39. Ийсаның ҳүким етилиўи

39. Ийсаның ҳүким етилиўи — иллюстрация 1

Түн ярымында әскерлер Ийсаны бас руўханийдиң үйине алып барды, себеби ол Ийсаны сораўға тутыўды қәлеген еди. Петр аралықты сақлап, олардың изинен жүрди. Әскерлер Ийсаны бас руўханийдиң үйине алып барғанда, Петр сыртта қалып, сол жердеги хызметшилер менен қараўыллар жылынып турған оттың қасына барды.

39. Ийсаның ҳүким етилиўи — иллюстрация 2

Сол ўақытта еврей урыўларының ақсақаллары ҳәм Нызам муғаллимлери бас руўханийдиң үйинде Ийсаны ҳүким етип баслады. Олар Ийсаны айыплайтуғын көплеген жалған гүўаларды тапты. Бирақ олардың айыплаўлары бир-бирине туўры келмейтуғын еди, соның ушын олар Ийсаның айыпларын дәлиллей алмады. Ийсаның Өзи болса, Өзин қорғаў ушын ҳеш нәрсе айтпады.

39. Ийсаның ҳүким етилиўи — иллюстрация 3

Ақырында бас руўханий туўры Ийсаға қарап: «Бизлерге айт, Сен — тири Қудайдың Улы Масийхсаң ба?» — деп сорады.

39. Ийсаның ҳүким етилиўи — иллюстрация 4

Ийса былай деп жуўап берди: «Аўа, Мен — Масийхпан, Мениң Қудайдың жанында отырғанымды ҳәм аспаннан қалай келетуғынымды көресизлер». Бул сөзлерден бас руўханий қатты ғәзепленди ҳәм өзиниң кийимлерин жыртып: «Бизлерге енди бул Адамның не ислегенин айтатуғын гүўалардың кереги жоқ! Оның Өзи: „Қудайдың Улыман“, — дегенин еситтиңиз. Енди Оған қарсы қандай шешим қабыллайсыз?» — деп бақырды.

39. Ийсаның ҳүким етилиўи — иллюстрация 5

Сол жердегилердиң ҳәммеси бас руўханийге жуўап ретинде: «Ол өлимге ылайықлы!» — деп бақырысты. Кейин олар Ийсаның көзин байлап, Оған түкирди ҳәм Оны урып, үстинен күлди.

39. Ийсаның ҳүким етилиўи — иллюстрация 6

Сол ўақытта Петр бас руўханийдиң үйиниң алдындағы оттың қасында отыр еди. Оны сол жердеги бир шоры қыз көрип: «Сен де Ийса менен бирге едиң!» — деди. Бирақ Петр буны бийкарлады. Кейинирек басқа бир қыз да оған соны айтты, бирақ Петр буны және мойынламады. Ақырында базы адамлар: «Сениң Ийса менен бирге болғаныңды бизлер билемиз, себеби екеўиңиз де Галиладансыз», — деди.

39. Ийсаның ҳүким етилиўи — иллюстрация 7

Петр Ийсаны танымайтуғынын айтып, ант ишип баслады. Ол: «Ант ишемен, мен бул Адамды танымайман ҳәм сизлердиң не айтып атырғаныңызды түсинбеймен!» — деди. Петрдиң бул сөзлеринен соң дәрҳал қораз шақырды. Сонда Ийса бурылып, Петрге қарады. Петр Ийсаның: «Бүгин түнде кораз шақырмастан алдын сен Меннен үш мәрте танасаң», — деп айтқанын еследи.

39. Ийсаның ҳүким етилиўи — иллюстрация 8

Петр ҳәўлиден шығып, өкирип жылады. Сол ўақыттың өзинде Ийсаға сатқынлық қылған Яҳуда еврей басшыларының Ийсаны өлимге ҳүким етиўди шешкенин билди. Ол өкинип, ақшаны бас руўханийлер менен ақсақалларға қайтарып берди, соннан кейин барып, асылып өлди.

39. Ийсаның ҳүким етилиўи — иллюстрация 9

Сол дәўирде Яҳудияның ҳәкими римли Понти Пилат еди. Бас руўханийлер менен ақсақаллар Ийсаны Пилатқа алып келди. Олар римли ҳәкимниң Ийсаны айыплап, Оны өлимге ҳүким етиўин қәледи. Пилат Ийсадан: «Сен — яҳудийлердиң Патшасымысаң?» — деп сорады.

39. Ийсаның ҳүким етилиўи — иллюстрация 10

Ийса: «Сен дурыс айттың. Бирақ Мениң патшалығым жерде емес. Егер ол жерде болғанда, онда Мениң хызметшилерим Мен ушын гүрескен болар еди. Мен жер жүзине Қудай туўралы ҳақыйқатты айтыў ушын келдим. Ҳақыйқатты сүйгенлердиң ҳәр бири Маған қулақ салады», — деп жуўап берди. Пилат: «Ҳақыйқаттың не екенин билгенде еди?» — деди.

39. Ийсаның ҳүким етилиўи — иллюстрация 11

Пилат Ийса менен сөйлескеннен соң, аламанның алдына шығып, былай деди: «Бул Адамнан өлимге ылайықлы ҳеш қандай себеп таппадым». Бирақ бас руўханийлер, ақсақаллар ҳәм аламан халық: «Оны атанақ ағашқа шегелет!» — деп бақырысып баслады. Пилат: «Сизлер қойып атырған айыплардың ҳеш бирин Ол ислемеген», — деп жуўап берди. Бирақ олар еледе қаттырақ бақыра баслады. Сонда Пилат үшинши мәрте: «Ол айыплы емес!» — деди. Деген менен, аламан еледе қатты бақырысып: «Оны атанақ ағашқа шегелет!» — деди.

39. Ийсаның ҳүким етилиўи — иллюстрация 12

Халықтың бас көтериўинен қорққан Пилат олардың талабына келисим берди ҳәм әскерлерине Ийсаны шегелеўди буйырды. Рим әскерлери Ийсаны алып кетти де, Оны қамшы менен сабалады. Соннан соң олар Ийсаның үстинен күлип, Оған патшалық кийим менен тикенли таж кийдирди де: «Қараңлар, мине яҳудийлердиң Патшасы!» — деп айта баслады.

Мухаддес Китап ўақыялары. Матта 26:57-27:26; Марк 14:53-15:15; Лука 22:54-23:25 ҳәм Юхан 18:12-19:16.

Читать в ридере

Свободно для использования, адаптации и распространения по открытой лицензии (CC BY-SA 4.0).