48. Ийса — Ол ўәде етилген Қутқарыўшы

48. Ийса — Ол ўәде етилген Қутқарыўшы — иллюстрация 1

Қудай әлемди жаратқанда, ҳәммеси минсиз болды. Дүньяда гүна жоқ еди. Адам-ата менен Ҳаўа-ене Қудайды ҳәм бир-бирин сүйди. Жер жүзинде аўырыў да, өлим де жоқ еди. Қудай дүньяның негизинде усындай болыўын жобаластырған еди.

48. Ийса — Ол ўәде етилген Қутқарыўшы — иллюстрация 2

Бирақ шайтан жылан арқалы Ҳаўа-ене менен сөйлесип, оны алдады ҳәм Адам менен Ҳаўа-ене Қудайға қарсы гүна иследи. Олардың гүнасы себепли жер жүзинде жасайтуғын ҳәмме өледи.

48. Ийса — Ол ўәде етилген Қутқарыўшы — иллюстрация 3

Адам-ата менен Ҳаўа-ене Қудайдың еркине бойсыныўды қәлемейтуғын Оның душпанына айланды. Инсанлар менен Қудайдың арасындағы тынышлық жойтылған еди. Соннан берли ҳәр бир адам Адам-ата менен Ҳаўа-енениң зүрияты болғаны ушын, гүнакар ҳәм Қудайға душпан болып туўылады. Бирақ Қудай ең бастағыдай адамлар менен қарым-қатнасын қайта тиклеўди ҳәмме ўақытта қәледи.

48. Ийса — Ол ўәде етилген Қутқарыўшы — иллюстрация 4

Қудай Ҳаўа-енениң урпақларынан бири шайтанның басын езип, ал шайтан Оның табанын жарақатлайтуғынын айтып, ўәде етти. Буның мәниси: шайтан Масийхты өлтиреди, бирақ Қудай Оны қайта тирилтеди. Сөйтип, Масийх пүткиллей шайтанның ҳәкимиятын бузады. Көп жыллар өтип, Қудай адамларға ўәде етилген Қутқарыўшы Масийхты жиберди. Бул Қутқарыўшы — Ийса еди.

48. Ийса — Ол ўәде етилген Қутқарыўшы — иллюстрация 5

Ийса туўылмасынан көп жыллар алдын Қудай Өзи жиберетуғын топан суўдан Нух ҳәм оның шаңарағы қутқарылыўы ушын, оған кеме соғыўды буйырды. Себеби Қудай гүнакар адамларды топан суўы менен жазалаўды қәлеген еди. Нух Қудайға исенди ҳәм кемени соқты. Ал жер жүзин топан суўы басып, барлық тири жан набыт болды. Тек Нух ҳәм оның шаңарағы ғана аман қалды. Ҳәзирги күнде де усылай жүз берип атыр — ҳәр бир адам Қудайға қарсы шығып, гүнакар болғаны ушын өлимге ылайықлы. Бирақ Қудай Ийсаға исенгенлердиң ҳәммеси қутқарылыўы ушын, Оны жиберди.

48. Ийса — Ол ўәде етилген Қутқарыўшы — иллюстрация 6

Жүз жыллар даўамында руўханийлер адамлардың гүналардан тазаланыўы ушын, Қудайға қурбанлықлар алып келетуғын еди. Қурбанлықлардың алып келиниўи, адамлардың гүнакар екенин ҳәм олар Қудайдың жазасына ылайықлы екенин билиўге жәрдем беретуғын еди. Бирақ қурбанлықлар адамларды гүнадан толық азат ете алмайтуғын еди. Руўханийлер ислей алмаған нәрсени Ийса иследи. Ол Өз жанын берип, ҳәр бир адамның гүнасын толық жоқ қыла алатуғын жалғыз қурбанлық болды. Ийса бизлер алыўымыз керек болған жазаны Өзине алды. Соның ушын, Ийса — Ол уллы Бас руўханий.

48. Ийса — Ол ўәде етилген Қутқарыўшы — иллюстрация 7

Ибрайым жер жүзинде жасағанда, Қудай оған: «Мен сен арқалы жер жүзиндеги барлық халықларды жарылқайман», — деген еди. Ийса Ибрайымның урпағы еди. Бүгин Қудай Ийсаға исенген барлық халықларды Ибрайым арқалы жарылқайды. Қудай оларды гүна ушын берилетуғын жазадан қутқарады ҳәм оларды Ибрайымның руўхый урпақлары деп есаплайды.

48. Ийса — Ол ўәде етилген Қутқарыўшы — иллюстрация 8

Бир күнлери Қудай Ибрайымға улы Ысақты қурбанлыққа бериўди буйырды. Бирақ Қудай Ибрайымның бойсынғанын көрип, Ысақтың орнына қурбанлық қылыўы ушын, оған жанлық берди. Ҳәр биримиз өз гүналарымыз ушын өлимге ылайықлымыз, бирақ бизлердиң орнымызға өлиўи ушын, Қудай Ийсаны қурбанлыққа берди. Мине, сонлықтан да бизлер Ийсаны Қудайдың Қозысы деп атаймыз.

48. Ийса — Ол ўәде етилген Қутқарыўшы — иллюстрация 9

Қудай Мысырға соңғы жазасын жибергенде, Ол ҳәр бир израиллы шаңараққа қозы сойыўды буйырды. Бул мысырлыларға берилген жазадан, яғный ҳәр бир шаңарақтағы туңғыш улдың өлиминен израиллылардың аман қалыўына жәрдем берди. Қурбанлық болатуғын қозы минсиз болыўы шәрт еди. Еврейлер қозының қанын есиклериниң жақлаўларына жағыўы керек еди. Қудай бул қанды көргенде, қасынан өтип кетти ҳәм сол үйге жаза келмеди. Бул ўақыяны Қудай Қутқарылыў асы деп атады.

48. Ийса — Ол ўәде етилген Қутқарыўшы — иллюстрация 10

Ийса ҳеш қашан гүна ислемеди ҳәм ҳеш нәрседе айыплы болмады. Ол Қутқарылыў байрамы ўақтында қурбанлық етилген қозыға уқсайды. Ҳәр бир адам Ийсаға исенген ўақытта, Оның қаны сол адамның гүнасы ушын төленетуғын қун болады ҳәм Қудай оны жазаламайды. Қудай бул адамның қасынан жазасын бермей, өтип кеткенге уқсайды.

48. Ийса — Ол ўәде етилген Қутқарыўшы — иллюстрация 11

Қудайдың израиллылар менен келисим дүзгени есимизде, себеби Ол Өзиниң халқы қылып оларды таңлады. Бирақ Ийса келген ўақытта, Қудай барлық халықлардағы исениўшилер менен Жаңа келисим дүзди. Енди Жаңа келисимди қабыл еткен ҳәр бир адам Қудайдың халқына қосылады. Бул Ийсаға исениў арқалы жүз береди.

48. Ийса — Ол ўәде етилген Қутқарыўшы — иллюстрация 12

Муўса Қудайдың Сөзин үлкен бийлик пенен ўаз еткен уллы пайғамбар болып есапланады. Бирақ Ийса — ҳәмме пайғамбарлардан уллы. Ол — Қудай, сонлықтан да Оның сөзлери ҳәм ислери Қудайдың сөзлери ҳәм ислери болып табылады. Соның ушын да, Мухаддес Китаптағы Ийсаның бир аты — Қудайдың Сөзи деп аталады.

48. Ийса — Ол ўәде етилген Қутқарыўшы — иллюстрация 13

Қудай Өз халқына оның урпақларынан бири мәңги ҳүкимдарлық ететуғынын айтып, Даўыт патшаға ўәде етти. Ийса — Даўыттың сол Урпағы болды. Ол мәңги ҳүкимдарлық ететуғын Қудайдың Улы ҳәм Қутқарыўшы.

48. Ийса — Ол ўәде етилген Қутқарыўшы — иллюстрация 14

Даўыт Израилдың патшасы болды, бирақ Ийса — пүткил Әлемниң Патшасы! Ол және қайтып келип, Өз Патшалығын тынышлық ҳәм әдиллик пенен мәңги басқарады.

Мухаддес Китап ўақыялары. Жаратылыс 1-3, 6, 14, 22-баплар; Шығыў 12, 20-баплар; 2-Патшалық 7-бап; Еврейлер 3:1-6, 4:14-5:10, 7:1-8:13, 9:11-10:18; Аян 21-бап.

Читать в ридере

Свободно для использования, адаптации и распространения по открытой лицензии (CC BY-SA 4.0).