36. Ийсаның түр-түсиниң өзгериўи
Бир күни Ийса дуўа етиў ушын бир бийик таўға шықты. Ол Өзи менен бирге үш шәкиртин, яғный Юханды, Яқыпты ҳәм Петрди алды.
Олар таўға көтерилди ҳәм Ийса дуўа етип баслады. Дуўа етип атырғанында Ийсаның жүзи қуяштай жарқырады. Оның кийимлери көзди қамастыратуғындай аппақ болып кетти. Бундай таза аппақ реңди жер жүзинде ҳеш нәрсе менен ислеў мүмкин емес.
Сонда бирден Ийсаның қасында бул жерде жүзлеген жыллар бурын жасаған Муўса ҳәм пайғамбар Илияс пайда болды. Олар Ийсаның өлими ҳаққында Оның менен сөйлесип баслады, себеби Ол жақын арада Ерусалимде өлиўи керек еди.
Буны көрген Петр Ийсаға: «Бул жерде болғанымыз қандай жақсы! Келиңлер, үш қос қурайық: биреўи — Саған, биреўи — Муўсаға, биреўи — Илиясқа», — деди. Петр қорқып кеткенликтен, не айтқанын өзи де түсинбеди.
Петр еле сөзин тамамламай атырып, олардың үстине жарқыраған булт түсип, әтирапын қоршады. Булттың ишинен: «Бул — Мениң сүйикли Улым! Мен Оған ырзаман. Оны тыңлаңлар», — деген даўыс еситилди. Үш шәкирт қатты қорқып кетип, ет бетинен жерге жығылды.
Сонда Ийса оларға қолын тийгизип: «Қорқпаңлар! Турыңлар!», — деди. Олар әтирапына қарап, Ийсадан басқа ҳеш кимди көрмеди.
Кейин Ийса ҳәм Оның үш шәкирти таўдан төмен түсти. Ол шәкиртлерине: «Усы жерде болған ўақыяны ҳеш кимге айтпаң. Тез арада Мен өлемен, ал кейин қайта тирилемен. Соннан соң сизлер усы ҳаққында адамларға айтыўыңыз мүмкин», — деди.
Мухаддес Китап ўақыялары. Матта 17:1-9; Марк 9:2-8 ҳәм Лука 9:28-36.
Свободно для использования, адаптации и распространения по открытой лицензии (CC BY-SA 4.0).