14. Шөлде жүриў

14. Шөлде жүриў — иллюстрация 1

Қудай израил халқын Қанан деп аталған Ўәде етилген Жерге алып барыўды қәледи. Ол израиллылар орынлаўытийис болған Өз келисиминдеги барлық нызамларды оларға бергеннен соң, оларды сол жерге алып барды. Қудай олардың алдында минара сыяқлы булт болып жүрди, ал олар Оның изинен ерди.

14. Шөлде жүриў — иллюстрация 2

Қудай Ибрайымға, Ысаққа ҳәм Яқыпқа Ўәде етилген жерди олардың урпақларына бериўди ўәде етти, бирақ сол ўақытлары елде көплеген ҳәр түрли халықлар жасайтуғын еди. Олар қананлылар депаталатуғын еди. Қананлылар Қудайға сыйынбайтуғын ҳәм Оған бойсынбайтуғын еди. Олар жалған қудайларға табынып, көплеген жаўызлықлар қылатуғын еди.

14. Шөлде жүриў — иллюстрация 3

Қудай израиллыларға: «Ўәде етилген жерге киргениңизден соң, сизлер сол жерде жасайтуғын барлық қананлыларды жоқ қылыўыңыз керек. Олар менен тынышлық келисимин дүзбең ҳәм олар менен қыз алысып, қыз бериспең. Олардың барлық бутларын толығы менен жоқ қылыўыңыз тийис. Егер Маған қулақ салмасаңыз, онда тез арада Маған емес, ал олардың бутларына табынатуғын боласыз», — деди.

14. Шөлде жүриў — иллюстрация 4

Израиллылар Қанан жериниң шегарасына жақынлағанда, Муўса израилдың ҳәр бир урыўынан бир адамнан он еки адамды таңлады. Муўса сол жердиң қандай екенин билиў ушын, оларға барып, жерди көзден өткериўди тапсырды. Және де, олар қананлылардың қаншелли күшли ямаса ҳәлсиз екенин көрип қайтыўы да тийис еди.

14. Шөлде жүриў — иллюстрация 5

Он еки адам Қанан жеринде қырық күн даўамында жүрди. Қайтып келгеннен соң, олар халыққа жердиң жүдә жақсыҳәм көп өним беретуғынын айтып берди. Кейин олардан он адам: «Ол жердеги қалалар оғада беккем қорғанлы, ал адамлары анық дәў екен! Егер бизлер оларға ҳүжим етсек, онда олар бизлерди өлтиретуғыны сөзсиз!» — деп тастыйықлады.

14. Шөлде жүриў — иллюстрация 6

Сонда жансызлардан екеўи Калеб ҳәм Нун улы Ешуа былай деди: «Дурыс, Қанан жериниң адамлары бойшаң ҳәм күшли, бирақ бизлер оларды жеңе аламыз! Себеби Қудай бизлер ушын урысады!»

14. Шөлде жүриў — иллюстрация 7

Бирақ халық Калеб пенен Нун улы Ешуаға қулақ салмады. Адамлар Муўса менен Харонға қатты ашыўланып: «Сизлер усындай қәўипли жерге бизлерди Не ушын алып келдиңиз? Мысырда қалғанымыз жақсы болар еди. Егерде бизлер бул елге бастырып кирсек, урыста өлип кетемиз, ал бизлердиң балашағаларымыз қананлыларға қул болады» — деди. Халық өзлерине бир басшы сайлап, Мысырға қайтып кетиўди қәледи.

14. Шөлде жүриў — иллюстрация 8

Израиллылардың бул сөзлерин еситип, Қудай қатты ғәзепленди. Ол Ушырасыў Шатырына келип: «Маған қарсы шыққаныңыз ушын, пүткил халық шөлистанда гезип жүреди, жигирма жас ҳәм оннан үлкенлери сол жерде өлип кетеди, Мен берген жерге олар ҳеш қашан кирмейди. Ол жерге тек еки адам — Нун улы Ешуа менен Ефунне улы Калеб киреди», — деди.

14. Шөлде жүриў — иллюстрация 9

Адамлар Қудайдың бул сөзлерин еситкенде, гүна ислегени ушын пушайман болды. Олар Қанан елине бастырып барыўды шешти. Деген менен, Муўса оларға бул саўашты басламаўын, себеби Қудай олар менен бирге бармайтуғынын ескертти, бирақ олар Муўсаны тыңламады.

14. Шөлде жүриў — иллюстрация 10

Ҳәммеси Муўсаның айтқанындай болды. Қудай израиллылар менен бирге бул саўашқа бармады, соныңушын қананлылар оларды қыйратып, тас-талқан қылды. Сонда израиллылар Қанан елинен кетип, қырық жыл шөлистанда гезип жүрди.

14. Шөлде жүриў — иллюстрация 11

Усы жыллардың ҳәммесинде Қудай израиллыларға ғамхорлық қылды. Қудай оларға аспаннан «манна» деп аталған нан берди, және де олардың кийимлерин ҳәм аяқ кийимлерин сақлады, олар тозбады.

14. Шөлде жүриў — иллюстрация 12

Қудай кәраматлы жол менен оларға жартастан суў берди. Бирақ, булардың ҳәммесине қарамастан, халық Қудайғаҳәм Муўсаға шағым етти ҳәм налыды. Деген менен, Қудай бурынғыдай Өз ўәдесине садық болып қалды. Ол Ибрайымның, Ысақтың ҳәм Яқыптың урпағына ўәде еткениндей ис тутты.

14. Шөлде жүриў — иллюстрация 13

Бир күни халықтың суўы таўсылып қалды. Қудай Муўсаға: «Бул жартасқа суў шығар деп айт, сонда оннан суў ағып шығады», — деп буйырды. Бирақ Муўса пүткил халықтың алдында Қудайға қулақ салмады. Ол жартасқа суў шығар деп айтпады, ал оны таяғы менен еки мәрте урды. Жартастан суў ағып шықты ҳәм пүткил халық шөлин қандыра алды, бирақ Кудай Муўсаға ғәзепленип: «Бундай исти қылғаның ушын, сен Ўәде етилген жерге кирмейсең», — деди.

14. Шөлде жүриў — иллюстрация 14

Қырық жыл даўамында шөлистанда гезип жүргеннен кейин, Қудайға қарсы қозғалаң қылған израиллылар өлди. Қудай халықты Ўәде етилген Жердиң шегарасына қайтадан алып келди. Муўса қартайып қалған еди, сонлықтан Қудай израиллыларға жетекши болыўы ушын Нун улы Ешуаны таңлады. Ал Муўсаға болса Қудай, бир күн келип Муўсаның өзине уқсаған басқа пайғамбарды адамларға жиберетуғынын айтып ўәде берди.

14. Шөлде жүриў — иллюстрация 15

Қудай Ўәде етилген жерди көре алыўы ушын Муўсаға таўға шығыўды буйырды. Муўса таўға көтерилип бул Жерди көрди, бирақ Қудай оған сол жерге кириўине рухсат бермеди. Бир неше ўақыт өтип Муўса өлди ҳәм израиллылар отыз күн ол ушын аза тутты. Израиллылардың жаңа жетекшиси Нун улы Ешуа болды. Ол халықты жақсы басқарды, себеби ол Қудайға исенди ҳәм Оған қулақ салды.

Мухаддес Китап ўақыялары. Шығыў 16-17; Санлар 10-14, 20 ҳәм 27-баплар; Нызамның қайталаныўы 34-бап.

Читать в ридере

Свободно для использования, адаптации и распространения по открытой лицензии (CC BY-SA 4.0).