21. Қудайдың Қутқарыўшы Масийхты ўәде етиўи
Қудай дүньяны жаратқанда, бир күн келип бул дүньяға Масийхты жиберетуғынын әлле қашан билген еди. Қудай Адам-атаға ҳәм Ҳаўа-енеге келешекте Ҳаўаның бир Урпағы жыланның басын езетуғынын айтып ўәде етти. Бул жылан шайтан еди. Ол жылан көринисинде келип, Ҳаўаны алдады. Қудай Ҳаўаның Урпағы жыланның басын езеди, дегенде, Ол Масийхтың келип, шайтанды толығы менен жеңетуғынын нәзерде тутқан еди.
Қудай Ибрайымға усы Урпақ арқалы дүньядағы барлық халықлардың жарылқанатуғынын ўәде етти. Қудай пүткил адамзатты гүнадан азат қылатуғын Масийхты бул дүньяға жиберип, Өз ўәдесин орынлайды.
Буннан тысқары, Қудай Муўсаға ўәде берип:«Адамларға сен сыяқлы басқа Пайғамбарды жиберемен», — деди. Бул ўәде де Масийх ҳаққында еди.
Және де, Қудай Даўытқа оның бир урпағы Масийх болатуғынын ўәде етти. Қудай усы Урпақтың Патша болып, Қудайдың халқына мәңги ҳүкимдарлық қылатуғынын айтты. Қудай Еремия пайғамбарға адамлар менен Жаңа Келисим дүзетуғынын айтты.
Қудайдың израил халқы менен Синай таўында дүзген Ески Келисимнен айырмашылығы Жаңа Келисимде адамлар жеке өзи Қудайды билетуғын болады. Қудай Өз нызамларынадамлардың жүреклерине жайғастыратуғынын айтты. Ҳәр бир усындай адам Қудайды сүйетуғын ҳәм Оның нызамларын орынлаўды қәлейтуғын болады. Ол усы адамлардың Қудайы, ал олар Қудайдың халқы болады, өйткени Қудай адамлардың гүнасын кеширип, оны қайтып еслемейди. Бул Жаңа Келисимди адамлар менен Масийх дүзеди.
Сондай-ақ, Қудайдың пайғамбарлары, Масийх — Ол Пайғамбар, Руӯханий ҳәм Патша болады деп айтқан. Пайғамбар — бул Қудайдың сөзин еситип ҳәм оны халыққа жеткизетуғын адам. Қудай ўәде еткен Масийх минсиз пайғамбар болады. Ол Қудайдың сөзлерин туўрыдан-туўры еситеди, түсинеди ҳәм адамларға жеткизеди.
Израилдың руӯханилери халық ушын Қудайға дуӯа етип, халықтың атынан қурбанлықлар беретуғын еди. Бул қурбанлықлар Қудай адамларды гүналары себепли жазаламаӯы ушын берилген. Адамлар руӯханийлерге минсиз малларды алып келген, ал руӯханийлер болса Қудайдың алдына сол қурбанлықларды беретуғын еди. Өзин минсиз қурбанлық қылып Қудайға бағышлаӯ ушын, Масийхтың Өзи минсиз руӯханий болыӯы керек еди. Ол гүнасыз болады ҳәм Өзин қурбанлыққа береди, сонда гүна ушын басқа қурбанлық бериӯдиң ҳәжети жоқ.
Ҳәр бир халықтың патшалары ҳәм басшылары болды.Олар ҳәмме ӯақытта Қудайға бойсынбады ҳәм қәтеге жол қойды. Егер Даӯыт тек израиллыларды басқарған болса, ал Даӯыттың урпағы Масийх пүткил дүнья жүзине ҳүкимдарлық етеди. Ол әдиллик ҳәм даналық пенен мәңги ҳүкимдарлық қылады!
Масийхтың қандай болатуғынын Қудайдың пайғамбарлары айтып кеткен. Мысалы, Малахия пайғамбар Масийхтан алдын Илияс пайғамбар келетуғынын айтқан. Оның хызмети айрықша әҳмийетли болады. Ийшая пайғамбар болса, Масийхтың ер адам жақынламаған қыздан туўылатуғынын жазған. Ал Миха пайғамбар Масийхтың Бейтлеҳемде туӯылатуғынын айтқан.
Пайғамбар Ийшая Масийхтың Галилада жасайтуғынын айтады. Ол қайғырып жүргенлерге жубаныш берип, тутқынларды азат қылады. Жәнеде, Масийх аӯырыӯларды, сондай-ақ герең, соқыр, сақаӯ ҳәм ләң адамларды шыпалайды.
Және де Ийшая, Масийхты адамлар себепсиз жек көрип,қабыл етпейтуғыны ҳаққында да айтады. Пайғамбарлар Масийхтың жақын адамы Оған сатқынлық қылатуғынын айтты. Ал Зехария пайғамбар болса бул адам сатқынлығы ушын 30 гүмис теңге алатуғынын айтты. Соның менен бирге, айырым пайғамбарлар, адамлар Масийхты өлтиретуғынын ҳәм қанхорлар Оның кийимин бөлисип алыў ушын өз-ара шек таслайтуғынын да айтты.
Пайғамбарлар Масийхтың қалай өлетуғынын айтып өтти. Олар адамлардың Оған түкиретуғынын, масқаралап күлетуғынын ҳәм сабап уратуғынын пайғамбаршылық етти. Масийх ҳеш қандай жаўызлық ислемейди, бирақ Ол қатты азапланады ҳәм жәбир шегип өледи.
Және де, пайғамбарлар, ҳәмме адамлардың гүналары ушын өлетуғын Масийх гүнасыз ҳәм минсиз адам болатуғынын айтты. Оның өлими Қудай менен адамлардың арасына тынышлық алып келеди. Сонлықтан Қудайдың режеси бойынша Масийх өлиўи шәрт еди.
Пайғамбарлар және де Қудай Масийхты өлимнен тирилтетуғынын да айтты. Бул пайғамбаршылықлардың ҳәммеси Ийса Масийхтың өлими ҳәм қайта тирилиўи Қудайдың Жаңа Келисимди бекитиў ушын дүзген жобасы екенин тастыйықлады. Қудай Өзине қарсы гүна ислеген адамларды қутқарыўды усылай нийет еткен еди.
Қудай пайғамбарларға Масийх ҳаққында көп ҳақыйқатлықты ашып берди, бирақ олардың ҳеш қайсысы өз өмиринде Масийхты көрмеди. Усы ақырғы пайғамбаршылықтан соң 400 жыл өтип, Қудай дүньяға узақ күтилген Қутқарыўшы Масийхты жиберди!
Мухаддес Китап ўақыялары. Жаратылыс 3:15; 12:1-3; Нызамның кайталаныўы 18:15; 2-Патшалық 7-бап; Еремия 31-бап; Ийшая 59:16; Даниел 7-бап; Малахия 4:5; Ийшая 7:14; Миха 5:2; Ийшая 9:1-7; 35:3-5; 61; 53; Забур 21:19; 34:19; 68:5; 40:10; Зехария 11:12-13; Ийшая 50:6; Забур 16:10-11.
Свободно для использования, адаптации и распространения по открытой лицензии (CC BY-SA 4.0).