34. Ийсаның тымсаллар менен тәлим бериўи
Ийса Қудайдың Патшалығы туўралы адамларға тәлим берип, ҳәр түрли көп ўақыялар айтып берди. Бул ўақыялар тымсал деп аталады. Бир күни Ийса мынадай тымсал айтып берди: «Қудайдың Патшалығы бир адамның өз атызына еккен қышқыл туқымына уқсайды. Қышқыл туқым барлық туқымлардан ең кишкенеси екенин билесизлер.
Бирақ ол өскенде, бағдағы барлық өсимликлерден ең үлкени болады, ҳәттеки қуслар ушып келип, оның шақаларына уяларын қурады».
Ийса және мынадай тымсал айтып берди: «Қудайдың Патшалығы бир ҳаялдың қамырға қосқан ашытқысына уқсайды. Кишкене ашытқы барлық қамырды ашытып, исиреди.
Және де, Қудайдың Патшалығы егислик жерге жасырылған ғәзийнеге уқсайды. Бир адам сол ғәзийнени таўып алыпты ҳәм оны өзине алғысы келипти. Соның ушын, ҳеш ким таўып алмасын деп, және жасырып қойыпты. Соннан кейин, тапқанына қуўанғанынан, өзиниң барлық мал-мүлкин сатып, ғәзийне жасырылған егислик жерди сатып алыпты.
Сондай-ақ, Қудайдың Патшалығы ҳасыл ҳинжилер излеп жүрген бир саўдагерге уқсайды. Ол қымбат баҳалы ҳинжини тапқанда, өзиниң барлық мал-мүлкин сатып, сол ҳинжини сатып алыпты».
Ийсаның изине ерген көп адамлардың ишиндеги базылары өзлерин ҳақ адам деп есаплады, себеби олар саўап ислер қылатуғын еди. Олар саўап ислерди ислемеген адамларды менсинбей, өзлерин жоқары тутты. Олар ушын Ийса мына тымсалды айтып берди: «Еки адам дуўа етиў ушын Ибадатханаға келипти. Олардың биреўи салықшы, ал екиншиси парисей екен.
Парисей: „Қудайым, мен тонаўшылар, өтирикшилер, қыянетшилер ямаса мына салықшы сыяқлы гүнакар болмағаныма Саған миннетдарман.
Мен ҳәптесине еки мәрте ораза тутаман, барлық ақша ҳәм табысларымның оннан бирин Саған беремен“, — деп дуўа етипти.
Ал салықшы сол ўақытта парисейден узақлаў турып, ҳәттеки аспанға басын көтериўге жүрексинбей, көкирегине мушы менен урып: „Қудай, жалбарынаман, мени кешир, себеби мен гүнакарман“, — деп дуўа етипти».
Ийса былай деди: «Сизлерге шынын айтаман, Қудай парисейди емес, ал салықшыны ҳақ деп есаплайды. Өйткени кимде ким өзин басқалардан жоқары тутса, ол төменлейди, ал кимде ким өзин ҳәммеден төмен тутса, жоқарылайды».
Мухаддес Китап ўақыялары. Матта 13:31-33, 44-46; Марк 4:30-32; ҳәм Лука 13:18-21; 18:9-14.
Свободно для использования, адаптации и распространения по открытой лицензии (CC BY-SA 4.0).