45. Степан ҳәм Филип

45. Степан ҳәм Филип — иллюстрация 1

Ийсаға исениўшилер Хош Хабарды басқа адамлар менен бөлисиўди даўам етти ҳәм жәмәәтке барған сайын көп адам қосылды. Елшилер жәмәәтти басқарыў ушын өзлерине жәрдемшилер таңлаўды шешти. Сондай жәрдемшилердиң бири ҳәммениң ҳүрметине ерискен Степан деген адам болды. Ол Мухаддес Руўхтың күши ҳәм даналығына толып, көп кәраматлар иследи. Степанның ўазларынан соң, көп адамлар Ийсаның шәкирти болды.

45. Степан ҳәм Филип — иллюстрация 2

Бир күни Степан Ийса туўралы тәлим бергенде, басқа аймақтағы яҳудийлер оның менен тартысты, бирақ оның даналығына қарсы тура алмады. Сонда олар тил бириктирип: „Степан Муўса ҳәм Қудай ҳаққында жаман сөз айтты“, — деп ол ҳаққында жалған тарқатты. Бул мыш-мыш гәплер ақсақаллар менен Нызам муғаллимлериниң ғәзебин келтирди. Олар Степанды услап алып, бас руўханийдиң алдына алып барды. Сондай-ақ, ол жерге жалған гүўалар да барды ҳәм Степан ҳаққында өтирик сөйлей баслады.

45. Степан ҳәм Филип — иллюстрация 3

Бас руўханий Степаннан: «Бул адамлар сен туўралы дурыс айтып атыр ма?» — деп сорады. Степан Қудайдың Ибрайымның дәўиринен баслап, Ийсаның дәўирине дейин израил халқы ушын көп кәраматлар қылғанын айтып, бас руўханийге узақ ўақыт даўамында жуўап берди. Бирақ адамлар Қудайға қулақ салғысы келмеди ҳәм Оның еркине қарсы ис-ҳәрекет қылды. Степан өз сөзиниң ақырында: «Сизлер қайсар ҳәм Қудайға бойсынбайтуғын адамларсыз! Сизлер ата-абаларыңыздың Қудайдан бас тартып, пайғамбарларды өлтиргени сыяқлы Мухаддес Руўхтан жүз бурып атырсыз! Ал сизлер олардан да жаман ис қылдыңыз! Сизлер Масийхты өлтирдиңиз!» — деди.

45. Степан ҳәм Филип — иллюстрация 4

Сол жердеги адамлар буны еситип, қатты қәҳәрленди ҳәм бақырысып, Степанға қарай топылысты. Олар оны қаладан сыртқа шығарып, тас боран етип өлтирди.

45. Степан ҳәм Филип — иллюстрация 5

Адамлар Степанды тас боран қылып атырғанда, ол: «Ийса, руўхымды қабыл ет!» — деди. Кейин дизерлеп, бәлент даўыс пенен: «Устаз, бул гүнаны олардың мойнына жүклеме!» — деди. Усы сөзден кейин, ол жан тапсырды.

45. Степан ҳәм Филип — иллюстрация 6

Сол күнлери көп адамлар Ерусалимде Ийсаның шәкиртлерин қуўдалай баслады, соның ушын исениўшилер Яҳудия менен Самарияның ҳәмме жерине тарқап кетти. Бирақ олар қуўдалаўларға қарамастан, қай жерге барса да Ийса хаққында жәриялап жүрди.

45. Степан ҳәм Филип — иллюстрация 7

Елшилердиң таңлаған жәрдемшилериниң арасында Филип атлы және бир адам бар еди. Ол да басқа көпшилик шәкиртлердей, Ерусалимнен қашып, Самарияға кетип, Ийса ҳаққында жәриялады. Филиптиң айтқанына көп адамлар исенип, суўға шомылдырылды. Бир күни Қудайдың бир периштеси келип, Филипке Ерусалимнен шөл арқалы Газаға алып баратуғын жолға барыўды буйырды. Филип сондай қылды. Ол шөлистанға барғанда, арбада баратырған бир адамды көрди. Сол адам эфиопиялы абырайлы ҳәмелдар еди. Мухаддес Руўх Филипке сол адамға барып, оның менен сөйлесиўди айтты.

45. Степан ҳәм Филип — иллюстрация 8

Филип арбаның жанына барып, эфиопиялының Ийшая пайғамбардың китабынан: «Олар Оны қозы сыяқлы сойыўға алып барды. Қозы қалай үндемей турса, Ол да солай аўзын ашпады. Олар Оны кемситти, наҳақ ҳүким етип, Оны өлтирди», — деп оқып атырғанын еситти.

45. Степан ҳәм Филип — иллюстрация 9

Филип эфиопиялыдан: «Сен не ҳаққында оқып атырғаныңды түсинип атырсаң ба?» — деп сорады. Эфиопиялы оған: «Яқ, егер кимдур маған түсиндирип бермесе, түсине алмайман. Илтимас, жоқары шығып, қасыма отыр. Ийшая өзи ҳаққында жазған ба ямаса басқа биреў ҳаққында ма?» — деди.

45. Степан ҳәм Филип — иллюстрация 10

Филип арбаға отырып, эфиопиялыға Ийшаяның бул пайғамбаршылығы Ийсаға тийисли екенин түсиндирип берди. Филип және де сол адамға Ийса туўралы Хош Хабардың мәнисин ашып берип, Қудайдың Сөзиниң басқа көплеген жерлери туўралы да айтып берди.

45. Степан ҳәм Филип — иллюстрация 11

Усы ўақытта Филип пенен эфиопиялы суўдың қасынан өтип баратыр еди. Эфиопиялы: «Қара, мине суў бар. Усы жерде шомылдырыла аламан ба?» — деп сорады. Филип оған: «Егер сен шын жүректен исенсең, онда шомылдырыла аласаң», — деп жуўап берди. Эфиопиялы: «Мен Ийсаның — Қудайдың Улы екенине исенемен», — деди.

45. Степан ҳәм Филип — иллюстрация 12

Олар суўға түсти ҳәм Филип эфиопиялыны суўға шомылдырды. Олар суўдан шыққанда, Мухаддес Руўх бирден Филипти басқа жерге алып кетти. Буннан соң Филип ҳәр түрли қалаларға барып, Ийса туўралы ўаз етип, өз хызметин даўам етти.

45. Степан ҳәм Филип — иллюстрация 13

Ал эфиопиялы өз жолын даўам етип, үйине қайтты. Ийса туўралы билгенине ол қатты қуўанышлы болды.

Мухаддес Китап ўақыялары. Елшилер 6:8-8:5; 8:26-40.

Читать в ридере

Свободно для использования, адаптации и распространения по открытой лицензии (CC BY-SA 4.0).