50. Ийсаның қайтып келиўи
Дерлик еки мың жыл даўамында дүнья жүзинде көп адамлар Қутқарыўшы Ийса туўралы Хош Хабарды еситип, қабыллап атыр ҳәм Жәмәәтлердиң өсиўи даўам етпекте. Ийса бул дүньяның ақырында қайтып келиўди ўәде етти. Ийса еле қайтып келмегени менен, Ол сөзсиз Өз сөзинде турады ҳәм қайтып келеди.
Бизлер Ийсаның қайтып келиўин күтер екенбиз, Қудай бизлердиң мухаддес болып жасаўымызды ҳәм Оған ҳүрмет көрсетиўимизди қәлейди. Және де, Оның Патшалығы ҳаққында басқа адамларға айтып бериўимизди қәлейди. Ийса жер бетинде жасаған ўақытта, Ол: «Мениң шәкиртлерим Қудайдың Патшалығы туўралы Хош Хабарды пүткил дүнья жүзиндеги адамларға айтады, соннан кейин ақырғы күн келеди», — деди.
Көп халықлар елеге дейин Ийса туўралы еситпеди, сонлықтан Ийса аспанға көтерилмесинен алдын Өз шәкиртлерине жер жүзине Хош Хабарды тарқатыўды буйырды. Ол: «Барыңлар, бәрше халықларға жәриялаңлар ҳәм оларды Маған шәкирт қылыңлар!» — деди. Және де, Ол: «Орылатуғын егин көп, жумысшылар аз. Сонлықтан Қудайдан егинди оратуғын жумысшылар жибериўин дуўа етип сораңлар», — деди. Ийсаның бул сөзлери Хош Хабар айтатуғын шәкиртлердиң көп болыўы кереклигин билдиреди.
Және де, Ийса былай деди: «Хызметши хожасынан уллы емес. Бул дүнья Мени жек көреди. Адамлар Мен себепли сизлерди жек көреди, қыйнайды ҳәм өлтиреди. Бул дүньяда азап шексеңизде, жигерли болың, өйткени бул дүньяны басқаратуғын шайтанды жеңдим! Егерде сизлер ақырына дейин Маған садық қалсаңыз, онда Қудай сизлерди қутқарады!»
Ийса бул дүьяның ақырында адамларға не жүз беретуғынын түсиндириў ушын, Өз шәкиртлерине тымсал менен айтып, былай деди: «Бир адам өз атызына жақсы туқым сеўипти. Ол уйықлап атырғанда, душпан келип, дәнниң арасына жабайы шөптиң туқымын сеўип, жасырыныпты.
Туқымлар өсип шыққанда, сол адамның хызметкерлери оннан былай деп сорапты: „Хожайын, сен бул атызға жақсы туқым еккен едиң. Онда бул жерде жабайы шөплер қаяқтан пайда болған?“ Хожайыны: „Буны мениң душпанларымның бири ислеген“, — деп жуўап берипти.
Жумысшылар хожайынынан былай деп сорапты: „Бизлер бул жабайы шөплерди жулып таслайық па?“ Хожайыны жуўап берип: „Яқ. Егер сизлер жабайы шөплерди жулсаңыз, бийдайды да жулып алыўыңыз мүмкин. Зүрәәтти жыйнаў ўақтына шекем күте турыңлар ҳәм сонда сизлер жабайы шөплерди үйип ҳәм оларды жағып жиберсеңиз болады. Ал, бийдайын болса, мениң дән сақлағышыма жыйнайсызлар“, — депти».
Шәкиртлери бул тымсалды түсинбегенликтен, Ийсадан оны түсиндириўин сорады. Ийса былай деди: «Жақсы туқым сеўген адам — бул Масийх. Атыз — бул дүнья. Жақсы туқымлар — булар Қудай Патшалығының адамлары.
Жабайы шөплер — булар шайтанға тийисли адамлар. Жабайы шөплерди егиўши — бул инсанның душпаны болған шайтан. Зүрәәт жыйнаў ақырзаманды билдиреди, ал жумысшылар — бул Қудайдың периштелери.
Усы дүньяның ақыры келгенде, периштелер шайтанға тийисли адамлардың ҳәммесин бир жерге жыйнайды ҳәм оларды жанып турған отқа таслайды. Ол жерде гүнакарлар өкирип жылап, аўыр азаптан тислерин қайрап, өкинеди. Ал Ийсаның изине ерген ҳақ адамлар өз Әкеси болған Қудайдың Патшалығында қуяш сыяқлы жарқырайды».
Ийса бул дүньяның ақыры болғанда Өзиниң жерге қайтып келетуғынын айтып ўәде етти. Ол қалай кеткен болса, солай қайтып келеди. Оның физикалық денеси болады ҳәм Ол аспаннан бултлардың үстинде қайтып келеди. Сол ўақытта бул дүньядан өткен Оған исениўшилердиң ҳәммеси өлимнен қайта тириледи.
Кейин сол ўақытта жер жүзинде тири болған Ийсаға исениўшилердиң барлығы өлимнен қайта тирилген исениўшилер менен биргеликте аспанға көтериледи. Сонда олардың ҳәммеси биргеликте Өз халқына мәңги ҳүкимдарлық ететуғын Ийса менен толық тынышлықта жасайды.
Ийса Өзине исенген ҳәр бир адамға айрықша таж беретуғынын айтып, ўәде етти. Ондай адамлар Қудай менен бирге бар болған пүткил барлықтың үстинен ҳүкимдарлық қылады. Олар толық тынышлықта жасайды.
Ал Ийсаға исенбеген ҳәр бир адамды Қудай ҳүким етип, оларды отлы көлге таслайды. Ол жерде бул адамлар өкирип жылап, пушайман жейди. Олардың азаплары мәңгиге болады. Ҳеш қашан өшпейтуғын от оларды бәрқулла күйдиреди ҳәм қуртлары оларды жеўди ҳеш қашан тоқтамайды.
Шайтанды да сондай тәғдир күтип атыр. Ийса қайтып келгенде, Ол шайтанның патшалығын толығы менен жоқ қылады. Ийса оны отлы көлге ылақтырады, ол жерде шайтан Ийсаға исенбегенлер менен бирге мәңгиге жанады.
Адам-ата менен Ҳаўа-ене Қудайға бойсынбай бул дүньяға гүна алып келгенликтен, Қудай жер жүзин нәлетледи ҳәм бир күни бул дүньяның ақыры келеди. Бирақ Қудайдың минсиз болған жаңа аспан менен жаңа жерди жарататуғын ўақты келеди.
Ийса ҳәм Оның халқы жаңа жерде жасап баслайды ҳәм Ол ҳәммесиниң үстинен мәңги ҳүкимдарлық етеди. Ийса адамлардың көз жасларын сүртеди. Ҳеш ким ендигиден былай жылап, азап шекпейди ҳәм қайғыға батпайды. Аўырыўлар, өлим ҳәм ҳәр қандай жаўызлықлар жоқ болады. Ийса Өз Патшалығын әдиллик ҳәм тынышлық пенен басқарады. Ол мәңгиге Өз халқы менен бирге болады.
Мухаддес Китап ўақыялары. Матта 24:14; 28:18; Юхан 15:20; 16:33; Аян 2:10; Матта 13:24-30, 36-42; 1-Салоникалылар 4:13-5:11; Яқып 1:12; Матта 22:13; ҳәм Аян 20:10, 21:1-22:21.
Свободно для использования, адаптации и распространения по открытой лицензии (CC BY-SA 4.0).