8. Қудайдың Юсупти ҳәм әкесиниң хожалығын қутқарыўы — иллюстрация 7

Қудай Юсупке түслерди жорыў қәбилетин берди. Фараон бул хаққында билип, Юсупти қамақханадан өзиниң алдына алып келиўди буйырды.

8. Қудайдың Юсупти ҳәм әкесиниң хожалығын қутқарыўы — иллюстрация 8

Юсуп фараонға көрген түсин жорып берди. Ол фараонға: «Қудай жети жыл молшылық береди, ал соннан кейин жети жыл ашлық болады», — деди. Юсуп фараонға тәсир көрсеткени соншелли, ол Юсупти пүткил Мысыр елине өзинен кейинги екинши адам етип тайынлады!

8. Қудайдың Юсупти ҳәм әкесиниң хожалығын қутқарыўы — иллюстрация 9

Солай етип, Юсуп молшылық жети жыл ишинде, Мысыр қалаларының әтирапындағы атызлардан жыйналған дәнлердиң көп бөлегин сол қалаларда сақлады. Ол өлшеп болмайтуғын дәрежеде көп дән жыйнады. Жети жыл ашлық басланғанда, Юсуп дәнлерди адамларға сата баслады ҳәм оларда жетерли азық-аўқат болды.

8. Қудайдың Юсупти ҳәм әкесиниң хожалығын қутқарыўы — иллюстрация 10

Аяўсыз ашлық тек ғана Мысырда емес, ал Яқып ҳәм оның хожалығы жасайтуғын Қанан жеринде де болды.

8. Қудайдың Юсупти ҳәм әкесиниң хожалығын қутқарыўы — иллюстрация 11

Яқып үлкен улларын дән алып келиўге Мысырға жиберди. Олар дән сатып алыў ушын келгенде, Юсуп туўысқанларын көрип таныды, бирақ ағалары оны танымады.

8. Қудайдың Юсупти ҳәм әкесиниң хожалығын қутқарыўы — иллюстрация 12

Юсуп ағаларын бир неше мәрте сынағаннан соң, олардың өзгергенине көзи жетти. Сонда ол ағаларына: «Мен туўысқаныңыз Юсуппен! Қорқпаңлар! Мени қуллыққа сатып жиберген едиңиз, бирақ Қудай бул жаўызлықты жақсылыққа айландырды! Жасаў ушын Мысырға келиң. Мен сизлерге ҳәм шаңарақларыңызға ғамхорлық қыламан», — деди.

8. Қудайдың Юсупти ҳәм әкесиниң хожалығын қутқарыўы — иллюстрация 13

Юсуптиң ағалары үйине қайтып келгенде, әкесине Юсуптиң еле тири екенин айтып берди.

8. Қудайдың Юсупти ҳәм әкесиниң хожалығын қутқарыўы — иллюстрация 14

Яқып қатты қуўанды. Яқып жүдә қартайып қалған болса да, пүткил хожалығы менен жасаў ушын Мысырға көшип келди. Өлмесинен алдын Яқып улларының ҳәр бирине пәтия берди.

8. Қудайдың Юсупти ҳәм әкесиниң хожалығын қутқарыўы — иллюстрация 15

Қудайдың Ибрайымға берген келисиминиң ўәдеси Ысаққа, кейин Яқыпқа, соң Яқыптың он еки улына ҳәм олардың шаңарақларына өтти. Он еки улдың әўладлары Израил халқының он еки урыўы болды.

Мухаддес Китап ўақыялары. Жаратылыс 37-50-баплар.

Читать в ридере

Свободно для использования, адаптации и распространения по открытой лицензии (CC BY-SA 4.0).