27. Мийримли самариялы
Бир күни Ийсаның алдына яҳудийлердиң нызам муғаллими келди. Ол Ийсаның тәлими надурыс екенин адамларға дәллилеўди жүдә қәлеген еди. Ийсаның алдына келип, ол: «Устаз, мәңги өмирге ийе болыўым ушын не қылыўым керек?» — деди. Ийса оннан: «Қудайдың нызамында не жазылған?» — деп сорады.
Сол адам былай деп жуўап берди: «Нызамда: „Ийең болған Қудайыңды пүткил жүрегиң, пүткил жаның, пүткил күшиң ҳәм пүткил ақыл-ойың менен сүй“. Және де: „Өзиңди сүйгениң сыяқлы, жақыныңды да сүй“, — деп айтылған». Ийса: «Сен дурыс жуўап бердиң! Егер де сен усылай ислесең, мәңги өмирге ийе боласаң», — деди.
Нызам муғаллими адамларға дурыс өмир сүрип атырғанын көрсеткиси келди, сонлықтан ол Ийсадан: «Мениң жақыным ким?» — деп сорады.
Буған жуўап берип, Ийса нызам муғаллимине мийримли самариялы адам, еврей, руўханий ҳәм лебий ҳаққындағы ўақыяны айтып берди. Лебийлер — бул ибадатханада хызмет ететуғын Лебий урыўынан келип шыққан еврейлер еди. Ийса былай деди: «Бир күни бир еврей Ерусалимнен Ерихоға қарай жолға шығады.
Жолда оған қарақшылар топылды. Оны қатты сабап, ондағы бар нәрсениң ҳәммесин тонап, кетип қалды.
Көп өтпей сол жолдан яҳудий бир руӯханий өтти. Ол жолда жатырған адамды көрди, бирақ оған ҳеш қандай жәрдем көрсетпей жолдың басқа тәрепине өтип, жолын даӯам етти.
Кейин сол жолдан бир лебийли өтти. Ол жақынлап келип, өлимши болып жатырған адамды көрди ҳәм оған ҳеш қандай жәрдем көрсетпей жолын даӯам етти.
Лебийден кейин сол жол менен самариялы бир адам өтти. Сол дәўирде самариялылар менен еврейлер бир-бирин жек көрип, ҳәттеки сөйлеспейтуғын еди. Самариялы жолда жатырған адамды көрди. Сонда оның еврей екенин билсе де, бәри бир оған жаны ашыды. Самариялы оның қасына келип, жараларын таңды.
Соннан кейин самариялы оны көтерип ешегине отырғызды да, мийманханаға алып барды. Сол жерде самариялы оған ғамхорлық етиўди даўам етти.
Келеси күни самариялы жолын даўам етиўи керек еди. Ол мийманхана хожайынына ақша берип: «Мына адамға жақсылап қара. Егер мен берген ақшадан көбирек сарпласаң, қайтып келгенимнен соң төлеймен», — деди.
Ийса нызам муғаллиминен: «Қалай ойлайсаң, усы үшеўиниң қайсысы тоналған ҳәм сабап кетилген адам ушын жақын болады?» — деп сорады. Нызам муғаллими жуўап берип: «Оған мийрим көрсетип, жәрдем берген адам», — деди. Сонда Ийса оған: «Бар, сен де солай исле», — деди.
Мухаддес Китап ўақыялары. Лука 10:25-37.
Свободно для использования, адаптации и распространения по открытой лицензии (CC BY-SA 4.0).