30. Ийсаның бес мың адамды тойдырыўы
Бир күни Ийса Өзиниң таңлаған шәкиртлери болған елшилерин Қудайдың Патшалығы туўралы ўаз қылып, адамларға тәлим бериўи ушын ҳәр түрли аўылларға жиберди. Шәкиртлер Ийсаның алдына қайтып келгенде, олар ислеген ислериниң ҳәммесин Оған айтып берди. Буннан соң Ийса аз-маз дем алыў ушын шәкиртлерине көлдиң арғы жағасындағы тыныш жерге қайықта жүзип барыўды айтты. Олар қайыққа отырып, арғы жағаға қарай жүзип кетти.
Адамлардың көбиси Ийса менен Оның шәкиртлери қайыққа минип жүзип кеткенин көрди. Бул адамлар Ийсадан бурын арғы жағаға жетип барыў ушын көлдиң бойы менен тез-тез жүрип кетти. Сонлықтан да Ийса ҳәм Оның шәкиртлери жүзип барғанда, оларды әлле қашан үлкен аламан халық күтип турған еди.
Бул аламан ҳаял ҳәм балаларды есапламағанда, бес мыңнан артық ер адамлардан ибарат еди. Ийса оларға қарап, жаны ашыды, себеби олар шопансыз қойлардай еди. Соның ушын, Ол халыққа көп тәлим берип, аўырыўларға шыпа берди.
Кешке қарай шәкиртлери Ийсаға: «Кеш болып қалды. Адамлар жақын жердеги аўылларға барып, жейтуғын азық-аӯқат сатып алыўы ушын, оларды жибер», — деди.
Бирақ Ийса шәкиртлерине: «Сизлер оларға аӯқат бериңлер!» — деди. Шәкиртлери: «Бизлер аўқатты қаяқтан аламыз? Бизлерде тек ғана бес нан менен еки кишкене балық бар», — деди.
Сонда Ийса шәкиртлерине адамларды елиӯ-елиӯден бөлип, шөптиң үстине отырғызыӯды тапсырды.
Буннан соң Ийса бес нан менен еки балықты алды ҳәм аспанға қарап, бул аўқат ушын Қудайға шүкирлик билдирди.
Соннан кейин, Ийса нан менен балықты бөлеклерге бөлди. Ол усы бөлеклерди адамларға үлестириўи ушын шәкиртлерине берди. Шәкиртлер аўқатты тарқатты ҳәм ол таўысылған жоқ! Ол ҳәмме адамға жетти. Ҳәммеси тойғанынша жеди ҳәм аўқат ҳәттеки аўысып та қалды.
Шәкиртлер аўысқан аўқатларды жыйнап, он еки себет толтырды. Бул аўқатлардың ҳәммеси кәраматлы түрде бес нан менен еки балықтан пайда болған еди!
Мухаддес Китап ўақыялары. Матта 14:13-21; Марк 6:31-44; Лука 9:10-17 ҳәм Юхан 6:5-15.
Свободно для использования, адаптации и распространения по открытой лицензии (CC BY-SA 4.0).