26. Ийсаның Өз хызметин баслаўы
Ийса шайтанның сынағынан өткеннен соң, Өзи жасап атырған Галила аймағына қайтты ҳәм Өз хызметин баслады. Ийса Галила бойлап ҳәр бир қалаға барып, ҳәмме жерде адамларға тәлим берип жүрди. Мухаддес Руўх Оған хызмет етиўге үлкен күш берди. Ҳәмме Ол ҳаққында жүдә жақсы сөзлер айтты.
Бир күни Ийса балалығында жасаған Насыра қаласына кетти. Шаббат күни Ол еврейлердиң дуўа ететуғын мәжилисханасына барды. Ол жерде Ийсаға даўыслап оқыўы ушын Ийшая пайғамбардың китабы берилди. Ийса китапты ашып, оқый баслады.
Ол мына сөзлерди даўыслап оқыды: «Жарлыларға Хош Хабар жәриялаўым ушын Қудай Маған Өз Руўхын берди. Ол Мени тутқынларды азат қылып, соқырлардың көзин ашыўға ҳәм азап шеккенлерди еркинликке шығарыўға жиберди. Жаратқан Ийениң бизлерге мийримин түсирип, жәрдем беретуғын ўақты келди».
Соңынан Ийса орнына отырды. Сол жерде болғанлардың ҳәммеси Оған дыққат пенен қарады. Олар Ийса оқыған Мухаддес Жазыўдағы үзинди Масийх ҳаққында екенин билетуғын еди. Ийса: «Сизлерге оқып бергенимниң ҳәммеси ҳәзир орынланып атыр», — деди. Барлық адамлар қатты таң қалысты. «Бул Юсуптиң улы емес пе?» — дести олар.
Сонда Ийса оларға: «Мен сизлерге шынын айтаман, пайғамбарды өз қаласындағы адамлар ҳеш қашан қабыл қылмайды. Илияс пайғамбардың заманында Израилда жесир ҳаяллар көп еди. Бирақ үш ярым жыл жаӯын жаўмағанда, Қудай Илиясты Израилдың жесир ҳаялына емес, ал басқа халықтың жесир ҳаялына жиберди», — деди.
Ийса даӯам етип: «Элиша пайғамбардың заманында да Израилда тери кеселлигине шалынғанлар көп еди, бирақ Элиша оларды шыпаламады. Ол Израил душпанларының әскербасысы Нааманға шыпа берди», — деди. Ийсаны тыңлап атырған адамлардың ҳәммеси яҳудийлер еди. Соның ушын, олар Оннан усы сөзлерди еситип, қатты ашыӯланды.
Насыраның турғынлары Ийсаны услады да, мәжилисханадан алып шығып, Оны төменге таслап жибериў ушын тик жарға алып барды. Бирақ Ийса аламанның арасынан өтип Насырадан шығып кетти.
Буннан соң Ийса пүткил Галила үлкеси бойлап жүрип, адамларға хызмет етти. Оның алдына жүдә көп адамлар келди. Олар көп аўырыўларды, және де соқырларды, майыпларды, гереңлерди ҳәм гүңелеклерди алып келди. Сонда Ийса оларды шыпалады.
Және де, Ийсаға жаўыз руўхларға шалынған көп адамларды алып келди. Ийса жаўыз руўхлардың адамлардан шығып кетиўин буйырғанда, олар шығып кетти. Сонда жаўыз руўхлар көбинесе: «Сен — Қудайдың Улысаң!» — деп бақыратуғын еди. Көп адамлар буны көрип, қатты таң қалысты ҳәм Ийсада болған бул қүдирет пенен бийлик ушын Қудайды алғыслады.
Көплеген адамлар Ийсаның изине ерди ҳәм айырымлары Оған шәкирт болды. Усы шәкиртлерден Ийса 12 адамды Өзиниң айырықша ўәкиллери, яғный «елшилери» етип таңлады. Усы елшилер Ийса менен бирге жүрип, Оннан тәлим алды.
Мухаддес Китап ўақыялары. Матта 4:12-25; Марк 1:14-15; 35-39; 3:13-21; ҳәм Лука 4:14-30, 38-44.
Свободно для использования, адаптации и распространения по открытой лицензии (CC BY-SA 4.0).