47. Павел менен Сила Филип қаласында
Шаул Масийх туўралы жәриялап, Рим империясы бойлап, көп сапарға шықты. Оны бурынғыдай «Шаул» деп атаўды тоқтатып, римше «Павел» деп атап баслады. Бир күни Павел ҳәм оның досты Сила Ийса Масийх ҳаққындағы тәлимди жәриялаў ушын, Филип қаласына кетти. Олар исениўшилер дуўа етиўге жыйналатуғын қала сыртындағы дәрьяның бойына барды. Жыйналғанлардың арасында қымбат баҳалы гезлемелер сататуғын Лидия деген ҳаял бар еди. Лидия Қудайды сүйип қалды ҳәм Оған сыйынды.
Павелдиң ўазын түсиниўи ушын Қудай Лидияның жүрегин ашты ҳәм ол Ийсаға исенди. Павел менен Сила Лидияны ҳәм оның шаңарағын суўға шомылдырды. Кейин ол елшилерди үйине мирәт етти ҳәм oлар буған келисим берди.
Павел менен Сила дуўа етиў жыйналысында адамлар менен жийи ушырасты. Бир күни олар сол жерге баратырғанда, олардың алдынан адамларға пал ашып, келешекти болжап айтатуғын жаўыз руўхлы бир шоры шықты. Бул шоры усындай палкерлик пенен өз хожайынына көп ақша ислеп табатуғын еди.
Бул ҳаял Павел менен Силаның изинен жүрип: «Бул адамлар — Қүдиретли Қудайдың хызметшилери. Олар сизлерге қутқарылыў жолын көрсетеди!» — деп бақырып жүрди. Ҳаял ҳәр күни усылай ислегенликтен, Павел буннан бийзар болды.
Күнлердиң биринде шоры және бақыра баслады, Павел оған бурылып, ондағы жаўыз руўхқа: «Ийсаның аты менен оннан шығып кет!» — деди. Ол шорыдан дәрҳал шығып кетти.
Шорының хожайынлары қатты ашыўға минди. Олар бул жаўыз руўхсыз шорысының ҳеш қандай келешекти болжай алмайтуғынын түсинди. Ал шорының болжаўларысыз болса олар дәраматтан айырылатуғын еди.
Шорының хожайынлары Павел менен Силаны Рим басшыларының алдына алып барып, оларды тәртипсизлик шығарғанлықта айыплады ҳәм буны көп адамлар мақуллады. Басшылар елшилерди таяқ пенен сабап, қамаққа таслаўды буйырды.
Павел менен Силаны қатты сабағаннан соң, сақшылары көп болған қамақханаға жайластырды. Олардың аяқларын ағаш буғаўлар менен қысып таслады. Түнниң орталарында Павел менен Сила Қудайды алғыслап, қосық айта баслады.
Тосаттан күшли жер силкиниў болды. Қамақхананың ҳәмме есиклери кең ашылып, тутқынлардың шынжырлары шешилип кетти.
Қамақхананың сақшысы оянып, есиклердиң ашылғанын көрди. Ол тутқынлардың ҳәммеси қашып кетти деп ойлап, олардың қашқаны ушын мени өлтиреди деп қорқып кетти. Сонлықтан да өзин өлтириўди шешти. Буны көрген Павел: «Тоқта! Өзиңе зыян келтирме. Ҳәммемиз усы жердемиз», — деп бақырды.
Сақшы қорқыныштан дирилдеп, Павел менен Силаның аяғына жығылды ҳәм оларды қамақханадан шығарып: «Қутқарылыўым ушын не қылыўым керек?» — деп сорады. Павел: «Ийемиз Ийсаға исен, сонда сен де, шаңарағың да қутқарыласызлар», — деди. Сақшы Павел менен Силаны үйине алып барып, жараларын жуўды. Павел оның үйиндегилердиң ҳәммесине Ийса ҳаққында айтып берди.
Қамақхананың сақшысы ҳәм оның пүткил шаңарағы Ийсаға исенди, кейин Павел оларды суўға шомылдырды. Соннан соң сақшы оларға дастурхан жайды. Оның үйиндеги ҳәр бир адам Қудайға исенгенине қуўанды. Ал Павел менен Сила қамақханаға қайтты.
Келеси күни Павелдиң Рим пуқарасы екенин билген басшылар Павел менен Силаны босатыўды буйырып, олардан қаладан шығып кетиўин өтинди. Павел менен Сила Лидия ҳәм басқа досларынан хабар алғаннан соң, қаладан шығып кетти. Ийса ҳаққындағы Хош Хабар тарқалып, жәмәәт өсиўди даўам етти.
Павел ҳәм жәмәәтлердиң басқа да жетекшилери Ийсаны жәриялап, адамларға тәлим берип, көп қалаларға сапарға шықты. Олар исениўшилерди жигерлендириў ҳәм тәлим бериў ушын ҳәр түрли жәмәәтлерге көп хатлар жазды. Усы хатлардың базылары Мухаддес Жазыўдағы китаплар болып қалды.
Мухаддес Китап ўақыялары. Елшилер 16:11-40.
Свободно для использования, адаптации и распространения по открытой лицензии (CC BY-SA 4.0).