9. Қудайдың Муўсаны шақырыўы
Юсуптиң өлиминен соң, оның туўысқанлары Мысырда жасап қалды. Олардың сансыз урпағы сол жерде көп жыллар даўамында жасап қалды ҳәм олар израиллылар деп аталды.
Бир неше жүз жыллар өтти. Израиллылардың саны оғада артып барды. Мысырлылар әлле қашан Юсупти ҳәм өзлери ушын ислеген оның барлық ислерин умытқан еди. Енди олар израиллылардан қорқа баслады, себеби олар жүдә көбейип кетти. Сол ўақытта Мысырға ҳүкимдарлық қылған фараон израиллыларды қул қылды.
Мысырлылар израиллыларды ҳәр түрли көплеген қурылысларды, имаратларды, ҳәттеки пүткил қалаларды қурыўға мәжбүрледи. Израиллылардың өмири аўыр жумыстан шыдай алмастай дәрежеде болып кетти. Деген менен, Қудай израил халқын жарылқады. Мысырлылар оларды қаншелли езген болса, израиллылардан балалар туўылып, соншелли көбейип бара берди.
Фараон израиллылардың көбейип баратырғанын көрди. Соның ушын, ол өз халқына олардың жаңа туўылған ул балаларының ҳәммесин Нил дәрьясына таслап өлтириўди буйырды.
Сол ўақытлары израиллы бир ҳаял ул туўды ҳәм ол узақ ўақыт баласын жасырып жүрди.
Баланы буннан былай жасырып жүриў мүмкин болмай қалғанда, анасы оны өлимнен сақлап қалыў ушын, улын себетке салып, Нил дәрьясындағы қамыслықтың арасында қалдырды. Баланың әжапасы оған не болар екен деп, бақлап турды.
Сол ўақытта фараонның қызы шомылыў ушын дәрьяға келди. Ол себетти көрип, ишине қарады. Баланы көргенде жаны ашып, оны өзиниң улындай етип тәрбиялаўды шешти. Сонда баланың әжапасы фараонның қызына емизиўли израиллы бир ҳаялды жаллаўды усыныс етти. Фараонның қызы өзи жаллаған сол ҳаялдың баланың туўған анасы екенин билмеди. Бала үлкейип, анасының сүтинен шыққаннан соң, ҳаял оны фараонның қызына әкелди. Фараонның қызы баланы асырап алды ҳәм оның атын Муўса деп қойды Муўса ержетти.
Бир күни ол мысырлының израиллы қулды урып атырғанын көрди. Муўса өзиниң халқынан болған сол адамды қутқарыўға ҳәрекет етти.
Әтирапта ҳеш кимниң жоқлығын көрип, Муўса мысырлыны өлтирди ҳәм оның денесин қумға көмип таслады. Бирақ бул ўақыя жасырын болып қалмады.
Муўсаның бул қылмысы көпшиликке мәлим болды. Фараон буны еситкенде Муўсаны өлтириўди буйырды, бирақ Муўса Мысырдан қашып кетти.
Мысырдан узақта, шөлде Муўса шопан болып, сол жердиң қызына үйленди ҳәм олардан еки ул туўылды.
Муўса қәйин атасының қойларын бағып жүрди. Бир күни ол паданы узаққа, таў тәрептеги шөлге алып барды. Сол жерде ол жанып атырған, бирақ жанып жоқ болып кетпей турған путаны көрди. Муўса анықлап қараў ушын оған жақынырақ барды. Ол жанып турған путаға жақынласқанда, Қудай оған: «Муўса, аяқ кийимиңди шеш! Сен мухаддес жерде турыпсаң», — деди.
Соннан кейин, Қудай: «Мен халқымның азап шегип атырғанын көрдим. Сен израиллыларды Мысырдан алып шығып, оларды қуллықтан азат етиўиң ушын, Мен сени фараонға жиберемен. Оларға Мен Ибрайымға, Ысаққа ҳәм Яқыпқа ўәде еткен — Қанан жерин беремен», — деди.
Сонда Муўса: «Егер халық мени ким жибергенин билиўди қәлесе, оларға не айтаман?» — деп сорады. Қудай оған былай деди: «Мен мәңгиге Бар болыўшыман. Оларға: „Мени мәңгиге бар Болыўшы сизлерге жиберди“, — деп айт. Және де, оларға: „Мен — Яҳўе, сизлердиң ата-бабаларыңыз — Ибрайымның, Ысақтың ҳәм Яқыптың Қудайыман. Бул Мениң мәңгилик атым“, — деп айт».
Муўса өзине исенбегенликтен фараонға барыўды қәлемеди, өйткени ол жақсы сөйлей алмайтуғын еди. Бирақ ол бәри бир Қудайға бойсынды. Үйине қайтып келгеннен соң, ҳаялы менен улларын алып жолға шықты. Ол баратырғанда, Қудайдың оған жәрдемге жиберген әжағасы Харонды жолда ушыратты. Олар бирге Мысырға кетти.
Мухаддес Китап ўақыялары. Шығыў 1-4-баплар.
Свободно для использования, адаптации и распространения по открытой лицензии (CC BY-SA 4.0).