24. Яқыяның Ийсаны суўға шомылдырыўы

24. Яқыяның Ийсаны суўға шомылдырыўы — иллюстрация 1

Зехария ҳәм Элизабетаның улы Яқыя үлкейип, пайғамбар болды. Ол шөлде жасап, жабайы пал менен шегиртке жеди ҳәм түйениң терисинен кийим кийип жүрди.

24. Яқыяның Ийсаны суўға шомылдырыўы — иллюстрация 2

Көп адамлар Яқыяны тыңлаў ушын шөлге барды. Ол адамларға былай деп жәриялады: «Гүналарыңыз ушын тәўбе етиң, себеби Қудайдың Патшалығы жүдә жақын қалды!»

24. Яқыяның Ийсаны суўға шомылдырыўы — иллюстрация 3

Яқыяның сөзлерин еситип, көп адамлар гүналары ушын тәўбе етти ҳәм Яқыя оларды Иоардан дәрьясында суўға шомылдырды. Шомылдырылыў ушын көп диний басшылар да келди, бирақ олар гүналарын тән алмады ҳәм тәўбе етпеди.

24. Яқыяның Ийсаны суўға шомылдырыўы — иллюстрация 4

Яқыя диний басшыларға былай деди: «Сизлер уӯлы жыланларсыз! Тәӯбе етип өзгериңлер. Қудай жақсы мийӯе бермейтуғын ҳәр бир теректи шаўып, отқа таслайды». Диний басшылар Яқыядан қәӯипленгени менен әпиӯайы халық Яқыяны Қудайдың пайғамбары деп, оны ҳүрмет етти. Яқыя жазылған мына пайғамбаршылықты орынлады: «Сеннен алдын Өзимниң хабаршымды жиберемен, ол Саған жол таярлайды. Барлық ойпатлықлар толтырылсын, таӯлар пәске шөксин, қыйсық жоллар дүзетилсин, будыр жерлер тегисленсин».

24. Яқыяның Ийсаны суўға шомылдырыўы — иллюстрация 5

Бир күни диний басшылар Яқыядан: «Сен кимсең? Пайғамбарсаң ба ямаса Масийхсаң ба?» — деп сорады. Яқыя жуӯап берип:«Мен Масийх емеспен. Ол меннен кейин келеди. Ол меннен де қүдиретли, мен Оның аяқ кийиминиң баӯын шешиӯге де ылайықлы емеспен», — деди.

24. Яқыяның Ийсаны суўға шомылдырыўы — иллюстрация 6

Ертеңине Ийса суӯға шомылдырылыӯ ушын Яқыяның алдына келди. Яқыя Оның келгенин көргенде: «Қараңлар! Мине, бул дүньяның гүнасын Өзине алатуғын Қудайдың Қозысы!» — деди.

24. Яқыяның Ийсаны суўға шомылдырыўы — иллюстрация 7

Соннан соң, Яқыя Ийсаға: «Мен Сени шомылдырыўға ылайықлы емеспен. Сениң қолыңнан мен шомылдырылыўым керек», — деди. Бирақ Ийса: «Яқ. Сен Мени шомылдырыўың тийис, себеби Қудайдың ерки усылай орынланады», — деди. Сонда Ийса ҳеш қашан гүна ислемесе де, Яқыя Оны суўға шомылдырды.

24. Яқыяның Ийсаны суўға шомылдырыўы — иллюстрация 8

Ийса шомылдырылып суўдан шыққанда, Қудайдың Руўхы аспаннан кептер пишининде Оның үстине түсти. Сол заматта аспаннан Қудай сөйлеп:«Бул Мениң Улым! Мен Оны сүйемен ҳәм Оған қатты ырзаман!» — деди.

24. Яқыяның Ийсаны суўға шомылдырыўы — иллюстрация 9

Қудай Яқыяға ҳәммеси сондай болатуғынын алдын ала былай деп айтқан еди: «Сен адамларды шомылдырғаныңда, бир Адамның үстине Мухаддес Руўх кептер пишининде түседи. Усы арқалы сол Адамның Қудайдың Улы екенин билесең». Бул ўақыя бизлерге үш бирликтеги тек ғана бир Қудайдың бар екенин көрсетеди. Яқыя Ийсаны шомылдырғанында, Қудай Әкениң қалай сөйлегенин еситти. Ол Улы болған Ийсада Қудайды көрди. Және ол кептер пишининде түскен Мухаддес Руўхта Қудайды көрди.

Мухаддес Китап ўақыялары. Матта 3-бап, Марк 1:9-11; Юхан 1:6-34; ҳәм Лука 3:1-23.

Читать в ридере

Свободно для использования, адаптации и распространения по открытой лицензии (CC BY-SA 4.0).