40. Ийсаның атанақ ағашта өлтирилиўи
Ийсаны қамшылап, масқаралағаннан соң, әскерлер Оны өлимге ҳүким етилетуғын жерге алып кетти. Олар Ийсаны Өзи шегеленетуғын атанақ ағашты көтерип жүриўге мәжбүрледи.
Ийсаны Голгота, яғный «Бас сүйек орны» деген жерге алып барды. Сол жерде Оны атанақ ағашқа аяқ ҳәм қолларын шегеледи. Әскерлер Пилаттың буйрығы бойынша Ийсаның басының жоқарысына «Яҳудийлердиң Патшасы» деп жазылған тахтаны қыстырды. Атанақ ағашта Ийса аспанға қарап: «Әке, оларды кешир, өйткени олар не ислеп атырғанын билмейди», — деди.
Әскерлер Ийсаның кийими кимге тийисли болатуғынын шешиў ушын, шек таслады. Усылай етип, Мухаддес Жазыўда айтылған мына пайғамбаршылық орынланды: «Олар Мениң кийимлеримди өз-ара бөлисип, оған шек таслады».
Әскерлер Ийсаның еки тәрепине атанақ ағашларға еки қарақшыны шегеледи. Қарақшылардың бири Ийсаның үстинен мазақ етти, ал екиншиси оған: «Қудайдың сени жазалайтуғынынан қорқпайсаң ба? Бизлер жынаятларымыз себепли айыплымыз, ал бул Адамның айыбы жоқ-ғо», — деди. Кейин ол Ийсаға қарап былай деди: «Өтинемен, Өзиңниң Патшалығыңа киргенде, мени де есиңе ал». Ийса оған: «Бүгин-ақ, сен Мениң менен бирге жәннетте боласаң», — деди.
Топланған аламан, және де бас руўханийлер, Нызам муғаллимлери, ақсақаллар Ийсаны мазақ етти. Олар Ийсаға: «Егер Сен — Қудайдың Улы болсаң, атанақ ағаштан түсип, өзиңди қутқар! Сонда бизлер Саған исенемиз», — деди.
Күндизги ўақыт болыўына қарамастан, күтилмегенде аспан қараңғыласты. Сонда бул қараңғылық үш саат даўам етти.
Буннан соң Ийса бәлент даўыс пенен: «Орынланды! Әке, Руўхымды Сениң қолларыңа тапсыраман», — деди. Ол басын ийип, жан тапсырды. Бирден күшли жер силкиниў басланды. Ибадатханада болса Қудайдың дәргайынан адамларды ажыратып туратуғын үлкен перде жоқарыдан төменге шекем екиге бөлинип жыртылды.
Усылай етип, Ийса ҳәр бир адамның Қудайға келе алыўы ушын Өз өлими арқалы жол ашты. Ийсаны қараўыллап турған әскер жүз берип атырғанлардың барлығын көргенде, ол: «Бул Адам шынында да айыпсыз еди! Ол — Қудайдың Улы», — деди.
Ийсаның өлиминен соң, Пилаттың алдына Ийсаның Масийх екенине исенетуғын еки адам келди. Булар яҳудийлердиң кеңес ағзасы болған Юсуп ҳәм парисей Никодим еди. Олар Пилаттан Ийсаның денесин алыўға рухсат сорады. Пилат оларға рухсат берди. Олар Ийсаның денесин кепинге орап, жартасқа ойылған қәбирге алып келди ҳәм сол жерге қойды. Кейин олар үлкен тасты домалатып, қәбирдиң аўзын жаўды. Жума күн жуўмақланып, шемби күни кирип келди.
Мухаддес Китап ўақыялары. Матта 27:27-61; Марк 15:16-47; Лука 23:26-56; ҳәм Юхан 19:17-42.
Свободно для использования, адаптации и распространения по открытой лицензии (CC BY-SA 4.0).