12. Мысырдан шығыў
Израиллылар қуўанышлы түрде Мысырдан шықты. Буннан былай олар қул емес! Олар Қудайдың Ўәде еткен жерине қарай жүрип кетти! Мысыр халқы израиллылар сораған ҳәмме нәрсени, ҳәттеки алтын, гүмис ҳәм ҳәр түрли қымбат-баҳалы затлар берди. Басқа халықлардан болған базы адамлар Қудайға исенди ҳәм Мысырдан шығып баратырған израиллыларға қосылды.
Қудай ҳәмме ўақытта израил халқы менен бирге болды ҳәм оларға жол көрсетип жүрди. Халық тек ғана Оныңизине ериўи керек еди. Қудай израиллылардың алдында күндиз минара сыяқлы булт болып, ал түнде минара сыяқлы от болып жүрди.
Бир неше күннен соң, фараон ҳәм оның халқы өз пикирлеринен қайтты. Олар израиллыларды қайтадан қул қылыўды қәледи. Соның ушын, олар израиллыларды Мысырға қайтарыў ушын, олардың изинен қуўып кетти. Қудай Яҳве Өзиниң фараоннан ҳәм барлық мысырлылардың қудайларынан қүдиретли екенин ҳәммениң көриўи ушын усылай иследи.
Израиллылар Мысыр әскерлериниң киятырғанын көргенде, олар фараонның әскерлери менен Қызыл теңиздиң арасында дузақта қалғанын көрди. Олар қатты қорқысып қалды ҳәм Муўсаға: «Ҳәзир шөлде өлип кеткенимизден гөре, мысырлылардың қулы болып қалғанымыз жақсырақ еди!» — деди.
Сонда Муўса израиллыларға: «Қорқпаңлар! Бүгин Қудай сизлер ушын урысады ҳәм сизлерди қутқарады», — деди. Кейин Қудай Муўсаға: «Халыққа Қызыл теңизге қарай жүриўин буйыр!» — деди.
Сол ўақытта израиллылардың алдында жүрген минара сыяқлы булт орнынан қозғалып, мысырлылар менен израиллылардың арасында турды ҳәм мысырлылар оларға жақынласа алмады. Күн батқанда, минара от болып турды, мысырлылар түнде де олар тәрепке өте алмады.
Қудай Муўсаға теңиздиң үстине қарай қолын созыўды буйырды. Муўса қолын созғанда, Қудай күшли самал естирип, суўды еки тәрепке айырды ҳәм израиллыларға теңиз түбинен жол ашылды.
Израиллылар теңиздиң ортасынан қурғақ жерди басып жүрди, ал суўлар еки тәрепинде дийўал болып турды.
Мысырлылар израиллылардың қашып баратырғанын көрип, олардың изинен қуўыўды даўам етти.
Олар сол теңиздиң ортасындағы жол арқалы израиллылардың изинен қуўып кетти. Бирақ Қудай мысырлыларды албыратып таслады ҳәм саўаш арбалары батып, жүрмей қалды, сонда олар: «Қашайық! Қудайдың Өзи израиллылар ушын урысып атыр!» –деп бақырысып баслады.
Израиллылардың ҳәммеси теңиздиң арғы жағасына өткенде, Қудай Муўсаға қайтадан теңизге қолын созыўды буйырды. Муўса Қудайдың айтқанындай қылды ҳәм суў мысырлылардың үстин басып, әдеттегиҳалына қайтты. Сонда пүткил мысыр әскерлери теңизге шөгип кетти.
Израиллылар мысырлылардың набыт болғанын көргенде, олар Қудайға исенди ҳәм Муўсаның Қудайдың пайғамбары екенин тән алды.
Израиллылар қатты қуўанды, себеби Қудай оларды өлимнен ҳәм қуллықтан қутқарды. Енди олар еркин түрде Қудайға сыйынып, Оған бойсына алады. Израиллылар ерисилген азатлығы ушын көп қосықлар айтты ҳәм мысыр әскерлеринен өзлерин қутқарғаны ушын Қудайды алғыслады.
Қудай израиллыларға мысырлылардың үстинен оларға қалай жеңис бергенин ҳәм қуллықтан азат еткенин еслеп турыўы ушын ҳәр жылы байрам қылыўды буйырды. Бул Қутқарылыў байрамы деп аталды. Ҳәр жылы Қутқарылыў байрамында израиллылар минсиз қозыны сойды ҳәм оны ашытқысыз нан менен жеди.
Мухаддес Китап ўақыялары. Шығыў 12:33-15:21.
Свободно для использования, адаптации и распространения по открытой лицензии (CC BY-SA 4.0).