35. Жойтылған ул ҳәм кешириўши әке

35. Жойтылған ул ҳәм кешириўши әке — иллюстрация 1

Ҳәр түрли адамлар Ийсаның тәлимин тыңлаў ушын, Оның алдына келди. Олардың ишинде салықшылар ҳәм Муўсаның нызамына әмел қылмайтуғын басқа адамлар бар еди. Сонлықтан олар гүнакарлар деп аталатуғын еди.

35. Жойтылған ул ҳәм кешириўши әке — иллюстрация 2

Парисейлер ҳәм Нызам муғаллимлери Ийсаның сондай адамлар менен дослар сыяқлы сөйлесип атырғанын көрди. Соның ушын, олар ашыўланып, бир-бирине: «Ол гүнакарлар менен сөйлесип, ҳәттеки бирге аўқатланып, надурыс қылып атыр», — дести. Ийса олардың сөзлерин еситти ҳәм оларға мынадай ўақыя айтып берди:

35. Жойтылған ул ҳәм кешириўши әке — иллюстрация 3

«Бир адамның еки улы болыпты. Бир күни киши улы әкесине: „Әке, маған тийисли мийрасты бөлип бер!“ — депти. Сонда әке еки улына тийисли мийрасты бөлип берипти.

35. Жойтылған ул ҳәм кешириўши әке — иллюстрация 4

Соннан кейин, киши ул өзине тийисли болған бөлегиниң ҳәммесин алып, узақ елге кетипти ҳәм сол елде гүнакар бузық өмир сүрип, ақшасының барлығын жүдә тез сарплапты.

35. Жойтылған ул ҳәм кешириўши әке — иллюстрация 5

Тез арада сол елде аўыр ашаршылық басланыпты, ал киши улдың ҳәттеки азық-аўқатқа да пулы қалмапты. Сонлықтан ол сол елдиң бир турғынына жалланыпты, ал сол адам оған шошқаларды бағыўды тапсырыпты. Киши ул қатты аш болыпты, ҳәттеки шошқалардың жемин жеўге де таяр еди, бирақ оны да жеўине рухсат бермепти.

35. Жойтылған ул ҳәм кешириўши әке — иллюстрация 6

Ақырында киши ул өзине былай депти: „Мен не қылып жүриппен? Әкемниң жумысшылары көп, олардың ҳәммеси тойғанынша жейди, ал мен бул жерде аштан өлежақпан. Әкеме қайтайын, жумысшы болып жалланыўды өтинейин“.

35. Жойтылған ул ҳәм кешириўши әке — иллюстрация 7

Солай етип, киши ул әкесиниң үйине қарай жол алыпты. Ол еле узақта киятырғанда, әкеси улын көрип, баўыры елжиреп кетип, алдына жуўырып барыпты да, улын қушақлап сүйипти.

35. Жойтылған ул ҳәм кешириўши әке — иллюстрация 8

Улы: „Әке, мен Қудайға ҳәм саған қарсы гүна иследим. Мен ендигиден былай улың болыўға ылайықлы емеспен“, — депти.

35. Жойтылған ул ҳәм кешириўши әке — иллюстрация 9

Ал әке болса хыметкерлериниң бирине буйрық берип: „Тез бар да, ең жақсы кийимди әкелип, улыма кийгиз! Бармағына жүзик тағып, аяғына аяқ кийим кийгиз! Оннан кейин бағып семиртилген баспақты сой. Бизлер тойлаймыз ҳәм байрамлаймыз, себеби улым өлген еди, енди тири! Ол жойтылған еди, ал енди болса табылды!“ — депти.

35. Жойтылған ул ҳәм кешириўши әке — иллюстрация 10

Ҳәмме генже улдың әкесиниң үйине қайтып келгенин байрамлай баслапты. Атызда күн бойы жумыс ислеген үлкен ул көп өтпей үйине келипти. Ол нама ҳәм аяқ ойын сеслерин еситип, хызметкерлердиң бирин шақырып алды да, бул жерде не болып атырғанын сорапты.

35. Жойтылған ул ҳәм кешириўши әке — иллюстрация 11

Үлкен ул инисиниң қайтып келгени ушын үйде байрам болып атырғанын билгенде, қатты ашыўланыпты, ҳәттеки үйге де кирмепти. Әкеси сыртқа шығып, инисиниң қайтып келгенин биргеликте байрамлаў ушын үлкен улын ишке шақырыпты, бирақ ол бас тартыпты.

35. Жойтылған ул ҳәм кешириўши әке — иллюстрация 12

Үлкен ул әкесине былай депти: „Неше жыллар даўамында мен сениң ушын хызмет етип киятырман. Саған ҳәмме ўақытта қулақ салдым, бирақ сен досларым менен отырыўым ушын маған ҳәттеки кишкене ылақ та бермедиң. Ал сениң мына улың ақшаларыңды гүналы бузық жолларға сарплап, үйге қайтып келди, енди болса сен буны байрамлаў ушын семиртилген баспақты сойдың!“

35. Жойтылған ул ҳәм кешириўши әке — иллюстрация 13

Әке жуўап берип: „Улым, сен ҳәмме ўақыт мениң менен биргесең, мендеги бар мал-мүликтиң ҳәммеси саған тийисли. Бирақ ҳәзир бизлерде байрам, себеби иниң өлген еди, енди тирилди. Ол жойтылған еди, енди табылды!“ — депти».

Мухаддес Китап ўақыялары. Лука 15:11-32.

Читать в ридере

Свободно для использования, адаптации и распространения по открытой лицензии (CC BY-SA 4.0).