23. Ийсаның туўылыўы
Мәриям ҳақ адам болған Юсуп деген жигитке атастырып қойылған еди. Ол Мәриямның ҳәмиледар екенин билгенде, оған реҳими келди. Юсуп оны уятқа қалдырмаў ушын жасырын түрде атастырылыўды бийкар етиўди шешти. Деген менен, ол усылай қылмасынан алдын, түсине периште енип, оған сөйледи.
Периште оған: «Юсуп, Мәриямды ҳаяллықа алыўдан қорқпа. Оның ишиндеги Бала — Мухаддес Руўхтан. Ол Ул туўады, Оның атын Ийса деп қой, себеби Ол адамларды гүналарынан қутқарады», — деди. Периште айтқан Ийса деген ат «Қудай қутқарады» деген мәниде.
Юсуп Мәриямға үйленди ҳәм оны үйине алып барды, бирақ Мәриям туңғышын туўмасынан алдын, күйеўи сыпатында оған жақынламады.
Сол ўақытта рим ҳүкимдары Израилдағы барлық адамларды дизимнен өткериўди шешкен еди. Ол ҳәр бир адамның өз ата-бабасының туўылған жерине барыўын буйырды. Мәриям менен Юсуптиң ата-бабасы Даўыт патша Бейтлеҳемде туўылған еди, сонлықтан олар сол қалаға кетти ҳәм сол жерде Мәриямның босанатуғын ўақты болып қалды.
Юсуп пенен Мәриям Бейтлеҳемде түнеӯ ушын узақ ӯақыт орын излеп, үй ҳайўанлары сақланатуғын қорадан басқа жер таба алмады. Сол жерде Мәриям Баласын туӯды ҳәм кәт болмағанлықтан Оны қундақлап ақырға жатқызды. Периштениң буйырғанындай, Юсуп пенен Мәриям Нәрестеге Ийса деп ат қойды.
Сол түни Юсуп пенен Мәриям жайғасқан жерге жақын әтирапта бир неше шопанлар өз падасын далада қараӯыллап атырған еди. Тосаттан олардың алдында жарқырап турған периште пайда болды. Шопанлар қатты қорқып кетти, бирақ периште оларға:«Қорқпаңлар, менде сизлер ушын жақсы хабар бар. Бейтлеҳемде Ийемиз Масийх туӯылды!
Барыңлар ҳәм көриңлер. Сизлер ақырда қундақлаӯлы жатырған Нәрестени табасызлар», — деди. Тосаттан басқа көп периштелер де пайда болды. Олар Қудайды алғыслап, былай деди: «Аспанда Қудай алғыслансын, ал жерде адамларға Оның тынышлығы ҳәм мийрими болсын!»
Соннан соң периштелер көринбей қалды. Шопанлар қойларын қалдырып, Нәрестени көриўге кетти. Көп өтпей олар Ийсаның қасына келип, периштениң айтқанындай Оның ақырда жатырғанын көрди. Шопанлар қатты толқынланып кетти. Олар Юсуп пенен Мәриямға бул Нәресте ҳаққында периштелерден еситкенлерин айтып берди. Кейин шопанлар көргенлери ҳәм еситкенлери ушын Қудайды алғыслап, жайлаўдағы өз қойларына қайтты.
Сол ўақытлары узақ шығыста жулдызларды иззертлейтуғын данышпанлар жасайтуғын еди. Бир күни данышпанлар аспанда айрықша жулдызды көрди. Олар бул жулдыз еврейлердиң айрықша Патшасының туўылғанын көрсетип турғанын түсинди. Узақ жол жүргеннен соң, данышпанлар Бейтлеҳемге келип, Ийса ҳәм Оның ата-анасы жасап турған жерди тапты.
Данышпанлар анасынының қасындағы Ийсаны көргенде, ҳүрмет пенен етбетинен жерге жығылып, Оған табынды. Соннан кейин данышпанлар өзлери менен алып келген қымбат баҳалы саўғаларын Ийсаға берди. Буннан соң олар үйлерине қайтты.
Мухаддес Китап ўақыялары. Матта 1-бап, Лука 2-бап.
Свободно для использования, адаптации и распространения по открытой лицензии (CC BY-SA 4.0).