31. Ийсаның суўдың үсти менен жүриўи

31. Ийсаның суўдың үсти менен жүриўи — иллюстрация 1

Ийса көп адамды бес нан ҳәм еки балық пенен тойдырғаннан соң, Ол шәкиртлерине қайыққа отырып көлдиң арғы тәрепине өтиўди буйырды. Кейин Ийса адамларды үйлерине қайтарды, ал Өзи дуўа етиў ушын таўға көтерилди. Ол жерде Ийса бир Өзи қалып, түн ортасына дейин дуўа етти.

31. Ийсаның суўдың үсти менен жүриўи — иллюстрация 2

Ийса дуўа етип атырғанда, шәкиртлер қайықта жүзип баратыр еди. Самал қарсы есип турды ҳәм олар түнниң ярымына дейин көлдиң тек ортасына ғана жетип бара алды.

31. Ийсаның суўдың үсти менен жүриўи — иллюстрация 3

Сол ўақыт аралығында Ийса дуўа етип болды да, шәкиртлери тәрепке кетти. Ол суўдың үсти менен туўры олардың қайығына қарай жүрип кетти.

31. Ийсаның суўдың үсти менен жүриўи — иллюстрация 4

Шәкиртлери Оны көргенде, әрўақ деп ойлағанлықтан қатты қорқысып қалды. Ийса олардың қорққанын көрип: «Қорқпаңлар. Бул — Мен!» — деди.

31. Ийсаның суўдың үсти менен жүриўи — иллюстрация 5

Сонда Петр Ийсаға былай деди: «Устаз, егер бул Сен болсаң, маған суўдың үсти менен Сениң жаныңа жүрип барыўды буйыр». Ийса Петрге: «Кел», — деди.

31. Ийсаның суўдың үсти менен жүриўи — иллюстрация 6

Петр қайықтан түсип, Ийсаға қарай суўдың үсти менен жүрип кетти. Бирақ ол азғантай жүргеннен соң, Ийсадан нәзерин басқа жаққа бурып, әтираптағы күшли самалдың есиўине ҳәм үлкен толқынларға итибар берди.

31. Ийсаның суўдың үсти менен жүриўи — иллюстрация 7

Петр қорқып кетти ҳәм шөге баслады. Сонда ол: «Устаз, мени қутқар!» — деп бақырды. Ийса дәрҳал қолын созды да, оны услап алды. Ийса Петрди тартып шығарды ҳәм оған: «Ҳәй, исеними аз!Неге сен гүманландың?» — деди.

31. Ийсаның суўдың үсти менен жүриўи — иллюстрация 8

Буннан соң Ийса менен Петр қайыққа минди, сонда самал дәрҳал тынды, суў болса тып-тыныш болып қалды. Шәкиртлер қатты таң қалысты. Олар Ийсаға табынып: «Сен ҳақыйқаттан да Қудайдың Улысаң!» — деди.

Мухаддес Китап ўақыялары. Матта 14:22-33; Марк 6:45-52 ҳәм Юхан 6:16-21.

Читать в ридере

Свободно для использования, адаптации и распространения по открытой лицензии (CC BY-SA 4.0).