32. Ийсаның адамларды жинлерден азат етиўи ҳәм шыпалаўы

32. Ийсаның адамларды жинлерден азат етиўи ҳәм шыпалаўы — иллюстрация 1

Ийса ҳәм Оның шәкиртлери көл арқалы Гадара деп аталған үлкеге кетти. Олар көлдиң арғы жағасына жетип, қайықтан түсти.

32. Ийсаның адамларды жинлерден азат етиўи ҳәм шыпалаўы — иллюстрация 2

Сол жерде жин урған адам жасайтуғын еди.

32. Ийсаның адамларды жинлерден азат етиўи ҳәм шыпалаўы — иллюстрация 3

Ол соншелли күшли болғанлықтан, оны ҳеш ким бойсындыра алмады. Адамлар оның аяқ-қолларын бир неше мәрте шынжырлар менен байлады, бирақ ол шынжырларды үзип таслайтуғын еди.

32. Ийсаның адамларды жинлерден азат етиўи ҳәм шыпалаўы — иллюстрация 4

Бул адам қәбирлердиң арасында жасайтуғын еди. Ол күни-түни қышқырып, жалаңаш жүрди ҳәм жийи-жийи өз денесин тас пенен тилкимлейтуғын еди.

32. Ийсаның адамларды жинлерден азат етиўи ҳәм шыпалаўы — иллюстрация 5

Ийса ҳәм Оның шәкиртлери қайықтан түсип, жағаға шыққанда, сол адам Ийсаның алдына жуўырып келип, диз шөкти. Оның ишиндеги жинлер: «Қудайдың Улы Ийса, Сен меннен нени қәлейсең? Өтинемен, мени қыйнама!» — деп қатты даўыслап бақырды.

32. Ийсаның адамларды жинлерден азат етиўи ҳәм шыпалаўы — иллюстрация 6

Ийса жинлерге: «Бул адамнан шығып кетиң!» — деп буйырды. Кейин Ийса жинлерден: «Сениң атың ким?» — деп сорады. Олар: «Мениң атым үлкен топар, себеби бизлер көпбиз», — деп жуўап берди.

32. Ийсаның адамларды жинлерден азат етиўи ҳәм шыпалаўы — иллюстрация 7

Жақын жердеги таўдың етегинде шошқа падасы жайылып жүрген еди. Жинлер Ийсадан: «Бизлерди бул жерлерден қуўып жиберме, ал шошқаларға кириўимизге рухсат бер», — деп өтинди. Ийса оларға рухсат етти.

32. Ийсаның адамларды жинлерден азат етиўи ҳәм шыпалаўы — иллюстрация 8

Сонда жинлер адамнан шығып, шошқаларға кирди. Шошқа падасы тик жарға қарай жуўырып, өзлерин көлге қарай таслады ҳәм шөгип кетти. Сол падада еки мыңға жақын шошқа бар еди.

32. Ийсаның адамларды жинлерден азат етиўи ҳәм шыпалаўы — иллюстрация 9

Шошқа бағып жүрген шопанлар буны көрип, қалаға жуўырып барды да, Ийсаның ислегениниң ҳәммесин айтып берди. Қаланың турғынлары келип, бурын жин урған адамды көрди. Ол тынышланған ҳәм кийинген еди, және өзин ақыл-еси саў адамдай тутып отыр еди.

32. Ийсаның адамларды жинлерден азат етиўи ҳәм шыпалаўы — иллюстрация 10

Бул ўақыяның ҳәммесин еситкен қала турғынлары қатты қорқып кетти ҳәм Ийсадан үлкеден шығып кетиўин өтинип баслады. Сонда Ийса қайыққа минди, ал жиннен азат болған сол адам Ийсадан Өзи менен бирге алып кетиўин өтинди.

32. Ийсаның адамларды жинлерден азат етиўи ҳәм шыпалаўы — иллюстрация 11

Бирақ Ийса оған жуўап берип: «Яқ, сен үйиңе барып, Қудайдың саған ислегенлерин ҳәммеге айтып бериўиңди қәлеймен. Ол саған қандай мийрим көрсеткенин ҳәммеге айтып бер», — деди.

32. Ийсаның адамларды жинлерден азат етиўи ҳәм шыпалаўы — иллюстрация 12

Ол адам барып, Ийсаның оған ислегенлериниң ҳәммесин айтып берди. Сонда оның ўақыясын еситкенлердиң ҳәммеси қатты таң қалысты.

32. Ийсаның адамларды жинлерден азат етиўи ҳәм шыпалаўы — иллюстрация 13

Сол арада Ийса көлдиң арғы жағасына өтти. Ол сол жағаға өткенде, дөгерегине үлкен аламан топланды. Олардың арасында он еки жылдан берли қан кетиўден қыйналған бир ҳаял бар еди. Ол барлық пулларын шыпакерлерге емлениў ушын сарплады, бирақ олардың ҳеш қайсысы жәрдем бере алмады. Керисинше, оның жағдайы қайта төменлеп кетти.

32. Ийсаның адамларды жинлерден азат етиўи ҳәм шыпалаўы — иллюстрация 14

Ҳаял Ийсаның көп аўырыў адамларды шыпалағанын еситип: «Егерде мен Ийсаның кийимине ғана қолымды тийгизсем, тәўир боламан!» — деп ойлаған еди. Сонлықтан ол Ийсаның артқы тәрепинен жақынлап барып, кийимине қолын тийгизди. Ол Ийсаға қол тийгизиўден-ақ, қан кетиўи тоқтады.

32. Ийсаның адамларды жинлерден азат етиўи ҳәм шыпалаўы — иллюстрация 15

Ийса дәрҳәл Өзинен бир күш шыққанын сезди. Ол артына қайырылып: «Тап ҳәзир ким Маған қолын тийгизди?» — деп сорады. Шәкиртлери: «Әтирапыңда адамлар көп. Олар Сени қоршап, жән-жағыңнан қысып тур. Не ушын Сен: „Маған ким қолын тийгизди?“ — деп сорап атырсаң?» — деди.

32. Ийсаның адамларды жинлерден азат етиўи ҳәм шыпалаўы — иллюстрация 16

Сонда ҳаял қорққанынан қалтырап, Ийсаның алдына дизерлеп жығылды да, Оған қолын тийгизгенин ҳәм шыпа тапқанын айтты. Ийса оған жуўап берип: «Исенимиң сени шыпалады. Тынышлық пенен барабер», — деди.

Мухаддес Китап ўақыялары. Матта 8:28-34; 9:20-22; Марк 5:1-20; 5:24б-34 ҳәм Лука 8:26-39; 8:42б-48.

Читать в ридере

Свободно для использования, адаптации и распространения по открытой лицензии (CC BY-SA 4.0).