37. Ийсаның Лазарды өлимнен қайта тирилтиўи

37. Ийсаның Лазарды өлимнен қайта тирилтиўи — иллюстрация 1

Сол ўақытлары Лазар деген адам жасайтуғын еди. Оның Мәриям ҳәм Марта деген еки қарындасы бар болып, үшеўи де Ийсаның жақын дослары еди. Бир күни Ийсаға Лазардың қатты аўырып атырғаны ҳаққында хабар келди. Буны еситип, Ийса: «Бул аўырыў Лазардың өлими менен тамамланбайды. Бирақ сол арқалы адамлар Қудайға алғыс айтады», — деди.

37. Ийсаның Лазарды өлимнен қайта тирилтиўи — иллюстрация 2

Ийса Өз досларын сүйетуғын еди, бирақ Ол Лазардың аўырып атырғанын еситсе де, сол жерде еки күн қалды. Соннан соң, Ол шәкиртлерине: «Келиңлер, Яҳудияға барайық», — деди. Бирақ шәкиртлери: «Устаз, жақында ғана Яҳудия турғынлары Сени өлтирмекши болды-ғо!» — деди. Ийса: «Достымыз Лазар уйықлап қалды, ал Мен оны оятыўым керек», — деди.

37. Ийсаның Лазарды өлимнен қайта тирилтиўи — иллюстрация 3

Ийсаның шәкиртлери: «Устаз, егерде Лазар уйықлаған болса, демек, тез арада ол орнынан турады», — деп жуўап берди. Сонда Ийса оларға ашық айтып: «Лазар өлди. Мен ол жерде болмағаныма қуўанышлыман, өйткени енди сизлер Маған анық исенесизлер», — деди.

37. Ийсаның Лазарды өлимнен қайта тирилтиўи — иллюстрация 4

Ийса дослары жасайтуғын аўылға келгенде, Лазардың өлгенине төрт күн болған еди. Марта Ийсаның алдына шығып: «Устаз, егер Сен усы жерде болғаныңда, әжағам өлмес еди. Бирақ мен исенемен Қудайдан Сен не сорасаң да, Ол Саған ҳәммесин береди», — деди.

37. Ийсаның Лазарды өлимнен қайта тирилтиўи — иллюстрация 5

Сонда Ийса: «Мен — қайта тирилиў ҳәм өмирмен. Маған исенген адам, ҳәттеки өлсе де, ол жасайды. Маған исенген ҳәр бир адам ҳеш қашан өлмейди. Сен усыған исенесең бе?» — деди. Марта Оған: «Аўа, Устаз! Сениң Масийх, Қудайдың Улы екениңе исенемен», — деп жуўап берди.

37. Ийсаның Лазарды өлимнен қайта тирилтиўи — иллюстрация 6

Оннан кейин Ийсаның жанына Мәриям келип, аяқларына жығылды да: «Устаз! Егер Сен усы жерде болғаныңда, әжағам өлмес еди», — деди. Ийса олардан: «Лазарды қай жерге қойдыңлар?» — деп сорады. Олар: «Мына қәбирге. Келип көр», — деди. Ийса көзине жас алды.

37. Ийсаның Лазарды өлимнен қайта тирилтиўи — иллюстрация 7

Сол дәўирлерде үңгирлер қәбир сыпатында қолланылып, оның кирер аўзы үлкен тас пенен жабылатуғын еди. Ийса Лазардың қәбириниң қасына барғанда, Ол: «Тасты алып таслаңлар», — деди. Ал Марта болса: «Лазардың өлгенине төрт күн болды. Оннан енди жағымсыз ийис шығып атыр», — деди.

37. Ийсаның Лазарды өлимнен қайта тирилтиўи — иллюстрация 8

Ийса оған: «Егер Маған исенсең, Қудайдың қүдиретин көресең, деп айтқан жоқ па едим?» — деди. Сонда адамлар қәбирдиң аўзынан тасты алып таслады.

37. Ийсаның Лазарды өлимнен қайта тирилтиўи — иллюстрация 9

Ийса аспанға қарап, былай деди: «Әке, Мени еситетуғының ушын, Саған миннетдарман. Мен билемен, Сен Мени бәрқулла еситесең, бирақ Мен буны усы жерде турған адамлардың Мени Сениң жибергениңе исениўи ушын айтып атырман», — деди. Соннан кейин, Ийса бәлент даўыс пенен: «Лазар, шық!» — деп бақырды.

37. Ийсаның Лазарды өлимнен қайта тирилтиўи — иллюстрация 10

Күтилмегенде Лазар қәбирден шығып келди. Ол кепинлик пенен оралған еди. Ийса адамларға: «Оның үстинен кепинликти шешип таслап, оны жибериңлер!» — деди. Бул кәрамат жүдә көп еврейлерди таң қалдырды ҳәм олар Ийсаға исенди.

37. Ийсаның Лазарды өлимнен қайта тирилтиўи — иллюстрация 11

Бирақ еврей руўханийлери менен парисейлери ендигиден былай Ийсаны Қутқарыўшы деп тек көп адамлар ғана емес, ал пүткил халық исенип кетеди, деп қорқысты. Сонлықтан олар Ийсаны ҳәм Лазарды өлтириўди жобаластырыў ушын, биргеликте жыйналды.

Мухаддес Китап ўақыялары. Юхан 11:1-46.

Читать в ридере

Свободно для использования, адаптации и распространения по открытой лицензии (CC BY-SA 4.0).