49. Қудай орнатқан Жаңа Келисим

49. Қудай орнатқан Жаңа Келисим — иллюстрация 1

Ийса туўылмастан алдын, Мәриям деген бир қызға периште келип, Қудайдың Улын туўатуғынын айтты. Мәриям пәк қыз еди, бирақ Мухаддес Руўх оның үстине түсти ҳәм ол ҳәмиледар болды. Мәриям Ул туўды ҳәм Оның атын Ийса деп қойды. Соның ушын, Ийса — ҳәм Қудай ҳәм Адам болды.

49. Қудай орнатқан Жаңа Келисим — иллюстрация 2

Ийса жерде жүрген ўақтында, Өзиниң Қудай екенин көрсететуғын көп кәраматлар иследи. Ол суўдың үсти менен жүрди, даўылды тынышландырды, аўырыўларға шыпа берди ҳәм жинлерди қуўды. Ийса өлилерди тирилтти ҳәм бес нан менен еки балықты көбейтип, бес мыңнан артық адамды тойдырды.

49. Қудай орнатқан Жаңа Келисим — иллюстрация 3

Ийса уллы Устаз болды. Оның пүткил тәлими ҳақыйқат. Сонлықтан бизлер Ийсаның айтқанларын орынлаўымыз тийис, өйткени Ол — Қудайдың Улы. Ийсаның ең баслы тәлимлериниң бири өзимизди сүйгендей етип, басқаларды да сүйиў кереклиги ҳаққында болды.

49. Қудай орнатқан Жаңа Келисим — иллюстрация 4

Ол және де, ҳәмме нәрседен, ҳәттеки өзиңиз ийе болған ҳәмме нәрседен де көбирек Қудайды сүйиўдиң әҳмийетлилигин айтып, тәлим берди.

49. Қудай орнатқан Жаңа Келисим — иллюстрация 5

Ийса бул дүньядағы байлықтың ҳәммесине ийе болғаннан гөре, Қудайдың Патшалығына кирген жақсырақ екенин айтты. Қудайдың Патшалығына кире алыўың ушын, Ол сени гүналарың ушын берилетуғын жазадан қутқарыўы керек.

49. Қудай орнатқан Жаңа Келисим — иллюстрация 6

Ийса Өзин қабыллайтуғын адамлар болатуғынын ҳәм Қудай оларды қутқаратуғынын айтты. Бирақ Оны қабылламайтуғын адамлар да болады. Ийса айырым адамлардың жақсы топыраққа мегзейтуғынын айтты. Қудайдың сөзи туқым сыяқлы сол топыраққа түсип, өсип шығады. Бундай адамлар Ийсаны қабыллайды ҳәм қутқарылады. Бирақ базы адамлар жол бойындағы қатты жер сыяқлы болып, Қудайдың сөзи туқым киби усы жерге түседи, бирақ өсип шыға алмайды. Бундай адамлар Ийсадан жүз бурады. Булар Оның Патшалығына кириўден бас тартады.

49. Қудай орнатқан Жаңа Келисим — иллюстрация 7

Ийса Қудайдың ҳәмме адамларды, ҳәттеки гүнакарларды да қатты сүйетуғынын айтып, тәлим берди. Қудай ҳәммени кеширип, Өзиниң балалары етип қабыллаўды қәлейди.

49. Қудай орнатқан Жаңа Келисим — иллюстрация 8

Адам-ата менен Ҳаўа-ене гүна ислегеннен соң, олардың барлық әўлады гүнакар болып туўыла баслады. Адамлардың ҳәммеси гүна ислейди ҳәм Қудайдан узақта. Ҳәр бир инсан туўылғанынан баслап, өз тәбияты бойынша Қудайға ҳәм Оның еркине қарсы.

49. Қудай орнатқан Жаңа Келисим — иллюстрация 9

Бирақ Қудай адамларды соншелли сүйгенликтен, Өзиниң жалғыз Улын қурбанлыққа берди. Қудай Ийсаға исенген адамларды жазаламайды ҳәм барлық исениўшилер Оның менен мәңги бирге жасайды.

49. Қудай орнатқан Жаңа Келисим — иллюстрация 10

Ҳәр бир адам өлимге ылайықлы. Сен де солардың қатарындасаң, өйткени сен — гүнакарсаң. Қудайдың сени жазалаўы әдиллик есапланады, бирақ сениң орныңа гүналарың ушын Ийса жазаланды. Ийса атанақ ағашқа шегеленгенде, Қудай сениң жазаңды Оған жүкледи.

49. Қудай орнатқан Жаңа Келисим — иллюстрация 11

Ийса бирде бир гүна ислеген жоқ. Деген менен, Ол атанақ ағашта ең аўыр өлим менен өлип, гүнаның жазасын алды. Ийса сениң ҳәм бул дүньядағы ҳәр бир адамның гүналарына төлем төлеў ушын, минсиз қурбанлық болды. Соның ушын да Қудай Ийсаға исенген ҳәр бир адамның ҳәттеки ең қорқынышлы гүналарын да кеширеди.

49. Қудай орнатқан Жаңа Келисим — иллюстрация 12

Ҳәттеки көплеген саўап ислер де гүна ушын берилетуғын жазадан сени қутқара алмайды. Қудай менен жарасып, Оның досты болыўың ушын өзиң ҳеш нәрсе ислей алмайсаң. Бирақ сен Ийсаның Қудайдың Улы екенине, Оның атанақ ағашта гүналарың ушын өлгенине ҳәм Қудайдың Оны қайтадан тирилткенине исениўиң керек. Егер сен буған исенсең, сонда Қудай сениң барлық гүналарыңды кеширеди.

49. Қудай орнатқан Жаңа Келисим — иллюстрация 13

Қудай Ийсаға исенген ҳәм Оны Ийем деп тән алған ҳәр бир адамды қутқарады. Бирақ Ол Ийсаға исенбегенлерди қутқармайды. Сениң бай ямаса жарлы, еркек ямаса ҳаял, ғарры ямаса жас болғаның ҳәм қай жерде жасайтуғының әҳмийетли емес. Қудай сени сүйеди ҳәм Ол сениң Ийсаға исенгениңди ҳәм Оның сениң Достың болғанын қәлейди.

49. Қудай орнатқан Жаңа Келисим — иллюстрация 14

Ийса сени Өзине исениўге ҳәм суўға шомылдырылыўға шақырады. Сен Ийсаның Қутқарыўшы ҳәм Қудайдың жалғыз Улы екенине исенесең бе? Өзиңниң гүнакар екениңе ҳәм гүналарың ушын Қудайдың жазасына ылайықлы екениңе исенесең бе? Гүналарыңды алыў ушын Ийсаның атанақ ағашта өлгенине исенесең бе?

49. Қудай орнатқан Жаңа Келисим — иллюстрация 15

Егер сен Ийсаға исенсең ҳәм Оның сен ушын ислегенлерин ашық тән алсаң, Масийхтың шәкирти боласаң. Шайтан енди сени басқара алмайды ҳәм қараңғылық патшалығы сениң үстиңнен бийлик қыла алмайды. Бирақ Қудайдың Өзи Нур Патшалығынан сени басқарады. Қудай саған гүнаға қарсы турыўға ҳәм Оның ерки бойынша жасаўға күш береди.

49. Қудай орнатқан Жаңа Келисим — иллюстрация 16

Егерде сен Ийсаға ҳәм Оның атанақ ағаштағы қурбанлығына исенген болсаң, демек Қудай гүнаңды кеширди. Сен Қудайдың душпаны емес, ал енди Оның досты болдың.

49. Қудай орнатқан Жаңа Келисим — иллюстрация 17

Ал енди сен Қудайдың досты, Ийемиз Ийсаның хызметшиси болсаң, онда Ийсаның саған үйретип атырғанларының ҳәммесин орынлаўға ҳәрекет ет. Деген менен, шайтанның сени гүнаға ийтермелейтуғынын есте тут. Бирақ Қудай Өзи берген ўәдесин ҳәмме ўақытта орынлайды. Егерде сен Қудайдың алдында гүналарыңды мойынласаң, Ол сени кеширеди ҳәм гүнаны жеңиўиңе саған күш береди.

49. Қудай орнатқан Жаңа Келисим — иллюстрация 18

Қудай сениң дуўа етип, Оның сөзин үйренгениңди қәлейди. Ол сениң Ийсаға исениўши басқа шәкиртлер менен бирге сыйынып, Ийсаның сен ушын не қылғаны туўралы адамларға гүўалық бериўиңди қәлейди. Егерде сен усылардың барлығын орынласаң, онда сениң Қудай менен дослығың барған сайын беккемеленип барады.

Мухаддес Китап ўақыялары. Римлилер 3:21-26; 5:1-11; Юхан 3:16; Марк 16:16; Колосалылар 1:13-14; 2-Коринфлилер 5:17-21; ҳәм 1-Юхан 1:5-10.

Читать в ридере

Свободно для использования, адаптации и распространения по открытой лицензии (CC BY-SA 4.0).