42. Ийсаның аспанға көтерилиўи
Қудай Ийсаны өлимнен қайта тирилткен күни, Оның еки шәкирти Ерусалимнен қоңсы қалаға баратыр еди. Жол бойынша олар Ийсаға не жүз бергени, Оған Израилды азат қылатуғын Масийх деп үмит еткени, бирақ Оның өлтирилгени ҳаққында сөйлесип баратыр еди. Оннан қала берсе, базы ҳаяллар Ийсаны көргенин ҳәм Оның тири екенин айтқан еди. Сонда шәкиртлер енди қайсысына исенерин билмеди.
Усы еки шәкирт сөйлесип баратырғанда, олардың қасына Ийса келип, олар менен бирге жүрди. Ийса олардан не туўралы сөйлесип атырғанын сорады. Ал олар Оны Ерусалимде болған ўақыялардан хабары жоқ жат жерли, деп ойлап, Оған өткен бир неше күнлер ишинде Ийсаға не жүз бергени ҳаққында ҳәммесин айтып берди.
Сонда Ийса оларға Қудайдың сөзинде Масийх туўралы не жазылғанын түсиндирип баслады. Узақ ўақыт даўамында пайғамбарлар гүнакарлардың Масийхқа азап берип, Оны өлтиретуғынын айтып келди. Бирақ пайғамбарлар және де Масийхтың үш күннен соң қайта тирилетуғынын да айтқан.
Шәкиртлери өзлери баратуғын қалаға келгенде, кеш болып қалған еди. Олар Ийсаға бирге түнеп қалыўды мирәт етти ҳәм Ол олар менен бирге үйге кирди. Кешки аўқаттың ўақтында Ийса нанды алып, Қудайға шүкирлик билдирди. Ол нанды алып бөлгенде, шәкиртлери Оның Ийса екенин билди. Бирақ сол сәттеақ Ийса көзден ғайып болып, оларға көринбей қалды.
Сонда сол шәкиртлери бир-бирине: «Бул Ийса еди! Сонлықтан да, Ол Қудайдың сөзин түсиндиргенде, шадлыққа толып тыңлаған екенбиз!» — дести. Олар дәрҳал Ерусалимге қайтты да, басқа шәкиртлерге: «Ийса тири! Бизлер Оны көрдик!» — деди.
Шәкиртлери еле сөзлерин айтып болмай атырып, бөлмеде тосаттан Ийса пайда болды. Ийса шәкиртлерине: «Тынышлық болсын!» — деди. Олар Оны әрўақ деп ойлады, бирақ Ийса: «Неге қорқасызлар? Неге Мен екениме исенбей атырсызлар? Мениң қол ҳәм аяқларыма қараңлар. Әрўақларда дене бола ма?» — деди. Өзиниң әрўақ емес екенин дәлиллеў ушын, олардан жейтуғын аўқат сорады. Олар Оған балықтың бир бөлегин берди, Ийса оны жеди.
Буннан соң Ийса: «Мен сизлерге Қудайдың сөзинде Өзим ҳаққында жазылғанлардың ҳәммеси орынланыўы шәрт ҳәм ол орынланды, деп айтқан едим», — деди. Кейин Ийса оларға Қудайдың Сөзин түсиндирип, былай деди: «Бурыннан пайғамбарлар Масийхтың, яғный Мениң азап шегип, өлетуғынымды ҳәм үшинши күни қайта тирилетуғынымды жазып келди.
Пайғамбарлар және де, Мениң шәкиртлеримниң Қудайдың хабарын тарқататуғынын, адамларды гүналары ушын тәўбе етиўге шақыратуғынын жазды. Сондай-ақ, олар гүналары ушын тәўбе еткен ҳәр бир адамды Қудайдың кеширетуғынын, Мениң шәкиртлерим бул хабарды ҳәмме жерге, Ерусалимнен баслап бәрше халықларға барып, тарқататуғынын да жазды». Буннан соң Ийса: «Сизлер — Мениң айтқанларым менен ислегенлериме ҳәм Маған жүз берген ўақыялардың ҳәммесине гүўасысыз», — деди.
Қырық күн даўамында Ийса Өзиниң шәкиртлерине көп мәрте көринди. Бир күни Ол бес жүз адамнан көбирек болған аламанға көринди! Және де Ийса оларға көринип, Қудайдың Патшалығы ҳаққында тәлим бергенде, Өз шәкиртлерине тири екенин көп мәртебе дәлилледи.
Бир күни Ийса шәкиртлерине көринип, оларға былай деди: «Қудай Маған аспанда да, жерде де бийлик берди. Сонлықтан Мен сизлерге адамлардың Мениң шәкиртлерим болыўы ушын, барып, пүткил халыққа ўаз етиўиңизди тапсыраман. Оларды Әкениң, Улдың ҳәм Мухаддес Руўхтың аты менен шомылдырың. Мениң сизлерге айтқанларымның ҳәммесин орынлаўды оларға үйретиң. Есте тутың, Мен ҳәмме ўақытта сизлер менен бирге боламан».
Ийса қайта тирилгеннен соң қырық күн өтип, шәкиртлерине: «Әкем Мухаддес Руўхын жиберип, сизлерге күш бермегенше, Ерусалимде қалың», — деди. Усыдан соң Ийса аспанға көтерилди ҳәм Ол бултлардың арасында олардың көзинен ғайып болды. Бүгин Ийса аспанда Қудайдың оң қол тәрепинде отырыпты ҳәм пүткил барлықты басқарып атыр.
Мухаддес Китап ўақыялары. Матта 28:16-20; Марк 16:12-20; Лука 24:13-53; Юхан 20:19-23; ҳәм Елшилер 1:1-11.
Свободно для использования, адаптации и распространения по открытой лицензии (CC BY-SA 4.0).