20. Халықтың сүргин болыўы ҳәм қайтып келиўи
Израил патшалығы да, Яҳудия патшалығы да Қудайға қарсы гүна қылды. Олар Қудайдың Синай таўында өзлери менен дүзген келисимин бузды. Халықтың тәўбе етип, Өзине және сыйынып баслаўы ушын, Қудай Өз пайғамбарларын бир неше мәрте жиберсе де, олар гүна ислеўди даўам етип, Оған қулақ салғысы келмеди.
Қудай еки патшалықты да бойсынбағаны ушын душпанларының оларды ўайран етиўине жол қойып, жазалады. Сол дәўирде күшли елдиң бири Ассирия еди, оның халқы басқа халықларға қатты жаўызлық қылатуғын еди. Олар Израилға қарсы ҳүжим етип, бул патшалықты қолға киргизди. Ассириялылар Израилдағы көп адамларды өлтирип, баҳалы затлардың ҳәммесин алып кетти ҳәм елдиң көп бөлегин өртеп жиберди.
Оннан қала берсе, ассириялылар барлық басшыларды, уқыплы адамларды, және де, байларды Ассирияға алып кетти. Израилда тек жүдә жарлы адамлар ғана қалды.
Кейин ассириялылар алдын Израил патшалығы болған жерге басқа миллетлерди көширип алып келди. Бул халықлар ўайран етилген қаланы қайтадан қурды. Олар сол жерде қалған израиллылар менен қыз алысып, қыз беристи. Басқа халықлар менен некелесип, араласқан израил әўладлары самариялылар деп аталды.
Яҳудия турғынлары Қудайдың Израил халқын Өзине исенбегени ҳәм бойсынбағаны ушын жазалап атырғанын көрсе де, қананлылардың қудайларына ҳәм бутларына сыйыныўды даўам етти. Оларды ескертиў ушын Қудай пайғамбарларды жиберди, бирақ олар бойсыныўды қәлемеди.
Ассириялылар Израилды ўайран қылғанына шама менен 100 жыл өткеннен кейин, Қудай Бабилония патшасы Набуходоносорды Яҳудияға ҳүжим етиў ушын жиберди. Сол ўақытта Бабилония қүдиретли империя еди. Яҳудия патшасы Набуходоносордың қулы болыўға ҳәм ҳәр жылы оған салық төлеўге мәжбүр болды.
Бирақ бир неше жыллардан соң Яҳудия патшасы Бабилонға қарсы көтерилди. Сонда бабилонлылар Яҳудияға қайта ҳүжим етти. Олар Ерусалимди қолға киргизип, Ибадатхананы бузып таслады, сондай-ақ қаладағы ҳәм Ибадатханадағы ғәзийнелерди алып кетти.
Набуходоносордың әскерлери Яҳудия патшасы қарсы шыққаны ушын, оған жаза берип, көз алдында оның балаларын өлтирди, кейин өзиниң көзлерин ойып алды. Олар патшаны Бабилонға алып кетти ҳәм ол сол жерде қамақта өлди.
Набуходоносор ҳәм оның әскерлери жерге егин егиўи ушын тек ғана ең гедей халықты қалдырып, Яҳудия халқының дерлик ҳәммесин Бабилонға алып кетти. Қудайдың халқының Ўәде етилген жерден сыртта мәжбүрий жасаған дәўири– Бабилон тутқынлығы деп аталады.
Қудай израиллыларды гүналары ушын жазалап, душпанларының сүргинге алып кетиўине жол қойса да, Өз халқын умытпады ҳәм ўәделерин есте тутты. Қудай бурынғыдай Өз халқына ғамхорлық қылды ҳәм оларға пайғамбарлар арқалы сөйледи. Ол 70 жылдан соң израиллылар Ўәде етилген жерге және қайтатуғынын айтып, ўәде етти.
Шама менен 70 жылдан соң, Персия патшасы Кир Бабилонды басып алды. Енди Бабилон империясының орнына көплеген халықларды Персия империясы басқарып баслады. Сол дәўирде израиллылар яҳудийлер деп аталды. Олардың көпшилиги пүткил өмирин Бабилонда өткизди ҳәм олардың арасында өз жерин еле еслейтуғын ғарры яҳудийлер жүдә аз қалды.
Персия империясы күшли болыўына қарамастан, қол астындағы халықларға жақсы қатнаста болды. Кир Персияның патшасы болғаннан соң тез арада, Персиядан өз ўатанына қайтыўды қәлейтуғын яҳудийлердиң ҳәммесине рухсат беретуғын пәрман шығарды. Ол ҳәттеки Ибадатхананы тиклеўге керекли ҳәмме нәрсени берди! Сол тәризде, 70 жыллық сүргиннен соң, яҳудийлердиң кишкене топары Ерусалимге қайтып келди.
Ерусалимге қайтып келген адамлар Ибадатхананы ҳәм қала дийўалларын қайта тикледи. Персиялылар алдынғыдай оларға ҳүкимдарлық етти, деген менен яҳудийлер қайтадан Ўәде етилген жеринде жасап, Ибадатханада Қудайға сыйынды.
Мухаддес Китап ўақыялары. 4-Патшалық 17; 24-25-бапар; 2-Жылнама 36-бап; Эзра 1-10-баплар; Нехемия 1-13-баплар.
Свободно для использования, адаптации и распространения по открытой лицензии (CC BY-SA 4.0).