16. Бийлер
Нун улы Ешуаның өлиминен соң, израиллылар Қудайға бойсынбай қойды. Олар Қудайдың нызамына әмел қылмады ҳәм Қудайдың буйырғанындай қалған қананлыларды ўәде етилген жерден қуўмады. Оннан қала берсе, израиллылар ҳақыйқый Қудайдың, яғный Яҳвениң орнына қананлылардың қудайларына табынып кетти. Сол ўақытлары олардың патшасы жоқ еди ҳәм ҳәр бири өзлери ушын дурыс деп есаплаған ислерди қылды.
Көп жыллар даўамында израиллылар Қудайға қулақ салмады ҳәм Ол қоңсы душпан халықлардың қол астына тапсырып оларды жазалады. Душпанлары израиллыларды жеңилиске ушыратып, оларды тонады, мал-мүликлерин жоқ қылды ҳәм көпшилигин өлтирди. Узақ жыллар даўам еткен усындай езиўшиликтен соң, израиллылар тәўбе етти ҳәм душпанлардан азат етиўин Қудайдан сорады. Бундай жағдай көп мәрте қайталанды.
Израил халқы ҳәр тәўбе еткенинде, Қудай оларды қутқарды. Қудай оларға душпанға қарсы шығатуғын ҳәм халықты қутқаратуғын азат етиўшилерди жиберди. Бундай адамларды бийлер деп атады. Бий израиллыларды азат қылғанда, олардың елинде тынышлық орнады ҳәм бий халықты әдиллик пенен басқарды. Қудай Өз халқына жәрдем бериў ушын ҳәр түрли көплеген бийлерди жиберди. Қудай қоңсы душпан халық болған мидянлардың израил халқын жеңиўине жол қойғаннан соң, сондай бийлердиң бирин жиберди.
Жети жыл даўамында мидянлар израиллылардың барлық зүрәәтлерин тартып алатуғын еди ҳәм усы себепли израиллылар ҳәмме ўақытта қорқыныш ишинде жасады. Мидянлар таба алмаўы ушын, олар үңгирлерде жасырынып жүрди.Ақырында олар Қудайдың алдына келип, Оннан қутқарыўын сорап баслады.
Сол ўақытлары Гидеон деген бир израиллы бар еди. Бир күни ол мидянлардан жасырынып, жүзим искенжесинде бийдай түйеклеп атырған еди. Сол ўақытта Қудайдың периштеси келип, оған: «Күшли әскер, Қудай сениң менен бирге! Бар да, Израил халқын мидянлардан қутқар», — деди.
Гидеонның әкесиниң бутқа арналған қурбанлық орны бар еди. Қудай Гидеонға усы қурбанлық орынды бузып, Қудай Яҳвеге арнап қурбанлық орын қурыўды буйырды. Бирақ Гидеон адамлардан қорққанлықтан түн болыўын күтти. Кейин бутқа арналған қурбанлық орынды бузып, бөлеклеп таслады. Сөйтип Гидеон Қудайға арнап қурбанлық орын қурды ҳәм сол жерде Қудай Яхвеге арнап қурбанлық берди.
Азанда адамлар бутқа арналған қурбанлық орынның бузылып атырғанын көргенде, қатты ашыўланып,Гидеонды өлтириў ушын оның үйине барды. Бирақ әкеси оларға: «Не ушын сизлер қудайыңыз Баалды қорғайсыз? Егер ол қудай болса өзин өзи қорғасын!» — деди. Сонда адамлар Гидеонды өлтириў пикиринен қайтты.
Көп ўақыт өтпей, мидянлар және израиллыларды тонаў ушын келди. Олардың саны соншелли көп болғанлықтан, санаў мүмкин емес еди. Гидеон душпанлар менен урысыў ушын израиллыларды жыйнады. Хақыйқаттан да Қудай израиллыларды мидянлардан қуткарыў ушын, оны шақырғанын билиўди қәлеп, Гидеон Қудайдан еки белги бериўди сорады.
Гидеон биринши белги ушын қойдың жүнин жерге қойды ҳәм Қудайдан азанғы шық жүнниң үстине түсиўин, ал жер қурғақ болыўын сорады. Қудай солай иследи. Кейинги түнде Гидеон тек жүн қурғақ болып, ал жер бетин шық қаплаўын сорады. Қудай буны да иследи. Усы еки белги арқалы Гидеон Қудайдың израиллыларды мидянлардан қутқарыў ушын, оны шақырғанына толық исенди.
Гидеон өзиниң жанына әскерлерди шақырғанда, оған 32000 адам келди. Бирақ Қудай оған, булардың жүдә көп екенлигин айтты. Сонда Гидеон урысыўға қорқып турған 22000 адамды үйлерине қайтарды. Буннан соң да, Қудай Гидеонға адамларының саны еле де көп екенлигин айтты. Сонда Гидеон Қудай көрсеткен 300 әскерди сайлап алды да, қалғанларын үйлерине қайтарды.
Сол түни Қудай Гидеонға: «Төменге, мидянлардың ордасына түсип, олардың не туўралы сөйлесип атырғанын есит. Сен олардың сөзлерин еситкениңде, мидянлар менен урысыўдан алдынғы ҳәр қандай қорқынышың жоғалады»,– деди. Түнде Гидеон төмендеги ордаға түсип, мидян әскерлериниң бириниң, арпадан писирилген шөрек олардың ордасына домалап келгенин түсинде көргенин басқа әскерге айтып атырғанын еситти. Нан ордаға домалап келип, шатырға урылып, оны қыйратты. Екинши мидян әскер: «Бул түс Гидеонның әскерлери бизлердиң әскерлеримизди қыйрататуғынын билдиреди!» — деди. Буны еситип, Гидеон Қудайға сыйынды.
Буннан кейин Гидеон әскерлериниң жанына қайтып келип, Қудайдың душпанларды оларға тәслим қылатуғынын айтты. Гидеон ҳәр бир әскерине кәрнай, ылайдан исленген гүзе ҳәм шыра берди. Олар мидянлар уйықлап атырған орданың қасына келип, оны қоршап алды. Гидеонның үш жүз әскери отты ўақтынан бурын душпанлар көрмеўи ушын жағылған шыраларын гүзениң ишине салып услап турды.
Соннан соң Гидеонның барлық әскери гүзелерди бир ўақытта сындырды ҳәм пүткил дөгерек шыралардың оты менен жақтыланып кетти. Олардың ҳәр бири өз кәрнайларын шертип: «Яҳвениң ҳәм Гидеонның қылышы!» — деп бақырды.
Қудай мидянларды албыраўшылыққа салды ҳәм олар өз-ара урысып, бирбирин өлтирип баслады. Душпанларды қуўыўға жәрдем бериўге илажы барынша көбирек адам келиўи ушын, Гидеон дәрҳал шабарманларды израиллыларға жиберди. Израиллылар Гидеонның шақырығына қулақ салды ҳәм көплеген мидянларды өлтирди, ал қалғанларын болса өз жеринен қуўып шығарды. Сол күни 120000 мидян набыт болды. Усылайынша Қудай Израилды қутқарды.
Буннан соң израиллылар Гидеонды өзлериниң патшасы қылыўды қәледи. Бирақ Гидеон оларға буны ислеўге рухсат бермеди, ал буның орнына олардың мидянлардан алып қойған алтын жүзиклерин сорады. Адамлар буған шын жүректен ыразы болды ҳәм оған көп алтын алып келди.
Бул алтыннан Гидеон бас руўханийдиң кийимине уқсаған айрықша кийим иследи ҳәм оны өзиниң туўылған қаласында қалдырды. Тилекке қарсы, бир неше ўақытлар өтип, халық бут сыпатында сол кийимге табынды. Ал Гидеон қартайып өлгеннен кейин, израиллылар қайтадан ҳәр түрли бутларға табынып баслады. Бул ушын Қудай Израилды жазалады ҳәм қайтадан душпанларының оларды қул қылыўына жол қойды. Сонда израиллылар және Қудайдан жәрдем сорады. Қудай олардың дуўасына жуўап берди ҳәм оларға басқа бий жиберди.
Усындай жағдай көп тәкирарланды: израиллылар гүна иследи, Қудай оларды жазалады, олар тәўбе етти ҳәм Қудай оларды қутқаратуғын бий жиберди. Узақ жыллар даўамында Қудай израиллыларды душпанларынан қутқарған ҳәр қыйлы бийлерди берди.
Ақырында израиллылар Қудайдан өзлери ушын басқа халықлардикиндей патша сорады. Олар өзлерин саўашларда жеңиске еристире алатуғын патшасы болыўын қәледи. Қудайға халықтың илтимасы унамаса да, бәри бир сорағанына жуўап берип, олардың үстинен патша қойды.
Мухаддес Китап ўақыялары. Бийлер 1-3 ҳәм 6-8-баплар.
Свободно для использования, адаптации и распространения по открытой лицензии (CC BY-SA 4.0).