33. Дийхан туўралы тымсал
Бир күни Ийса көлдиң жағасында тәлим берди. Көп халық жыйналғанлықтан Ийса ҳәмме көриўи ҳәм еситиўи ушын қайыққа отырып, жағадан арылаў барыўға туўра келди.
Ийса адамларға мынадай тымсал айтып берди: «Бир дийхан туқым егиў ушын шығыпты. Ол туқымды сеўип шыққанда, гейбиреўлери жолдың шетине түсипти. Қуслар ушып келип, оларды шоқып жеп қойыпты.
Басқа туқымлар топырағы аз таслақ жерге түсипти. Олар тез өсип шығыпты, бирақ олардың тамырлары топыраққа тереңге кетпепти. Сонлықтан қуяш шығып, күн ысығанда, қуўрап қалыпты.
Туқымлардың гейбиреўлери тикенлер арасына түсипти. Олар өсип баслапты, бирақ тикенлер оларды туншықтырып таслапты. Соның ушын тикенлер арасында өскен өсимликлер ҳеш қандай зүрәәт бермепти.
Өнимли жерге түскен туқымлар ҳәттеки, себилгенинен гөре 30, 60 ҳәм 100 еседен артық зүрәәт берипти. Солай етип, ким Қудайдың изине ергиси келсе, Мени жақсылап еситип алсын!»
Шәкиртлер бул тымсалдың мәнисин түсинбеди ҳәм Ийса менен жалғыз қалғанда, бул тымсалдың мәнисин сорады. Сонда Ийса оны былай деп түсиндирди: «Туқым — бул Қудайдың сөзи. Жол — бул Қудайдың сөзин еситетуғын, бирақ оны түсинбейтуғын адам. Сонда адам ның исенбеўи ҳәм қутқарылмаўы ушын, шайтан оннан сөзди урлап кетеди.
Таслақ жер — бул Қудайдың сөзин еситип, оны қуўаныш пенен қабыл ететуғын адам. Бирақ қыйыншылыққа ушырағанда ямаса адамлар тәрепинен азап шеккенде, ол Қудайдан кетип қалады ҳәм Оған исенбей қояды.
Тикенли жер — бул Қудайдың сөзин еситип, оны қабыллайтуғын адам. Бирақ кейин ала күнделикли тәшиўишлерге берилип, қалай көбирек ақша табыўды ҳәм қалай көбирек рәҳәтлениўди ойлап баслайды. Ўақыттың өтиўи менен ол Қудайды сүйиў уқыбын жойтып баслайды. Қудайдың сөзинен үйренгенлериниң ҳәммеси ол ушын пайдасыз болып көринеди, себеби ол Қудайға мақул исти қылмайды. Бундай адам дәни пуш болған бийдай шөбине уқсайды, өйткени ол Қудайдың Патшалығы ушын жемис алып келмейди.
Ал өнимли жер — бул Қудайдың сөзин еситип, оны исеним менен қабыллайтуғын ҳәм жемис алып келетуғын адам».
Мухаддес Китап ўақыялары. Матта 13:1-8, 18-23, Марк 4:1-8, 13-20 ҳәм Лука 8:4-15.
Свободно для использования, адаптации и распространения по открытой лицензии (CC BY-SA 4.0).