13. Қудайдың Израил менен келисим дүзиўи

13. Қудайдың Израил менен келисим дүзиўи — иллюстрация 1

Қудай израиллыларды Мысырдан Қызыл теңиз арқалы алып шыққаннан соң, оларды шөл арқалы Синай таўынаалып барды. Муўса бурын жанып турған путаны негизинде усы таўда көрген еди. Қудай халыққа Синай таўының етегине өз шатырларын қурыўды буйырды. Олар усылай иследи.

13. Қудайдың Израил менен келисим дүзиўи — иллюстрация 2

Сол жерде Қудай Муўсаға ҳәм барлық израил халқына былай деди: «Егер Маған қулақ салып, сизлер менендүзетуғын келисимимди сақласаңыз, онда Мениң қымбатлы мүлким, руўханийлер патшалығы ҳәм мухаддес халық боласызлар».

13. Қудайдың Израил менен келисим дүзиўи — иллюстрация 3

Қудай Муўсаға халықты таярлаўды ҳәм пәклеўди буйырды. Үш күн даўамында халық Қудай менен сол ушырасыўға таярланды. Үшинши күни Қудай Синай таўының жоқарысына түсип келди. Ол түсип келгенде, гүлдирмама гүркиреп, шақмақ шақты, қалың булт қаплап, бәлент даўыслы кәрнай сести еситилди. Қудай Муўсаны шақырды ҳәм Муўса таўдың төбесине көтерилди.

13. Қудайдың Израил менен келисим дүзиўи — иллюстрация 4

Синай таўында Қудай халық пенен келисим дүзди ҳәм оларға Он буйрық берип, былай деди: «Мен — Яҳве, сизлердиң Қудайыңызбан. Мен сизлерди Мысыр қуллығынан азат қылдым. Басқа қудайларға табынбаң.

13. Қудайдың Израил менен келисим дүзиўи — иллюстрация 5

Өзлериңизге бутлар жасамаң ҳәм оларға табынбаң, себеби Мен, Яҳве сизлердиң жалғыз Қудайыңыз болыўым керек. Мениң атымды жөнсиз тилиңизге алмаң. Шаббат күнин мухаддес тутыўды есте сақлаң. Барлық жумысларыңызды алты күн даўамында ислең, ал жетинши күни, шаббат күнин дем алыўға, Мен ҳаққында ой жуўыртыўға бағышлаң.

13. Қудайдың Израил менен келисим дүзиўи — иллюстрация 6

Ата-анаңызды ҳүрметлең. Адам өлтирмең. Неке ҳадаллығын бузбаң. Урлық ислемең. Өтирик сөйлемең. Басқа адамның ҳаялын, үйин ҳәм басқаларға тийисли ҳеш бир нәрсени күсемең».

13. Қудайдың Израил менен келисим дүзиўи — иллюстрация 7

Пүткил халық Қудайдың берген буйрықларын орынлаўды мақуллады. Олар тек жалғыз Қудайға бойсыныўға ҳәм тек ғана Оған сыйыныўға келисти.

13. Қудайдың Израил менен келисим дүзиўи — иллюстрация 8

Қудай израиллыларға үлкен шатыр, яғный Ушырасыў шатырын қурыўды буйырды. Ол Шатырды қалай ислеўди ҳәм оның ишине нелерди қойыўды толық түсиндирди. Израиллылар Шатырдың ишин еки бөлмеге бөлип туратуғын үлкен перде тигиўи тийиседи. Қудай сол пердениң артындағы бөлмеге келип, сол жерде болыўды ўәде етти. Бул бөлмеге тек ғана бас руўханийдиң кириўине рухсат етилди.

13. Қудайдың Израил менен келисим дүзиўи — иллюстрация 9

Қудай Муўсаның туўысқаны Харонды ҳәм оның урпақларын Өзиниң руўханийлери етип таңлады. Қудайдың буйрығы бойынша израиллылар Ушырасыў шатырының алдына қурбанлық орын қурды. Қудайдың нызамын бузған ҳәр бир адам усы қурбанлық орынға малларын алып келди. Руўханий Қудайға қурбанлық ретинде әкелинген малларды шалып, қурбанлық орында жағып жиберди. Бул ҳайўанның қаны адамның гүнасын жаўып туратуғын еди ҳәм Қудай бул гүнаны басқа көрмеди. Усылайынша бул қурбанлық адамды гүнадан тазалайтуғын еди.

13. Қудайдың Израил менен келисим дүзиўи — иллюстрация 10

Қудай халыққа басқа да көп нызамлар ҳәм қағыйдалар берди. Егерде адамлар Оның нызамларын орынласа, Қудай оларды жарылқаўды ҳәмқорғаўды ўәде етти, ал орынламаса, жазалайтуғынын айтты. Қудай Он буйрықты еки тасқа жазды ҳәм Муўсаға Синай таўына көтерилип, оларды алыўды буйырды.

13. Қудайдың Израил менен келисим дүзиўи — иллюстрация 11

Муўса таўға көтерилди ҳәм ол жерде Қудай менен сәўбетлесип көп күн өткизди. Адамлар оның қайтып келиўин күтип шаршады. Олар табыныў ушын өзлерине бут ислеп бериўди талап етип, Харонға алтын әкелди. Бул Қудайға қарсы аўыр гүна еди.

13. Қудайдың Израил менен келисим дүзиўи — иллюстрация 12

Харон тана көринисиндеги алтын бутты жасады. Халық бутқа берилген ҳалда табынып, оған қурбанлық әкелип баслады. Бул гүна ушын Қудай оларға қатты ғәзепленди. Ол Муўсаға израиллыларды жоқ қылатуғынын айтты. Бирақ Муўса дуўа етип, Қудайдан оларды өлтирмеўин сорады. Қудай оның дуўасын еситти ҳәм халықты жоқ қылмады.

13. Қудайдың Израил менен келисим дүзиўи — иллюстрация 13

Муўса Синай таўынан түскенде, Қудай жазған Он буйрығы бар еки тасты қолларында услап келди. Муўса бутты көрип, ашыўланғаны соншелли, буйрықлар жазылған сол тасларды сындырып таслады.

13. Қудайдың Израил менен келисим дүзиўи — иллюстрация 14

Соннан кейин, Муўса бутты жағып, унтақ қылып майдалап, суўға таслады ҳәм сол суўдан ишиўге халықты мәжбүрледи. Буннан кейин Қудай да адамларды жазалады. Ол адамларға апатшылық жиберди ҳәм израиллылардың көпшилиги өлди.

13. Қудайдың Израил менен келисим дүзиўи — иллюстрация 15

Ўақыттың өтиўи менен Қудай Муўсаға сынған таслардың орнына Он буйрық ушын жаңа тасларды таярлаўды буйырды. Муўса усылай иследи. Ол қайтадан таўға көтерилди ҳәм Қудайдың халықты кешириўи ушын дуўа етти. Қудай Муўсаның дуўасына жуўап берип, израиллыларды кеширди.Муўса Он буйрық жазылған жаңа таслар менен таўдан түсип, халықтың алдына келди. Буннан соң Қудай израиллыларды ўәде етилген жерге қарай алып кетти.

Мухаддес Китап ўақыялары. Шығыў 19-34-баплар.

Читать в ридере

Свободно для использования, адаптации и распространения по открытой лицензии (CC BY-SA 4.0).