38. Ийсаға сатқынлық
Еврейлер бир неше жүз жыл алдын Қудайдың ата-бабаларын қуллықтан азат қылып, Мысырдан алып шыққанын еслеп, ҳәр жылы Қутқарылыў байрамын байрамлайтуғын еди. Ийса адамларға ўаз етип, тәлим берип баслағаннан соң шама менен үш жыл өтип, Ол шәкиртлерине усы Қутқарылыў асын Ерусалимде биргеликте байрамлаўды қәлеп атырғанын ҳәм тез арада өлетуғынын айтты.
Ийсаның елшилериниң бири Яҳуда деген адам еди. Ол қурбанлық жыйнайтуғын ыдысқа жуўапкер болып, жийи содан ақша урлайтуғын еди. Ийса ҳәм шәкиртлери Ерусалимге келгеннен соң, Яҳуда бас руўханийдиң алдына барды. Ол руўханийлердиң Ийсаны Қутқарыўшы Масийх деп санамайтуғынын ҳәм Оны өлтириўди қәлейтуғынын билетуғын еди. Яҳуда бас руўханийге барып, ақша ушын Ийсаны услап бериўди усынды.
Нызам муғаллимлери ҳәм еврей урыўларының ақсақаллары бас руўханий басшылығында Ийсаны услап бериўи ушын Яҳудаға 30 гүмис теңге төледи. Яҳуда ақшаны алды да, сол жерден кетти. Сол ўақыттан баслап ол Ийсаны қолға алыўына оларға жәрдем бериў ушын, қолайлы пайтты күтип баслады. Мухаддес Жазыўда пайғамбарлардың айтқанындай ҳәммеси анық сондай жүз берди.
Қутқарылыў байрамы келди. Ийса шәкиртлери менен Қутқарылыў асын Ерусалимде байрамлады. Байрам күни кешки аўқаттың ўақтында Ийса нанды сындырып, шәкиртлерине былай деди: «Алыңлар ҳәм жеңлер. Бул — сизлер ушын берилетуғын Мениң денем. Мени еслеп турыў ушын усылай ислеңлер». Ийса шәкиртлерине, Өзиниң олар ушын өлетуғынын ҳәм Өз денесин қурбанлық етип беретуғынын усылай ашып берди.
Соннан кейин, Ийса шарап қуйылған кесени қолына алып: «Алыңлар ҳәм ишиңлер! Бул — Қудайдың сизлердиң гүналарыңызды кешириўи ушын, Жаңа Келисимди бекитетуғын Мениң қаным. Мени еслеп турыў ушын усылай ислеңлер», — деди.
Кейин Ийса шәкиртлерине былай деди: «Араңызда бириңиз Маған сатқынлық ислейди». Шәкиртлери ҳайран қалып, буны ким ислейди деп сорап баслады. «Кимге Мен мына бир бөлек нанды берсем, сол сатқынлық қылады», — деди Ийса. Ҳәм сол нанды Яҳудаға берди.
Яҳуда нанды алыўдан-ақ, оны шайтан ийелеп алды. Сонда Ийса Яхудаға: «Бар да, ислейжақ исиңди тезирек исле», — деди. Яҳуда орнынан турып, бас руўханийлерге Ийсаның бүгин қай жерде болатуғынын айтыў ушын шығып кетти. Түн кирип келди.
Кешки аўқаттан соң Ийса шәкиртлери менен Зәйтун таўына кетти. Ол жерде Ийса былай деди: «Бүгин түнде сизлердиң ҳәммеңиз Мени таслап кетесиз. Мухаддес Жазыўда айтылғанындай: “Шопанды урғанымда, ҳәмме қойлар тарқап кетеди”».
Петр жуўап берип: «Егер, ҳәттеки ҳәмме Сени таслап кетсе де, мен ҳеш қашан Сени таслап кетпеймен!» — деди. Сонда Ийса Петрге: «Шайтан сизлерди сынаўды қәлеп атыр. Бирақ Мен сениң исенимиң ҳәлсиремеўи ушын ҳәм сен Маған қайтып келгениңде туўысқанларыңның исенимин беккемлей алыўың ушын дуўа еттим. Солай болса да, бүгин түнде, қораз шақырмастан алдын сен: „Мен Оны танымайман“, — деп адамларға үш мәрте айтасаң», — деди.
Сонда Петр Ийсаға: «Егер, ҳәттеки мениң өлиўиме туўра келсе де, ҳеш қашан Сеннен бас тартпайман!» — деди. Басқа шәкиртлер де тап солай деди.
Буннан соң Ийса шәкиртлери менен Гетсемани деген жерге барды. Ол шәкиртлериниң сынақларда тура алыўы ушын, оларға дуўа етиўди буйырды. Оннан кейин жалғыз дуўа етиў ушын Ийса олардан бираз шетке шықты.
Ийса үш мәрте былай деп дуўа етти: «Әке, Саған жалбарынаман, егер мүмкин болса, усы азап кесесинен ишпеўиме жол қой. Бирақ гүнакарларды кешириўдиң басқа жолы болмаса, онда ҳәммеси Сениң қәлегениңдей болсын!» Ийса қайғырып қыйналды ҳәм Оннан аққан тер жерге тамған қан тамшылары сыяқлы еди. Сол сәтте Қудай Ийсаны қоллап-қуўатлаўы ушын периштесин жиберди.
Ҳәр бир усындай дуўасынан соң шәкиртлериниң қасына келгенде, Ийса олардың уйықлап атырғанының үстинен шықты. Ийса үшинши мәрте келгенде, оларға: «Турыңлар! Ўақыт келди! Маған сатқынлық қылыўшы усы жерде», — деди.
Сол ўақытта Яҳуда бас руўханий, Ибадатхана қараўылларының басшылары, ақсақаллар, әскерлер ҳәм жүдә көп адамлар менен бирге келди. Олар қылыш ҳәм шоқмар менен қуралланған еди. Яҳуда Ийсаға жақынлап: «Ассалаўма әлейкум, Устаз!» — деп, Оны сүйип сәлемлести. Бул Яҳуда менен бирге келген адамларға Кимди услаўы кереклигин билдириў ушын белги еди. Ийса: «Яҳуда, сен Мени сүйип сатқынлық қылып атырсаң ба?» — деди.
Әскерлер сол сәтте-ақ Ийсаны қолға алды, ал Петр қылышын суўырып алды да, бас руўханийдиң хызметшисиниң қулағын кесип таслады. Бирақ Ийса: «Қылышыңды тарт! Мен Әкемнен қорғаўы ушын периштелер армиясын жибериўин сорай аламан, бирақ Мен Әкеме қулақ салыўым керек», — деди. Ийса хызметшиге қолын тийгизип, оның қулағын шыпалады. Соннан кейин, қараўыллар Ийсаны услап алды, ал Оның барлық шәкиртлери қорққанынан қашып кетти.
Мухаддес Китап ўақыялары. Матта 26:14-56; Марк 14:10-50; Лука 22:1-53; ҳәм Юхан 12:6; 18:1-11.
Свободно для использования, адаптации и распространения по открытой лицензии (CC BY-SA 4.0).