17. Қудайдың Даўыт пенен келисим дүзиўи
Израилдың биринши патшасы Шаул болды. Ол бойы узын келискен адам болып, халыққа қатты унады. Шаул Израилға ҳүкимдарлық еткен дәслепки жылларында жақсы патша болды. Бирақ кейин ала ол жаўыз болып, Қудайға қулақ салмай қойды. Сонлықтан Қудай Шаулдың орнына басқа адамды патша болыўы ушын таңлады.
Қудай Даўыт деген жас израиллыны таңлады ҳәм Шаулдан соң патша болыўы ушын оны таярлады. Даўыт Бейтлеҳем қаласында жасайтуғын шопан еди. Ол жүдә ер жүрек адам болды. Даўыт әкесиниң қойларын бағып жүрген ўақтында, қойларға ҳүжим еткен арысланды да, айыўды да өлтириўине туўра келген еди. Даўыт салдамлы ҳәм ҳақ адам болды. Ол Қудайға исенип, Оған бойсынып жасады.
Даўыт еле жас жигит ўақтында дәўдей Голият пенен алысты. Голият жүдә күшли ҳәм тәжирийбели әскер еди, оның бойы дерлик үш метр еди! Деген менен, Даўыт Голиятты өлтирип, Израилды қутқара алды, өйткени Қудай оның менен бирге болды. Соннан соң, Даўыт Израилдың көп душпанлары үстинен жеңиске еристи. Ол уллы жаўынгер болды ҳәм Израилдың әскерлерин көп мәрте саўашқа баслап барды. Даўыт еле патша емес еди, бирақ израиллыларға унап қалды ҳәм халық оны мақтады.
Халықтың Даўытты унататуғынын көрип, патша Шаул оны қызғанып, өзине қарсылас сыпатында қарап баслады. Ол Даўытты өлтириўди қәледи, ал Даўыт шөлге қашып кетиўге ҳәм патша менен оның әскерлеринен жасырыныўға мәжбүр болды. Бир күни Шаул әскерлери менен Даўытты излеп шыққанда, ол Даўыт жасырынып отырған үңгирге кирди. Шаул оны көрмеди. Сонда Даўыт патшаның артқы тәрепинен әстен келди де, шапанының бир шетин кесип алды. Шаул үңгирден шыққаннан кейин, Даўыт оны шақырып, қолына услап турған кийиминиң бир шетин көрсетти. Сонда Шаул Даўыттың оны өлтирип,оның орнына патша болыў мүмкиншилиги болғанын түсинди. Бирақ Даўыт бундай қылмады.
Бир неше ўақыт өтип, Шаул саўашта өлди, ал Даўыт Израилға патша болды. Қудай Даўытты жарылқады ҳәм оны табыслы етти. Ол жақсы патша болып, көп саўашларға қатнасты ҳәм Кудай оған Израилдың душпанларын жеңиўине жәрдем берди. Даўыт Ерусалим қаласын жеңип алды ҳәм оны өз елиниң пайтахты қылды. Өзлерине 40 жыл патша болған Даўытты халық жүдә жақсы көрди. Оның патшалық еткен дәўиринде Израил қүдиретли ҳәм бай мәмлекетке айланды.
Даўыт барлық израиллылардың Қудайға сыйынып, Оған қурбанлықлар әкелиўи ушын Ибадатхана қурыўды жүдә қәледи. Себеби сол ўақытқа шекем, 400 жыл даўамында халық Муўса қурған Ушырасыў шатырында Қудайға сыйынып, қурбанлықлар берип келди.
Сол дәўирде Натан деген бир пайғамбар жасады. Қудай оны Даўытқа мынадай сөзлер менен жиберди: «Маған арнап Ибадатхананы сен қурмайсаң, себеби сансыз саўашларда урысып, көп қан төктиң. Оны сениң улың қурады. Бирақ Мен сени молдан жарылқайман. Сениң урпақларыңнан бири Мениң халқыма мәңги патшалық етеди!» Мәңги патшалық ететуғын Даўыттың урпағы Масийх ҳаққында Қудай усылай айтқан еди. Масийх — дүньядағы барлық адамларды гүналарынан қутқаратуғын Қудайдың Таңлағаны.
Даўыт Натанның сөзлерин еситкенде, Қудай оны уллы мәртебеге еристирип, көп жарылқаўлар бергени ушын Оған миннетдар болып, алғыслар айтты. Қудайдың усы ўәделерди қашан орынлайтуғынын Даўыт билмейтуғын еди. Бирақ бизлер израиллылардың Масийхтың келиўин 1000 жылдай күткенин билемиз.
Даўыт көп жыл әдиллик пенен халықты басқарды. Ол Қудайға бойсынды ҳәм Қудай оны жарылқады. Деген менен, кейинирек Даўыт Қудайдың алдында аўыр гүна иследи.
Бир күни кешки ўақыт Даўыт сарайының тамында сейил қылып жүргенде, сарайына жақын ҳәўлилердиң биринде сулыў ҳаялдың шомылып атырғанын тосаттан көрип қалды. Даўыт оны танымайтуғын еди, бирақ ҳаял оған қатты унап қалды. Ол хызметшилеринен ҳаял ҳаққында сорады ҳәм олар ҳаялдың аты Бат-Шеба екенин айтты.
Бул ҳаялдан көзин былай алып оны умытыўдың орнына, Даўыт оған хызметшилерин жиберди. Ол ҳаял менен жатты, соннан кейин болса оны үйине қайтарды. Бираз ўақыттан соң Бат-Шеба Даўытқа ҳәмиледар екени ҳаққында хабар жиберди.
Бат-Шеба Даўыттың ең жақсы әскерлериниң бири Урияның ҳаялы еди. Сол ўақытта Урия саўашта урысып атыр еди. Даўыт Урияны саўаш майданынан шақырып алып, оған ҳаялына барыўды буйырды. Бирақ Урия басқа әскерлер саўашта урысып атырған ўақытта, үйине барыўдан ҳәм дем алыўдан бас тартты. Сонда Даўыт Урияны саўаш майданына қайтарып жиберди ҳәм оның өлиўи ушын, әскербасыға Урияны ең қәўипли жерге жибериўди буйырды. Сондай болды да: Урия саўашта қаза тапты.
Урия өлгеннен кейин, Даўыт Бат-Шебаға үйленди. Кейинирек ол Даўытқа ул туўып берди. Қудай бул қылмысы ушын Даўытқа қатты ғәзепленди. Ол Даўытқа ислеген гүнасы қаншелли аўыр екенин айтыўы ушын пайғамбар Натанды жиберди. Даўыт гүнасы ушын тәўбе етти ҳәм Қудай оны кеширди. Буннан соң Даўыт өмириниң ақырына шекем Қудай менен бирге болды ҳәм ҳәттеки қатты қыйын ўақытларда да Оған қулақ салды.
Соған қарамастан Даўыттың ҳәм Бат-Шебаның улы еле нәресте ўақтында-ақ өлип қалды. Қудайдан берилген жаза сондай болды. Буннан тысқары оның шаңарағының айырым ағзалары бир неше мәрте оған қарсылық қылды ҳәм өлемен дегенше солай даўам етти. Даўыттың бийлиги жүдә ҳәлсиреп қалды. Даўыт Қудайға бойсынбағанына қарамастан, Қудай садық болып қалды ҳәм оған ўәде еткенлериниң ҳәммесин орынлады. Соннан кейин, Даўыт пенен БатШебадан және бир ул туўылды ҳәм оған Сулайман деп ат қойды.
Мухаддес Китап ўақыялары. 1-Патшалықлар 10; 15-19; 24; 31-баплар; 2-Патшалықлар 5; 7; 11-12-баплар; 1-Жылнама 22:8.
Свободно для использования, адаптации и распространения по открытой лицензии (CC BY-SA 4.0).