44. Петр менен Юханның ләң адамға шыпа бериўи

44. Петр менен Юханның ләң адамға шыпа бериўи — иллюстрация 1

Бир күни Петр менен Юхан Ибадатханаға барды. Ибадатхананың дәрўазасы алдында бир ләң адам қасынан өткен адамлардан ақша сорап, отыр еди.

44. Петр менен Юханның ләң адамға шыпа бериўи — иллюстрация 2

Петр ләң адамға қарап: «Саған бериў ушын менде ақша жоқ. Бирақ мен саған өзимде барымды беремен. Ийсаның аты менен орныңнан турып, жүр!» — деди.

44. Петр менен Юханның ләң адамға шыпа бериўи — иллюстрация 3

Сол сәтте-ақ Қудай аяғы ләң адамды шыпалады. Ол Қудайды алғыслап, жүрип ҳәм секирип баслады. Ибадатхананың ҳәўлисиндеги адамлар қатты таң қалысты.

44. Петр менен Юханның ләң адамға шыпа бериўи — иллюстрация 4

Шыпа тапқан адамды көриў ушын, тез арада көп адамлар жыйналып қалды. Сонда Петр былай деди: «Бул адамның шыпа тапқанына ҳайран қалмаңлар. Оны бизлер өз күшимиз ямаса ҳақлығымыз бенен шыпаламадық. Ал Ийса Өз күши менен оны шыпалады, себеби бизлер Ийсаға исенемиз.

44. Петр менен Юханның ләң адамға шыпа бериўи — иллюстрация 5

Сизлер Рим ҳүкимдарынан Ийсаны өлтириўди талап еттиңлер. Сизлер ҳәммеге өмир беретуғын Адамды өлтирдиңлер, бирақ Қудай Оны өлимнен қайта тирилтти. Сизлер не ислегениңизди түсинбедиңиз, бирақ сол арқалы пайғамбарлардың айтқанлары орынланды. Ал олар Масийхтың азап шегип, өлтирилетуғынын айтқан еди. Қудай Өз сөзин усылай әмелге асырды. Солай етип, тәўбе етиңлер ҳәм гүналарыңыздың жуўылыўы ушын Қудайға қайтыңлар».

44. Петр менен Юханның ләң адамға шыпа бериўи — иллюстрация 6

Петр менен Юханның сөзин еситип, руўханийлер ҳәм Ибадатхана сақшыларының басшылары қатты ашыўға минди. Олар елшилерди услап алды да, қамаққа таслады. Деген менен, Петрдиң айтқанына көп адамлар исенди. Сол күни бес мыңға жақын адам Ийсаға исенди.

44. Петр менен Юханның ләң адамға шыпа бериўи — иллюстрация 7

Келеси күни бас руўханийлер, Нызам муғаллимлери ҳәм ақсақаллар жыйналды. Оларға Петр менен Юханды, және де ләң кеселинен шыпаланған адамды алып келди. Олар Петр менен Юханнан: «Сизлер бул ләң адамды қандай күш пенен шыпаладыңыз?» — деп сорады.

44. Петр менен Юханның ләң адамға шыпа бериўи — иллюстрация 8

Петр оларға: «Сизлердиң алдыңызда турған адам Қутқарыўшы Ийсаның күши менен шыпаланды. Сизлер оны атанақ ағашқа шегелеп өлтирдиңиз, бирақ Қудай Оны қайта тирилтти! Сизлер Оннан бас тарттыңыз, бирақ Ийсадан басқа қутқарылатуғын жол жоқ!» — деп жуўап берди.

44. Петр менен Юханның ләң адамға шыпа бериўи — иллюстрация 9

Петр менен Юханның исеним менен айтқан сөзлерине сол жерде турғанлардың ҳәммеси таң қалысты. Олар өзлериниң алдында әпиўайы, оқымаған адамлар турғанын көрди, бирақ кейин оларды Ийса менен бирге көргенин еследи. Сонда руўханийлер ҳәм ақсақаллар Петр менен Юханға: «Егерде сизлер сол Ийса туўралы адамларға айтыўды даўам етсеңиз, жазаланасыз», — деди. Усылай қорқытып болып, олар Петр менен Юханды жиберди.

Мухаддес Китап ўақыялары. Елшилер 3:1-4:22.

Читать в ридере

Свободно для использования, адаптации и распространения по открытой лицензии (CC BY-SA 4.0).