19. Пайғамбарлар

19. Пайғамбарлар — иллюстрация 1

Қудай израиллыларға бәрқулла пайғамбарларды жиберди. Пайғамбарлар Қудайдан хабарды еситип, кейин оларды халыққа айтып берди.

19. Пайғамбарлар — иллюстрация 2

Израилда Ахаб ҳүкимдарлық еткенде, ол жерде пайғамбар Илияс жасайтуғын еди. Ахаб жаман адам болды. Ол халықты Баал деген жалған қудайға табыныўға шақырды. Қудай бул ушын халықты жазалаўды шешти ҳәм усы ҳаққында Илиясқа айтты. Илияс Ахабқа келип, оған: «Бутқа табынғаныңыз ушын мынадай жаза болады: Израилда мен және жаўын жаўсын деп айтпағанша, ҳеш қандай жаўын да, шық та болмайды», — деди. Буны еситкен Ахаб Илиясқа қатты ғәзепленди ҳәм оны өлтирмекши болды.

19. Пайғамбарлар — иллюстрация 3

Сонда Ахабтан жасырыныўы ушын, Қудай Илиясқа шөлге кетиўин буйырды. Илияс Қудай жиберген сайға кетти ҳәм ол жерде бир неше ўақытқа қалды. Ҳәр күни азанда ҳәм кеште ғарғалар Илиясқа нан менен гөш әкелип турды. Ал сол ўақытта Ахаб ҳәм оның әскерлери Илиясты изледи, бирақ ҳеш жерден таба алмады.

19. Пайғамбарлар — иллюстрация 4

Тез арада жаўын жаўмағанлықтан Илияс жасап атырған жердеги сай қурып қалды. Сонда Илияс Қудайдың буйрығы бойынша қоңсы елге кетти. Солжерде бир улы бар жарлы жесир ҳаял жасайтуғын еди. Елде зүрәәт болмағанлықтан, олардың азығы айтарлықтай таўысылған еди. Бирақ ҳаял Илиясқа ғамхорлық етти, сонда Қудай оларды үш жылдай азық пенен тәмийинледи. Қудай жерге және жаўын жаўдырмағанша, ыдысларындағы ун ҳәм майы таўысылмады. Соның ушын, елде қурғақшылық ҳәм ашлық болыўына қарамастан, оларда ҳәмме ўақытта азық болды.

19. Пайғамбарлар — иллюстрация 5

Қудай Илиясқа және жаўын беретуғынын айтқан күн де жетип келди. Қудай Илиясқа Израилға қайтыўды ҳәм Ахабқа барыўды буйырды. Илияс Қудайдың буйрығын орынлап, патшаға келди. Ахаб Илиясты көрип: «Мине, Израилды апатқа дуўшар еткен адам», — деди. Илияс оған жуўап берип: «Израилды апатқа дуўшар еткен сен боласаң! Сен ҳақыйқый Қудай болған Яҳведен жүз бурып, Баалға табынып атырсаң. Кармил таўына Израилдың барлық турғынларын ҳәм жалған қудайлардың пайғамбарларын жыйна!» — деди.

19. Пайғамбарлар — иллюстрация 6

Ахаб солай иследи. Израилдың барлық турғынлары Кармил таўына жыйналды. Және Баалдың атынан сөйлеген 450 адам да келди. Булар Баалдың пайғамбарлары еди. Илияс оларға: «Қашанға дейин екиленип жүресизлер? Егер Яҳве — Қудай болса,Оған сыйының! Ал егер Баал — қудай болса, онда Баалға табының!» — деди.

19. Пайғамбарлар — иллюстрация 7

Буннан соң, Илияс Баалдың пайғамбарларына былай деди: «Буғаны сойып, оны бөлеклең ҳәм қурбанлық орынға қойың, бирақ от жақпаң. Кейин мен де солай ислеймен ҳәм Қудайға арналған қурбанлық орынға қояман. Қурбанлық орынға от жиберген Қудай — ҳақыйқый Қудай болады». Баалдың пайғамбарлары қурбанлық таярлады, бирақ от жақпады.

19. Пайғамбарлар — иллюстрация 8

Кейин олар өз қудайына: «Бизлерди есит, о Баал!» — деп дуўа ете баслады. Күн даўамында олар дуўа етти, бақырды, ҳәттеки өзлерин пышақ пенен жарақатлады, бирақ Баал жуўап бермеди ҳәм от та жибермеди.

19. Пайғамбарлар — иллюстрация 9

Баалдың пайғамбарлары күн даўамында оған дуўа етти. Кешке жақын олар дуўа етиўди тоқтатты. Сонда Илияс және бир буғаның гөшин Қудайға арнап қурбанлық орынға қойды. Сөйтип адамларға он еки үлкен ыдыс пенен қурбанлықтың үстине суў қуйыўды тапсырды. Олар усылай ислегенде, қурбанлық орындағы гөш те, отынлар да ҳәм әтираптағы жер де толығы менен ызғар болды.

19. Пайғамбарлар — иллюстрация 10

Кейин Илияс былай деп дуўа етти: «О Яҳве, Ибрайымның, Ысақтың ҳәм Яқыптың Қудайы! Бүгин бизлерге Сен — Израилдың Қудайы, ал мен — Сениң қулың екенин көрсет. Маған жуўап бер ҳәм усы адамлар Сениң ҳақыйқый Қудай екениңди билсин».

19. Пайғамбарлар — иллюстрация 11

Сол ўақытта-ақ, аспаннан от түсип, гөшти, отынларды, тасларды, ҳәттеки қурбанлық орынның әтирапындағы суўларды жағып жиберди. Буны көрген адамлар жерге жығылып: «Яҳве — ҳақыйқый Қудай! Яҳве — ҳақыйқый Қудай!» –деп бақырысты.

19. Пайғамбарлар — иллюстрация 12

Соннан соң Илияс: «Баалдың пайғамбарларының ҳеш бири қашып кетпесин!» — деди. Халық оларды услап алды ҳәм өлтирди.

19. Пайғамбарлар — иллюстрация 13

Кейин Илияс патша Ахабқа: «Дәрҳәл үйиңе қайт, себеби жаўын жаўады», — деди. Тез арада аспан түнерди ҳәм күшли нөсер жаўын басланды. Жаратқан Ийениң сөзи бойынша қурғақшылық тамам болды. Бул Оның ҳақыйқый Қудай екенин тастыйықлады.

19. Пайғамбарлар — иллюстрация 14

Илияс жер бетиндеги өз хызметин жуўмақлаған ўақытта, Қудай Өзиниң пайғамбары етип Элиша деген адамды таңлады. Қудай ол арқалы да көп кәраматлар иследи. Сондай кәраматлардың бири душпан ләшкериниң әскербасысы Нааман менен жүз берди. Нааманда еми жоқ тери кеселлиги бар еди. Элиша туўралы еситип, Нааман оған барды ҳәм шыпалаўды илтимас қылды. Бирақ Элиша оның алдына шықпады, ал хызметшиси арқалы Иордан дәрьясына жети мәрте сүңгиўин Нааманға айтып жиберди.

19. Пайғамбарлар — иллюстрация 15

Бул сөзди еситкен Нааман ашыўланып, кейнине қайтып кетпекши болды. Ол өзин хорланғандай қылып сезди, себеби Элиша ҳәттеки оның алдына да шықпады. Бирақ буннан соң Нааман пикирин өзгертип, Иордан дәрьясына барды да жети мәрте сүңгиди. Ол суўдан шыққанда, Қудайдың шыпа бергенин көрди.

19. Пайғамбарлар — иллюстрация 16

Элишадан кейин Қудай Израил халқына басқа көп пайғамбарларды жиберди. Олардың ҳәммеси халықты бутларға табыныўды тоқтатыўға, және басқа адамлар менен әдил ҳәм мийримлилик пенен қатнаста болыўға шақырды. Пайғамбарлар халыққа, егер олар жаўызлық ислеўди тоқтатып, Қудайға бойсыныўды басламаса, онда Қудайдың оларды айыбы ушын ҳүким етип, жазалайтуғынын айтып ескертти.

19. Пайғамбарлар — иллюстрация 17

Бирақ халық көбинесе Қудайға бойсынбады. Адамлар көбинесе пайғамбарларға қатал қатнаста болды. Сонда, пайғамбарлардың бири болған Еремияны өлиўи ушын қурып қалған қудыққа таслады. Патшаның Еремияға жаны ашып, хызметкерлерине оны тартып шығарыўға буйрық бергенге шекем ол қудықтың түбиндеги батпақта отырды. Адамлар Қудайдың пайғамбарларын жек көрип, ҳәттеки айырымларын өлтирди.

19. Пайғамбарлар — иллюстрация 18

Адамлардың жек көриўшилигине қарамастан, пайғамбарлар оларға Қудайдың сөзлерин жеткериўди даўам етти. Олар, егер халық тәўбе етпесе, Қудай оларды жоқ қылатуғынын айтып ескертти ҳәм адамларды Қудайға қулақ салыўға шақырды. Және де, пайғамбарлар халыққа Қудайдың Масийхты жибериўди ўәде еткенин еслетти.

Мухаддес Китап ўақыялары. 3-Патшалық 16-18-баплар; 4-Патшалық 5-бап; Еремия 38-бап.

Читать в ридере

Свободно для использования, адаптации и распространения по открытой лицензии (CC BY-SA 4.0).