46. Шаулдың Ийсаның шәкирти болыўы

46. Шаулдың Ийсаның шәкирти болыўы — иллюстрация 1

Сол ўақытлары Шаул деген бир адам жасады. Ол Ийсаның тәлимине қарсы шығып жүрди. Шаул Степанды өлтиргенлердиң кийимлерин қараўыллап, оның өлтирилиўин қоллап-қуўатлады. Кейин ала Шаул исениўшилерди қуўғын етип баслады. Ол Ерусалимде үйме-үй кирип, ер ҳәм ҳаялларды услап, оларды қамақханаға таслады. Бир күни Шаул бас руўханийге келип, Ийсаға исениўшилерди қолға алып, Ерусалимге алып келиў ҳуқықы болыўы ушын, оннан Дамасктеги мәжилисханаларға хатлар жазып бериўин сорады.

46. Шаулдың Ийсаның шәкирти болыўы — иллюстрация 2

Усындай хатларды алып, Шаул Дамаскқа қарай жол жүрип кетти. Ол қалаға жақынлап қалғанда, күтилмегенде аспаннан аппақ нур пүткил дөгеректи жарқыратып жиберди ҳәм Шаул жерге жығылды. Ол Биреўдиң: «Шаул! Шаул! Сен не ушын Мени қуўдалап атырсаң?» — деген даўысын еситти. Шаул: «Сен Кимсең, Ийем?» — деп сорады. Даўыс жуўап берип: «Мен — сен қуўдалап атырған Ийсаман!» — деди.

46. Шаулдың Ийсаның шәкирти болыўы — иллюстрация 3

Усыдан соң Шаул орнынан турды, бирақ көзлери ҳеш нәрсе көрмей, соқыр болып қалған еди. Қасындағы жолдаслары Шаулды Дамаскке алып барды. Үш күн даўамында ол ҳеш нәрсе ишип-жемеди.

46. Шаулдың Ийсаның шәкирти болыўы — иллюстрация 4

Сол ўақытлары Дамаскте Ханания атлы Ийсаның шәкирти жасайтуғын еди. Қудай оған: «Шаул болып атырған үйге бар. Ол қайтадан көре алыўы ушын үстине қолыңды қойып дуўа ет», — деди. Ханания жуўап берип: «Устаз, мениң еситиўимше, бул адам Саған исенгенлерди қуўдалап атыр екен», — деди. Қудай оған жуўап берип, былай деди: «Бар! Еврейлерге ҳәм басқа миллетлерге Мен туўралы айтыўы ушын оны таңладым. Ол Мен ушын көп азап шегиўи керек».

46. Шаулдың Ийсаның шәкирти болыўы — иллюстрация 5

Ханания Шаулға барды ҳәм оған қолларын қойып, былай деди: «Сен қайтадан көриўиң ҳәм Мухаддес Руўхқа толыўың ушын саған жолда көринген Ийса мени жиберди». Сол сәтте-ақ, Шаулдың көзлери ашылды ҳәм Ханания оны суўға шомылдырды. Соңынан Шаул азғана аўқат жеди ҳәм күшке енди.

46. Шаулдың Ийсаның шәкирти болыўы — иллюстрация 6

Шаул Ийсаның шәкиртлери менен бир неше күн Дамаскте қалды. Ол мәжилисханаларда «Ийса — Қудайдың Улы!» деп, яҳудийлерге жәриялай баслады. Оның ўазларын еситкен яҳудийлер жүдә таң қалысты, себеби Шаул исениўшилерди қуўдалайтуғын еди, ал енди болса оның өзи тосатттан Ийсаға исенип қалды! Бирақ Шаул Ийсаның Масийх екенин исенимли дәлиллер келтирип, яҳудийлерге ўаз қылды.

46. Шаулдың Ийсаның шәкирти болыўы — иллюстрация 7

Бираз ўақыттан кейин яҳудийлер Шаулды өлтириў туўралы жоба дүзди. Олар қала дәрўазасының алдына оны өлтириў ушын аңылып турыўға адамларды жиберди. Бирақ Шаул олардың жобасын билип қалды, сонда дослары оған қашып кетиўине жәрдем берди. Түнде олар Шаулды себетке салып, қала дийўалынан түсирип жиберди. Шаул Дамасктен қашып кеткеннен кейин, қай жерге барса да, ҳәмме жерде Ийса ҳаққында ўаз қылып жүрди.

46. Шаулдың Ийсаның шәкирти болыўы — иллюстрация 8

Шаул елшилер менен ушырасыў ушын Ерусалимге барды, бирақ оның Ийсаның шәкирти болғанына исенбей, ҳәмме оннан қорқты. Сонда Барнаба деген бир исениўши Шаулды елшилерге алып келди. Ол Шаулдың Дамаскте батырлық пенен қандай ўаз қылғанын айтып берди. Буннан соң ғана елшилер Шаулды қабыл етти.

46. Шаулдың Ийсаның шәкирти болыўы — иллюстрация 9

Ерусалимдеги қуўдалаўлардан қашқан Ийсаға исениўши айырым адамлар алыс Антиохия қаласына кетип, сол жерде Ийса туўралы жәриялады. Антиохиядағы көпшилик адамлар еврей емес еди, бирақ олар шәкиртлердиң Ийса ҳаққындағы ўазын еситип, Оған исенетуғын болды. Булар Ийсаға Қудайдың Улы сыпатында исенген еврей миллетинен болмаған биринши адамлар еди. Барнаба менен Шаул жаңа исениўшилерге Ийса туўралы көбирек тәлим берип, жәмәәтти руўхый беккемлеў ушын Антиохияға кетти. Ийсаға исениўшилер биринши мәрте усы Антиохияда «масийхыйлар» деп аталып баслады.

46. Шаулдың Ийсаның шәкирти болыўы — иллюстрация 10

Бир күни Антиохиядағы Ийсаның шәкиртлери ораза тутып, дуўа еткенде, Мухаддес Руўх оларға: «Мен шақырған ис ушын, Маған Барнаба менен Шаулды ажыратып бериңлер», — деди. Антиохиядағы исениўшилер Барнаба менен Шаулға қолларын қойып, дуўа етти. Соннан кейин, Барнаба менен Шаул Антиохиядан кетип, ҳәр түрли халықларға Ийса ҳаққында ўаз етти ҳәм олардың көпшилиги Ийсаға исенди.

Мухаддес Китап ўақыялары. Елшилер 8:3; 9:1-31; 11:19-26; 13:1-3.

Читать в ридере

Свободно для использования, адаптации и распространения по открытой лицензии (CC BY-SA 4.0).