41. Қудайдың Ийсаны өлимнен тирилтиўи

41. Қудайдың Ийсаны өлимнен тирилтиўи — иллюстрация 1

Ийсаның атанақ ағаштағы өлиминен соң, бас руўханийлер ҳәм парисейлер Пилатқа келип: «Бул өтирикши, еле тири гезинде Ол үш күннен соң тирилетуғынын айтып, тастыйықлаған еди. Оның шәкиртлери денесин урлап, кейин халыққа Ол қайта тирилди деп айтпаўы ушын қәбирдиң аўзына үш күнге қараўыл қойыўды буйыр», — деди.

41. Қудайдың Ийсаны өлимнен тирилтиўи — иллюстрация 2

Пилат: «Әҳмийетли деп есаплайтуғын болсаңыз, онда қараўылларды алып, қәбирди қараўыллаң», — деди. Олар барды да, қәбирдиң аўзындағы тасты мөрледи ҳәм ҳеш ким Ийсаның денесин урлай алмаўы ушын, ол жерге қараўылларды қойды.

41. Қудайдың Ийсаны өлимнен тирилтиўи — иллюстрация 3

Ийса өлгеннен кейинги күн, шаббат күни басланды. Сол күни жумыс ислеў ҳәм қандай да бир ислер менен шуғылланыў қадаған еди, сонлықтан Ийсаның шәкиртлери Оның қәбирине бармады. Шаббаттан кейинги келеси күни ерте таңда бир неше ҳаяллар Ийсаның қәбирине барыўды шешти. Олар Ийсаның денесине хош ийисли майларды таярлап қойды.

41. Қудайдың Ийсаны өлимнен тирилтиўи — иллюстрация 4

Сол күни азанда бирден жер қатты силкинди, себеби аспаннан периште түсти. Ол қәбирдиң аўзындағы тасты домалатып алып таслап, оның үстине отырды. Периште жылдырымдай жарқырап тур еди. Қәбирдиң жанындағы сақшылар оны көргенде, қорққанынан өли сыяқлы жерге жығылды.

41. Қудайдың Ийсаны өлимнен тирилтиўи — иллюстрация 5

Ҳаяллар қәбирге келгенде, олар да сол периштени көрди. Периште оларға: «Меннен қорқпаңлар. Ийсаны излеп жүргениңизди билемен, бирақ Ол бул жерде жоқ. Өзиниң айтқанындай, Ол өлимнен қайта тирилди! Қәбирге қараң, өзлериңиз қөресиз», — деди. Ҳаяллар қәбирдеги Ийсаның жатқан жерине қарады, Оның денеси ол жерде жоқ еди!

41. Қудайдың Ийсаны өлимнен тирилтиўи — иллюстрация 6

Периште ҳаяларға былай деди: «Барып, шәкиртлерге: „Ийса өлимнен қайта тирилди ҳәм Ол сизлерди Галилада күтип алады, — деп айтыңлар“».

41. Қудайдың Ийсаны өлимнен тирилтиўи — иллюстрация 7

Ҳаяллар қатты таң қалысты ҳәм қуўанышқа толды. Олар бул жақсы жаңалықты айтыў ушын, Ийсаның шәкиртлерине қарай жуўырып кетти.

41. Қудайдың Ийсаны өлимнен тирилтиўи — иллюстрация 8

Ҳаяллар еле жолда баратырған ўақытта, олардың алдында күтилмегенде Ийса пайда болды. Олар Ийсаның алдында жерге жығылып, Оның аяқларын қушақлады. Ийса: «Қорқпаңлар. Барыңлар ҳәм шәкиртлериме Галилаға барыўын айтыңлар. Сол жерде олар Мени көреди», — деди.

Мухаддес Китап ўақыялары. Матта 27:62-28:15; Марк 16:1-11; Лука 24:1-12; Юхан 20:1-18.

Читать в ридере

Свободно для использования, адаптации и распространения по открытой лицензии (CC BY-SA 4.0).