22. Яқыяның туўылыўы

22. Яқыяның туўылыўы — иллюстрация 1

Алдынғы дәўирде Қудай пайғамбарларға сөйледи, ал пайғамбарлар Қудайдың сөзин халыққа жеткизди. Бирақ кейин Қудай адамлар менен сөйлесиўди тоқтатып, 400 жыл үнсизлик болды. Бир күни Қудай Өз периштесин Зехария деген руўханийге жиберди. Зехария ҳәм оның ҳаялы Элизабета Қудайды ҳүрмет қылатуғын еди. Екеўи де қартайған болып, олардың перзенти жоқ еди.

22. Яқыяның туўылыўы — иллюстрация 2

Күнлердиң биринде Зехария Ибадатханада хызмет етип атырғанда, оған периште келип: «Ҳаялың ул туўады. Сен оны Яқыя деп атайсаң. Қудай Яқыяны Мухаддес Руўх пенен толтырады ҳәм ол Масийхтың келиўине адамларды таярлайды!» — деди. Зехария жуўап берип: «Буның жүз беретуғынын қалай билемен? Балалы болыўымыз ушын ҳаялымыз екеўимиз жүдә қартайғанбыз!» — деди.

22. Яқыяның туўылыўы — иллюстрация 3

Периште Зехарияға: «Қудай усы жақсы хабарды саған алып келиўим ушын мени жиберди. Ал сен маған исенбегениң ушын бала туўыламан дегенше сөйлей алмайсаң», — деп жуўап берди. Сонда Зехария сол сәтте-ақ гүң болып қалды. Периште кетти, ал Зехария үйине қайтты. Бир неше ўақыт өтип, оның ҳаялы ҳәмиледар болды.

22. Яқыяның туўылыўы — иллюстрация 4

Элизабетаның ҳәмиледарлығының алтыншы айында, сол периште күтилмегенде оның туӯысқаны Мәриямға келди. Мәриям Юсуп деген жигитке атастырылған пәк қыз еди.Периште оған былай деди: «Сен ҳәмиледар болып, Ул туӯасаң. Оның атын Ийса деп қой. Ол Қудай Тааланың Улы болып, мәңги ҳүкимдарлық қылады».

22. Яқыяның туўылыўы — иллюстрация 5

Мәриям жуӯап берип: «Маған ер адам жақынламаған болса, бул қалай жүз береди?» — деди. Периште түсиндирип: «Сениң үстиңе Мухаддес Руӯх түседи ҳәм Қудай Тааланың күши саған саясын салады. Сонлықтан да Бала мухаддес болады, Ол Қудайдың Улы болады», — деди. Мәриям периштениң айтқанына исенди.

22. Яқыяның туўылыўы — иллюстрация 6

Көп ӯақыт өтпей Мәриям Зехарияның ҳаялы Элизабетадан хабар алыўға барды. Мәриям оның үйине кирип, сәлем бериўден-ақ, Элизабетаның ишиндеги нәресте қуӯанып тыпырлап кетти. Мухаддес Руӯх Элизабетаның үстине түскенде, оның алдында келешектеги Масийхтың анасы турғанын түсинди. Екеўи де Қудайдың бул иси ушын қуўанышлы түрде Оған миннетдаршылық билдирди. Мәриям Элизабетаның үйинде үш ай болып, үйине қайтты.

22. Яқыяның туўылыўы — иллюстрация 7

Ўақыт-сааты толып, Элизабета ул туўды. Зехария ҳәм Элизабета периштениң буйырғанындай нәрестеге Яқыя деп ат қойды. Сонда Қудай Зехарияға сөйлеў қәбилетин қайтарды. Зехария: «Өз халқына келип, жәрдем бергени ушын Қудайды алғыслайман! Улым, сен Қудай Тааланың пайғамбары боласаң. Сен адамларға гүналарына қалай кеширим алатуғыны ҳаққында айтып бересең!» — деди.

Мухаддес Китап ўақыялары. Лука 1-бап.

Читать в ридере

Свободно для использования, адаптации и распространения по открытой лицензии (CC BY-SA 4.0).