18. Бөлинген патшалық

18. Бөлинген патшалық — иллюстрация 1

Даўыттың өлиминен соң, Израилдың үстинен оның улы Сулайман ҳүкимдарлық етип баслады. Қудай Сулайманнан ҳәммесинен гөре нени қәлейтуғынын сорады. Сулайман халықты басқарыў ушын Қудайдан өзине даналық сорады. Қудайға оның сораған нәрсеси унады ҳәм Ол Сулайманды жер жүзиндеги ең дана адам қылды. Оннан қала берсе, Қудай оны жүдә бай дәўлетли қылды.

18. Бөлинген патшалық — иллюстрация 2

Даўыттың тири ўақтында Ерусалимде Ибадатхананың қурылысы ушын көп қурылыс материаллар жыйналған еди. Сулайман әкеси Даўыт қурыўды қәлеген Ибадатхананы қурды. Енди халық Ушырасыў шатырында емес, ал Ибадатханада Қудайға сыйынып, қурбанлықлар алып келди. Өзи ўәде бергениндей Қудай Ибадатханада болды.

18. Бөлинген патшалық — иллюстрация 3

Сулайман дана болыўына қарамастан, Қудайға қулақ салмай қойды ҳәм Қудайдың израиллыларға қадаған еткен басқа халықлардың қызларына үйленип баслады. Сол ҳаялларының көбиси өзлери менен бутларын алып келип, оларға табынды. Ал Сулайман қартайғанда, ол да ҳаялларының қудайларына табынып баслады.

18. Бөлинген патшалық — иллюстрация 4

Бул ушын Қудай Сулайманға ғәзепленди ҳәм израил халқын еки патшалыққа бөлип, оны жазалайтуғынын айтты. Бул шынында да Сулайманның өлиминен соң жүз берди.

18. Бөлинген патшалық — иллюстрация 5

Сулайман өлгеннен соң, оның улы Рехабам патша болды. Пүткил Израил халқы оны патша етип қойыў ушын бирге жыйналды. Адамлар Рехабамға келип, Сулайман оларды аўыр мийнет етиўге ҳәм көп салық төлеўге мәжбүрлегенин айтып шағым етти. Олар Рехабамнан бул аўыр жүкти жеңиллетиўин өтинип сорады.

18. Бөлинген патшалық — иллюстрация 6

Бирақ Рехабам қаталлық пенен олардың өтинишине жуўап берди. Ол: «Мениң әкем Сулайман сизлерди аўыр мийнет етиўге мәжбүрледи, деп шағым етип атырсыз. Бирақ оған қарағанда мениң қол астымда еле де аўыр мийнет етесиз ҳәм буннан да күшлирек жазаланасыз!» — деди.

18. Бөлинген патшалық — иллюстрация 7

Усы сөзлерден кейин израиллылардың көпшилиги Рехабамға қарсы көтерилди. Израилдың он урыўы оның бийлигиниң астында қалыўды қәлемеди ҳәм оны патшамыз деп тән алыўдан бас тартты. Рехабам менен тек еки урыў қалды ҳәм олар Яҳуда ямаса Яҳудия патшалығы деп аталды.

18. Бөлинген патшалық — иллюстрация 8

Қалған он урыў өзлерине Яробам деген адамды патша етип сайлады. Бул он урыў мәмлекеттиң арқа тәрепинде жасайтуғын еди. Олар Израил патшалығы деп аталды.

18. Бөлинген патшалық — иллюстрация 9

Израилдың патшасы Яробам жаман патша болып шықты. Ол Қудайға қулақ салмады ҳәм халықты гүнаға баслады. Яробам Ерусалимдеги Ибадатханада Қудайға сыйыныў ушын Яҳудияға халық енди бармасын деп, өз елинде еки бут орнатты.

18. Бөлинген патшалық — иллюстрация 10

Ата-бабалары ҳәм тарийхы бир болыўына қарамастан, халық Яҳудия ҳәм Израил болып еки патшалыққа бөлинди. Олар бир-бирине душпан болды ҳәм тез-тез урысты.

18. Бөлинген патшалық — иллюстрация 11

Израилдың жаңа патшалығында барлық патшалар жаман ҳүкимдар болды. Жаңа патшалар өзинен алдынғы патшаларды өлтирип, олардың тахтларын ийеледи.

18. Бөлинген патшалық — иллюстрация 12

Израил патшалығындағы барлық патшалар ҳәм халықтың көпшилиги бутларға табынды. Олар табынғанда көбинесе бузықшылық қылып, ҳәттеки балаларын бутларға қурбанлық етип берди.

18. Бөлинген патшалық — иллюстрация 13

Яҳудия патшалары Даўыттың урпақлары еди. Бул патшалардың базылары жақсы ҳүкимдар болды. Олар Қудайға сыйынды ҳәм әдиллик пенен басқарды. Бирақ Яҳудия патшаларының көпшилиги жаман ҳүкимдарлар болды ҳәмбутларға сыйынды. Бул патшалардың айырымлары өз балаларын жалған қудайларға қурбанлыққа берди. Олардан үлги алған Яҳудия халқының көпшилиги де өз Қудайына қарсы шығып, басқа қудайларға табынып баслады.

Мухаддес Китап ўақыялары. 3 Патшалық 1-6; 11-12-баплар.

Читать в ридере

Свободно для использования, адаптации и распространения по открытой лицензии (CC BY-SA 4.0).