15. Қудай ўәде еткен жер
Шөлде көп жыллар даўамында гезип жүргеннен соң, израиллылардың Ўәде етилген Қанан жерине киретуғын ўақты келди. Сол жерде Ерихо деген қала бар болып, ол беккем қорған менен қоршалған еди. Нун улы Ешуа Ерихоға еки жансызды жиберди. Сол қалада бузық жол менен күн көретуғын Рахаб деген ҳаял жасайтуғын еди. Ҳаял сол жансызларды үйине жасырды ҳәм кейин оларға қаладан қашып кетиўине жәрдем берди. Ҳаялдың булай ислеўиниң себеби, ол Израилдың Қудайының қүдирети күшли екенине исенген еди. Израиллылар Ерихоны ўайран еткенде, жансызлар Рахабты ҳәм оның шаңарағын сақлап қалыўды ўәде етти.
Ўәде етилген жерге кириў ушын израиллылар Иордан дәрьясын кесип өтиўи тийис еди. Қудай Ешуаға: «Биринши болып руўханийлер жүрсин», — деди. Руўханийлер Иордан дәрьясына аяқ басыўдан-ақ, дәрья суўының ағысы тоқтап қалды ҳәм израиллылар дәрьяның қурғаған түбинен арғы жағаға өте алды.
Халық Иордан дәрьясының арғы жағасына өткеннен соң, Қудай Ешуаға Ерихо қаласына ҳүжим етиўге таяр болыўды буйырды. Бул жүдә жақсы қорғалған қала еди. Қудай Ешуаға: «Руўханийлер менен әскерлер қаланың дөгерегин алты күн даўамында күнине бир мәртеден айланып шықсын», — деди. Руўханийлер менен әскерлер Қудайдың усы көрсетпесин орынлады.
Және де, Қудай израиллыларға жетинши күни қаланың дөгерегин жети мәртебе айланыўды буйырды. Кейин руўханилер кәрнайларын шертиўи, ал халық бәлент даўыс пенен бақырыўы керек. Сонда Ерихо дийўаллары қулайды ҳәм олар қаланы қолға киргизеди. Израиллылар анық солай иследи.
Олар Қудайдың буйрығын орынлаўдан-ақ, Ерихо дийўаллары қулады! Қудай буйырғандай қылып, израиллылар қаладағы барлық адамларды қырып таслады. Олар кейинирек израил халқының бир бөлегине айланған Рахаб ҳәм оның шаңарағын тири қалдырды. Қанандағы басқа халықлар Ерихоның қырып тасланғанын еситкенде: «Израиллылар бизлерге де ҳүжим қылады», — деп, қорқысып баслады.
Қудай израиллыларға Қанан елиндеги басқа халықлар менен келисим дүзбеўди қатаң буйырды. Бирақ бир халық Ешуаны алдады. Булар гибонлылар еди. Олар Қананнан узақта жасайтуғынын айтып, Ешуадан өзлери менен келисим дүзиўин өтинип сорады. Ешуа ҳәм Израилдың басқа басшылары Қудайдан қылып атырған исиниң дурыслығын сорамастан, гибонлылар менен келисим дүзди.
Үш күннен соң, израиллылар гибонлылардың негизинде Қананда жасайтуғынын билди. Олар гибонлылардың алдағаны ушын ашыўланды. Бирақ израиллылар Қудайдың алдында ант ишкени ушын, тынышлық келисимин сақлаўға мәжбүр болды. Бир неше ўақыт өтип, Қанандағы басқа халықлардың ҳәм амор халқының патшалары гибонлылардың израиллылар менен келисим дүзгенин еситти. Сол патшалар әскерлерин бирлестирип, Гибонға ҳүжим қылды. Сонда гибонлылар Нун улы Ешуадан жәрдем сорады.
Сонда Ешуа Израил әскерлерин жыйнады. Олар гибонлылар тәрепке түн бойы жүрди, ал ерте таңда болса амор әскерлери күтпеген ўақытта,оларға ҳүжим қылды.
Сол күни Израил ушын Қудай урысты. Ол аморлар арасында аласапыран пайда етип, ири буршақ жаўдырды ҳәм сол буршақтан көпшилиги набыт болды.
Буннан тысқары, аморларды толық қыйратыўға израиллыларда жетерли ўақыт болыўы ушын, Қудай аспандағы қуяшты тоқтатып қойды. Сол күни Қудай Израил ушын уллы жеңисти қолға киргизди.
Қудай аморларды қыйратқаннан соң, Қанандағы басқа көпшилик халықлар Израилға ҳүжим қылыў ушын бирлесип жыйналды. Бирақ израиллылар Ешуаның басшылығында ҳүжим қылып, олардың әскерлерин қыйратты.
Усы саўаштан соң, Қудай Ўәде етилген жерден Израилдың ҳәр бир урыўына тийисли үлес жерлерин берди ҳәм Израилдың барлық шегараларында тынышлық орнатты.
Усы саўаштан соң, Қудай Ўәде етилген жерден Израилдың ҳәр бир урыўына тийисли үлес жерлерин берди ҳәм Израилдың барлық шегараларында тынышлық орнатты.
Мухаддес Китап ўақыялары. Ешуа 1-24-баплар.
Свободно для использования, адаптации и распространения по открытой лицензии (CC BY-SA 4.0).