43. Жәмәәтлердиң туўылыўы
Ийса аспанға көтерилгеннен соң, шәкиртлери Ийсаның айтқанындай Ерусалимде қалды. Олар биргеликте дуўа етиў ушын, сол жерде ҳәмме ўақытта жыйналды.
Яҳудийлер ҳәр жылы Қутқарылыў байрамынан елиў күн өткеннен соң, Елиўинши күн деп аталған Ҳәптелер байрамын белгилейди. Сол күнди бирге байрамлаў ушын, дүньяның ҳәмме жеринен яҳудийлер жыйналатуғын еди. Ийса атанақ ағашқа шегеленип, қайта тирилген жылы, Ийсаның аспанға көтерилген күннен шама менен бир ҳәптеден соң Елиўинши күн басланды.
Елиўинши күн байрамында Ийсаға исениўшилердиң ҳәммеси бирге еди. Күтилмегенде, олар турған үй күшли самалға уқсас даўысқа толып кетти, ал олардың басларының жоқарысында отлы тилге уқсас нәрсе пайда болды. Барлық исениўшилер Мухаддес Руўхқа толды ҳәм ҳәр түрли жаңа тиллерде Қудайды алғыслай баслады. Олар бул тиллерди билмейтуғын еди, бирақ Мухаддес Руўх оларға сол тиллерде сөйлеў уқыбын берди.
Ерусалимдеги адамлар сол шаўқымды еситип, олар не жүз берип атырғанын көриў ушын шәкиртлер турған үйге жақын барды. Үйдиң дөгерегине жыйналған адамлар ҳәр түрли елден болып, ҳәр түрли тилде сөйлейтуғын еди, ал Ийсаның шәкиртлери Галиладан болып, тек ғана арамей ҳәм грек тилинде сөйлей алатуғын еди. Бирақ сол күни Ийсаның шәкиртлери ҳәр түрли тилде сөйледи ҳәм аламандағы ҳәр бир адам Қудайдың иси туўралы өз ана тилинде еситип, қатты таң қалысты.
Гейбир адамлар олар шарап ишип, мәс болған деп мысқыллап күлисти. Бирақ Петр бәлент даўыс пенен оларға былай деди: «Мени тыңлаңлар! Бул адамлар мәс емес! Ал сизлер Иоел пайғамбардың былай деп айтқанын көрип турсыз: Қудай: „Соңғы күнлерде барлық адамлардың үстине Өз Руўхымды жаўдыраман“, — деп айтты.
Қулақ салың, израиллылар! Өзиниң Ким екенин көрсетиў ушын, Ийса көп кәраматлар ҳәм белгилер иследи. Усы кәраматларды Қудайдың күши менен ислегенин өз көзиңиз бенен көрдиңиз ҳәм билесизлер. Соған қарамастан, сизлер Оны атанақ ағашқа шегеледиңиз!
Сизлер Ийсаны өлтирсеңиз де, Қудай Оны өлимнен қайта тирилтти. Усылай етип: „Өз Мухаддесиңниң денеси қәбирде шириўине жол қоймайсаң“, — деп жазылған пайғамбаршылық орынланды. Бизлер Қудайдың Ийсаны өмирге қайтарғанының гүўаларымыз.
Қудай Әке Өзиниң оң жағына Ийсаны отырғызып, уллы мәртебеге еристирди. Ал Ийса ўәде еткениндей, бизлерге Мухаддес Руўхты жиберди. Ҳәзир сизлердиң көрип ҳәм еситип турғаныңызды бизлерде Мухаддес Руўх ислеп атыр.
Сизлер сол Адамды, яғный Ийсаны атанақ ағашқа шегеледиңиз. Бирақ Қудай Оны Қутқарыўшы ҳәм пүткил барлықтың Ийеси қылғанын билиң».
Петрди тыңлаған адамлар оның сөзлеринен қатты тәсирленди. Олар Петр ҳәм шәкиртлерден: «Туўысқанлар, бизлер не ислеўимиз керек?» — деп сорады.
Сонда Петр жуўап берип: «Сизлердиң ҳәммеңиз гүналарыңыз ушын Қудайдан кеширим алыўыңыз керек. Солай етип, ҳәр бириңиз тәўбе етип, Ийса Масийхтың атынан суўға шомылдырылың. Сонда Қудай Мухаддес Руўхты сизлерге сыйға береди», — деди.
Сол күни үш мыңға жақын адам Петрдиң сөзлерине исенди. Олар гүналары ушын тәўбе етип, суўға шомылдырылды ҳәм Ийсаның шәкиртлери болып, жәмәәтке қосылды.
Исениўшилер жийи биргеликте жыйналды. Олар бәрқулла елшилердиң тәлимин үйренип, дуўа етти ҳәм Қудайды алғыслады. Олар бирге аўқатланды ҳәм өзлеринде бар болған ҳәмме нәрсесин бир-бири менен бөлисти. Қаладағы ҳәр бир адам олар туўралы жақсы пикирде болды. Ҳәр күни Ийсаға исенген адамлардың саны барған сайын өсип барды.
Мухаддес Китап ўақыялары. Елшилер 2-бап.
Свободно для использования, адаптации и распространения по открытой лицензии (CC BY-SA 4.0).